Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Сөздиң көрки – мақал.
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.
Еслетпе:Каналдан пост(көширме) алсаңыз,силтемеси менен алыўға рухсат!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн қәдирданлар.
Күн даўамында биз бенен пикир алысып отырған инсанлардан миннетдармыз.
Бүгинги күниңиз мазмунлы өтти деген үмиттемиз.
Бәршеңиздиң шаңарағыңызға саў саламатлық , түниңиздиң тынышлығын тилеймиз.

Түн уйықлатсын, айдай жамалы менен
Таң оятсын, гүзги самалы менен.
Енди уйықлаң Алла қалеўи менен,
Ерте ояның, Алла сәлеми менен.

Ерте таңда дийдар несип көрискенше аман болыңлар.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Қарақалпақ_халық_нақыл_мақаллары
Атың шаппаса да жулқынсын,
Қусың алмаса да қылғынсын,
Таяғың тиймесе де томп етсин.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.

Алдым жағадан,
Урдым жамбасты,
Қарасам, астында жатырман.

Бул нақыл қолынан келмейтуғын иске орынсыз араласа беретуғын, ямаса шамасын билмей өжетликке зор беретуғын 
адамларға айтылған. 


Мурнымның пушығынан хабарым жоқ, сәңкийип сала
бериппен.

Бул нақыл өзиниң кемшилигин аңғармай, биреўди сынап-миней бергенин кейинирек өзи аңлап, өкиниш пенен айтылған сөз .

Пышыктың жуўырғаны топанханаға дейин.

Әдетте, пьшық үйден шығып жуўырған ўақытта бирден 
пәт пенен жуўырады. Бирақ, ол узаққа бармай-ақ тоқтайды.
Айырым адамлардың шамасы келмейтуғын иске қол урып, оны демде таслап кететуғынына айтылады. 

Мәшаба мәш келтирер,
Сыкпан адамды өлтирер.

Мәшаба мәш пенен гуриш, лобыя араласып тартылатуғын 
аўқат. дегени тамағыңды тоқ етеди дегени.  Ал сьқпан болса, айырым жағдайларда сол мәшабаға қосып 
писиреди. Ол жуўери қамырды суйық етип ийлеп, мәш писип шамаласқанда бармақлардың арасынан қазанга сығып жибериледи. Онын, сықпан аталыўы да соннан. Сықпанның
ирилиги бармақтың бир буўынына шамалас болып, ол табаққа қуйылғанда да тегинликте суўымайды. Сықпанды мәшаба менен бирге қосып уртлап, барғанша тамағы куйгенде
айтылган нақыл.

Дерек: М.Нызамов "Қарақалпақлар" китабынан алынды.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ақылы келте адамның әдетте, тили жүдә узын болады.

✍ Аристотель


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


10- орында ТАЎЫҚ жылы. Таўық жылы қыс суўық ҳәм узақ болады. Усы жылы туўылғанлар талантлы, эгоист ҳәм батыл характерли болады.

11- орында ИЙТ жылы турады. Ийт жылы қыс суўық болады. Адамлар арасында конфликт көп болады. Усы жылы туўылғанлар ҳадал, турақлы, тилге шешен, ҳақыйқатлық ушын гүресшең болады.

12- орында ДОҢЫЗ турады. Доңыз жылы тәшўишли, адамлардың жасаў жағдайы төменлеп кетеди. Усы жылы туўылғанлар қорықпас, дәў жүрек, тез ашыўланғыш болады. Урысты, тартысты жақтырмайды, тек туўры жол менен жүриўди жақтырады.

12 ҳайўанатлар цикли календары дәслеп күнге қарап жылды есаплаған. Соңынан айды 29-30 күни менен есапланған.

