Репост из: ЕРМ.АК.✒📝📖
ХАЯЛЛАР БƏРХА "ДАТЛАҒАН",
БАРМА ЕРКЕКТИ МАҚТАҒАН
( 5-ноябрь Бутунжахон эркаклар куни.)
Гезимизден баслап уйленген
Биз еркек, ярдан, уйлерден
"Жақсы сөз" лерди еситип
Қулақларымыз уйренген
Болсаңда хадал, жақсы тап
Еситпейсең жақсы гəп
Еркеклердиң устине
Келген бəрхə "тас қулап"
Жумыстан сəл кешиксең
Хаял кутип ап есиктен
-Қай "ойнас"ыңда журсең?-деп
"Жақсы сөз"ди биз еситкен
Сыйламай баста телпекти
Пəске урып еркекти
Шын хақыйқатты айтсаңда
--Айтпа деген "ертекти"
Жыйналыс болып кеңседе
Куйеуи шаршап келсе де
Шаршағанларын "шығарған"
"Жақсы сөз" айтып еңседе
Айлық əкелсең кем деген
"Тығып" журсең сен деген
Көшедеги "өсек"ке исенседе
Сениң гəпиңе исенбеген
...Сол журген биздей "ақмақ"ты
Мына қыз қатты мақтапты
Хақыйқатлықты көрсетип
Еркеклерди жақлапты
Хаялға ерлери жақпаған
Қай уақ көрсең датлаған
Бул қыздан бурын айтыңлар
Бармеди бизди мақтаған?
-Айтпаса билер ким-дедим
Бəри хақыйқат, шын-дедим
Еркеклер атынан бул қызға
Рахмет, мың, мың!-дедим
Ерм.Ак
Ермекбай Акимбаев
Қоңырат.