NASIYAT.UZ |Рәсмий канал


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Религия


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Религия
Статистика
Фильтр публикаций


Нөкис ўақты менен 31-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


💬 ҚАРЫЗҒА ЯМАСА ҒАМҒА БАТҚАН БОЛСАҢЫЗ

#Дуўа

✅Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларынан бирине: «Аллаҳ ғамларыңды кетиретуғын ҳәм қарызларыңды үзетуғын кәлиймаларды үйретейинбе?» деди. «Аўа, я Аллаҳтың Расулы!», деди ол. Нәбий алайҳиссәләм: «Таң атқанда ҳәм кеш болғанда: Аллаҳым! Сеннен ғам басыўынан, муңайыўдан, әззиликтен, ериншекликтен, қорқақлықтан, сықмарлықтан, қарызға батып қалыўдан ҳәм адамлардың үстем келиўинен пана сорайман, деп айт», деди.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


ИЙСА АЛАЙҲИССӘЛӘМНЫҢ АСПАНҒА КӨТЕРИЛГЕНИ ҲӘМ ҚЫЯМЕТКЕ ЖАҚЫН ЖЕРГЕ ҚАЙТЫЎЫ ҲАҚҚЫНДА

#cораў #ақыйда

СОРАЎ: Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм Қыяметке жақын түсиўи ҳаққында толық мағлыўмат берсеңиз. Себеби айырым адамлар ҳәзирде оған шүбҳә қылып атыр.

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ийса алайҳиссәләмның көтерилгени ҳәм Қыяметке жақын түсиўине ҳәр бир мөмин инсан ийман келтириўи парыз болып есапланады. Бул ақыйдаға шүбҳә қылыў – бендениң ийманына зыян тийгизип қояды, Аллаҳ сақласын. Себеби оның аспанға көтерилгени ҳәм Қыямет алдынан түсиўи ҳаққында ҳәдислер мәнәўий мутаўатир – инкар қылып болмайтуғын дәрежеге жеткен. Соннан, Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"وَالَّذِي نَفْسِي بِيَدِهِ لَيُوشِكَنَّ أَنْ يَنْزِلَ فِيكُمُ ابْنُ مَرْيَمَ عليه السلام حَكَمًا مُقْسِطًا..." (رَوَاهُ الشَّيْخَانِ وَالتِّرْمِذِيُّ).
«Жаным қолында болған Аллаҳға ант болсын, әлбетте, келешекте ишиңизге Ибн Марям алайҳиссәләм әдил ҳәкәм (ҳүким қылыўшы) болған ҳалда нәзил болады…», – деди (Имам Бухарий, Имам Мүслим ҳәм Имам Термизий рәўият қылған).
Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм Қыямет алдынан жерге қайтып түсиўине Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманынан баслап ҳәзирге шекем барлық мусылманлар бирдей итиқад қылып, исенип келетуғын ақыйдалық мәселе болып табылады.
Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилиўи төмендеги аятта келеди:
وَقَوْلِهِمْ إِنَّا قَتَلْنَا الْمَسِيحَ عِيسَى ابْنَ مَرْيَمَ رَسُولَ اللَّهِ وَمَا قَتَلُوهُ وَمَا صَلَبُوهُ وَلَٰكِن شُبِّهَ لَهُمْ وَإِنَّ الَّذِينَ اخْتَلَفُوا فِيهِ لَفِي شَكٍّ مِّنْهُ مَا لَهُم بِهِ مِنْ عِلْمٍ إِلَّا اتِّبَاعَ الظَّنِّ وَمَا قَتَلُوهُ يَقِينًا ‎﴿١٥٧﴾‏ بَل رَّفَعَهُ اللَّهُ إِلَيْهِ وَكَانَ اللَّهُ عَزِيزًا حَكِيمًا ‎﴿١٥٨﴾
яғный: «сондай-ақ, «Бизлер Аллаҳтың елшиси Масийҳ Ийса ибн Мәрьямды өлтирдик», дегени ушын (оларды жазаладық). Оны өлтирген де, асқан да жоқ. Бирақ, (басқа бир адам Ийсаға) уқсатып қойылды. Ол жөнинде тартысқанлар оның өлими ҳаққында шүбҳәда. Оларда гүманға ериўден басқа бир де (дурыс) мағлыўмат жоқ. Оны өлтирмегени анық. Ал, оны Аллаҳ Өзине көтерди. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли» (Ниса сүреси, 157-158-аятлар). Ийса алайҳиссәләм ҳәм денеси, ҳәм руўҳы менен аспанға көтерилген ҳәм Қыяметке жақын түседи.
Қураны кәриймде Ийса алайҳиссәләмның аспаннан түсиўии Қыямет белгилери екени атап өтилген. Аллаҳ таала мынандай деп мәрҳамат қылады:
وَإِنَّهُ لَعِلْمٌ لِّلسَّاعَةِ فَلَا تَمْتَرُنَّ بِهَا وَاتَّبِعُونِ هَٰذَا صِرَاطٌ مُّسْتَقِيمٌ ‎﴿٦١﴾
яғный: «Әлбетте, ол (Ийса) – қыямет ушын илим (белги). Енди сизлер ол (қыямет) ҳаққында ҳеш гүман қылмаң (Ҳәй Муҳаммад! Мәккә халқына айтың:) «Маған ериң! Бул – туўры жол»» (Зухруф сүреси, 61-аят).
Заманымыз уламаларынан Доктор Ҳамза Бәкрий «Ийса алайҳиссәләмның түсиўин инкар қылыў Әҳли суннада да, мөътазилада да ямаса басқа бир ағымларда да келгени мәлим емес, бул бузық ақыйда жақында пайда болды», дейди.
Аллама Кәшмирий раҳимаҳуллаҳ Ийса алайҳиссәләмның түсиўи ҳаққында арнаўлы бир китап жазып, Ийса алайҳиссәләмның аспанға көтерилгени ҳәм түсиўи ҳаққындағы дәлиллер инкар етиў мүмкин болмаған дәрежеде көп екенин атап өткен ҳәм онда Ийса алайҳиссәләмның Қыяметке жақын түсиўи ҳаққында 100ден аслам ҳәдислер келтирген. Таўфиқ Аллаҳдан.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


