Baxıtlı SARÍBAEV


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Цитаты


Саған аз-кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Ибрайым Юсупов
Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы
Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Цитаты
Статистика
Фильтр публикаций


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
"Аға бий"диң күшин кемейтип, халық пенен байланысымызды үзип аламыз.
Жыйналғанлар қыбырласып, өз ара абыржыў пайда болды. Әйне пайытты қуры жибермей Қумар аналық сүренледи:
- Азаматлар! Балларым! - Абайсызда шақмақ шаққандай ҳәммениң нәзери Қумар аналыққа аўдарылды. - Азаматлар, балларым! - деди және ол еркеклерге тән ғужыр менен. - Зарлықжан оғыры дурыс айтты. Халыққа баратуғын дәрўазаны жаппаңлар. Ханға хызмет еткенниң тырнағын тас жонады деген рәўият бар, абайлаңлар!
Хийўалы шабарман Асқар бийди қамшысы менен түртти:
- Байсыз ҳаял - басқарыўсыз кеме, тоқтат!
Жаңарақта сөйлеген орта бойлы пияда қайтадан жеделленип, Фазылдың атына ғарғып мингести де:
- Қумар, бийкар айтасыз, - деди ҳаплығып. - Биз билемиз, ханға хызмет еткен бийлер, әскербасылар, жасаўыллар, нөкерлер бәрҳа ҳәзликте жүрипти. Ханды көрмей, ханға хызмет ете алмай тырнағын тас жонатуғын биздей сорлы халық!
- Ҳақ гәп! - деди бир қанша даўыс.
Асқар бий дөгерегиндегилерге сыбырланды:
- Қумарды көзден ғайып қылыңлар!
Еки жигит айрылып келип, бири Қумардың атын жетелеп, екиншиси қамшылап көпшиликтен бөлип әкетти.
Аламан қыснаққа тығылған сеңдей соқлығысып, олай-булай абыржыды. Байлаўдағылар Қумар аналыққа ырзалық билдирип бақырысты. Оларды қоршаған хийўалылардан төрт атлы бөлинип келип, хан жасаўылының ымы бойынша Зарлықты қамалайжақ еди, ол, тутыс бермей Қумар аналықтың изинен шаўып кетти. Генжемурат та көпшиликтен айырылып шығып еди, ярым жолға барғанда атын және изге қайырды. Оған қасақана, Асқар бийдиң алдындағы шоқтан үш атлы бөлинди де, Қумар аналыққа тез жетип, тобы менен арқадағы қазақ аўылына бет алды. Хан жасаўылы оларды қуўдырса адаўат шығатуғынын билип, жарыса қамшысын көтерди:
- Мине, алдымызда ҳақыйқый ислам нөкерлери қалды. Анаў бөлингенлерге қарамаңлар, олар сизлердиң түкиригиңиз. Уллы хан бәршеңизди сарпайлайды...
- Жигитлер! - деп Генжемурат ортаға ат айдады. - Мен Қумар аналықтың алдында өзимди көрсеткен болмайын деп сөйлемедим ҳәм оған ермедим. Лекин, ҳәзирги исимиз сатқынлық!
- Аға бий жоқта буйырыўшы мен! - деп Фазыл атын қамшылап-қамшылап алға өтти де, сол пәти менен барып Генжемуратқа еки қамшы тартты.
Генжемурат қарсыласып, қызып, бас демей, көз демей қамшы силтей баслап еди, Фазылдың тәрепдарлары оны қоршап, бири қолынан қамшысын, екиншиси атының жүўенин жулып алды.
Фазылдың жүреги ҳәўлириў менен кейин бәсип, хийўалы жасаўылдың қасына келди:
- Найсапты гүм қылмай тынбасын!
Хийўалы қуры қалмады:
- Ойыңыз нағыз аршылдың ойы, қоллап-қуўатлаймыз.
6.
Аспан саған да толық көринбесе, оның кеңлигинен, қуяш саған да толық нур төкпесе, оның өз ўақтында шығып, батқанынан не қайыр? Бирақ, бул жақты дүньяның барды-келдисине көнип, өлмес аўқат күн кешириўге үйренгенлер бултлы болса да төбесинде аспан барлығына, ысытпаса да төбесинде қуяш барлығына шүкирлик әйлейди.
Ушы-қыйырсыз далаға үйренген саҳрайы Ерназар пүткил әлемди жапқан көк-көмбек кең аспанның қәдирин, тегис кең даланың шетиндеги қалың қамыслық үстинен лаўлаған қан-қызыл от болып шығып, ал кеште көгалай көгалай көк теңиздиң үстин гә қызылға, гә сарыға дөндирип бататуғын қуяштың қәдирин енди билип атыр.
Оның аспаны зинданның муш сыярлық ғана дөңгелек тесиги. Кең саҳрада мутқа жарқыраған қуяш биротала көриниўден қалды. Бул ҳалға гириптар болғалы неше күн, неше ҳәпте өткенин есаплаўдан да жаңылысты. Ҳеш ким хабарласып ҳал сорамайды, қыялына оның зинданға тасланғанын тири бенде көрмегендей, пүткил әлемде ҳәрекет тоқтап қалғандай. Өй деўге төбесинен үңилген қараўыл күнине үш мезгил нан, суў береди, намаз пайтын ескертеди.
Ерназардың жанына жеги болып турған нәрсе - зинданға түскени ямаса ҳеш кимниң хабар алмағаны ғана емес, не ушын, қандай аўыр жазығы ушын сырттағы адамлар менен тиллестирмей қойылғаны. Жатып ойланады, отырып ойланады, усы ўақытқа шекемги өмир жолын көз алдына қайта-қайта елеслетеди, ҳәр бир ҳәрекетине өзинше баҳа береди, сирә бул дәрежеге сазыўар болғандай гүна ислемеген сыяқлы.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 01


