Психолог Нукус


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Психология


Саўлат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Психология
Статистика
Фильтр публикаций


Сизде келеси жылға қандай мақсет, нийет бар?
Опрос
  •   Шаңарақ қурыўды ойлап атырман
  •   Перзентли болыўды ойлап атырмыз
  •   Денсаўлығым менен, өзим менен шуғылланып, саламат болыў нийетим бар
  •   Жумысымды өзгертиўди ойлап атырман
  •   Көшиўди, жай алыўды яки жай қурыўды ойлап атырмыз
  •   Бөлек шығып жасаўды ойлап атырмыз
  •   Өз мақсетим бойынша жумыс баслаўды яки искерлигимди раўажландырыўды ойлап атырман
  •   Қарызларымды, кредитлеримди азайтыўды яки толық жаўып таслаўды ойлап атырман
  •   Шет елге шығыўды, саяхат етиўди ойлап атырман
  •   Перзентимди шаңарақлы қылыўды ойлап атырман
149 голосов


Быйыл Сизиң ең көп ўақтыңыз, энергияңыз, күш-жигериңиз нелерге жумсалды?
Опрос
  •   Көп ўақтымды шаңарағыма, шаңарағымдағы мүнәсибетлерге, перзентлерим менен шуғылланыўға жумсадым
  •   Көп ўақтым жумыс ислеўге жумсалды, өзиме, шаңарағыма, басқа нәрселерге ўақтым жетипспеди
  •   Көп ўақтым, энергиям денсаўлығымдағы машқалалар менен шуғылланыўға кетти
  •   Көп ўақтымды китап оқыўға, өз үстимде шуғылланыўға жумсадым
  •   Көп ўақтым, энергиям турмыслық тәшўишлериме, соларды күйип-писип ойлаўыма, жәнжеллесиўге кетти
  •   Көп ўақтым телефон шуқлаўға, интернетте, социаль тармақларда отырыўға кетти
  •   Көп ўақтым биреўлер менен сөйлесиўге, өсек айтыўға кетти
  •   Көп ўақтым үйдиң тәшўишлери, барды-кеттиси, базарлық қылыў, қонақ күтиў, үйге қараўға кетти
  •   Көп ўақтым шақырыққа, отырыспаққа, играға, қаңғырыўға, кефеде отырыўға кетти
  •   Көп ўақтым, энергиям жайды оңлаўға, жай қурыўға, үйдиң әтирапын дүзетиўге кетти
124 голосов


Сизде быйыл басыңыздан кеширген жағдай менен байланыслы ишиңизде қандай негатив сезим пайда болды?
Опрос
  •   Қорқыў сезими яки қорқыўым күшейди
  •   Айыпкерлик сезими, өзимди айыплаў яки биреўди айыплаў
  •   Өкпелеў сезими, биреўге өкпелеп қалдым содан қыйналып атырман
  •   Өкиниў сезими, неге деген сораў тынышлық бермейди, сол жағдайды ойлай беремен
  •   Қызғаныш сезими, гүмәнланыў, исенимсизлик пайда болды
  •   Түңилиў сезими, ҳеш нәрсе жақпай қалды
  •   Кеўилим шөгип қалды, бурынғыдай болалмай атырман
  •   Жаман көриў сезими, оны көргим келмей қалды, еситким келмей қалды
  •   Қәўетерлениў, албыраў, шешим қабыл ете алмай атырман, не ислеримди билмей атырман
  •   Уялыў, арланыў сезими, адамлардың гәп-сөзлерине қалдым, басымды көтерип жүре алмай қалдым
110 голосов


Быйыл сизде ким менен өз-ара мүнәсибетте машқала, келиспеўшилик, урыс-қағыс көп болды?
Опрос
  •   Әкем менен
  •   Анам менен
  •   Күйеўим менен яки ер адам менен
  •   Ҳаялым менен яки ҳаял адам менен
  •   Перзентим менен
  •   Енем менен
  •   Туўысқаным менен
  •   Қәйин апам менен
  •   Абысын яки бийкеш пенен
  •   Баслық пенен яки жумыстағылар менен
126 голосов


Быйыл сизиң турмысыңызда қандай өзгерис яки машқала болды?
Опрос
  •   Быйыл шаңарақ қурдым
  •   Быйыл перзентли болдық
  •   Быйыл қатты аўырып қалдым
  •   Быйыл турмысымда машқала көп болды
  •   Быйыл жумысқа кирдим яки жумысымды өзгериттим
  •   Быйыл өмирлик жолдасым менен ажырастым
  •   Быйыл турмысымда үлкен бурылыс болды
  •   Быйыл жақсы нәтийжелер болды, табыслы жыл болды
  •   Быйыл пул бойынша, кредит, қарыз бойынша үлкен машқала болды
  •   Быйыл жақынымның турмысында яки денсаўлығында үлкен машқала болды, мен содан қыйналдым
170 голосов


Бугинги дәўирде перзент тәрбиясында мына нәрселерди билиў керек.
Бириншиден, бүгинги заманда шаңарақларда бала саны аз болғанлықтан ата-аналар балаларын жүдә әширеплей береди, кеўлине қарай береди. Бала тәрбиясында, психологиясында перзентлер саны үлкен роль ойнайды. Шаңарақта перзентлер саны аз (1-2 перзент) болса ата-анасы баласын кɵплеў әширеплейтуғын, еркелететуғын, баласының кеўлине қарай беретуғын болады. Сонлықтан перзент саны аз шаңарақларда перзентлер балалығынан эгоист болып ɵседи.

Екиншиден, адам балалығынан турмыстың қыйыншылығын, жетиспеўшилигин, мийнетин кɵрип ɵспесе қатты эгоист болып ɵседи. Бүгинги күнде балалардың кɵпшилиги бурынғыдай қыйыншылықларды, жетиспеўшиликлерди, қара мийнетти кɵрип ɵсип атырған жоқ. Булда аздай ата-аналар балаларына кишкенелигинен ҳәмме қәлеўлерин бәржай келтирип, бала нени қәлесе соны алып берип, баланың жегени алдында, жемегени артында болып ɵскенликтен балалар үлкейген сайын ата-аналарын тыңламай, эгоист болып ɵзлериниң ойына не келсе соны ислейтуғын болып кетеди.

Сонлықтан баланың бәрше айтқанларын, қәлеўлерин орынлай бериў шәрт емес, ата-ана баласынан бул нәрселерге ерисиў ушын жуўапкершиликли болыўды, үй жумысларын ислеўди, мийнет етиўди, тәртипти, оқыўды талап етиўи керек. Егер бала буған әмел етпесе ол ɵз қәлеўлерине аңсат ерисе алмайтуғынын, не қәлесе сол болыўы керек, «Мениң бәрше қәлеўлеримди ата-анам орынлаўы керек»- деген эгоистлик санада ɵспейди.

Бүгинги балалар бурынғыдай жетиспеўшиликти кɵрмегенликтен оларды 12 жасынан баслап мийнет етиўге, оқыўға, таярлықларға, спортқа, ҳәр түрли ɵнерлерди үйретиўге бағдарлаў керек, бәрқулла бәнт қылып қойыў керек. Ɵспирим жасында бала оқыўға қызықпаса яки мийнет етиўге, ɵнер үйрениўге қызықпаса, жалқаў болса оның тәрбиясы бузылады, қаңғыбас болады, телефон, интернет, ойыннан басын кɵтермейтуғын болады. Егер бала 18 жасына шекем пайдалы, керекли нәрселерди үйребесе, оннан кейин оны тәрбиялаў, оған бир нәрсе үйретиў, оны адам қылыў қыйын болады. 18 жасқа шекем ҳеш қандай қыйыншылық, жетиспеўшилик яки мийнет кɵрмей ɵскен бала эгоист, жуўапкерсиз, жалқаў, ҳәлсиз, ериншек адамға айланады.
@psixolog_nukus


Балаңның кеўлине қарай берсең оны эгоист, ҳәлсиз, ериншек, жалқаў адам қылып қоясаң

Баласы ҳәлсиз, жалқаў, ериншек, қосжақпас, эгоист болса ата-анасы, әсиресе анасы баласының кеўлине қарай беретуғын, баласын әширеплей беретуғын болады. Бундай жағдайда ана баласына байланып қалып, оны аяп атырған болады. Аяў сезими,- бул муҳаббат емес, унамсыз, негатив, зыянлы сезим есапланады. Аналар кɵбинесе ул баласына байланып қалғанлықтан улының кеўлине қарай берип, улын аяй берип оның ҳәлсиз, жуўапкерсиз еркек болып ɵсиўине себепши болады. Егер әкесиде улына бослық қылса, улының кеўлине қарай берсе онда улының тәрбиясында машқала болады, бул бала қатты эгоист, ҳәлсиз еркек болып ɵседи.

Ул баланың тәрбиясы менен тийкарынан әкеси шуғылланыўы керек, керек жеринде улына қаттылаў турып, жуўапкершиликли болыўды үйретиўи керек. Себеби, кɵпшилик аналар улына қатты тура алмайды. Егер анасы улына қатты турса улы анасының (ҳаялдың) сызған- сызығы менен жүриўге үйренип қалады, ɵзинше еркек болып, жуўапкершиликти мойнына алалмайтуғын болып қалады. Сонлықтан ул бала 7 жасынан баслап әкесиниң тәрбиясында болмаса ɵспирим ўақтынан баслап ул бала анасын тыңламай баслайды, анасына қарсыласып баслайды. Бул жағдай шаңарақта перзентлер ушын әкесиниң, ҳаял ушын болса күйеўиниң қәдири, ҳүрмети тɵмен екенин кɵрсетеди.

«Сонда балаға қаттықол болыў керекпе яки еркин қылып тәрбиялаў керекпе?»- деген, сораў пайда болады. Русшада «золотая середина»- деген түсиник бар. Яғный, ҳәмме нәрседе «аралығын, орташасын, нормасын, шегарасын» таўып, билип, түсинип, сақлап үйрениў керек. Балаға жүдә қаттықол бола бериўгеде болмайды, жүдә бос бола бериўгеде болмайды, орташа болыў керек. Баланың кеўлине жүдә қарай бериўгеде болмайды, балаға тек ɵзиңниң қәлеўиңди, пикириңди сиңдире бериўгеде болмайды, орташа болыў керек. Балаға жүдә еркинлик бере бериўгеде болмайды, баланы жүдә қатты қыса бериўге болмайды, орталығын табыў керек, сақлап билиў керек.




Не ушын адамлар бундай болады, не ушын бүйтип жасайды?
Бириншиден, жәмийеттиң сана-сезими жүдә тɵмен болады, ҳайўаный санада, ҳайўаный нәпсте жасайды. Адамлар тек нәпси менен жасап атырғанын аңламайды, сонлықтан аңсыз түрде жәмийеттиң нәпсине жарысады, еликлейди. Жәмийетте усындай адамлар кɵбейген сайын жәмийетте усындай жарыспақлар, бузғыншы иллетлер, жынаятлар, саўатсызлықлар, парахорлықлар кɵбейе береди.
Екиншиден, жәмийетте кɵпшилик шаңарақлар бахытсыз шаңарақлар есапланады. Яғный, шаңарақларда бахытсызлыққа себепши жағдайлар, машқалалар кɵп. Олар сол машқалаларын шеше алмай, ɵзлерин дүзете алмай, ҳақыйқый еркек, ҳақыйқый ҳаял болыўды ойламай, шаңарағында ҳақыйқый бахыт, ҳақыйқый муҳаббат орталығын жарата алмағанлықтан журтқа жарысады, ɵзлерине ҳәр қыйлы маскаларды (мен пәленшемен, тɵленшемен, атақлыман, абырайлыман, табыслыман, мен қатырып атырман, мени кɵрип қойың, мениң қандай адам екенимди билип қойың, мен сондай ақыллыман, күшлимен, шаққанман, крутойман, блатнойман) жаратып алып, журтқа кɵз-кɵз қылғысы келеди.

Бундай маскалар адамларға ɵзлериниң қәте-кемшиликлерин жасырыў ушын керек, бахытсызлығын жасырыў ушын, тән алмаў ушын керек, саўатсызлығын жасырыў ушын, мойынламаў ушын керек, ҳәлсизлигин жасырыў ушын, тән алмаў ушын керек. Ҳақыйқый еркеклер, ҳақыйқый ҳаялларға бул нәрсе керек емес, олар ɵзлериниң қандай екенин биледи. Ҳақыйқый бахытлы адамларға бундай нәрселер керек емес, олар қалайынша бахытлы болыўды, ҳақыйқый бахыттың не екенин биледи. Ҳақыйқый күшли адамларға бундай нәрселер керек емес, олар ҳақыйқый күш маскасында емес, қәлбинде, ɵзилигинде екенин биледи. Бул ɵмирде кɵз-кɵз қылынып атырған нәрселерде жалғанлар кɵп болады, маскалар кɵп болады.

