#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылына мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.Пәрманға көре,
"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында мәмлекет раўажланыўының тийкарғы көз-қараслары етип төмендегилер белгиленди,
атап айтқанда:мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў,
көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;
халықтың саламатлығын жақсылаў,
экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў;
тәбий ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға сай пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;
өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў;
"жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў;
республика энергобалансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ири
"жасыл энергия" станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, халықтың үйлеринде
қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў.Ағза болың:https://t.me/taxta_tani