Baxıtlı SARÍBAEV


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Цитаты


Саған аз-кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Ибрайым Юсупов
Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы
Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Цитаты
Статистика
Фильтр публикаций


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ерназар ишинен қыял етти: "Пүткиллей басқа жақтағы Персияның сөзин сөйлеп атырған уллы орыс елшиси аз санлы қарақалпақларды қыспай өз алдына ханлық бериў керек" деп айтыўы да итимал ғой... Оған жолығыў имканиятын тапсам ели.
- Ерназар, сиз күтә көп нәрсени сезип билесиз, сизге бир күн азатлық бериўдеги мақсетим былай: ҳеш жасыратуғыны жоқ, пүткил хан сарайына аян бир нәрсе сиз орысжанлы жигитсиз. Анаңыз Сизди орыс бесигине салған. Сол ушын, сизди орыс елшисине жолығып қалсын деп атырман.
Ерназар оннан және қәўипсинип, бетине тигилип еди, әскербасы елестирмей айтажақ мақсетин туўрылады.
- Сарайға кирип жүрип, бас ўәзирге дуўшарласып қаларсыз, әлбетте. Сонда оған "Бас әскербасы Махмудниязды тыңламай, Бухараға шабыўылды жорта иркип атыр, соны айтыўға келдим", дейсиз.
- Көрсем, әлбетте, солай деймен.
- Мени өзиңизге, елиңизге дос деп түсине бериңиз. Және бир ис - егер сизиң Хийўада досларыңыз болса тартынбай айтыңыз, қоллап-қуўатлап, ең болмаса, сарайдағы майда-шүйде ислерге орналастырыў қолымнан келеди. Айтпақшы, баяғыда Грушинге ерип, ол зинданға түскенде азат етпекши болғанлардан Әбдирахман дегени тири кетип еди. Гезлессең, айт мениң сөзимди сөйлейтуғын болса, аман қалдыраман.
Ерназарға Зарлықтың "зиндан қараўыллары менен-әм ҳәмдамлық керек" дегени есине түсип, "Әбдирахманды зиндан қараўыллығына алыңыз" дегиси келип турды да, ҳәзирше Махмудниязға исенбегенди мақул көрди.
Ертеңине, ол таң намазы пайытында, бас моллаға еситтирип ыңқылдап, ҳалқасланбай орнына барды да, Гүлзийба берген орамал менен бетин сыпырып жатты. Орамалға анықлап үңилсе, нағыс деп жүргени "палўаным" деген сөз. Араб ҳәриплерин оқыўды жорта қыйынластырып тигипти. "Ўа, саўаты бар қыз екен ғой" деп орамалға узақ үңилип жатты да, сырт тым-тырыс болған гезде ғана далаға шықты. Нөкерлер жататуғын жай хан сарайына жақын еди, туўры дәрўазасына қарай бет алды.
Ығбалына, дәрўазаманлар бийтаныс шығып, оны дәрўазаға жолатпады.
Қайтысын жән-жағынан көзге көрингисиз бир нәрсе қысып турғандай сезилди. "Нәлетий, бул қаланың өзи зиндан секилли ме қалай? Ямаса әлемниң өзи зинданға айланып кетти ме? Бул жүрисим менен зинданда жатқанымның арасында парық шамалы. Бетимди қағып ескен самалдың өзи әдилликтиң отын наҳақлық пенен жуўып былғастырып турыпты".
Жайына қайтып келип қараўылларға бергендей пулды үйинен гизнеңкиреп шықпағанына пушайманы артып, еки қолы менен басын қысып отыр еди, нөкерхананың қараўылы кирди:
- Ерназар алакөз ким? Сыртта бир киси сорайды.
Оның бүгин қалғанын усы қараўыл менен сарай дәрўазаманларынан басқа ҳеш ким билмейтуғын еди, ҳайран болып изинен жүрди.
Есик алдында күтип турған Мәўлен сарыны танып, оның ентигиўинен, албырақлап, асығып келгенин сезип ҳаўлықты:
- Аманлық па?
- Қарақалпақ баласы аманлықта Хийўаға келе ме?
- Сөйле тез!
- Масқарашылық. Пүткил елге масқарашылық. Сержанбай Гүлзийбаны алып той баслап атыр еди, есигиндеги дийқаны қызды алып қашып кетипти.
Ерназарда қызды жас жигиттен қызғаныш сезими қозып ети түршикти.
- Рузмат па?
- Аты өшсин оның.
- Соннан?
- Хийўаға кирип киятырған жеринде услап алып едик. "Бизлер әлле қашан ерли-зайыппыз, некелескенбиз" деп бир-биринен жаздырылыспады. Елге баз-баяғы қайтпайды. Найлаж, бас ўәзирдиң даргаҳына сүйреп апарып, екеўине теңнен өлим жазасын сорап алдық. Егер қыз Рузматтан бездим десе аман қалыўына шараят бар екен.
- Бас ўәзир өлимге буйыра алмайды ғой.
- Бас ўәзир ханнан пәрман әперди.
Ерназар бирден қәҳәрленди.
- Тез сөйле, өлтирилди ме?
- Жәрдемиң керек. Саған мени Сержанбай жиберди. Қалай болмасын қызды аман алып қалыў керек. Қыз өлсе, сорлы байдың көп дүньясы самалға ушады. Қартайғанда дым ғана аянышлы.
- Түс алдыма.
Олар нағыз ҳәсиреттиң үстине келди. Қыз бенен жигиттиң аяқ-қоллары байланып, бетлери қублаға қаратылып қырынына жатқарылыпты. Сержанбайдың көзлеринен жас сорғалап, Гүлзийбаның бас ушында отыр. Бир жәллад Рузматтың басына табанын қойып, Сержанбайға қанжар усынып тур.
- Мине, хан пәрманына бинаан қандарыңды өзиң шал!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 02


