QR SSP Business News


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Новости и СМИ


Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.
Мүрәжәәт ушын телефонлар;
☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Қарақалпақстан_телеканалы

Глобал жасыл өсиў институты (GGGI), Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шѳлкемлестирилген «Жасыл таксономия» атамасында семинар “Хабар” информациялық бағдарламасы арқалы тиккелей эфирге берилди.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Халық-аралық шѳлкем менен бирге ислесиў беккемленип атыр

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Global Green Growth Institute (GGGI) халық-аралық шөлкеми менен бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

Илажда Басқарма баслығы орынбасары Мэлс Косназаров ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA), Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) ның ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет - Арал теңизиниң қурыған ултанын жасылландырыў ҳәм Қарақалпақстан Республикасында экологияға шыдамлы агробизнес моделлерин ислеп шығыўдан ибарат.


Ушырасыў соңында тәреплер Қарақалпақстан Республикасының алыс аўылларында киши бизнес ҳәм фермерликти раўажландырыў, экологиялық таза өнимлерди жетилистириў бойынша бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алынды.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба-хабар қураллары хызметкерлери күни.

Ҳүрметли баспасөз ҳәм ғалаба-хабар қураллары ўәкиллери!

27-июнь "Баспасөз ҳәм ғалаба-хабар қураллары хызметкерлери күни" мүнәсибети менен бәршеңизди шын кеўилден қутлықлаймыз.

Жәмийетимизде демократиялық реформаларды тереңлестириў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, жасларда исбилерменлик көникпелерин қәлиплестириў, дүньяда ҳәм елимизде жүз берип атырған экономикалық процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында мағлыўматлар жеткериў бойынша Сиз - мәлимлеме ҳәм ғалаба-хабар қураллары ўәкиллериниң пидәкерли мийнети жоқары қәдирленеди.


Сизлерге терең денсаўлық, ийгиликли жумысларыңызда табыслар ҳәм шаңарағыңызға қут-берекет тилеймиз.

Ҳүрмет пенен, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мийнет жәмәәти.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимларига табрик

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине қутлықлаў

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Қарақалпақстанда «Aral Sea GRIP» жойбары еле де даўам етеди

Глобал жасыл өсиў институты (GGGI), Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ҳәм Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте Республикамызда жумыс алып барыўшы коммерциялық банк ўәкиллери ушын «Жасыл таксономия» атамасында семинар шѳлкемлестирилди.

Илажда Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) ның «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў» - "Aral Sea GRIP" инвестициялық жойбары негизинде Республикамызда 2021-жылдан берли әмелге асырылған ис-илажлары ҳәм алдағы режелери сѳз етилди.

Семинар соӊында экологияға шыдамлы агробизнес моделлери менен шуғылланыўды мақсет еткен киши ҳәм орта бизнес субъектлерин жеӊиллетилген кредит линиялары арқалы қаржыландырыў мәселелери кеӊ додаланды.


🏢 Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber
href='' rel='nofollow'>


#инфографика

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ исбилерменлер менен 2023-жылда ашық-айдын пикирлесиўиндеги белгиленген ўазыйпалар ҳәм олардыӊ нәтийжелилиги ҳаққында.


🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимлари куни муносабати билан соҳа ходимларидан бир гуруҳини мукофотлаш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында"ғы Пәрманы


Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


📣  ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!  📣

Хабарыӊыз бар, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ исбилерменлер менен Ашық-айдын пикирлесиўине таярлық кѳриў илажлары шеӊберинде усы жылдың 15-июнь сәнесинен баслап, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанында исбилерменлердиӊ мүрәжатларын ҳәм усынысларын қабыллаў бойынша ШТАБ ѳз жумысын баслады.

Егер де, Сизиӊ Республикамызда исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бағдарында еӊ жақсы усынысларыӊыз бар болса, ШТАБ ағзаларына келип хабарласыўыӊызды ямаса тѳмендеги байланыс номерлерине қоӊыраў етиўиңизди сораймыз:

📞 +99861 222 48 47
📞 +99861 222 48 49

️ Call – center: 1088

🌐 «Исбилерменлер менен ашық сәўбет» электрон платформасы: https://taklif.chamber.uz/

Мәнзил: Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай. Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратының 1-қабаты.

🗺 ЛОКАЦИЯ

🏢 Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

👉 https://t.me/QR_Chamber


#Бүгин

#Радио_толқынларында

Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  Қанлыкѳл районлық бѳлими баслығы Рафаэль Садыков ҳәм Басқарманыӊ Шымбай районлық бѳлими бас қәнигеси Султанбек Нуршаевлар “Қарақалпақстан радиосыны” ныӊ “Талап ҳәм жуўапкершилик” атамасындағы тиккелей еситтириўинде мийманда.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


#Радио_толқынларында

иккелей_эфир

Ашық сәўбетке таярлық басланды!

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўине таярлық кѳриў шеӊберинде елимизде әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қанлыкѳл районлық бѳлими баслығы Рафаэль Садыков ҳәм Басқарманыӊ Шымбай районлық бѳлими бас қәнигеси Султанбек Нуршаевлар “Қарақалпақстан радиосы” ныӊ “Талап ҳәм жуўапкершилик” атамасындағы тиккелей еситтириўи арқалы толық мағлыўмат берди.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Ендигиден былай жеке исбилерменлер де мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўи мүмкин

Президентимиздиң 24.05.2024-жылдағы ПФ-80-санлы Пәрманы тийкарында жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен агент ретинде көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими тастыйықланды.

Бунда жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен агент ретинде көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими сүўретте көрсетилген.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber

Показано 11 последних публикаций.