KarInform.uz


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Новости и СМИ


Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы
Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Odnoklassniki: www.ok.ru/karinform.uz
Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


#KarinformWiki

Википедияға жайластырылған мақалаларға инфобоксларды ислеп шығыў тәртибин төмендеги видеоқолланба арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/1hljC0wro_c


Википедияның қарақалпақ тилиндеги сегментине мақала жайластырыў ҳәм оны киши темаларға бөлиў бойынша видеоқолланба.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады👇

https://youtu.be/ymFxZZ3NfN8


#KarinformWiki жойбары тийкарында таярланған видеоқолланбада қарақалпақша википедияға мағлыўмат жайластырыў тәртиби көрсетилген.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/jKVqqJdiYVI


Karinform.uz сайты тәрепинен википедияның қарақалпақша сегментин жаңалаў бойынша #KarinformWiki жойбарын баслаған едик. Усы жойбар тийкарында википедияға мағлыўматлар жайластырыў тәртиби бойынша видеоқолланба ислеп шықтық.

Төмендеги силтеме арқалы көрип шықсаңыз болады 👇

https://youtu.be/hDDpcONYMIw


⚡️Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды.

Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12675

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн

1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.

«Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық:

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби элементлериниң мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды;

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарылып ямаса реализацияланып атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес;

- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мүмкин емес.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
👉 @karinformuz


Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толды

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь, 2019-жыл 29-июнь ҳәм 16-декабрь, 2021-жыл 12-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
👉 @karinformuz


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи

«Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

🔰Пәрман тийкарында:

🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи.

🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында:

▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;

▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум;

▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған адамлар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген адамлардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум;

▫️ белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум;

▫️ басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылады;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

🔸Сондай-ақ, 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке көбейтиледи.

🔸 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

▫️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум;

▫️ базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленеди.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️⚡️⚡️ДЫҚҚАТ!!! «Қарақалпақстан» телеканалында жаңалық!

✅Сиз өз талантыңыз ҳәм қәбилетиңиз бенен адамларды таң қалдырыўды, пүткил елимизге танылыўды қәлейсиз бе?

🎭Онда «Талант шоу» телевизиялық таңлаўымызға мәрҳамат!

🎤Таңлаўда 7 жастан 25 жасқа дейинги барлық ҳәўескер талант ийелери миллий ҳәм заманагөй эстрада қосықшылығы ҳәм аяқ-ойыны, қызықшылық ҳәм пародия бағдарларында қатнасыўы мүмкин!

➡️Таңлаўдың таллаў, шерек финал ҳәм ярым финал басқышынан өткен он қатнасыўшы финалда қатнасады.

🎉Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!

❗️Асығың! Арзалар 1-апрель сәнесине дейин қабыл етиледи.

🤝Сондай-ақ, таңлаўымызға қәўендерлик етиўди қәлеўши исбилерменлерди бирге ислесиўге шақырып қаламыз.

☎️Мүрәжат ушын телефонлар: +998996820986, +998999512085

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Тийкарғы кәсиби тәрбияши болған исбилермен ҳаял ҳаққында

Нөкисли Райхан Өтемуратова бос турған орында ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестирди. Ана ҳәм оның перзенти енди өнимлерди экспортқа бағдарлаў нийетинде.

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жеңиллетилген кредит есабынан үскенеленген стаматология 10 адамды жумыс пенен тәмийинлейди

Нөкис қаласында ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен алынған жеңиллетилген кредит есабынан стаматология заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

«Бизлер шыпакерлер шаңарағымыз, жеңиллетилген кредит алдық. Бул арқалы халқымызға сапалы хызмет етиў ушын ҳәрекеттемиз. Кеминде 10 адам жумыс пенен тәмийинленеди», дейди стамотолгияның жумыс жүргизиўшиси Сардар Кеўлимжаев.

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Кәсибинен берекет тапқан нөкисли исбилермен темирши: 20 жылдан берли темиршилик пенен шуғылланаман. Мәҳәлледеги жумыссыз жүрген жасларды шәкирт етип алып атырман.

Баҳадыр Ешмуратов Нөкис қаласының «Дәрбент» мәҳәллесинде жасайды. Ол 20 жылдан берли темиршилик менен шуғылланып атыр. Өз устаханасы арқалы 4-5 жумыс орнын жаратқан.