Жүрсек те бир қыяда, Туўған жер - түсимизде!... Өлсек те Туркияда, Шоршаға көмер бизди! Қосық авторы ким?
Опрос
  •   Төлепберген Мәтмуратов
  •   Шаўдырбай Сейитов
  •   Кеңесбай Рахманов
266 голосов




Жаңа жылым, байрамларға көш басы.
Жылан жылы - даналық жылы

@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Орыс патшалығынан болажақ шабыўылға қарсы нөкер таярлаў ушын жигитлерди жыйнатып атыр.
- Бир өзи ме?
- Хийўадан енапат нөкерлер ертип келипти.
- Сен де оған нөкер боласаң ба?
- Билмесем.
- Шоңқы, бир нәсият берейин, мудамы есиңде сақла. Батыр жығылса сүйейди, қорқақ жығылса ҳәмме басып кетеди.
- "Аға бий"диң көп жигитлери нөкер болыўға таярланып атыр.
Ана оның менен көп сөйлеспей, қорадағы яўмытыны ийеги менен нусқады.
- Мен кийингенше ертлеп бер.
- Хийўаға кетесең бе?
- Асқар бийдиң аўылына. - Ол үйине кире сала қайта кийинип атырып, - Гүлзийба қызым, - деди жүдә жайпарахатшылық пенен. - Сержанбай ўәдесине опадар киси. Көлик пенен хызметкери барғанша күт.
Гүлзийба бул үйге келгели көз алдында жүз берген ҳәр қыйлы ҳәдийселерге, ҳәр қыйлы адамларға, анаға, Рабийбиге ҳайран болыў менен уяңлаў түргелди.
* * *
Аўылдың шаңлағына қарашор адам топланып, олардың алдында, пәкене бойлы Асқар бий бийик атының ери үстинде тикейип, қызғын сөйлеп тур:
- Биз қарақалпақлар, исламның жер бетиндеги ҳәўирли ошағы Хорезмди, уллы Хийўа ханын жаўдан қорғап қалыўымыз керек. Бул биз ушын ҳүрмет, биз ушын бейиший ис. Ким де ким кәпирлерге қарсы урыста оқтан ушса, оған дозақ оты ҳарам, жаны жәннетте болады... Ким қәлемесе, әне анаўлардай болып байланып, Хийўа зинданына айдалады.
Қумар аналық үнсизликте олардан көзин алмай адым-адым киятыр. Бир шетте, аранға қамалған малдай бир топар адам үйирилген. Олардың көпшилиги кемпирлер, ғаррылар, арасында жигитлер де бар. Бәриниң де қоллары артына қайырылып байланған. Оларды бағып онлаған хийўалы атлы турыпты. Бул ҳәдийсе Қумар аналықты ҳәм таңландырды, ҳәм қорқытып жүрегин суўлатып атының жүўенин сәл тартыңқырап келе берди. Қызғын сөйлеген Асқар бий Қумар аналықтың арттан келип араласқанын аңғармады. Гүллән дыққатлар, көзлер тек Асқар бийде болғаны ушын басқалар да ескермеди.
- Аға бийимиз - Ерназар қайда? - деди көпшиликтен бир даўыс.