МАДИНА – РАСУЛЫМЫЗ ЖАСАҒАН ҲӘМ ЖЕРЛЕНГЕН ҚАЛА

Мадинаий Мунаўўар – Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳижрат қылған, Қураны кәриймниң бир қанша аятлары нәзил болған, саҳабалар жүрген, Пайғамбарымыздың мүбәрек денесин өз қушағына алған, уллы саҳабалар жерленген қала. Ол пазыйлети жағынан Мәккәдан кейинги орында турады.
Мадина – Аллаҳ таала мақтаған қала. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Әлбетте, Аллаҳ таала Мадинаны Тоба деп атаған».

«Тоба» – «пәкизе», «азада», «көзге жағымлы» киби мәнилерди аңлатады.

Мадина – жоллары периштелерге толы, оның есиклерин периштелер қорықлайтуғын қала.
Сонлықтан, бул мүбәрек нурлы қалаға оба да, Дажжал да кире алмайды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мадинаның жолларында периштелер бар. Оған оба да, Дажжал да кире алмайды», деген (Имам Бухарий рәўияты).
Басқа ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай дейди: «Мадинаға Масиҳ Дажжалдың қорқынышы кирмейди. Сол күни оның жети есиги болып, ҳәр есикте еки периштеден турады» (Имам Бухарий рәўияты).
Мадина – Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жақсы көрген, оған асыққан қала. Анас разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан сапардан қайтқанда, Мадинаға көзи түссе, оған тезлесетуғын ҳәм егер бир көликте (түйе, ат киби) болса, оған (Мадинаға) муҳаббатынан сол көлигин қыстайтуғын еди» (Имам Бухарий, Имам Термизий рәўияты).