Сен дуўтар шерткенде мен қосық айтсам

("Дослық көпири" каналындағы күн темасына арналып жазылған қосық)

Сен дуўтар шерткенде мен қосық айтсам,
Саз арқалы жақын сырлассақ ақшам,
Ышқы жырларынан толқып екеўмиз,
Санасақ жулдызларды жымыңласқан.

Қүдирети себеп көркем өнердиң,
Жан дүньямыз гөззаллыққа дөнеди,
Оянған ең сулыў, нурлы сезимнен,
Шын муҳаббат қосығымыз дөреди.

Қәдем қойғандайман өмирге жаңа,
Ҳеш те таўсылмаса деймен-аў нама,
Ашықлығым ҳаўазымнан сезилер,
Қосық айтып кеўил жаздым бир шама.

Тәжим еттиң бақсылардың жолына,
Сыйқыр бардай дуўтар шерткен қолыңда,
Сезимлер күш бермей миндиң ҳәўижге,
Журт меҳри йош берип тасып-толдың ба?!

Шағлағанбыз биз мысалы қос тардай,
Ашықларды сыйлап қудай қосқандай,
Алғыслады халық қол шаппатласып,
Жарасқанбыз жүзикке қас қойғандай.

Жанымыз сүйеди қосық ҳәм сазды,
Алламыз усынған бахтымды жаздым,
Ҳақ буйырса, қосық айтылар талай,
Бирге баянлаймыз өмир баязын!

2-февраль, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev


Ҳәзирги күнде көркем шығармалардың аудио вариантлары заманласларымыз тәрепинен жақсы қабыл етилип, сүйип тыңланбақта. Сол қатары, текст ҳалында таярлап нәзериңизге усынып атырған инсанлардың мийнети де итибарыңыздан шетте қалмайды деп үмит етемиз.

@BaxitliSaribaev


Репост из: Назира Жаксымуратова
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#АНОНС

Қарақалпақстан телеканалында Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Гулистан Матякубованыӊ өмир жолындағы басқан қәдемлери ҳақкында «Мен басқан излер» көрсетиўин 2-февраль күни саат 19:15 тамаша етиң

Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtr




Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Сөзиме дәлил ушын, сиз жоқта сарайда жүз берген, жаңалықлардан ахбарат берейин. Жасыратуғыны жоқ, қуданың бәрше бендесине алжасыў тән қәсийет. Базы пайытларда отқа жылынамыз, аммо, сол отты алыстырыў ушын биринши болып ким гүкирт шаққанын еслемейсиз.
Әскербасының тереңнен гәп қозғағанына қуўанып Ерназардың жүзи жадырап сала берди ҳәм оған берилгенлик көрсетип, тап аўзыңа үңилди.
- Егер де меннен, Хийўада от ийеси ким десе, әлбетте уллы хан деймен. Сиз-әм сол гәпти айтасыз. Аммо, ҳәр ҳәдийсе, ҳәр ўақыя өз алдына жанған от. Соңғы күнлери орысларға көзқарастың оты және жаныўға қарады. Бул оттың-әм ийеси уллы ханымыз. Уллы ханымыздың орыс бенделерин азат қылғаны жөниндеги хабар бойынша орыс патшасы-әм, өз нәўбетине, қол астында тутылып атырған хорезмли саўдагерлерди қайтарыпты. Енди елимизде көп-көп жақсылық жүз бережақ. Ертеңнен баслап қала дүкәнларында орыс патшалығынан келген затлар сатылады. Мениң гәпимниң арғы төркинин уғып отырсаңыз керек, тап усы ўақыяға биринши гүкирт шағып, орыс алымы Грушинге азатлық сораған сиз едиңиз.
- Уллы әскербасым, сиз маған доссыз, сол ушын да ең жақсы ислердиң сағасын достыңыздан излеп отырсыз.
- Есиңизде ме, Гераттағы инглислерден жәрдем соратылды, аммо, иглислер орыс патшасының күшинен қорқып жәрдем бере алмады. Инглислер сол қәтесин енди түсинип, ханға елши жиберипти. Қасында Персия шахының-әм елшиси бар. Аммо, ханымыз олардың бурын келгенине қарамай күттирип қойып, соң келген орыс елшисин қабыл етти. Мен бүгин орыс елшилерин қабыллаў мерасимине қатнастым.
- Бул ис Хорезм ханлығының жылнамасында жүдә-әм муҳим ис болса керек.
- Уллы ханымыздың өзи-әм әне усыны илаҳийда ҳайт қылып, тап сиздей қуласаға келди. Бир жаман жери, орыс елшиси менен шегара мәселесинде, базы талаплары бойынша келисимге келинбеди. Бул, әлбетте дурыс ис болды. Қатнасқан жәмәәт уллы ханымыздың тәрепин тутты. Мен-әм сөйттим.
- Ол қандай талаплар еди? - деди Ерназар билиўге қумар балаларға тән даўыс пенен.
- Орыс елшиси, бириншиден, ханлықта қулшылықты ҳәм бенде орысларды қулға айландырыўды тоқтатыўды, ханның қол астында жеке жүрген орыслардың ҳәм олардың затларының қәўипсиз болыўын талап етти; екиншиден, өзин орыс патшалығына қараслы деп есаплаған көшпели халықларға Хийўаның тәсирин шеклеўди талап етти, үшиншиден, орыс саўдагерлериниң Хийўа қол астында еркин саўда етип қәлеген жеринде жүриўин, сатыўға желинген затқа бажыны бурынғыдан-әм азайтыўын, яғный жүзден үш бөлектен асырмаўын, Хийўада ҳәм Хийўаға қоңсылас ханлықлар менен саўда жүргизиўдиң қәўипсизлигин тәмийинлеўди, орыс патшалығына баражақ саўдагерлерге иркиниш жасамаўды талап етти. Ең соңында, орыс патшалығынан қашып келген қозғалаңшыларды көрсе, тутып алып шегарадағы мәкемелерине тапсырыўды өтинди.
- Жүдә, жүдә қатты талаплар қойыпты.
- Күшли патшаның талабы күшли болар екен. Әсиресе, шегара мәселеси ҳәммениң жүрегин суўлатты. Егер де бир хийўалы Сырдәрья бойларына жақынласа, Эмба менен теңиз жағаларына, Барсук қумларына барып орыс патшалығының қол астына өткен қазақларды пәтеңге келтирсе, сораўсыз өлтириледи деп ескертти... Қазақ, татар, башқурт еллерине жиберилген бес жүз молланың елди елге қарсы қоймаўы кереклигин ескертти. Егер олар исламнан басқа душпанлық гәп таратса, ақыбети жақсы болмайды деп-әм қойды. Аммо, уллы хан бул талапларды қабыл етпесе де, еки ортада урыс болдырмаўға өз ара келисимге келинди.
Махмуднияз орыс елшисиниң талапларын дизип айтып отырған гезде Ерназар: "Әмиўдәрьяның аяғын жайлаған қарақалпақларды пәтенге келтиргенлерге пәлендей шара қоллаймыз деген бир гәп қосылмаған екен-дә дейжақ болып, өзин зорға тутты да:
- Парахатшылығы күтә уллы ис, - деди.
- Қабыл мерасимине қатнасыўшылардың бәршесин таң қалдырған бир жағдай орыс елшиси инглис елшисин жақтырмады. Сөйте тура, ол инглис пенен бирге жүрген Персия елшисиниң сөзин сөйлеп, Хорезмдеги персиялы бенделерди азат етиў жөнинде талап қойды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 02


Добрый вечер! Молодец, Бахытлы, я очень рада за тебя!!! Успехов!