- Халайық, - деп Ерназарды әкеткен хийўалы гәпке араласты. - Уллы ханымыздың сизлерден жасыратуғын сыры жоқ. Қолдаўлы Ерназар усы урысқа барса, уллы ханымыз оған әскербасылық лаўазымын бермекши еди. Ол кесгеллем қарсы турғаны ушын аяқ-қолына кисен урылып, зинданға гирипдар етилди...
"Урыс" деген сөзден-ақ басларына аўыр мусаллат түскен бай балаларының көпшилигиниң үскини қуйылып, енди урысқа бармай қалыў мүмкин емеслигин түсинип жерге қарасты.
- Уллы хан жасаўылы, Асқар бий, - деп "аға бий" жасаўылларынан бири Артық атын алдарырақ айдады. - Орыс найзасына көкирек тутыўды "аға бий"диң мәсләҳәти буйырса бир қуп еди...
Асқар бийге жақын турған Фазыл қамшысын көтерди:
- Әй Артық қытай, аға бийдиң өзи жоқта, ҳәтте, барда да буйрық беретуғын қазысы мен! Мени тыңлаңлар! Биз, аға бийшилер, ислам күшиклери, ислам дининдеги аз санлы елимизди өзге диндегилердиң қул қылыўына жол қоймаймыз. Бизиң сүйенишимиз, ғамхорымыз уллы Хийўа ханын қорғаўға бәршемиз атланамыз!
- Ерназар аға бий бул урысқа қарсы болған ғой.
- Ерназар елдиң тили, гиндиги емес, - деди Фазыл пәтленип. - Оның орысларға қарсы урыстан бас тартыўы пүткил елге қаслығы, елди қуллыққа түсирейин дегени. Түсиниңлер, биз ҳәр қайсымыз өз алдымызға адамбыз. Ҳәр адам өз дининиң, өз ханының хызметкери.
Ерназар аға бийдиң ығын алып сөйлеп, оң қолы болып жүрген қазысының гәпи жыйналған "аға бийшилерди" сарсаң қылып ойланыўға мәжбүрледи. Пайыттан пайдаланып Фазыл және пәтленди:
- Елин сүйген жигитлер ойланбасын!
Пиядалардың арасынан орта бойлы, сулыўшық жигит малақайын көтерип, қасындағы бир атлының артына секирип минди де, тышқанның қуйрығындай муртларын бармақлары менен шыйырып турып сөйледи:
- Мен атсызбан. Асқар бий ат таўып берсе, ислам ушын урысқа барыўға таярман!
- Ғам жемеңиз, ат таптырамыз! - деди хийўалы.
Пиядалардың биразында урысқа барыў ыңғайы анық көринди.
Қумар аналық улы Ерназарды ашық қуўатлаўшыларды таппай ҳайраны шығып тур еди, бир шеттен Зарлықтың даўысы еситилди:
- Халайық, орысларға қарсы урысқа нөкер болсақ, ақылсызлықтың, жөнсизликтиң қурбаны боламыз!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 01


Қарбабаның мол саўғасын жиберип, Шадлы мәўритлерге өзиң бол шерик. Ушығаның қыйқымындай теберик, Байрамлар сәрдары болған дана жыл, Хош келдиң, әзизим, сырлы Жаңа жыл! Қосық авторы ким?
Опрос
  •   Минайхан Жуманазарова
  •   Пәтийма Мырзабаева
  •   Нәбийра Төрешова
169 голосов