Мадина – Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ол ушын көп дуўалар қылған қала. Анас разыяллаҳу анҳудан қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳым! Мадинада Мәккәға берген берекетиңнен еки есе көп қыл», деди (Имам Бухарий рәўияты).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул мүбәрек қала ушын және мынандай деп дуўа қылған: «Аллаҳым! Бизлерге Мәккәға болған муҳаббатымыздай ямаса оннан да күшлирек қылып Мадинаны сүйикли қыл» (Имам Бухарий рәўияты).
Буннан тысқары Мадинада Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мешити (Мәсжидүн Нәбәўий), мүбәрек Бақыъ қәбирстаны, Ислам тарийхында ең биринши қурылған Қуба мешити, Қибләтәйн мешити, Уҳуд таўы бар.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 30-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


Репост из: Muslim.uz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#kundalik_odoblar #duo

🤲 Shunday duo qilsangiz, Alloh albatta ijobat etadi

🎙 Muhammad Umar qori Muhammadjonov
Toshkent Islom instituti talabasi
.

#quron #hadis #rasululloh #salom #baraka
🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


ПЕРЗЕНТИҢИЗДИ КИТАП ОҚЫЎҒА ҚЫЗЫҚТЫРАТУҒЫН КЕҢЕСЛЕР

Алдынлары оқыў бирден бир кеўил ашар шынығыў еди. Ҳәзир бундай шынығыўлардың түри көбейген болса да, китап оқыў елеге шекем ең пайдалы вариант болып турыпты. Балалар не ушын китап оқыўы керек?

Китап оқыў сөз байлығын асырады.
Оқыў сана сезимди асырады – бала ҳеш қашан көрмеген адамлары ҳәм бармаған жерлери ҳаққында билип алады.
Оқыў социяллық көнликпелерди раўажландырады – бала китап қаҳарманы менен бирге қыйын турмыслық жағдайлардан шығыўды үйренеди.
Иззертлеўлерге көре, ҳәптесине 1-2 рет китап оқыйтуғын 16 жаслы бала, улыўма оқыймайтуғынларға қарағанда жоқары оқыў көрсеткишлерине ийе болады.

Китаплар = ҳақыйқый өмир.
Бала ҳеш қашан көрмеген нәрселери ҳаққында оқыўға қызықпайды. Сол себепли китаптағы ҳикаяны ҳақыйқый дүньяға өткериў керек. Мысалы, егер бала космос ҳаққында оқып атырған болса, оны космонавтика музейине алып барың, яки телескоф сатып алың. Жабайы ҳайўанлар ҳаққында болса, ҳайўанат бағына алып барың.

Баланың қызыўшылығын итибарға алың.
Егер балаңыз динозаврлар дәўири, кеме қурылысы ямаса бәйги көликлерине қызықса, сол темадағы китап саўға қылған мақул. Басқа бир вариант – баланы китап дүканына алып барып, өзи қәлеген китапты таңлаўына мүмкиншилик бериң. Ямаса басқа балалардың ата-аналарынан олардың перзентлери қайсы китапларға қызығыўын сораң.

Баланың ҳәр бир гәпин туўрылай бермең.
Бала китапта болып атырған ўақыялар ҳаққында сизге айтып бергенде, оны бәрқулла туўрылай бериў шәрт емес. Егер ол бир нешше рет қаҳарманлар атын ямаса қала атын шатастырса ҳәм бул китапты түсиниўге тәсир етпесе, бундай қәтелерге көз жумыў мүмкин – ең кереги бала китапты қызығып оқығаны. Егер сиз оны ҳикаяның басында алаң қылсаңыз, бала өзин қолайсыз сезинеди, кейинги ретинде айтып бериўди қәлемей қалыўы яки китапты пүткиллей таслап қойыўы мүмкин.

Оқығаны ушын марапатлаң.
Ҳәзирги күнде телевизор ҳәм телефон сыяқлы өзине тартатуғын нәрселер көп болғаны соншелли, китап оқыў үлкен жеңиске айланып қалды. Баланы ҳәр бир оқыған бети ушын мақтаң, китапты таўысқаннан кейин паркке ямаса жақсы көрген кафесине алып барыў менен марапатлаң.