Ольга Утемуратова


Бахытлыман

Исим түсип банкке барсам бир күни,
Күлимсиреп бир қыз сорады ҳүжжет.
Паспортыма қарап бираз иркилип,
Жақын пикирлесип көрсетти ҳүрмет.

"Меншикли атыңыз дым сулыў екен,
Айтқан ўақтымызда сүйсинер кеўил.
Қойған жанға рахмет айтамыз үлкен,
Бағышланған жақсы тилеклер пүткил".

Ең сулыў сөз ҳәр инсанға өз аты,
Шадлантты бийтаныс қыздың пикири.
Сүйсиндирип атым дос етти жатты,
Бахытлыман! Тәңриме көп шүкирим!

Жақсылықлар сыйлап атым өзиме,
Жасар өмириме унамлы тәсир.
Садық жолдасым туўылған гезимнен,
Еншиме берилген бахытлы тәғдир!

1-февраль, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы оқытыўшысы

@BaxitliSaribaev


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Қуяш дөңгелек ошақ ишинде алысып лаўлаған от болып жанып көрине баслаған гезде, жигиттиң шыдамы биротала таўсылып, қыздың қарға тамған қандай ақ қызыл еринлерин жипек муртлары менен әстен ғана қытықлады. Қыз шоршып оянды.
- Ҳаў, Рузмат!
- Кешир, Гүлзийба! - деди Рузматтың даўысы нәзик елжиреп. - Қуданың аспандағы қуяшы әлемге нур таратып шығып киятырған соң мениң жердеги қуяшым көз ашсын, маған нур төксин дедим.
Гүлзийба оның жуўан билеги үстинен басын көтермей, тек көзлери менен күлди.
- Рузмат, сен еле усылайтып-әм сөйлей аласаң ба?
- Кеширерсең, Гүлзийба, тәўирлеў сөз таппай қалдым.
- Жоқ, жоқ, қысынба, Рузмат. Маған жүдә жақсы сөз айттың. Мен ҳеш қашан қуяшқа теңгерилмегенмен.
- Гүлзийба, қуяш шығып киятырғанда тикейип отырып тилек тилеген жақсы болады дейди...
- Буны еситип қудайдан талай-талай тилегенмен, ҳеш қайсысы қабыл болмады.
- Усы сапары кәраматлы Хийўаның қасындамыз, бәлким, қудай таала көрер. Түргел, тең тилейик, қолларыңды жай.
Гүлзийба басын көтерип Рузмат пенен жүзин қублаға қаратып алақанларын жайды:
- Әй, қудай, биз кәраматлы Хийўаның түбинде пәк ҳүждан менен отырмыз. Бүгинги қуяшыңның нуры менен бизлерге мийрим-шәпәҳәтиңди түсир. Бахытлы қылагөр! Аўмийин!...
- Ҳа, ғарғыс урғырлар!
Тап қудайдың өзи қасақана саза бергендей, Гүлзийба қорққанынан Рузматқа асылды.
- Ўай, Рузмат!
- Қорқпа, Гүлзийба! - деп Рузмат оны баўырына басты да, үстилерине ат дөндирип қамшы көтерип турған Сержанбай менен Мәўлен сарыдан көз алмай, шабатуғын жолбарыстай түксийди:
- Не керек?!
- Рузмат, - деди қыз сыбырланып. - Сен мени буларға көрсетип сүй, бәлким, неке бузылды деп кетер.
- Қорқпа, жаным, ҳаўлықпа. Өзим өлмей сени ҳеш кимге бермеймен.