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Бәри бир, ол ҳамалдан пайдаланып ханның емес, ата-бабаларының туўын көтерер еди..."
- Ене, - деди Рабийби оның ойларын бөлип. - Журт дурыс айтысып жүр, балаң усы сапары үлкен бий болып қайтады. Кеше суўға барғанымда Мамыт бийди көрип едим. Ол маған "күйеўиң күшке мисли түйе, әттең, ақылсыз түйе, асқынлап, өзине шақ излеймен деп жүрип, басынан айрылатуғын түйе" деди, мен оған "еле көресең, сендейлерди қатарында отырғызбайтуғын ҳамал алады" дедим.
Келининиң пәмсизлигине иши ашып, қуйқасы жуўлап кеткен ана басқа адамның көзинше сыр бермеў ушын:
- Дурыс айтыпсаң! - деди де, Гүлзийбадан қандай тәғдир айдап келгенин сорады.
- Апа, үкем екеўимиз сизиң аўылға көшип келиўди әрман етемиз.
Ана жуўап берип үлгермей-ақ, есиктен, басынан бурын узын ақ сақалы көринип Сержанбай кирди. Көп жыллардан бери босағасын атламаған ғарры байдың бул келиси Қумар аналықты күтилмеген тәшўишке салып, орнынан ушып-ақ турды.
Қәдди-қәўмети орақтай ийилген ғарры гилең ҳаяллардың үстине киргени ушын ба, жүдә қуўнақ ҳәрекетлер менен төсекке шықты да, ҳал-жағдайдан бурын:
- Ерназар қайда? - деди.
Бул Гүлзийбаның тили ушында турған сораў еди. Байға ишинен "рахмет" айтып, Қумар аналықтың жуўабын асығып күтти.
- Хийўаға кетип еди.
- Ойласажақ исим бар еди, және бирде келеқояйын, - деп бай түргелиўге мейилленди.
- Бай қурдас, бир өтиниш айтайын ба?
- Өтинбе, буйыр! - деди бай қуўжыңлап.
- Мынаў отырған қыз өзимиздиң бийбабаның атқосшысы Доспанның қызы, үкеси менен бизиң аўылға көшип кележақ.
- Түсиндим, - деди бай оған ақырын айтқызбай. - Мен бул қызды да, үкеси Теңелди де таныйман. Жақсы баллар. Мен өз малларымды бағып, булар кисилердиң баспақларын бағып жүргенде талай көргенмен. Солай ма, Гүлзийба?
- Солай, ата.
- Әне, солай болса, Қумар айтты, тамам, аўылға көшип келиўиңизге арба, өгиз түўе үйдиң қасынан қоныс-әм беремен, озса, бир саўын сыйыр-әм берип қояман.
Сержанбай бийперзент еди. Сонша мал-ҳалы турып, журт көп қатын алып атырғанда да, ең болмаса, туўмаған ҳаялының үстине перзент ушын деп ҳаял алыўға талапланбағаны себепли Қумар аналық оны жас балаларға меҳирли, қайырқом деп ойламаған еди, ҳәзир меҳирин көрип қуўанғанынан қайта-қайта алғыслап, бай ашып шыққан есиктен алысырақта өкирең қағып жуўырып киятырған Шоңқыны көзи шалды да, оны бийтақатлық пенен күтти: "жақсылық хабар әкиятырғанға усаған".
Шоңқы сол пәти менен келип босағаға сүрине жығылды.
- Келин, Шоңқының аўзын майға толтыр.
Ана Рабийбиниң тосаң ҳәрекетине шыдамай өзи ушып түргелип, иргедеги қарыннан бир қасық май алып Шоңқыға асатты.
Шоңқы ашкөзлик пенен майды ғылқ еттирип жутса да, ҳалықлап сөйлей алмай атыр, бирақ келбети аса қуўанышлы.
- Сөйле, шырағым!
- Хан Ерназар ағаны зинданға таслатыпты!
Гүлзийбаның шай ишип отырған кесеси шайнекке түсип пашақ-пашақ болды. Рабийби жаңалықты еситпей қалды ма, қыздың аңгөдеклигине көз алартты:
- Ҳәй, тәрбия көрмеген!
Қыз тек бурыштай қызарғаны болмаса, үндемеди.
Қумар аналық Шоңқының Ерназарға не ушын усыншама қарсылығының төркинине ой жеткере алмас еди, олардың балалығы бир аўылда өтти, ҳеш қашан таласқанын көрген емес, ҳәтте, әкелери арасында да есте қаларлық жәнжеллесиў болған жоқ. Неликтен, мениң балам жөниндеги жаман хабарды өлгенше қуўанып келип айтады?
- Қызықсаң-аў, Шоңқы, - деди ол иши жанып турса да сабырлылық сақлап. - Бундай хабарды айтыў ушын қуўанып жуўырмайды ғой.
- Қай хабарды қалай билдириўди билмесем қәйтейин, - деп жымыйды Шоңқы.
Ана Гүлзийбаның еле аңы ушып, көзлери аларып қалғанын көрди де, қысынбасын деген ой менен алдынан шәйнек-кесениң сынығын жыйнап атырып сөйленди:
- Хан өзи менен тең, өзине бахталасларды ғана зинданға салады, Шоңқы. Ерназаржанымның ханға тең болғаны мақтаныш маған!
Ол шәйнек-кесениң сынығын далаға апаратырып, Шоңқының да, ийнинен тартып әкетти.
- Енди айт! - деп ол далада Шоңқыға буйрық қылды. - Шаўқым салмай әстен сөйле, кимнен еситтиң?
- Ерназарды ертип әкеткен шабарман қайтып келди.
- Қайда ол?
- Асқар бийдиң аўылында.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 01