Сонлықтан бүгинги заман артистлердиң, блогерлердиң ҳәм соларға уқсаған усындай нәрселерди кɵз-кɵз қылыўға шебер адамлардың заманы болып тур. Жәмийет болса тɵмен сана-сезимде жасағанлықтан соларды кɵреди, тыңлайды, ҳәўес етеди, «Соларда муҳаббат, бахыт, табыс бар»- деп ойлайды. Сол себепли бүгинги күнде жәмийет зыялы, саўатлы, илимли, билимли адамларды тыңламайды. Әсиресе, бизиң жәмийетте илимди, билимди раўажландырыў, буны адамларға үйретиў қыйын. 21-әсирде жасап атырған болсақта елеге шекем шақырық, отырыспақ, жарыспақтан жоқары санаға шыға алмай атырмыз. Бул негизинде қәўетерли жағдай. Менде «Ертең бул халықтың келешеги, перзентлеримиздиң келешеги қандай болады?»- деген қәўетерли ойлар пайда болады. Сизде буны ойлайсызба яки ɵзлигиңизше пикирлегиңиз келмейме?
@psixolog_nukus


Қандай адамлар журтқа жарысып жасайды?

1- топар. Ɵзинше пикирлей алмайтуғынлар, журттың пикири менен жасайтуғынлар, биреўлердиң пикирин ɵзиники деп ойлайтуғынлар. Бундай адамлар жәмийет пикирине қарам болады, «Биреўлер мен ҳаққымда не деп ойлайды екен»- деген ойлар менен жасайды. «Қой журттан уятты»- деп, журт нени ислесе соны ислейди, барғысы келмеседе барады, қатнасқысы келмеседе қатнасады. Бундай адамлар журттың гәп-сɵзлеринен, ɵсеклеринен қыйналып жасайды.

2- топар. Кɵкирек, менмен, ашкɵз адамлар. Бундай адамлар ɵзлериниң кɵкиреклигин, ашкɵзлигин аңламай журтқа жарысады, биреўлерден озғысы келеди, биреўлерден қалып қойғысы келмейди, журтқа мақтанғысы келеди, ɵзлериниң ислеп жүрген нәрселерин, алған нәрселерин журтқа кɵз-кɵз қылып мақтанғысы келеди. Олардың қандай екенин билиў қыйын емес, олар журтта не мода болса, қандай дәстүр пайда болса бириншилерден болып баслап береди. Мысалы, қалың малдың ең жоқарғы баҳасын, сарпайдың, жүктиң ең маңлайын, той берсе ең қымбат ресторанда той бериў, тойында журтта мода болып атырған кɵз-кɵз қылатуғын, мақтанатуғын не болса соның бәршесин ислейди.

Инстаграммда, ютубда, телеграммда тойларын, ата-анасына берген саўғаларын, туўылған күнлерин, алған нәрселерин мақтанып, журтқа кɵз-кɵз қылып қояды. Негизинде буны ɵзлери ушын емес, журтқа мақтаныў ушын ислейди, бул бахытсызлықтың белгиси есапланады. Усындайлар себепли жәмийетте қалың мал, сарпай, жүклер жылдан-жылға кɵтериле береди, не болса соған дәбдебели той беретуғынлар, жарыспаққа той беретуғынлар кɵбейе береди. «Семизликти тек қой кɵтереди»- деп бийкар айтпаған. Адамлар кишкене жетискенликлеринде кɵтере алмайды. Себеби, буны кɵтерип билиў ушын адамда руўхый сыпатлары болыўы керек. Тәғдир адамға тек ғана кɵтере алатуғынын ғана береди, оннан артығын бермейди. Адам ɵзинде барын кɵтере алмаса ол бузылып баслайды, оның турмысында машқалалар, бахытсызлықлар, кеселликлер пайда болады.

Биринши топардағылар болса усындайларға жарысқысы келеди, солардың ойлап тапқан модалары, дәстүрлерине ереди, сɵйтип қарызланып, кредит алып қалың мал берип, той берип кредитлерин тɵлей алмай, қыйналып, кеселленип, шаңарағында бир дүнья машқалалар менен жасайды. Екинши топардағылар болса буны түсинбейди, олар ɵз нәпси қәлеўлериниң қулы болып жасайды, жәмийетке ҳәм перзентлеримиздиң тәғдирине, келешегине зыян жеткизип атырмыз деп ойламайды, буны аңламайды. Бирақ бул ɵмирде ҳеш нәрсе қурыдан- қуры болмайды, бәрше нәрсе тәғдир нызамлары бойынша болады. Адамлар қылып атырған қәтелери ушын ўақты келип жуўап береди, перзентлериде жуўап береди.




4- себеп. Ата-ананың перзент тәрбиясы менен шуғылланыўға ўақты болмайды. Бундай жағдайда ата-аналар азанлы- кеш жумыста жүреди, перзентлери менен шуғылланыўға, сɵйлесиўге ўақтыда, энергиясыда, қәлеўиде болмайды. Айырым ата-аналар айлап шет елде жүреди, перзенти тәрбиясы менен шуғылланбайды, айырым ата-аналар қаңғыбас, ешкибас болады, олардың шақырыспағы, отырыспағы, играсы, шағал-мәслиги кɵп болады, бундай ата-аналар перзент тәрбиясының не екенин түсинбейди. Сонлықтан бундай ата-аналар перзентлериниң тәрбиясын биреўлердиң мойнына жүклейди, биреўлери баласын қымбат бағша, жеке меншик мектепке береди, биреўлери баласын азанлы-кеш таярлықларға берип қояды, гейбиреўлери балаларын ата-әжелерине таслап қояды. Олардың балаларында машқала болса психолог шешип бериўи керек, денсаўлығында машқала болса шыпакер, тәўип, палкер емлеп бериўи керек. Бирақ ɵзлерин ҳеш дүзеткиси келмейди, кɵкирек, менмен, ашкɵз болады, биреўлер менен жарысады, қарыз- кредит деген машқалалары кɵп болады.

5- себеп. Ата-ана бузықшылық, қыйсық- қыңғыр ислер менен шуғылланады. Бундай ата-аналар арақхорлық, қумарпазлық, мошенниклик, парахорлық, урлық, жынаят, адамларға зыян келтириўши ислер менен шуғылланады. Жумысында усындай қыйсық- қыңғыр ислер менен шуғылланады, пул табаман деп қолын ҳәр түрли ислерге урады, ɵзиниң кәсибинде кɵплеген қәтелерге жол қояды, адамларға зыян жеткизеди, шаш аламан деп бас алады, адамлардың ғарғысын алады, адамлар менен кɵп конфликтлер, урысыўлар, даўласыўлар, судласыўлар болады. Тәғдир нызамлары бойынша ата-ананың қылған ислерине перзентлериде жуўап береди. Кɵпшилик жағдайда ата-ананың қәтелери ушын, қылмыслары ушын перзентлери жәбирин тартады. Бундай ата-аналардың перзенти тәрбиясында, денсаўлығында машқала болса оларға жәрдем бериў қыйын болады.

Мен жеке практикамда ата-аналар «Мениң перзентимде машқала бар»- деп мүрәжат етсе, усы пунктлер бойынша қандай себеплер, машқалалар бар екенине қарайман. Ата-анада машқала қанша кɵп болса, олар айтқан гәпке түсинбейтуғын болады, ɵзлериниң қәтелерин дүзеткиси келмейди. Сонлықтан бундай ата-аналарға перзетине жәрдем бере алмайтуғынымды айтаман, буны кɵпшилиги түсинбейди. Ҳәр қандай адам емлеўши кәсип ийеси (психолог, шыпакер, тәўип) перзентте машқала болса, биринши гезекте оның ата-анасын емлеўи керек, ата-анасының қәлбин, ақылын, нәпсин емлеў керек. Руўхый жақтан саламат ата-ананың перзенти тәрбиясында ҳәм саламатлығында машқала болмайды.
@psixolog_nukus


Перзент саламатлығын ҳәм тәрбиясын ата-ана бузады

Не ушын психологлар «Перзенттиң машқаласы ата-анасы менен байланыслы»- деп айтады? Буны ата-аналарға түсиндириў қыйын, кɵпшилик буны түсинбейди яки түсингиси келмейди. Бунда ата-анада қандай себеплер, машқалалар болады? Усыларды бир шеттен кɵрип шығайық.

1- себеп. Ата-ана перзент тәрбиясы қандай болатуғынын билмейди, бул бойынша ата-анада ҳеш қандай билим болмайды. Кɵпшилик ата-аналар бала психологиясы ҳәм тәрбиясы бойынша бирде-бир китап оқымай, бирде-бир тренингке, курсқа қатнамай перзентин ɵз билгенинше, ɵз қәлеўинше тәрбиялайды. Бундай жағдайда ата-ана перзент тәрбиясында кɵплеген қәтелерге жол қояды. Әсиресе, бүгинги күнде ата-аналарда психология бойынша билими болмаса олардың перзенти тәрбиясында машқала болады. Себеби, биз жасап атырған заман сондай, ҳәзирги балалардың сана-сезими бурынғы тәрбияға, бурынғы сана-сезимге туўры келмейди. Сонлықтан перзенттиң саламатлығында, тәрбиясында машқала болса ата-ана бул бойынша билим алыўы керек.