Китап – ең жақсы саўға.
Буны өз тымсалыңызда көрсетиң. Мысалы, китапты «Айдың аяғына шекем 50 бет оқыўың керек, болмаса шоколад жоқ» деген шәрт пенен бермең. Оның орнына оқыўды унамлы тәсирлер менен байланыстырың. Шырайлы сүўретлери болған китап таңлаң, саўға қағазына орап саўға қылың. Сондай-ақ, оқыўдағы ямаса спорттағы утыслары ушын да китап пенен марапатлаң.

Түрли жанрдағы китапларды сатып алың.
Егер бала тарийхый жанрды жақсы көрсе, оған тек сол түрдеги китапларды сатып алыў шәрт емес. Басқа жанрларды да сатып алып бериң – сонда балада таңлаў болады ҳәм бир жанр зеригерли* болып қалмайды.

Оқыўды күнделик әдетке айландырың.
Балаға китаплар оның өмириниң бир бөлеги екенин, бул «жаза» емес екенин түсиндириў керек. Буның ушын оған китап ҳәр қандай сораўға шешим табыўға жәрдем бериўи мүмкин екенин айтың. Егер балада сөйлесиў уқыплылығы пәс болса, адамлар менен аңсат тил табысыў ҳаққында китап сатып алың.

Даўыслап оқың.
Балаларда дүньяға қызығыў ҳәм қыялда жаратыў қәбилети оқыў көнликпесинен алдын оянады. Сол себепли бул итияжларды қандырыў сизге байланыслы. Егер балаға китап оқып берсеңиз, келешекте оқыўға қызығып қалыўы итималы жоқары. Буннан тысқары, иззертлеўлердиң көрсетиўинше, ата-аналары даўыслап оқыйтуғын балалар басқа балаларға қарағанда оқыўды ерте үйренеди.

*зеригиў – жалығыў, иши писиў. «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» БАСПАСЫ НӨКИС – 1984. IV-том. 248-бет.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


МУҲӘДДИСЛЕР СУЛТАНЫ – ИМАМ БУХАРИЙ РАҲИМАҲУЛЛАҲ

Имам Бухарий: «Бир күни Расулуллаҳ ﷺ ды түсинде көрдим, қолымда желпигиш, оны желпип турған едим. Бул түсимди айырым жорыўшыларға айтсам: «Сен Расулуллаҳ ﷺның ҳәдислерин жалғанлардан желпип (қорықлап) турасаң», деди.

Имам Бухарий айтады: «Егер китабыма бир ҳәдис киргизетуғын болсам, ғусыл қылып еки рәкат намаз оқыйтуғын едим».

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 29-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
🙄 ӨЗБЕКСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ БАСҚАРМАСЫ УЛАМАЛАР КЕҢЕСИ МҮРӘЖАТЫ

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға шексиз ҳамдлар болсын, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға кәмил салаўат ҳәм сәлемлеримиз болсын.


📣 Ҳүрметли жерлеслер!

✅ Аллаҳға шүкир, гөззал үлкемизде ҳәр таңды тынышлық пенен қарсы алып атырмыз. Усы уллы неъмат себепли, ҳәр тараўда жеңислер, раўажланыўлар болып атыр, неъматлар күннен күнге зыяда болып бармақта. Бул журтта инсан әзиз, оның қәдири жоқары екени, өзиниң өмирде орнын таўып бармақта. Әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәжлер, нәгиранлығы болған инсанлар, кәмбағал шаңарақларға турақлы ғамхорлық көрсетип келинбекте.

💬 Ҳеш бир гүмансыз, ақырғы жылларда кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж пуқаралар менен мәнзилли ислеў бойынша нызамлы тыйкарлар жаратылды.

🗣Сиз әзиз жерлеслеримизге мүрәжат қылар екенбиз, соны айрықша атап өтемиз, социаллық корғаў мәселесинде Президентимизге жәрдемши болыў бәршемиз умтылып атырған пәраўан келешек, перзентлеримиздиң бахытлы болыўын тәмийинлеўдиң ең зәрүр шәрти болып табылады.

🗣Ислам дининде мүтәжлерге жәрдем бериў, физикалық мүмкиншилиги шекленген инсанларға қайыр-сақаўат көрсетиў мискинлердиң жағдайынан хабар алыў ең саўаплы әмеллерден есапланады. Мүбәрек динимиз қайыр-сақаўатқа буйырар екен, оны өз орнына жумсаўды буйырады. Мүтәж инсанлардың ҳақына қыянет етиў болса аўыр гүна болып есапланады.