Жаңа жылым жаңа бир китап

Жаңа жыл мазмунға толы бир китап,
Ол үш жүз алпыс бес беттен ибарат.
Азықланар кеўлиң оқысаң шынтлап,
Ўақыялар жайғасар боларлық ибрат.

Ҳәр кимде ҳәр қыйлы қалдырар тәсир,
Ҳәр жан шығарады өзинше жуўмақ.
Шебер сүўретленер рәң-бәрең тәғдир,
Танысып шығамыз кеўлимиз туўлап.

Сюжет тартымлы, образлар жарқын,
Суўғарылған сулыў сезимлер менен.
Қаҳарманлар сондай жүрекке жақын,
Әзиз оқыўшыға ой салар терең.

Мәзи көз жуўыртып болмайды оқып,
Бетлеў ләззет берер кирип ишине.
Нурлы идеядан кеўлимиз толқып,
Шеп болмаймыз үлги алсақ исинен.

Бул китапта тартарлықтай дыққатты,
Жаңа пикир, жыллы сезим берилген.
Талап етер оқыў сабыр-тақатты,
Жыллар жылўаланар маңлай териңнен!

1-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Жақын жерден мени үйине киргизеди".
Келеси күни аўыл арасында арман-берман шабысқан атлылар-әм көбейди. Бул Гүлзийбаның кеўлине және де ғулғыла салды. Гилең жас жигитлер әлле қаяқларға кетиўге жыйналысып атырғанға усайды. Тезирек Ерназарға көринип, күтетуғынын айтып қалыўы керек.
Епке келгендей сыны дүзиў кийимлерин кийди. Айнала оның көзине үйреншикли, күтә әпиўайы болып көринетуғын еди, бүгин жол бойындағы бүршиги түсип үлгермеген жыңғылларға шекем оған усынылып турған буўат-буўат гүл болып, Ерназардың аўылына бас ийип узатты. Самал желбиретип гә қулағын, гә аўзын басқан тулымшақлары менен ойнап, дийдиленген үйине жетип те қалды. Кириўге келгенде еңсесинен нәмәлим бир салмақ басып, есик алдында гилт тоқтады. Иштен сөйлесик еситилди:
- Ене, мен балаңа Хийўадан хан зергери соққан билезик, жүзик әкел дедим.
- Әкелер, шырағым. Қараша ханның тусында, қатын ердиң тусында дейди. Әкелер, бахытлы келиншексең.
- Ене, ырасында да мен сизиң үйге бахыт болып келдим ғой-ә?
- Аўа, шырағым.
Гүлзийба ғырра изине айланып кетпекши болып турды да, иштен биреўдиң шығып, "тың тыңлаған кимсең?" деўинен қорқып тәўекел, жез ший есикти көтерди.
Ана табақ жуўып, қасында бес, алты жасар ақлығы Хожаназар қызыл нағыслы зереннен қатық ишип отыр еди. Албырағанынан төрде бөпесин емизип терис қарап жатырған Рабийбини аңғармай тек ананың қолынан алды. Қумар аналық Гүлзийбаны бурыннан таныйтуғын еди, онын сынын дүзеп, орасан сулыў қыз болғанын көрип, түргеле сала оған төсек салды. Қыз бундай ҳүрмет болады деп ойламаған еди, қысына-қымтырыла төсектиң шетине дизесин басып, аманат ғана отырғаннан кейин, терис қарап бир шығанақлаған ҳалында жатырған Рабийбини енди аңғарып, ишинен қуўанды. "Палкер дурыс айтыпты, аўырыў екен!" деген қыялын еситтирип қойыўдан қорқып, қан қызыл ернин қымды. Ана қызының қысыныспаға түскенин сезди:
- Еркин отыра бер, қызым, ҳәзир шай қайнатаман.
Рабийби басын бурды.
Белиниң жиңишкелиги, бет-әлпетиниң сүўен жақлылығы, мүшелериниң иләнәзиклиги менен сулыў көринетуғын келиншек, бир қапталдағы төсекте таўыстай болып отырған Гүлзийбаның толық денелилиги, дөңгелек айға тақәббил бет алмасының қаймағы алынбаған сүттей ақлығы менен оғыры гөззал көринип отырғанын жақтырмай, мурнын гиржийтти.
- Ҳәй қыз, нәмнаған кемпирге шай қайнаттырғанша, өзиң қайнатып ишсеш!
Гүлзийба үнсиз түргелип даладан бир дәсте отынды сулыўлап пуштарлап әкелди.