Бизиң ата-бабаларымыз жылды жаңа тиришиликтиң басланыўынан ҳәм бәҳәрдеги күнниң теңлесиўинен баслаған [21- март]. Наўрызды бир жылдағы тиришилик тамамланып, екинши жылдың тиришилигиниң басланыўы менен белгилеген. Айды белгилеў екиге бөлинген. Ай туўылған ўақыты, жаңа ай ҳәм айдың екинши ярымы, буны гөнерип киятырған ай деп айтқан. Сегизинши күни ол ярым болып толық көринеди. Айды есаплаў еки айдың ортасы менен белгиленген. Ай еки ўақытқа бөлинген. Жаңа туўылған ай ҳәм сол айдың аяғы. Айдың орақ сыяқлы жаңа туўылған ўақыты үшинши күни ғана көринеди. Айдың сегизинши күнинде айдың ярымы 14- күни ай толық, аппақ болып көринеди. 15 күнлик ай қызарып көринеди, ай буннан соң азая баслайды, айға қарап бир ай, төрт ҳәпте бөлинген. Ҳәпте 5 күннен турған. Христиан календары бойынша ҳәпте 7 күннен турады. Ҳәр ҳәптеге байланыслы халықтың өз дәстүри болған.

Бизиң ата- бабаларымыз  жылды төрт мәўсимге [ бәҳәр, жаз, гүз, қыс ] бөлген. Жыл бәҳәрде басланған.

БӘҲӘР.
4- февраль. Бәҳәр басланады.
18- февраль. Жаўынлы күнлер болады.
6- март. Жәнликлер оянады.
21- март. Бәҳәрдиң теңлесиўи, жаңа жыл басланады. Наўрыз.

ЖАЗ.
6- май. Жаз басланады.
21- май. Ай толысады.
6- июнь. Жерге туқым тасланады, егин егиў басланады.
21- июнь. Жаздың теңлесиўи.
7- июнь. Жаздың ыссысы басланады.
24- июнь. Жаздың ыссысының күшейген ўақты.

ГҮЗ.
8- августта гүз басланады:  7-июльден 8- августқа дейин халық  тәбияттан пайдаланатуғын емлерди ислеген [ дузға, қумға түседи]. Шилле түседи.

23- августта ыссы тоқтайды.
8- сентябрьде дәслепки орақ басланады.
21- сентябрьде гүз теңлеседи.
8- октябрьде суўық басланады, шық түседи.
22- октябрьде қыраў түседи.

ҚЫС.
7- ноябрь қыс басланады.
22- ноябрь дәслепки қар.
7- декабрь. Қыстың нағыз қары жаўа баслайды.
22- декабрь. Қыс күни теңлеседи.
6- январь. Суўықтың жаңа басланыўы.
21- январь. Суўықтың күшине минген ўақты.

Түркий халықларының астрологиялық календары Европа халықларына салыстырғанда Қытайға жақын. Шарўашылық пенен шуғылланған, көшпели турмыста жасаған бизиң ата- бабаларымыз ушын Күнниң нуры ўақытты, ал, олар жасайтуғын қара үйи сааттың ролин атқарған. Қара үйдиң ишине қойылатуғын затлардың өзиниң қатал орны болған.

САРЫГҮЛ БАҲАДЫРОВА.
Филология илимлериниң докторы, профессор.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




Жыл 12 айға бөлинеди. Жылдың ҳәр бир айы ҳайўанның аты менен байланыслы.

1. Тышқан: 1972, 1984, 1996, 2008, 2020;
2. Сыйыр: 1973, 1985, 1997, 2009, 2021;
3. Барыс: 1974, 1986, 1998, 2010, 2022;
4. Қоян: 1975, 1987, 1999, 2011, 2023;
5. Улыў: [Дракон] 1976, 1988, 2000, 2012, 2024;
6. Жылан: 1977, 1989, 2001, 2013, 2025;
7. Жылқы: 1978, 1990, 2002, 2014, 2026;
8. Қой: 1979, 1991, 2003, 2015, 2027;
9. Мешин [Маймыл]: 1980, 1992, 2004, 2016, 2028;
10. Таўық: 1981, 1993, 2005, 2017, 2029;
11. Ийт: 1982, 1994, 2006, 2018, 2030;
12. Доңыз: 1983, 1995, 2007, 2019, 2031;

1- орында жыл басы ТЫШҚАН турады. Тышқан жылы халыққа қолайлы келеди, жақсы жыл деп есапланады, жаўын көп жаўады, гүзде егинниң өними мол болады. Егинниң баҳасы арзанлайды, бирақ, усы жылы тышқан көп туўады, сонлықтан оның егинге зыяны болады. Тышқан жылы туўылғанлар ақыллы болады. Тышқан түркий календарьда жылдың ортасында туўылған адам өтирикши, қызғаншақ, бирақ келбети келискен болады десе, қытай календарында тил тапқыш, жағымлы, керек сөзди таўып билетуғын, қызық әңшимешил,, бирақ сықмар, властьты жақсы көретуғын болады.

