ТЫРНАЛАР ҚАЙТҚАНДА
Қайтқан тырналардың көрип дизбегин,
Өмиримниң бәҳәр, жазын изледим,
Бир заманда шайқус алып кеткендей,
Мийман екен жаслықтағы излериң,
Сыз қалай кеўлиңди тоңлатпас екен.
Бәрҳа сениң ойыңдағы болмайды,
Майың торақ шықса, ишиң тоңлайды,
Бәршени сен тек өзиңдей көресең,
Хақтың тоны келте болар, тозбайды,
Қәдирин ҳеш жерде жоғалтпас екен.
Ҳаслы адам бир-бириниң мийманы,
Жақсының жүзинде бәрҳә ийманы,
Ийримине неге тартады десем,
Мийрим мәргиясы жүзге жыйғаны,
Олар бийтаныслық аңлатпас екен.
Базылар тырнайды, кеўил тарыңды,
Сызлатып тартады дилде барыңды,
Иши баўырыңа кирип турады,
Қорғасып жүргендей намыс-арыңды,
Бирағында бирге толғатпас екен.
Ел-журт ҳасыл болсаң үмит артады,
Жүкти де түйениң нары тартады,
Өмир дәрбентинде тегис гүзар жоқ,
Жолларыңда сағал, түлки жортады,
Қәйтип басгенеңди шайқатпас екен.
Өз қарысың менен өлшеп каласаң,
Кең дарьядай кеўилиңе саласаң,
Түлки шықса тазы болып туталмай,
Соңра өз майыңда өзиң жанасаң,
Қалай жығырданды қайнатпас екен.
Дәлиден туўры гәп айттым утпадым,
Лебизден сөз шықса оны жутпадым,
Қызыл шүберекке түйип арымды,
Нәпсим тыйып, игри жоллар тутпадым,
Кеўлим қус жолына қанатлас екен.
Егер сөзим таўып турса жүйесин,
Өзи барып қаўып алар ийесин,
Ар қәдирин билмегенге ар недур?!,
Сүрткиси келгенлер кеўил күйесин,
Ақылын тереңге бойлатпас екен.
Қой кеўилим, қашырмайын қутымды,
Оннанша бир сөз айтайын утымлы,
Сәнимди қашырып ҳәлегим мениң,
Биразын айтпадым, ишке жутылды,
Сары шөп гүлшанды жайнатпас екен.
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА 2. 05.2011-жыл
https://t.me/a_blognot