2- себеп. Ата-ананың минез-қулқында, сɵйлеген сɵзлеринде, жүрис-турысында, самооценкасында машқалалар болады. Бундай ата-аналар перзентине жақсы тәрбия бериўге ɵзлери үлги бола алмайды. Перзентлерине аўзына не келсе соны айтады, ойына не келсе соны ислейди, үйде- перзентлери алдында ɵзлерин қәйтип услап- тутыў кереклигин билмейди. Сол себепли перзентлери ата-анасының машқаласын кɵрип ɵседи, кɵпшилик жағдайда ата-анасынан сол үлгилерди ɵзлерине алады. Алдыңғы арба қайдан жүрсе,- кейинги арба изинен жүреди.

3- себеп. Еркек+Ҳаял мүнәсибетинде машқала болады. Бундай жағдайда перзентлери ата-анасының ɵз-ара мүнәсибетиндеги машқалаларды кɵрип ɵседи. Ата-анасының ийт-пышық болып урысқанын, бир-бирине пәтиўас сɵзлерди айтқанын, тɵбелескенин, жағаласқанын, сɵгискенин кɵрип, еситип олардың тәрбиясы, сана-сезими, денсаўлығы бузылады. Бундай шаңарақтан шыққан қызлар машқалалы ҳаял, ул балалар машқалалы еркек болып ɵседи. Кɵпшилик жағдайда оларда ер жетип шаңарақ қурған соң ата-аналарына уқсап ийт-пышық болып жасайды.




Буны бул еки ҳаял түсинбей, керисинше бир-бирине қырсығып, ɵшекисип, бир-бирин айыплап, урысып бәршеси биргеликте бахытсыз шаңараққа айланады. Ҳаял адам ҳақыйқый ҳаял болыўды ойламаса, буны үйренбесе, буған ҳәрекет етпесе кɵбинесе жертва келин ролин таңлайды, соң ана болып күйеўи менен жақсы мүнәсибет қурыўды ойламай перзентлерине жабысып алады, ер жетседе оларды тынышына қоймайды, гейбиреўлери еркектей болып жумыс ислейтуғын болады, азанлы кеш роботтай болып жумыс ислеп шаңарағы менен шуғылланбайды, жумыстың, әмелдиң, абырайдың, пулдың изинен қуўып жүре беретуғын ҳаял болады.

Сонлықтан «Анасын кɵрип қызын ал»- деп, бийкар айтпаған. Себеби, кɵпшилик жағдайда қызлар анасына уқсайды, анасының турмысын, бахытсызлығын, қәтелерин қайталап жасайды. «Анасын кɵрип улына тий»- деген, мақалды шығарсада болады. Себеби, ер адамның анасы машқалалы ҳаял болса, ер жеткен улының турмысына араласа беретуғын болса, улы мамасының сызған сызығынан шыға алмайтуғын болса, оның жуўапкершиликли еркек болыўы, бахытлы шаңарақ қурыўы аңсат болмайды. Тилекке қарсы бизиң елде адамлар бундай билимлерди алмағанлықтан, ɵз үстинде шуғылланбағанлықтан шаңарақлары бахытсыз болып жасай береди, гейбиреўлери ажырасады.

Адамлардың турмысына жақсылап итибар берсеңиз бундай машқалалы ерли-зайыплардың тɵбесинде аналары, енелери турған болады. Ɵзиниң турмысын келистире алмаған ҳаяллар кɵпшилик жағдайда перзентлериниң турмысына араласып, олардыда ɵзлерине уқсаған бахытсыз адамға айландырады. Буның ушын ер жеткен, шаңарақлы еркек анасын ɵз турмысына араластырмаўы керек, ер жеткен шаңарақлы ҳаялда анасын ɵз турмысына араластырмаўы керек. Сонда ғана олар екеўиде ҳақыйқаттан ер жетип, ɵз турмысына ɵзлери жуўапкер болады. Мине усындай болса ғана олардың шаңарағы ҳақыйқый шаңараққа айланады.
@psixolog_nukus


Анасының жалғыз баласы

Бул ɵмирде қыйын тәғдирлердиң бири- бул жалғыз баслы ананың жалғыз перзенти болыў. Ҳаял адам күйеўи менен ажырасқан соң яки күйеўи қайтыс болған соң, қайта турмыс қурмай жалғыз баслы ана болып жасаса, оның перзентине қыйын болады. Бириншиден, жалғыз баслы ҳаял болып жасаў қыйын, бул ҳаял бахытсыз болып жасайды. Перзенти болса балалығынан анасының жалғыз баслы болып, бахытсыз болып жасағанын кɵрип ɵседи, бахыттың не екенин, еркек+ҳаял муҳаббаты, мүнәсибетиниң қандай болатуғынын кɵрмей, билмей ɵседи. Екиншиден, ул бала әкесиз ɵссе, әке меҳирин, тәрбиясын алмай ɵссе онда еркеклик сыпатларының ашылыўы қыйын болып, ер жеткен соң еркеклик сыпатларын ашыўға қыйналады. Қыз бала болса әке меҳирин, тәрбиясын алмай ɵскенликтен ер жеткен соң ер адам менен мүнәсибет орнатыўға қыйналады (себеби бул машқала анасында бар, анасы бул машқаланы шеше алмаған), ер адамды жақсы кɵриўди, ер адамнан меҳир алыўдың қандай болатуғынын билмейди.