От мазлап жанған гезде Мәўлен сары кирди. Оның шырайында әлле нәрсеге тәшўиш изи бар еди. Ана бир нәрсе деўин күтип бетине телмирди.
- Жеңге, - деди ол отырып үлгермей-ақ. - Билесиз, мен бир сумлық қыла алмайтуғын жигитпен. Бирақ, бир жаман хабар айтыўға ҳәм өтиниш қылыўға келдим.
- Жаман хабарды бөлисермиз, өтинишиңди орынлармыз.
Асқар бий ҳәзир Фазылға күш берип, "аға бий"диң жигитлерин жыйнатып атыр. Еситиўимше, орыс патшалығына қарсы, урысқа баратуғын қусайды. Ерназар аға бий қайда десем, Хийўаға бас ўәзир шақыртып кетти, деди. Сол ушын сизге асықтым. Орысларға қарсы урысқа барсамбекен? Бәлким, Ерназарды үлкен әскербасы қылыўға я ҳамал бериўге шақыртқан шығар. Қолына лийкин тийсе, мени бир ҳамаллы қылсын, жеңге.
Қумар аналық оның көзлерине қарап отырып күлди.
- Шыным, Қумар жеңге, - деди ол егитилип. - Ҳамал маған емес-тә, ағайинлерге керек екен. Солардың алдында абырайың болады. "Аға бий"диң ендиги зыяпатында дүрреши болып, Ерназардың жек көргенлерин өлгейлиден ураман.
Ана оның дузсыз гәплерине ашығырақ жуўап қайтармақшы еди, өзине ҳай берди. "Ҳәр нәрсениң изине бағыў керек".
- Ерназар келе берсин, көрермиз.
Мәўлен сары қайта-қайта миннетдаршылық билдирип үйден шығып кетти.
Ерназар Хийўаға кеткели аўыл арасындағы шаўқымлардан хабарлы ана, әлле қандай күтилмеген ҳәдийсениң жүз беретуғынын сезип, улының тезирек қайтыўын асығыслық пенен күтип жүр еди. Мәўленниң Асқар бийдиң ҳәрекети жөниндеги хабары кеўлин қабартса да, Ерназарға Хийўа ханы ҳамал берер деп болжаўы, оның да болжаўын тастыйықлады. "Қәне, усыннан Ерназаржаным хан пәрманы менен бас бийлик алып қайтса!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 01


Ҳүрметли Ўатанласлар!
Бәршеңизди жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман! Илайым, жаңа жыл ҳәр бириңиздиң өмириңизге мазмунлы ўақыялары, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлери менен кирип келсин!

@BaxitliSaribaev


Жаңа жылдың қәдемлери қутлы келгей!


#Жүректен_шыққан_тилеклер
#Жақсы_тилек_жақсы_саўға
#Қәдирлениў_бахты

Ўалейкум ассалам Бахытлы балам, аман-саў журсең бе, үй ишлериң, ата-анаң, туўысқанларың бәри аман ба?
Жаңа жыл байрамына жазған қутлықлаўың, итибарың,
тилеген ең жақсы тилеклериң ушын рахмет, тәңир жарылқасын!
Өзиңди де 2025-Жаңа жыл менен қутлықлай отырып, дүньядағы бар жақсылықларды тилеймен!
Қосыкларыңда жазғаныңдай өзиң сүйген қызды тап усы
2025-жылы ушыратып, кеўил қойысып, үлкен тойлар берип, керегеси бийик үлгили шаңарак қурып, муҳаббаттың, бахыттың, шадлыктың теңизинде жүзип жүргейсең, балам!
Группаға қойған шығармаларыңды, жүрек дебдиўлеринен келип шығып жазған әжайып қосықларыңды оқып, соның менен бирге ҳәр қыйлы окыў орынларындағы әдебият шайдалары менен болған ушырасыўларыңды қызығыўшылық пенен бақлап бараман. Сөйтемен де халкымыз арасынан Сиздей талантлы жас шайырдың жетилисип шығып атырғанына ишлей қуўанаман, талантың еле де өрлеп, абырой-мәртебең арта бериўин Алладан сорайман!
Саў-аман болғайсаң, жақсылар жолдасың болып, жаратқан ийем ҳәмийше жақсылықларын сыйлағай!
Жаңа жылда беккем ден саўлык, шаңарағыңа аманлық, мол бахыт, кетпес дәўлет, үлкен творчестволық табыслар тилеймен!
Жаңа жылды жақынларың менен кеўилли күтип алып, жаксы дем алың!
Сәлем менен катардағы оқырманларыңның бири Амангул апаң.