- Тәғдирим сениң ықтыярыңда, Рузмат!...
14.
Ызғар ийиси мүңкиген тар бөлмесинде төселген ақ кийиздиң үстинде жамбаслап шай ишип жатырған Махмудниязға келип Ерназар сөйлеп отыр:
- Буйрығыңызды бәржай еттим, уллы әскербасым. Қосқан жигитлериңиз унады. Мен усы жасыма шекем Бухараны көрмегениме пәнт жедим, ырастан да үлкен қала екен. Биротала басып алыў сизге несийб етсе, жақсы болар еди.
Махмуднияз оның он үш күнде қайтып келгенине, көп көпшик қойып сөйлегенине қарап онша исенгиси келмей сорады:
- Қалада не жаңалық сездиң?
- Қалада жүздей мешит санадық, алты тас дийўал базары, төрт кәрўан сарайы бар екен. Қаратал дәрьясының еки жеринен тас көпир өтип турыпты. Оқ-дәри өзлеринде исленеди екен. Дәри ушын Чу ҳәм Шымкенттен дуздай зат (селитра) әкелип, қорғасынды Қаратаўдан алдыратуғынын еситтик. Енди Бухараға дейинги жоллардан қәйтип, қай ўақта жүрилсе де алжаспайтуғын болып келдим.
- Әмирди-әм көрдиңиз бе?
- Несиб етти. Бир топар нөкерин баслап қалаға кирип киятырғанда көрдик. Түси суўық, реҳимсиз екен.
Махмуднияз Ерназардың жаңалықларына исенбейин десе, оған дейинде Бухараға жансыз жиберип алған еди, оның хабары менен дәлме дәл.
- Әмирдиң кийимлери қандай?
- Басында қызыл жипек сәллеси бар, төбесиндеги жығасы тип-тик турыпты. Үстинде мен көрмеген мамықтан постыны бар, бир бухаралыдан сорасам, ең суўық арқада өсетуғын соболь деген ҳайўанның териси дейди. Белинде алтын қамары бар.
- Бухарада болғаның тақыйық. Ләшкериниң күши қалай екен?
- Бир топ ләшкерин бухаралы емес биреў басқарады дейди. Шамасы, я орыс, я инглис.
Махмуднияздың үскини қуйылды.
- Ғам жемеңиз, оларды сөзсиз жеңиўге болады, - деди Ерназар.
Әскербасының шырайы және жақсыланды.
- Ерназар, сиз маған нағыз дос, ағла нөкерсиз, тақыйық исендим. Ертең дем алыңыз. Набада, бас әскербасы тексериўге келсе, сылтаў табыў өз еркиңде.
"Сен"сиреп сөйлейтуғын әскербасының бирден "Сиз"ге өтиўи ғана емес, оның бир күнлик демалыс бережақлығының өзи түлкиниң қуйрығы болмасын деген қәўип пенен тикленди:
- Машқыға бара берейин.
- Сиз күтә өр көкирек, батыр нөкерсиз, аммо, баладай ҳақ кеўилсиз. Буныңыз маған көбирек жағады. Бәри бир, мен сизди уллы инсан көремен, себеби сиз ертеңги болатуғын исти бүгин-ақ болжап билиў қабилиятына ийесиз. Неге жүзиңиз өзгерди? Орынсыз мақтады дейсиз бе? Ҳасла ондай емес.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 02