🗣Журтымызда Социаллық қорғаў миллий агентлиги дүзилиўи халқымыз кеўлиндеги ийгиликли ис болды. Агентлик аўыр социал жағдайға түскен ҳәм түсиў қәўипи болған халық пенен мәнзилли ислеп атырғаны, садақаларын өз ийелерине жеткизип атырғаны халқымызды миннетдар етпекте, кеўиллерине қуўаныш үлеспекте. Әлбетте, мине усындай меҳирге мүтәж инсанлардың дуўасы менен журтымыз және де абат болады.

⚡️ ТОЛЫҚ...

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


ГҮМАННАН САҚЛАНЫЎ – ГҮНАДАН САҚЛАНЫЎ

Аллаҳ таала Қураны кәриймде және Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдиси шәрийфинде мөмин-мусылманларды ғыйбаттан ҳәм бир-бири ҳаққында жаман гүман қылыўдан қайтарған.
Бул ҳаққында Аллаҳ таала Ҳужурот сүресиниң 12-аятында хабар берип айтады: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Көп гүманнан шетлениң! Себеби, айырым гүман(лар) – гүна. (Басқалардың айыбын излеп) тыңшылық етпең ҳәм бириңизди бириңиз ғыйбат етпесин! Сизлерден бириңиз өзиниң өлген ағайининиң гөшин жеўди қәлей ме? Оны жаман көресиз ғой! Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – тәўбени көп қабыл етиўши, Рейимли».

Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Ҳасла жаман гүманшыл болмаңлар, себеби жаман гүман сөздиң ең жалғаны».
Басқа бир ҳәдисте айтылыўынша: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан адамлар сорады: «Я Аллаҳтың Расулы ғыйбат не?». Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бирадарыңды оған жақпаған нәрсе менен еслеўиң», деди. Сонда: «Бирадарымда мен айтқан нәрселер болса не?», деп сорады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер онда бар болған нәрсени айтсаң ғыйбат қылған боласаң, болмаған нәрсени айтсаң жала жаўған боласаң», деди.

Умар разыяллаҳу анҳу: «Егер жақсылыққа бурыўдың қандайда бир жолы болса, мөмин бирадарыңнан шыққан сөз ҳаққында тек ғана жақсы гүманда бол», деген.
Фузайл ибн Ияз раҳимаҳуллаҳ: «Ким ғыйбаттан аманда болыўды қәлесе, гүман есиклерин беккем жапсын. Ким гүманнан узақта болса, досты айыбын излеўден аманда болады. Ким биреўдиң қәтесин таўыбдан жырақ болса, ол ғыйбаттан шетте болады», деген.
Суфян Саўрий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Бирадарың ҳаққында жаман гүманда болыўың оны зәҳәрлеп өлтириў менен тең».

Жоқарыда келтирилген аят, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислери, саҳабалар ҳәм уламалардың ҳикметлери биз мөмин-мусылманларды басқа мөмин-мусылманлар ҳаққында жаман гүман қылыў ҳәм ғыйбатлардан сақланыўға шақырады. Аллаҳ таала бәримизди жаман гүман қылыўдан ҳәм ғыйбаттан Өзи сақласын.

Доктор Ҳассон Шәмсий Паша «Темир таслар» китабынан.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


КИШКЕНЕ БАЛАНЫҢ САЎАБЫ АТА-АНАСЫНА ЖАЗЫЛАДЫМА?

#Сораў

СОРАЎ: Адамлар арасында ер жетпеген баланың жақсы әмеллериниң саўабы ата-анасына жазылады деген гәп бар. Усы гәп туўрыма?