2- орында СЫЙЫР келеди. Сыйыр жылы қыс суўық, қатты келеди, ҳайўанлар көп аўырады, егинниң өними төменлеп кетеди. Сыйыр жылы туўылғанлар талантлы, кеўилли, сөзшең, консерватив болады. Адамларға ҳақ нийет, ҳүрмет пенен қарайды. Сыйыр жылы [Қытайда Өгиз] түркий календарьда жақсы жыл. Усы жылы туўылған балалар ҳақ кеўил, ҳәрекетшең. Қытай календарында сыйыр жыды туўылғанлар мийнеткеш, жақсы, оның мийнети қуры кетпейди, жақсы жемис береди, ол өжет, қайтпас, оны өзгертиў қыйын, өзиниң алған бағытынан өлсе де қайтпайды.

3- орында БАРЫС турады. Барыс жылы қыс ерте түседи, суўық болады. Ден саўлығы нашар адамлар менен диний адамлар ортасында өлимшилик көп болады. Егинниң өними мол болады, бул жылы туўылғанлар сулыў, сымбатлы болып келеди. Барыс жылы туўылғанлар ҳақ кеўил, жумсақ характерли болып келеди. Олар жетилискен адам болады. Жылдың аяғында туўылғанлар қорқақ, бирақ, ақыллы болады. Қытайларда барыс [тигр] өз қызығы менен жасайды, басқаның пикири менен есапласпайды. Қыс қысқа, бирақ жүдә қатты суўық болады.

4- орында ҚОЯН турады. Қоян жылы қыс турақсыз, тез-тез өзгерип турады. Жыл тынышсыз болады, адамлар бири-бири менен урысады. Усы жылы туўылғанлардың көпшилиги атақлы адамлар болады. Қоян жылы туўылғанлар бай болады, өзлерине исенимли, минези жақсы болады. Жылдың аяғында туўылғанлар мийримсиз болады. Қытай календары бойынша, олар элегант адамлар, искусствоны жақсы көретуғын, әдебиятты, музыканы жақсы түсинеди. Бул жылы мийўе мол болады, қыс жумсақ, жыллы болады.

5- орында УЛЫЎ турады. Улыў жылы жаўын көп болады, егин өнимли болады. Усы жылы туўылғанлардың ден саўлығы күшли, беккем, өзлерин жақсы көреди, жәмийетте атақлы адам болыўды жақсы көреди.

6- орында ЖЫЛАН турады. Жылан жылы жүдә суўық келеди. Егинниң өними мол болады. Бул жылы туўылғанлар ақыллы, бир сөзли, алға қойған мақсетине жетиў ушын гүреседи, көп сөйлемейди, сумлықлы болады. Бул жылы адам жағдайды түсинип, дурыс шешим қабыллаўы керек, биринши орында адамның актив ҳәрекети емес, ойлаўы, дурыс жолды таңлаўы турады.

7- орында ЖЫЛҚЫ жылы турады. Жылқы жылы суўық болады. Егинниң өними аз болады, қариялар арасында өлим көп болады. Усы жылы туўылғанлар шыдамлы, қыйыншылыққа төзимли, кеўилли, ақыллы, талантлы болып келеди. Олар еркинликти, ҳеш кимнен ғәрезсиз болыўды жақсы көреди. Бул жылы адам шыдамлы болғаны жақсы.

8- орында ҚОЙ турады. Қой жылы қыс қатты келеди. Жыл табыслы, өнимдар болып келеди. Усы жылы туўылғанлар диншил болып келеди. Жалғызлықты жаман көреди, бурынғы өтмиштеги өмирин умытады, жақсы жолдас, психолог болады.