2024-жыл даўамында биз бенен бирге болғаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремиз. Жаңа 2025-жылда да каналымызды бақлап барасыз деген үмиттемиз.
Жаңа жылды жақсы күтип алың!


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан телеканалы арқалы эфирге узатылған "Мен басқан излер" көрсетиўиниң мийманы Қарақалпақстан халық шайыры Гулистан Матёқубова


Сыйқырлы ҳәм умытылмас ақшам.
Усы бахытлы мәўритлерде тилеген барлық жақсы тилеклериңиз жаңа жылда иске аса бергей!
Өмириңиз көркем болғай!

@BaxitliSaribaev


#Қутлықлаў
#Жаңа_жыл
#2025_жыл

Ассалаўма алейкум ҳүрметли заманласлар!
Бәршеңизди санаўлы пурсатлардан соң үлкемизге кирип келетуғын жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман!
Илайым, жаңа жыл мол ырысқы-несийбели, қут-берекетли, табыслы, жетискенликлерге толы жақсы жыл болып келгей! Өтип баратырған 2024-жылда орынланбаған арзыў-нийетлериңиз жаңа 2025-жылда иске аса бергей!
Жаңа жыл өмириңизге гөззал, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлерди инам еткей!
Нәўпир дәрьямыз суўға, дастурханларымыз нанға, кеўиллеримиз нурлы сезимлерге толы болғай!
Жыллар бизге устазлық етип, өмир ҳаққында тыянақлы сабақ берип, көзқарасларымыздың, инсаныйлық пазыйлетлеримиздиң жетилисиўинде салмақлы орын ийелейди. Сонлықтан да, жыллардан шексиз миннетдармыз.
Жыллардан жылларға, байрамнан байрамларға баўыры пүтинликте, аман-есенликте жетип жүре бергейсиз!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Гөне Үргеништен қашып киятырғанда жолығып, арқасында ылашықтай отыны менен Ерназарды таңландырған қарыўлы қул. Иши ғымылдап, жүреги силкингендей болды. Ерназардың жолдасы аты менен адамларды айырып барып даўрық салды:
-Бул кимниң қулы?
Асыққанынан мелле шапанының белбеўин буўып үлгермей басындағы сары шалмасының бир ушы арқасына ҳалқа болып түсип, геўишлери салпылдап киятырған, қаптай семиз бай өлини көре сала жамбасына урды:
- Ўай нәлетий-әй! Пәнт бериўин! Халайық, көрдиңиз бе, уятсыз қулдың тәсилин? Сатып алғаныма бир ай болған жоқ. Кеше ашыў менен анасын сөккенимде "усы азабың ушын меннен жаманлық күт" деп еди, қылған жаманлығына қара заңғардың? Күшли деп үш қулдың баҳасына алғанымды қәйтейин? Әстаўпыралла, қулдың аршылын биринши көриўим.
- Өлиўге бос ўақыт бермеў керек еди-дә! - деди Ерназар.
Бай оны тыңламай, көпшиликтиң арасынан маңлайына қул таңбасы басылған екеўин айырып, семиз қолы менен арқаларынан түйгишледи:
- Ҳа, найсаплар, усының жолына түсип мени зыянда қалдырыў нийетлериңиз бар-е? Қалдырып бопсыз! Жумыстан кейин аяқ-қолыңыздан кисен айырсам, атамның төли емеспен,
- Жүр кеттик, Ерназар. Хийўада бундайларды жийи гезлетесең, - деди шабарман. - Еситтиң ғой, ийесине зыян бериў ушын өзин-өзи буўып өлтирген. Аршыл қул екен-дә!
Бул ўақыя енди ғана Ерназардың жүрегине қанжар болып суғылып, сарай дәрўазасына жеткенше бир аўыз сөйлесиўге деми жетпей қысылып, усы өлген қулды тирисинде көрип, сондай он мыңлаған қулды әрман еткенине жанын жеди, өкинди...