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Бул ҳаққында «Эълаус сунан» китабында мынандай делинген:
وانعقدت الأئمة الأربعة ( أي أجمعت ) على أن الصبي يثاب على طاعاته، وتكتب له حسنات، سواء كان مميزا أو غير مميز، لكن اختلف أصحابنا هل تكون حسناته له دون أبويه، أو يكون لوالديه من غير أن ينقص من أجر الولد شيء ؟ ثم رجح قول الثاني بدليل الأثر،
«Төрт мәзҳаб имамлары кишкене бала қылған таатлары ушын саўап алыўы ҳәм бул ушын оған жақсылықлар жазылыўын бир аўыздан атап өткен. Бирақ оның саўаплары тек оның өзине боладыма ямаса оның әжири азаймаған ҳалда ата-анасына да жазыладыма деген мәселеде түрли пикир айтып, дәлиллер келгени ушын екинши пикир (ата-анаға да саўап болыўын)ди үстем көрген».
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның төмендеги ҳәдиси де усыны қоллайды: «Инсан қайтыс болғанда оның әмели тоқтайды, тек үш нәрсе себепли оның әмел дәптерине саўап жазылып турылады: «Садақаий жәрия, пайдалы илим, жақсылық сорап дуўа қылып туратуғын салиҳ перзент» (Имам Мүслим рәўияты).
Демек, ҳәр еки қарасқа көре де перзентлерин жақсылыққа жоллаған, шырайлы тәлим-тәрбия берген ата-аналар саўап алады. Аллаҳ таала кеңшилик ийеси. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


МӘСЖИДҮН НӘБӘЎИЙДЕГИ ЗАМЗАМ СУЎ ЫДЫСЛАРЫ, АҚ МРАМОР ҲӘМ 250 САЯБАН ҲАҚҚЫНДА

#Мағлыўмат

Пүткил дүньядан келген зыяратшылардың Саўдия патшалығы тәрепинен жаратылған жағдайы ҳәм ғамхорлығы себепли мәмлекетке кириўи ҳәм ҳәр бир мүбәрек жердеги ибадаты ҳәм саяхаты аңсат өтеди.
Бүгинги күнде бир нешше еллерден келген зыяратшылар Мәсжидүн Нәбәўийде ибадатларын биймәлел бежериўи ҳәм саяхат қылыўлары ушын қәнигелер тәрепинен көплеген хызметлер жолға қойылғаны итибарға ылайық.

Мәсжидүн Нәбәўийди 24 саат даўамында салқын замзам суўы менен тәмйинлеп қойылыўы намазханлар ҳәм зыяратшылар ушын ғамхорлықтың ең әҳмийетли көринислеринен бири. Тонналаған замзам суўлары Мәккадан алып келинеди. Әне сол таяр болған суў муғдары ҳәр күни лабораторияда басқа суўлар менен салыстырылып сынақдан өткериледи.
Мәсжидүн Нәбәўийдиң еркеклер ҳәм ҳаяллар бөлимлериндеги мыңлаған суў ыдысларын салқынлатыў, толтырыў, тазалаў ислери анық дәстүр бойынша алып барылады. Сонлықтан Ҳаж мәўсиминде намазханлар саны көбейсе де бар болған мүтәжликлер қапланып атыр.
Мәсжидүн Нәбәўийдиң шарбағындағы саябанлар өзиниң қайталанбас дизайны ҳәм гөззал көринислери менен Аллаҳқтың қонақларына ғамхорлық ҳәм қолайлық ретинде хызмет көрсетип атыр. Күндизи 250 саябан намазханларды қуяш нурлары ҳәм ыссысынан қорғайды. Саябанлар Мәсжидүн Нәбәўийдиң сыртқы шарбағы бойлап қурылған. Ҳәр бир саябан ашылғанда 900ден аслам намазханды сыйдыра алады. Улыўмалық сыйымлылығы болса барлық саябанларда 228 мыңнан аслам намазханды қурайды. Саябанның бийиклиги 15 метрди, аўырлығы 40 тоннаны қурайды. Оның көриниси тажға уқсайды. Жоқары саябанның ушында 1000 дана жақтыландырыўшы қурылмалар бар.
Саябанлар шарбақты салқын ҳаўа арқалы салқынлатыў ушын да арналған. Ол 436 салқын ҳаўа үплегишлерин өз ишине алады. Бул болса Мәсжидүн Нәбәўийдиң шарбақларындағы саябанлар менен қапланған саялар майданы бойлап атмосфераны суўытыў ушын суў үплегиш пенен араластырылады. Нәтийжеде ол градусты пәсейтиўге жәрдем береди.
Мәсжидүн Нәбәўий ҳәм оның әтирапындағы шарбақларды қаплаған ақ реңдеги «Татос» мраморлары сол жерде қоршаған орталық градусын сақлап турыўдың әҳмийетли факторларынан бири. Себеби бул мрамордың басқаша бир түри болып табылады.
Қуяш нуры ҳәм ыссылықты жутатуғын сол мраморлар еки муқаддес мешит ушын арнаўлы алып келинген. Оның бир бөлегиниң узынлығы 120 см, кеңлыгы 40 см ҳәм қалыңлығы 5 см, айырымлары болса ени 60 смди қурайды. Олар түнде ығаллықты жутыў қәсийетине де ийе. Усылайынша мрамор салқынлықты ҳәм градусты орташа дәрежеде услап турады, түнде болса суўып кетпейди.


Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz




Нөкис ўақты менен 28-декабрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


Репост из: Muslim.uz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#muftiy_minbari

📹 ҲОЖАТБАРОР БЎЛИНГ!
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


НАЎҚАСҚА ЖӘРДЕМ БЕРИЎ УШЫН НАМАЗДЫ БУЗЫЎ

#Сораў

СОРАЎ: Жәмәәт намазында гейде намазханлардан бири мазасы қашып, жығылып, оған жәрдемлесиў керек болады. Сол гезде басқа намазхан оған жәрдем бериў ушын намазын бузыўға боладыма?

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Болады, бундай жағдайда намазды бузыўға руқсат берилген. Бул ҳаққында "Ғүнятүл мустәмлий" китабында мынандай делинген:
يُباح قطعُ الصَّلاة لإغاثة ملهوف، أو تخليص أحدٍ من سببِ هلاكٍ؛ كسقوطٍ من سطح، أو غرق أو حرق ونحوه، وكذا إذا خاف ضياع ما قيمته درهم له أو لغيره،
"Жағдайы аўырласқан адамға жәрдем бериў, бийиктен түсип кетиў, ығып кетиў, жанып кетиў киби апатқа себеп болатуғын ислерден қутқарыў ушын намазды бузыўға руқсат бар. Сондай-ақ, өзиниң ямаса биреўдиң бир дирҳам (бүгинги күнде еки жүз мың сўмға жақын)ға тең малы жойтылыўынан қорықса да намазды бузыў мүмкин".
"Роддул мухтар" китабында "Ығып баратырған, оттың ишинде қалған, жағдайы аўырласқан адамды қутқарыў ушын намазды бузыў ўәжиб болады", делинген.
Демек, намазда биреўдиң мазасы қашып жығылса, оның қасындағы адамлар оған жәрдем бериў ушын намазын бузыўы керек болады. Себеби шәрияттың мақсетлеринен бири инсан жанын сақлаў болып табылады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


📱http://t.me/nasiyatuz


КЕЎИЛЛЕР ҚАЛАЙ ИЙЕЛЕНЕДИ?

🔸Күлимсирең, өйткени, күлимсиреў кеўиллерди ийелеўде ең тез жәрдем беретуғын нәрсе, және ибадат ҳәм садақалардың да қатарына киреди

🔸Биринши болып сәлем бериң. Бул да қәлбтиң түбине жетип баратуғын жақсы қәсийет ҳәм соның менен бирге саўаплы ис болып табылады. Адамлардың ең жақсысы биринши сәлем бериўге асығатуғыны.
Әбиў Амр Надбийден рәўият қылынады: "Мен Ибн Умар разыяллаҳу анҳума менен бирге базарға шықтым, ол жолынан шыққан үлкен-киши ҳәммесине сәлем беретуғын еди".

🔸Ашық жүзли болың, сәўбетлесиңизге кеўил ыссылығын сезиндириң.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген екен: "Ҳеш бир жақсылықты пәс санама, бирадарыңа ашық жүз бенен жүзлениўди де!".