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Егер, той сәрәнжамы Мәўлен сары жетип келип, үстине бир қабақ суўық суўды аўдарып жибермегенде, өлип қалыў қәўпи бар еди.
Оның есин жыйнап, тили гүрмелгени еки сөз болды:
- Өтирик пе, ырас па?
- Қурыдың, дайы, масқара болдың, дайы.
Бай Мәўленниң ара-тура ашшы дәлкек қылатуғынына үйренискен болса да, отырған үйиниң ергенегин сарт-сарт урып шығып, гүйзелискен тамашагөйлердиң тобын айырыўы менен Гүлзийбаның ылашығына барды. Көп адамлардың қоршаўында Теңел жылап тур екен, бай келе сала оның шекесине бир шаппат урды.
- Әжапаң қайда?
Байдың жасаўраған көзлери Улбосынға түсип, оның тышқан қуйрығындай жиңишке қос бурымынан тартып жиберип жықты да, қарнына ыңқ еттирип бир тепти.
- Бәри сеннен келген бәле!
Ҳаял еки қолы менен ишин басып, кирпидей жыйырылып демиксе де, тили жеңислик бермеди.
- Өле қал, алжыған! Мени урғанша Рузматты изле! Бүйтип ел-халыққа масқара болғанша, өле қал, өле қал!...
Байдың пүткил өмиринде ҳаялы бүйтип бетине келмеген еди, тикенекли сөзлери Гүлзийбадан айрылған дәртин мың еселендирип қосбаўынан пышағын суўырып ала бергени, көлеңкесиндей болып қапталында турған Мәўлен сары шығанағынан тутты.
- Дайы, тоқта. Аңғардың ба, қыз Рузмат пенен қашқан. Бул пышақ әўели бас қандарың Рузматқа урылыўы керек.
- Онда өзиң бирге жүр, атларды таярла.
Мәўлен сары қалтырап турған байдың қолларын жибермей, адамлардың арасы менен атханаға қарай жетеледи...
* * *
Хийўадан еки шақырымдай алысырақтан ағатуғын жаптың бойындағы жалғыз түп жабайы гүжимниң астында еки жас жатыр. Бири Гүлзийба, екиншиси Рузмат. Узақ жолдың пияда сегбиринен шаршаса да, қыздың басына дастық қылған билегиниң уйығанына жаны ләззет таўып жатырған жигит сирә уйқылар емес. Еки көзи қыздың ай жақтысына шағылысқан аппақ жүзинде.
Рузмат Сержанбайдың есигине келгенде жас ғана бала еди. Сыпайы, кем сөзли жигит болып өсти. Қанша қыйналса да, байдың бетине келип мәлеллескен емес. Сол ушын ба бай оны унатып, кеўилли пайытларында қопсытып сөйлеп: "Ҳа, Рузмат, еле сени шаңырақ қылып жиберемен" деп қоятуғын еди. Әсиресе, биротала исенип, қой аўзынан шөп алмайтуғын жуўас жигитке айналды. Бул кейип, байдың ўәдеси шынлыққа айналатуғынына исенимнен бетерирек, онда Гүлзийбаға деген әлле қандай нәзик сезимлер пайда болыўынан да еди.
Тоғайдан отын шаўып келгеннен кейин байдың не ушын той бермекши болғанының мәнисин билгенде, жүреги жарыла жазлап, ойласқандай адам таппай турғанында, қасында Улбосын пайда болды.
- Рузмат, - деди ол сыбырланып. - Саған қолай шараят туўып тур, мәтқапыл қалма. Гүлзийбаны алып қаш.
Жигиттиң жүреги ҳәўлириңкиреп апалақлады:
- Сен оны ғарры байдан қутқарсаң, өмиринше табаныңды жалайды, ырасын айтайын, оның өзи өтинди.
Рузмат қуўанғанынан Улбосынды анасындай көрип, бетинен шорп еткизип сүйди:
- Мың-мың жаса, апа.
Журт той ғалмағалына мантығып, биразлардың дыққаты Хийўадан киятырған ийшанға аўысқан гезде, Улбосын еки жасты бир жерде ушырастырып, жигиттиң қолына бир түйиншик услатты да:
- Мине, жол ғәрежетиңиз, бахтыңыз ашылғай, тез кетиңлер! - деп екеўиниң де жаўырынларынан ийтерди.
Еле өз бахтына исенбей турған жигит қызға:
- Ырас па? Қайда баслайын? - деди болғаны.
- Ырас. Хийўаға! Ерназар ағаны излеймиз, - деди Гүлзийба.
Жигит қайтып тил қатпады. Сол сөйлеспегенинен олар изден келетуғын қуўғыншыларға бәрҳа жол таслап қашыў менен кеше қуптанда тап ҳәзирги жатқан гүжимине жетти де, азанға шекем дем алыўға уйғарысты.
Мине, күншығыс сүттей ағарып киятыр. Жигитте еле уйқы жоқ. Қыз уйқыда. Оның үлбиреген еринлери ҳәр деминде бүлк-бүлк етип түнги қоздай қызарып, келешек өмир ошағының оты болып алысыўға сәл қалып турған секилли. Рузматтың тула бедени жуўлап, сол үлбиреген от еринлерди өзиниң пәки тиймеген жипек муртлары менен қытықлағысы келеди де, қыздың татлы уйқысын бузыўға қыймайды. Оны базы жеңилтек жигитлерге тән ҳәрекетлердиң машқысы ҳәр жаққа жетелесе де, ырқына көнбей, өзине берик. Бирақ, еки көзин қыздан алар емес.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
31. 01


Ойыншыққа таласқаным ядымда

"Дослық көпири" каналындағы күн темасынан келип шығып жазылған қосық

Ойыншыққа таласқаным ядымда,
Ертеклерге мегзес балалық демде.
Ойыншық шашылып жатқан алдымда,
Әттең-ай, есейип кетиппиз демде.

