ӨЛШЕЎ ТАСЫ
Адамзаттың ғаррысы бар, жасы бар,
Ҳәр бендениң өзине сай басы бар.
Бул гәпимди ядда сақлаң яранлар,
Өмирде ҳәр кимниң өлшеў тасы бар.
Жақсы дейди ҳәр ким өзи жақынын,
Алмасада әкесиниң ақылын.
Өлшеў тасын қәте қойсаң өмирде,
Қатын болып шығар айтқан батырың.
Базылардың ақылы бар басында,
Сонлықтан олардың салмағы басым.
Базылардың ағасы бар қасында,
Жеңил келсе аўыр басыўшы тасын.
Адам болалмайды ҳәммеге бирдей,
Кимге таза болса, кимгедур кирдей.
Дүзеў болса тәрезиси бендениң,
Жөнине жүреди, ийт киби үрмей.
Ҳәр ким өлшер екен қарысы менен,
Өлшеў керек ар ҳәм намысы менен.
Көлдиң өлшеў тасы не десеңизлер,
Балық ҳәмде қалың қамысы менен.
Ансатбай Каражанов
18.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Адамзаттың ғаррысы бар, жасы бар,
Ҳәр бендениң өзине сай басы бар.
Бул гәпимди ядда сақлаң яранлар,
Өмирде ҳәр кимниң өлшеў тасы бар.
Жақсы дейди ҳәр ким өзи жақынын,
Алмасада әкесиниң ақылын.
Өлшеў тасын қәте қойсаң өмирде,
Қатын болып шығар айтқан батырың.
Базылардың ақылы бар басында,
Сонлықтан олардың салмағы басым.
Базылардың ағасы бар қасында,
Жеңил келсе аўыр басыўшы тасын.
Адам болалмайды ҳәммеге бирдей,
Кимге таза болса, кимгедур кирдей.
Дүзеў болса тәрезиси бендениң,
Жөнине жүреди, ийт киби үрмей.
Ҳәр ким өлшер екен қарысы менен,
Өлшеў керек ар ҳәм намысы менен.
Көлдиң өлшеў тасы не десеңизлер,
Балық ҳәмде қалың қамысы менен.
Ансатбай Каражанов
18.12.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai