* * *
Нусқаўлы өмир бул, арқаўлы өмир,
Гүллери тикенли, жоллары шаңлы.
Соқпақлар тутасар небирден-небир,
Бөлек тәғдир берер шайырға Тәңри.
Кеше гүл тәм еткен дилбары бүгин,
Бәлким, сағанасын шәмензар етер.
Поэзия жоллары сүргиннен-сүргин,
Шайырды бир жақсы сөзге зар етер.
Қашан аңсат болған шайыр халқына,
Избасар жүрген жоқ елинде бийғам.
Есенин мерт болған жастың парқына
бармаймыз. Сол кимниң нырқына сыйған?
Шайыр болғаның
— ҳәм тажы-тахтың,
Ҳәм де мусаллатың бақты қаралы.
Алғысы тайын тур саған халықтың,
Яәки уў салынған дослар шарабы.
Шолпан атылса я Мәширеп асылса,
Не бопты? Бендеге өлим мияссар.
Ал енди, Сөз мүлки дарға тартылса,
Орынын Тәңриниң ләғнети басар.
Дүнья көркем еди инсанлар менен,
Ал адам көримсиз поэзияларсыз.
Бердақтың орыны теңизден терең,
Биз жасай алмаймыз Әжиниязларсыз.
Нусқаўлы өмир бул, қыстаўлы өмир,
Узақ жасағаны кимгедур сәбби.
Асығыс болса да мазмунлы, шүкир.
Гөззал тәғдир берер шайырға Тәңри.
08.11.2024
Базарбай Жолдасбаев
@Joldasbaev_Bazarbay