Үшиншиден, бундай ҳаяллар улына қатты байланып қалып, жабысып алып оның раўажланыўына, еркек болыўына тосқынлық қылады. Жалғыз ана менен ɵскенликтен улыда анасына қатты байланып қалып, басқа ҳаяллар менен мүнәсибет орнатыўға, үйлениўге қыйналады, үйленседе ҳаялы менен жақсы мүнәсибет орната алмайды. Күйеўи менен мүнәсибети жақсы емес ҳаяллар, күйеўи арақ ишетуғын, күйеўи бәрқулла шет елде жумыс ислейтуғын яки күйеўи менен дурыслап сɵйлесе алмайтуғын ҳаялларда улына жабысып алады. Сонлықтан бундай мамасының баласына турмысқа шыққан ҳаялларға қыйын болады. Себеби, бундай аналар ер жеткен, шаңарақлы болған улына жабысып алып, улын келининен қызғанады, улының турмысына араласа береди. Улыда мамасының баласы болып ɵскенликтен анасынан қалайынша сепарация болыўды билмейди, ўақыт ɵткен сайын ҳаялы менен ɵз-ара мүнәсибетинде машқала кɵбейе береди.

Тилекке қарсы бизиң жәмийетте кɵпшилик аналар ер жеткен перзентин ɵзинен сепарация қылыў кереклигин, оның турмысына араласпаў кереклигин түсинбейди. Сонлықтан бизиң елде шаңарақларда ене-келин машқаласы кɵп ушырасады. Бул шаңарақларда еркеклердиң жуўапкершилиги, қәдири, ҳүрмети болмағанлықтан олар бул машқаланы шеше алмайды. Кɵпшилиги арақ ишиў, қумарға берилиў, қатынпазлық жолын яки шет елге қашып жумыс ислеў жолын, азанлы-кеш жумыс, жоралары менен қаңғырыў жолын таңлайды. Себеби, оның анасы яки ҳаялы екеўиниң бири буны түсинбесе, ҳаял болыўды ойламаса бундай жағдайда еркек ҳеш нәрсе қыла алмайды.




Жертва санасындағы адам оның бахытсызлығын, азапларын ақлайтуғын, қоллайтуғын, жубататуғын адамларды излейди, соларды тыңлайды. Себеби, ол турмысына жуўапкершиликти ɵз мойнына алғысы келмейди. Турмысына жуўапкершилик пенен қараўдың орнына «Шүкирмен»- деп ɵзин алдап, жубатып жасағанды мақул кɵреди. Ол ɵзиниң ɵмирге болған, тәғдирине болған, турмысына болған кɵз-қарасын ɵзгериткиси келмейди. Адамлар ɵмиринде болып атырған жағдайлар тиккелей ɵзлери менен байланыслы екенин аңламағанлықтан, бундай билимлерди алғысы келмейди, үйренгиси келмейди, буған ҳәрекет етпейди.

Себеби, жертва позициясы кɵпшилик адам ушын қолайлы позиция есапланады. Усылай жасасаң сени биреўлер аяйды, саған қарасады, жәрдем береди, «Бул бийшараны күйеўи, енеси қыйнап қойыпты, ɵзи негизи жақсы нашар»- деп айтады, қыйналсаң, жыласаң сени биреўлер жубатады, сени биреў қорлап атырса биреў сени қорғайды, қутқарады, кеселленип қалсаң биреў сени бағады, әширеплеп қарайды. Жертваны ҳеш ким айыпламайды, себеби ол жәбирлениўши, оны қыйнап атырған адамларды айыплайды. Мине сол себепли, жәмийет жертва адамларды қоллағанлықтан олар жертва болып жасаўын даўам ете береди. Бәрқулла оның дәртин тыңлайтуғын, оны жубатуғын «Еле бәри жақсы болып кетеди, шыда, кɵн турмыс деген сондай болады, бизлерде кɵнип жасағанбыз»- деп, ɵз ақыл-нәсиятын айтатуғын адамлар әтирапында болады.