🔸Адамларға саўға берип турың, өйткени, саўға кеўиллерди мейил қылады. Лекин мүмкиншилигиңиз дәрежесинде саўға бериң. Бериў керек деп бары-жоғыңызды саўғаға тигип жибермең.

🔸Аз сөйлеўге әдетлениң, тек пайдалы болатуғын орынларда ғана сөйлең. Сөйлегенде даўысыңызды көтермең, көп сөйлемең.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Гөззал қулықты, көп үндемей жүриўди өзиңе лазым тут. Жаным қолында болған Аллаҳға ант болсын, қалайық* бул екеўи менен шырайлы болғаншелли басқа ҳеш бир қулық пенен шырайлы болмайды".

🔸Адамлардың гәпине итибар берип қулақ түриң, гәпин бөлмең. Усыған әдетленген адамды адамлар гүмансыз жақсы көреди. Себеби жақсы тыңлаўшы ҳәммеге жағады.

🔸Бәрқулла өзиңизге қаранып жүриң. Сыртқы көринисиңиз, кийимиңиз, ийисиңизге әлбетте итибар бериң.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Аллаҳ гөззал, гөззаллықты жақсы көреди".
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу мынандай деген екен: "Мен кийими таза, жупар ийисли, тақўалы адамларды жақсы көремен".
Аҳмад ибн Ҳанбалдың баласы Абдуллаҳ мынандай деген екен: "Мен әкемнен көре кийими тазарақ, өзине, муртына, шашына итибарлырақ адамды көрмедим".

🔸Жақсылық қылың, адамлардың исин питириўши болың. Буның кеўилге тәсири оғада үлкен!
Бир адам айтқан екен: "Адамларға жақсылық қыл, олардың кеўлин тутқынға аласаң".
Бул менен тек адамлардың емес, Аллаҳ тааланың да муҳаббатына ерисесиз.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Адамлардың Аллаҳға ең жақсысы - адамларға ең пайдасы тийетуғыны".

Доктор Ҳассон Шәмси Паша "Темир таслар" китабынан.

  *Қалайық халық  «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. III-том. 108 бет». НӨКИС «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» 1988.

Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.

📱
http://t.me/nasiyatuz


Репост из: УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
РОСУЛУЛЛОҲ (ﷺ)ДАН ИБРАТ ОЛАЙЛИК!

ЎЗБЕКИСТОН МУСУЛМОНЛАРИ ИДОРАСИ РАИСИ ЎРИНБОСАРИ УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА

СУҲБАТНИ ТЎЛИҚ КЎРИШ УЧУН
ЛИНКНИ БОСИНГ👇👇

https://youtu.be/2fxOhvWisr4?feature=shared


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
🗣Жыл жуўмағы ҳәм келеси жыл режелери бойынша жыйналыс болды

Бүгин, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Н.Холиқназаровтың басшылығында ZOOM платформасы арқалы диний тараў хызметкерлери қатнасында 2024-жыл жуўмағы ҳәм 2025-жылдың режелери бойынша жыйналыс болды. Онда ѳткен жылдағы жумыслар талқыланды, жиберилген қәте-кемшиликлер сынға алынды ҳәм алдағы ўақытта бундай кемшиликлердиң алдын алыў ушын кѳрсетпелер берилди.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы жыйналысынан соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разовтың басшылығында диний тараўдағы реформалар, 2024-жылдың жуўмағы ҳәм келеси 2025-жыл режелери бойынша жыйналыс болып өтти.
Онда қазы Б.Разов бүгинги күнде диний тараў қәнигелерине тийисли болған ўазыйпалар, жетискенликлеримиз бенен бирге кемшиликлердиң де бар екенлиги, келеси 2025-жылда исленетуғын жумыслар, имам-хатиблер искерлигин және де асырыў, олардың орынлардағы ҳажылар менен биргеликте социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алыў, оларға әмелий ҳәм материаллық жәрдемлер бериўди күшейтиў, бидъат-хурафатларға шек қойыў ҳәм басқада ўазыйпалар белгиледи. Қазыят хызметкерлерине усы ўазыйпалардың ѳз ўақтында орынланыўын қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берди.

😊 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Показано 20 последних публикаций.