.:
ОҚЫТЫЎШЫЛАР ҲАҚҚЫНДА ҲАҚЫЙҚАТЛАР!!!
~ Дүньяда бир кәсип бар: Оның аты - оқытыўшылық. Қалған кәсиплер оның мийўеси есапланады.
~ Миллеттиң ертеңи мектеплерден басланады.
~ Оқытыўшы бир өмир бала болып калады.
~ Оқытыўшы бир ўақыттың өзинде ата-ана, әжаға, әжапа, дос бола алады.
~ Оқытыўшыда әкениң қаттықоллы6ы, ананың меҳири болыўы керек.
~ Ҳешкимниң 30 перзенти жоқ. Оқытыўшыда болса бар.
~ Ҳәмме өз баласын сүйеди. Өзгенин баласын сүйиў, оған тәлим-тәрбия бериў болса, ҳәркимнин де қолынан келмейди. Буның ушын инсанда үлкен жүрек болыўы керек.
~ Балаларды сүйе алмаған адамнан Оқытыўшы шықпайды.
~ Оқытыўшылық - бул еле устазлық дегени емес.
~ Оқытыўшылык - бул кәсип. Устазлық болса - Бахыт!
~ Өмириңиз даўамында ҳеш болмаса бир шәкиртиңиз сизди Устаз сыпатында тән алмаса, өмириниз бийкарға кетипти.
~ Оқыўшыларым мени Устаз сыпатында емес, әўели инсан сыпатында жақсы көриўин қәлеймен.
~ "Сабағымда шыбын ушса билинеди," дейтуғын оқытыўшылар рас айтады. Оларды тек шыбын қызықтырады.
~ Амир Темур дүньяны қылыш пенен, Наўайы Қәлем менен алған болса, устазлар дүньяны пор менен алады.
~ Бул өмирде әпиўайы класс басшысы болмайды. Класс басшы болдың ба шыда. Мушты мушка түйип шыда, тисти тиске қойып шыда. Класс басшылықты шыдағанға шығарған.
~ Бүгин класс басшылық алып, оның жуўапкершилигине шыдай алмай, ертесине таслап жиберетуғын оқытыўшылардың өзин "таслап жибериў" керек.
~ Ҳақыйқый оқытыўшының қәҳәринде де балаға деген меҳир көринип турыўы керек.
~ Ең жаман оқыўшымды да басқа кластағы ең жақсы оқыўшыға аўмаспайман.
~ Оқыўшыңыз өмир маселелеринде сизден мәсләҳат, жәрдем сорап атыр ма, демек, устаз дарежесине жетипсиз, мүбәрек болсын!
~ Ҳешқашан оқыўшыларыңызға "Адам болмайсан!" демең. Оның таңлаў имкәнияты бар. Сизде болса ҳәтте, сол да жок.
~ Бүгинги жынаят - кешеги тәрбияның ақыбети.
~ Биз - устазлар, оқыўшыларымызға мектепте емес, өмирде ағла болыўы ушын көмек бериўимиз керек.
~ Устаздың ҳәттеки, қәдем таслаўы да тәрбия болыўы керек.
~ Шәкиртлерине тек Илим берген оқытыўшы қәниге таярлайды. Шәкиртлерине тәлим-тарбия берген оқытыўшы - инсанды жетилистиреди.
~ Оқыўшыңыз сизди ата-анасының орынсыз айыбынан қорғап атыр ма, демек, сиз оның қәлбинен орын алыпсыз.
~ Устазлар перзентлериниң утысларынан көре, шәкиртлериниң утысларына көбирек қуўанады.
~ Жоқарыға көтерилмекши болсаңыз, пәске түсип оқыўшылар менен бирге болың. Күни келип, олардың өзлери сизди жоқарыға алып шығады.
Топлаған:
ЕРНИЯЗ КУМЕКБАЕВИЧhttps://t.me/Soz_marjani