Дәрўаза алдында оны ертип келген шабарман "иркиле тур" деп ишке кирип кетиўден көп узамай, онлаған жарақлы нөкер пайда болып, Ерназарды қоршады. Ол апалақлап жән-жағына қаранды. Ертип келген шабарман ҳеш жерде көринбеди. Соның арасында нөкерлердиң екеўи оның атын жылаўлады, қалғанлары еки жақлап келип ерден аўдарып алды. Шабарман, әлле қаяқтан сыңғырлатып әкеиятырған кисенин Ерназардың қолларына кийгизип болғаннан кейин суўық демин алып, нөкерлерге масайрап маңлай терин сыпырды.
- Ҳа, найсап, Асқар бийге "арыслан жеп қойса да, түлкиниң артына тығылмайық" дегениң есиңде шығар... Енди сөйлесемиз. Нөкерлер, зинданға жеткенше бек болыңлар, бул дала жолбарысын тирилей әкелиў, маған аңсатқа түскен жоқ...
5.
Ең биринши пайда болған ышқы-муҳаббат сезими кеўилде ҳәксерлик пайда етеди. Ҳәксерли көзлерге дүнья ҳеш қашан өз қәлпинде көринбейди, гә гөззалланады, гә гөнереди.
Гүлзийба Ерназар менен ушырасқанының ақыбети неге әкелетуғынын билмей, дүнья оған биротала гөззалланған киби, жетимликке түскели биринши рет тыныш уйқылады. Жүдә жақсы түс көрип оянды.
Түсинде Ерназардың келиншеги өлипти. Адамлар жыласып, Гүлзийба менен Ерназар қол усласып, жыласқанлардың үстинен күлисип бир шетте турыпты.
Көзлерин ашса, Теңел ошаққа отын салып, өшип баратырған қозды алыстырыў ушын үплеп атыр екен.
- Теңел, Ерназар ағаның ҳаялы өлген бе? - деди ол ҳәзир ғана түсине енген ўақыя ырастай түйилип.
- Еситпедим.
Гүлзийба ериниңкиреп түргелди.
Теңел асығып баспақ бағыўға кетти.
Ылашықта жалғыз қалған қыз тула бедениниң аўырғанын енди сезинсе де, түси ырастай түйилип, қоңсысына барып сорап қайтқысы келип турды да, анасының тирисинде айтқан бир нәсиятын еследи. "Қыз бала сырын сақлай билиўи керек".
Бир күнниң ишинде ержетип, еси енип қалған секилли, қоңсыларынан ертеңине де сорамады. Усылайынша өзин басып салдамлылық пенен он күн өткерди. Он күни оған он жылдай болып өтти, бирақ хабар алатуғын Ерназар жоқ. Ақыры, шыдамай, "әўелин өзим басладым, өзим даўам етейин" деп, Ерназардың аўылына барып қайтыўға бел байлады. Басқалар көрсе, үйинде өзи болмаса, не дейди. Сылтаў керек. "Ҳа, яша", - деп ол басына келген бир ойға қуўанып ушып түргелди. - Өзи жоқ болса анасы "не қылып жүрсең, қызым" дейди. "Ана, сизиң аўыл тоғырақ, сол ушын көшип кележақ едим", деймен. Бул заманда напақа ушын көшип-қоныў, ҳеш қандай айып емес. Егер ол мениң өтинишимди шынға айландырып, көшип келе ғой десе, көшип-ақ бараман. Қайтама жақсы. Жақсы! Оның төбесин көриўге зар болып жүргенше аўылында жасап, күнде көремен, ҳаялы өлсе, гүл үстине гүл!
(Даўамы бар)
@BaxitliSaribaev
31. 12


Ҳәр қандай жердиң де шегарасы бар, Шегарасы болар таўдың ҳәм тастың. Бирақ шегарасыз болады мийрим, Шегарасы болмас ай ҳәм қуяштың. Қосық авторы ким?
Опрос
  •   Гулистан Матёқубова
  •   Нәбийра Төрешова
  •   Пәтийма Мырзабаева
158 голосов

Показано 20 последних публикаций.