9- орында МАЙМЫЛ турады. Маймыл жылы жаўын және қурғақшылық болады. Бул жылы туўылғанлар турақсыз, қарама-қарсылықлы характерли болады, бирақ, ақыллы, тез уғып алғыш, творчестволық уқыбы күшли болады.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

4k 1 213 6 20

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ,  ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ  ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

Бүгинги шемби күнине жеткизген Рәббимизге шукирлер болсын!
Ерте таңда нени тилеп сораған болсаңыз барлық тилеклериңиз қабыл болсын..!
☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

Жедди айының 21 -сәнеси

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!!!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Қуяш та жол алды жатақ жай таман,
Жулдыз сәўлесине толғанда аспан,
Заманымыз түнге бергенде сәлем,
Биз сизге тилеймиз, қайырлы ақшам

☀️Бүгинги күниңизди биз бенен бирге өткергениңиз ушын миннетдармыз. Алдыңызға мақсет етип қойған режелериңиз орынлансын. Шаңарағыңызға шадлық, табысыңызға берекет, өзиңизге беккем денсаýлық тилеп қаламыз.
Жайлы жатып, жақсы турыңлар!


🌙 ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАН ЕЛИМНИҢ ҚӘДИРЛИ МЕҲРИ ДӘРЬЯ БАХЫТЛЫ ИНСАНЛАРЫ!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жаңа жыл киятыр
11 күн қалды.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Усыдан кейин бундай шаңарақларда күйеўдиң даўысы қайтып шықпапты...

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Бүгинги ақылым болғанда, кешеги қәтени қылмаған болар едим.
Кешеги қәтени қылмағанымда бүгинги ақылым болмас еди.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлким жақсы адам болыўға сарыплаң,
Сонда жақсы адамлардың өзлери сизди таўып келеди.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Қайырлы_таң
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

Бүгинги Жума таңы бәршеңизге берекетли болсын!
    Ҳәр таңымыз Бисмиллаҳ пенен басланып, ҳәр күнимиз Әлҳәмдуллаҳ пенен жуўмақлансын! Бәршемизге дүнья  ҳәм ақыретимизди жақсылыққа баслайтуғын қайырлы әмеллер етиў несип етсин!
     Жаратқан Ийем ҳәр биримиздиң шаңарағымызға пайыз ҳәм берекет, кең пейил ҳәм кетпес дәўлет, сыйласық ҳәм  аўызбиршилик, аманлық ҳәм  бахыт инәм етсин!

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!
    Жедди айының 20-сәнеси.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Таң нуры менен оянып, бизлер менен пикирлес болған әзизлерим!  Сизлердиң ҳәр бириңиз биз ушын бийбаҳа ҳәм қымбатлы инсансыз.
     Жаратыўшы ийемиздиң нағмети болған түн тынышлығында жайлы жатып, жақсы турыңызлар.
    Уйқыңыз татлы,  ертеңги жумыс күниңиз сәтли болсын, қәдирданларым!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

3k 0 17 3 25

Қанша шырайлы болсаңда мақтанба. Себеби шырай ўақтыншалық.

✍Ҳикметлер дәптеринен.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Қарақалпақ_халық_нақыл_мақаллары
Жақсы сыншы жол силтейди.
Жаман сыншы жүрегиңе ис түйрейди.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өткен иске өкинбеў керек. Өмирден алған соққылардың бәри әҳмийетли емес. Әҳмийетлиси, бизиң ҳеш нәрсеге ийилмей, алға қарап умтылып, өмир сүрип киятырғанымыз.

✍Стивен Кинг


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ананы жақсы көриў.

10 жаста "Анажаным сени жақсы көремен"

13 жаста "Апа жейтин не бар?"

16 жаста "Апа мени мазаламашы"

18 жаста "Бул үйден кетемен, бөлек тураман"

25 жаста "Анам негизи уақтында дурыс айтқан екен"

30 жаста "Анамның қолына қайтадан барғым келеди"

50 жаста "Анамды жоғалтқым келмейди"

70 жаста "Анам тири болғанда, маған көмеклесер еди, ақылы керек болып турғанын-ай"

Бул өмирде бир ғана анамыз бар.
Анаңызды қәдирлеңиз...
Анажаным сени қатты жақсы көремен.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

3.6k 0 120 12 65

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ҳадал болсаң, суўдай бол,
Суў ҳарамды кетиреди,
Мықлы болсаң жердей бол,
Жер жәҳәнди көтереди.


✍Жанқұтты Ботантайұлы

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

Показано 20 последних публикаций.