Ҳәзирги ўақытта мәҳәлледеги жумыссыз жасларды шәкирт етип алып, оларды жумыслы етиў ҳәрекетинде. Сондай-ақ, Баҳадыр Ешмуратов мәҳелледеги бос турған жерден үнемли пайдаланып, балалар ушын материаллық дем алыў мәканын қурыў алдында. Оның ушын аймақтағы ҳәким жәрдемшиси исбилерменге ҳәр тәреплеме жәрдем берип атыр.

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бәҳәр келди

Сөзи:
Толыбай Қабулов
Музыкасы: Шарапатдин Пахратдинов

Базаргүл Кәримова атқарыўында

Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz


⚡️Магистратураға қысқы қабыллаўда оқыўға кирген ҳаял-қызлардың контракт пуллары да мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи

🎓Хабарыңыз бар, Президент пәрманы ҳәм ҳүкимет қарары тийкарында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген.

✅«Бул тәртип, сондай-ақ, магистратураға қысқы қабыллаўда төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да бирдей әмел етеди», - деп хабар берди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги.

📝Сонлықтан, магистратураға усыныс етилгенлер усы жеңилликтен пайдаланыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары басшыларына арза менен мүрәжат етиўи соралады.

❗️Мағлыўмат орнында, бул тәртип белгиленген мүддетке шекем арза бермегенлерге, еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилгенлерге ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының магистратурасы ушын енгизилмейди.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью создали, когда обоим было за тридцать, решение быть вместе приняли сразу, как только познакомились. Улыбчивая Амангуль заставила сердце сдержанного и серьезного Рашида дрогнуть, именно о такой спутнице жизни он и мечтал.

Подробно 👉 https://karinform.uz/kk/article/12670

Наш Телеграм канал 👉 @karinformuz


Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери ўақыя орнында жумыс алып бармақта

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баспасөз хызмети басқарма хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылған излеў-қутқарыў ҳәм ўақыя ақыбетлерин сапластырыў жумысларынан оператив видеокөринислерди жәриялады.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы төрт қабатлы турақ жайдың 4-қабатында жайласқан квартиралардың биринде ҳаўа-газ араласпасының шағылысыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген. Жүзеге келген кинетикалық соққы нәтийжесинде имарат конструкцияларының бөлимлерине зыян жеткен. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги мәлим етти.

«Karinform.uz» сайты редакциясы усы кеўилсиз ўақыя ақыбетинде қайтыс болған адамлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады. Ҳәдийсе ақыбетинде жарақат алған адамлардың тезирек аяққа турып, денсаўлығын тиклеп алыўына тилеклеслик билдиреди.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12669

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен өткерилген рейд илажлары даўамында 26-январь күни 20:30 лар шамасында Қоңырат районы «Жаслық» посёлкасында жасайтуғын пуқаралар Ж.Е. ҳәм М.И. нызамға қайшы түрде мототранспорт қуралы жәрдеминде тийисли рухсатнамасы болмаған аң аўлаў мылтығы менен Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген, жоғалып кетиў алдында турған сийрек гезлесетуғын түр есапланған 13 бас жәйранды (кийикти) атып, жансыз ҳалда алып кетип баратырған ўақытта усланды. Бул ҳаққында Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12668

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир пуқара алған дене жарақаты ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған ҳәм еки пуқара дене жарақатын алып, районлық медициналық бирлеспеге орналастырылған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12666

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz


«Судочье-Ақбеткей» қорықханасына 31 бас түркмен қуланы алып келинди

Усы жылдың 20-23-январь күнлери аралығында «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына Бухара ўәлаятынан 31 бас түркмен қуланы алып келинди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-июньдағы тийисли бийлиги тийкарында Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен 175 бас түркмен қуланын «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына көшириў ҳәм усы сийрек гезлесетуғын ҳайўанат дүньясын тарийхый ареаллары болған аймақларда көбейтиў белгиленген еди.

Бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған болып, 2022-жылдың 26-декабрь күни де 18 бас түркмен қуланы усы қорықхана аймағына алып келинген еди.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz

Показано 20 последних публикаций.

519

подписчиков
Статистика канала