Ҳаяллар балалығынан баслап жертва болып жасаўды анасына, әжесинен, әтирапындағы ҳаяллардан кɵрип ɵседи. Балалықтан баслап оның дүньяқарасында «Ɵмир деген сондай болады екен»- деген, түсиниклер, кɵз-қараслар пайда болады. Буған анасыда жән-жақлама үлесин қосады, «Қызым турмыс дегени сондай болады, аңсат емес, шыдайсаң, кɵнесең, Менде кɵнип жасадым»- деген, анасының ақыл-нәсиятынан арғы жағын билмейди, ойламайды, түсинбейди. Жертва позициясындағы адамның дүньяқарасы тар болғанлықтан ол «Турмыс дегени ɵзи усындай болады екен»- деп ойлайды. Ол билим алып, дүньяқарасын кеңейтип, ɵз үстинде шуғылланыўдың орнына бахытсызлыққа, турмыстың қыйыншылықларына, тәшўишлерине кɵнип, шыдап жасаўды таңлайды. Жаратыўшы ҳәр бир инсанға таңлаў еркинлигин берген. Яғный, ҳәр бир адам бул ɵмирде қәйтип жасаўды ɵзи таңлайды. Таңлаў дәслеп сениң ɵмирге болған кɵз-қарасыңнан басланады.
@psixolog_nukus


Ɵмирге қандай кɵз бенен қарасаң,- сениң ɵмириң сондай болады

Қәйтип ойласаң- сɵйтип жасайсаң. Тәғдириңниң қандай болыўы биринши гезекте дүньяқарасыңа, ɵмирге болған кɵз-қарасыңа байланыслы. «Тәғдир маңлайға жазылған, жазылғанынан қашып қутыла алмайсаң»- деген, ертекти адамлар ойлап тапқан. Бундай кɵз-қарас- ериншек, жалқаў, жуўапкерсиз, ɵз үстинде шуғылланбайтуғын адамлар ушын қолайлы позиция есапланады. Адамлар негизинде бахытлы жасаўға шын жүректен ҳәрекет етиўдиң орнына, кɵбинесе бахытсызлығын ақлаў менен әўере болады. Саламат болыўға шын жүректен ҳәрекет етпей, кеселлигине айыпкер излеў менен әўере болады.

«Бул ɵмирде жасаў қыйын, турмыста қыйыншылық кɵп, күн-кɵриў аңсат емес, бахытсызлыққа кɵнип- шыдап жасаўдан басқа иләжым жоқ, мениң турмысым қыйын, неге мениң менен бундай болып атыр, мениң не жазығым бар еди, бала- шаға бағыў аңсат емес, мениң ɵмирим қыйыншылықтан шықпайды, мен турмыстан шаршадым, турмыстың тәшўишлеринен шаршадым, маған қашан бахыт күлип бағады екен, маған қашан әўмет күлип бағады екен, мениң ɵмиримде қашан ҳәммеси жақсы болады екен, бул ɵмирде жақсыларға аңсат емес, жақсы адам болсаң қыйналасаң, талапларың жүриспейди, жаманларға аңсат, неге ондай, неге бул ɵмирде әдалат жоқ, мен жақсыманғо бирақ неге турмысым жақсы болмай атыр»- деген ойлары менен, кɵз-қарасы менен адам ɵзиниң ɵмирин ɵзи жаратып атырғанын аңламайды.

Бундай кɵз-қарас жертва позициясында жасайтуғын адамларда болады. Жертва позициясындағы адам бул ɵмирде жәбирлениўши адам болып жасаўға үйренген, сондай болып жасаўды ɵзи таңлаған. Ол ɵмирден тек күтип, үмит етип жасайды, биреўлерден бир нәрсени күтип, үмит етип жасайды. Турмысым, тәғдирим ɵзинен-ɵзи жақсы болып кетеди, «Қудай қәлесе ҳәммеси жақсы болып кетеди»- деп, күтип, үмит етип, ɵзин жубатып жасайды. Бундай адам ɵзиниң ойлары, кɵз-қарасы менен ɵзин ҳәлсиз адамға айландырып атырғанын аңламайды. Ол буны аңламағанлықтан оны жертва санасында услап туратуғын адамларды тыңлайды, соларға қулақ салады. Олар жертва адамларға «Сениң қолыңнан ҳеш нәрсе келмейди, ɵзиңе исенбе, ɵзиңе исенгенниң пайдасы жоқ, бул дүнья ялғаншы, сен қам сүт емген бендесең, сен маңлайға жазылғанынан қаша алмайсаң, Алланың қәлеўи менен болады»- деп, оның жертва санасында жасаўын қоллап отырады.



Показано 20 последних публикаций.