Сондай қызық балалықтың ойыны,
Қумбыл болып ойнар едик ҳәр күни.
Иштей менен асты татып тойымлы,
Сезбей қалар едик болғанын түнниң.

Биреўдиң қолында көринген нәрсе,
Көзиме суп-сулыў көринер еди.
Анам кеўил бөлип оны әперсе,
Мазатланып қуўанышқа бөлендим.

Алданыўшы ойыншыққа тез-тезден,
Таласқанбыз аға-үкелер менен.
Кеўлимиз дым жумсақ екен сол гезде,
Қаталырақ болдық енди кем-кемнен.

Бир шетте жатырған ойыншық гейде,
Әширепи болып қалары қызық.
Тез де тил табыстық етпестен гийне,
Соңынан кетпеппиз ойынды бузып.

Сол шийрин демлерге қайтқым келеди,
Ҳеш ирке алмадым ўақыт тулпарын.
Тәғдир елеўиши бизди еледи,
Әлўидағ айтып тур сада жылларым!

30-январь, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev


Халық ҳүрмети жақсы шығармаларды дөретиўге илҳамландырады.

@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ерназар әскербасының қандай тыйтыллар менен жибережақлығына ой жибермей, тез-тез кийинип, оның менен далаға шықса, қараңғыда еки атлы күтип тур екен...
13.
Той десе қарақалпақларда қуў басқа жан енеди. Хабарын қулағы шалғанлар, арнаўлы шақырық күтпей-ақ тойханаға ығыла береди.
Өмиринше дүнья жыйнаў менен машқул байдың жас қыз алып, аўыл-аймаққа даңғаралы той бермекши болғаны көп жерге еситилип, сәрсенби күни аўылдың көшелери атлыларға, ешеклилерге, бық-жық пиядаға толды. Бул сапары бай сықмарлық етпеди. Тойда өткерилетуғын ҳәр қыйлы жарысларға тигилетуғын байрақларға, ҳәттеки, қой-ешкини менсинбей, ири қара маллардан тиктирди. Тойға келген жетим-жесирлер ғарқ болып бир тойынсын деп, мол-молақай қазанлар астырып атыр.
Қазанлардағы аўқатлардың тезирек писиўин күтип атланшап болып жүргенлер арасынан елге Хийўадан ийшан киятыр деген гәп шықты. Хабарды ким тапқанын елестирген киси болмады, бирақ аўзы бос ҳаялларға, балаларға шекем еринлери шүртийисип, бул жаңалықты бир-бирине жеткергенше асықты.
- Әне, өзи өтип баратыр, - деп салды биреў.
Аўылға жақын арба жолдан көтерилген шаңғытқа тойшылар жалт-жалт бурылды. Жеңил аяқлылар, жеңил тәбиятлылар шыдап тура алмай, мисли өзге түсли ҳайўан көрген ийтлердей шаўқымласып, топарласыўы менен шаңғыттың изинен жуўырысты.
Ат жегилген арбаны қоршап бир топ пияда моллалар, суўпылар баратыр. Бул демек, арбада ең ҳүрметли адам болғаны.
Тойшылардың арасынан узын биреўи қутанның мойнындай мойнын арбаны қоршағанлардың үстинен созып, жолдасларына хабар айтты:
- Басында қардай ақ сәллеси бар, бирақ сақалы қара, оғыры паң көринисли, айбатлы киси отыр.
- Әне, сол кәраматлы ийшан, - деди оның мықыры бойлы жолдаслары.
Ырасында да, бул арбадағы түркий ахун еди.
Ол артына бурылып, изинен шаўқымласып киятырғанларды көрди де, арбакештен сәл-пәл гидириўди өтинди. Тамашагөйлер арбаға жақынлаўға бата алмай топланысып қалды.
- Анаў узынды бери шақырыңлар! - деди ийшан төмендеги суўпыларына. Олардың бири Узынды арбаның гүпшеги қасына әкелди, оған ерип жолдаслары да жақынлады.
- Ҳәй Узын, - деп сыбырлады суўпылардың бири. - Уллы ийшанның көзи түскени - саған қудай бергени. Ҳәзир асықпай тыңла, ол сениң заў-заддыңды айтып береди.
Узын мәртлик етип келсе де, қорқыңқырап, үпилдиригиниң түбинен сынған қамыстай басы ийилип турыпты.
Ийшан мәсиўеклеў ийегин онша көтере бермей, арбаның қаптал тахтасы үстинен қарап:
- Жигитим, сениң әкең ертеде өлген еди, - деди қас қақпай. - Неге усы ўақытқа дейин жыл садақасын бермей, елге умыттырдың. Үш күн ишинде бир сыйырыңды сойып садақа тарқатпасаң, үйиңдеги еки сыйырың-әм ҳарам өледи.
Ол басқа гәптиң басына бармай алдына бурылды. Арбакеш атқа қамшы көтерди. Арба алға қарай қозғалды.
Ырастан да, Узын ертерек жыллары өлген әкесиниң жылына соятуғын сыйырын соймай, келешекте қыз алыў ушын қалың мал басыға сақлап қалған еди. Сол сыйырдың әўелги баспағы да туўып, ҳәзир сыйыры екеўге жетти. Олар бул сыйырын ҳеш кимге билдирмеў ушын қоныс өзгертип, теңиз бойындағы бир аўылға көшкен еди. Мынаў ийшан қайдан билген?
Ийшанның илгери жыллары дийўана болып жүрип үйинде бир рет қонған адам екенине ҳеш ким ой жибермеди, гүманланбады да.
Ҳәмме Узынды қоршап ғаўырласты.
- Ырас па?
- Сөйле!
Үскини қуйылып, мойын омыртқасы үзилип кеткендей болып турған узын жыламсырады:
- Мени қудай кеширгей, ырас еди. Тойдан шығып бизикине келиңлер, бир сыйырымды сояман.
Ол бөлинип үйине қарай кетти. Басқалар тойханаға қайтып, ийшанды көзи ашық деп ғана қойыспай, сөзге шешенлери көп жаңалықлар қосып таратты.
Сержанбайдың тойы жөниндеги жақсы гәплер-әм, ийшан жөниндеги ҳәр қыйлы гәплердиң арасында онша билинбеди.
Салтанатлы тойшылардың дыққатын аўдарған бул жаңалық Сержанбайға унамай, кейпи түсип, өзине тәбияларды бир бөлек үйге жыйнап, көкнар ишип бәзим қурып отыр еди, ярым ақшамға жақынлағанда, үйге айрықша ғаўасатлы жаңалық кирди:
- Келиншек қашып кетипти!
Пәйнекке жаңа қашқан ғарры байдың басы артындағы керегеге сарт етип, ес-түссиз қалды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
30. 01


Өтмиште қалғандай ескен даўыллар, Көзлеримде кеўип кеткен жаўынлар, Енди мен өтпеймен қурса да көпир, Сен жүрген жағыста жаным аўырар. Қосық дөретиўшиси ким?
Опрос
  •   Айгүл Қосымбетова
  •   Абадан Турдымуратова
  •   Минара Қалбаева
32 голосов


Алма берген қолларыңды сағындым
(Қосықтан тәсирленип)

Соншелли сүйкимли, соншелли жумсақ,
Бахытлы демлерди жүриппен аңсап,
Бирге жаққан отқа жылынып жасап,
Алма берген қолларыңды сағындым.

Татлы болар муҳаббаттың жемиси,
Қәдирлейсең жақсы көрип кемисин,
Дүзейикши ығбал менен келисим,
Алма берген қолларыңды сағындым.

Үзгенбедиң сап ышқының бағынан,
Қайтқым келер гөззал жаслық шағыма,
Сырымды баянлап келсем ҳағынан,
Алма берген қолларыңды сағындым!

Қәдир тутып сақлап қойдым алмаңды,
Дийдарың бийлеген кеўил, санамды,
Шын ашықлар ушын ҳижран жамандур,
Алма берген қолларыңды сағындым!

29-январь, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev



Показано 19 последних публикаций.