Өспиримлер курсы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Семья и дети


Өспиримлер курсына арналған каналымызға хош келипсиз
Тренер: Мусатдинова Сәрбиназ
Байланыс ушын телефон: 33 717-07-87

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


ƟСПИРИМЛЕРДЕГИ ҚЫРСЫҚЛЫҚ

Кɵпшилик ата-аналар жоқары класста оқыйтуғын перзентлерин «айтқанымды тыңламайды», «бир зат айтсам қырсығады» деп шағым етеди. Бул ɵз ɵзинен емес әлбетте. Бул ҳәрекети арқалы перзентиңиз сизге не демекши екенлигин бир ойлап кɵриң. Ол бала ўақтында ɵзиниң мүтәжликлерин жылаў арқалы билдиреди. Бала жылап атырса қарны аш болады, уйқысы келеди яки басқа себебин билиўге урынасыз. Ɵспирим дәўирге келип ɵзиниң мүтәжликлери болмай атырса айырым ɵспиримлер жайына қамалып алады, айырымлары тоңқылдайды (әсиресе қызлар) ал, айырымлары қырсығады. Бундай жағдай ҳәр бир ɵспиримниң темпераменти менен байланыслы. Егер перзентиңиз айтқаныңызды қылмай қырсығып атырса итибардың жетиспеўшилиги, қәлеўлерин айтыўға қорқыў, оның не қәлеп атырғанын түсинбеў, денсаўлығында машқала, жүдә қаттықоллық яки оның қәлеўлерин шеклеў болыўы мүмкин. Айырым жағдайларда жасына байланыслы ɵзгерислер себепши болады. Ɵспиримлерде ɵжетлик яки қырсығыў жағдайы болғанда «еркелеп кетти» деп оған шеклеў койыўға яки жазалаўға асықпаған мақул. Базыда үлкен адамлардың ɵзлериде (әсиресе ҳаяллар) ɵзиниң қәлеўлерин әмелге асырыў ушын түрли усылларды қоллайды. Солай екен, бундай жағдайда ɵспиримге ашыўланбай оның менен жақын достындай болып сɵйлесиўге ҳәрекет еткен жақсы нәтийже береди.




БАЛАМА КƟП БАҚЫРАМАН…

«Мен саған неше мәрте айттым телефон шуқлай берме деп, неге айтқанларымды ислемедиң, сабағыңды неге таярламадың, саған күнде айта бериўим шәртпе, айтқызбай ислей бермейсеңбе?». Мине усындай сɵзлерди перзентиңизге тез-тезден айтып турасызба? Буның себеби неде ҳәм бул балаға қандай тәсир етеди?
Бириншиден, ата-ана нервный болса перзентине кɵп бақырады, бир сɵзди ҳәр күни қайталай береди. Бул мүнәсибет перзентке кери тәсир етеди, бала ериншек, қырсық болып қалады.
Екиншиден, перзент тәрбиясында ата-ананың айтқан гәпинен кɵре, ɵзин қалай услап тутыўы әҳмийетли, балалар буны сезеди. Егер ата-ана ɵзин ҳүрмет етиўди билмесе, бир-бирин ҳүрмет етпесе, урыса берсе, екеўиниң гәпи бир жерден шықпаса, ɵзлери ериншек, жуўапкерсиз бола тура баласынан жуўапкершиликли болыўды талап етсе, перзентлер ата-анасының ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын ақыл-нәсиятын қабылламайды.
Үшиншиден, кɵпшилик ата-аналар перзентлерине байланып қалады. Сол себепли оларды қадағалайды, бақыра береди. Алдынғы арба қайдан жүрсе, кейинги арбада соннан жүреди дегениндей, перзентлерде әрман-мақсет болыўы ушын ата-анада ɵз әрман-мақсетине ийе болып, ɵз үстинде жумыс алып барыўы керек.
Тɵртиншиден, бала ɵзиниң таланты, қәбилети, қызығыўшылығына сай ис пенен шуғылланбаса ўақыт ɵтип балада невроз-стресс пайда болады яки депрессия пайда болып бала ҳеш нәрсеге қызықпай телефонға үңилип отыра беретуғын болады.




Балам қатарынан кем болмасын…

Бүгинги биз жасап атырған заман тутыныўшылық, паразитлик заманы деп айтылады. Адамның сана-сезими тɵмен болса ол жәмийетке еликлеп жасайды. Нәтийжеде ата-аналар «Балам қатарынан кем болмасын, қатарынан қалып қоймасын»-деп, перзентлерин эгоист қылып тәрбиялайды. Баласына мектептен баслап қымбат телефон, қатарына жарыстырып моданы қуўып, қыдырыспақ, туўылған күн, байрамға пәлен сумнан жыйнаў, жоралары, дослары менен отырыспаққа пул берип, перзентлерине эгоист болыўды, жәмийетке жарысып жасаўды (бахытлы жасаўды емес) үйретеди. Бунда себеп ата-ананыңда, перзентлериниңде самооценкасы тɵменлигинен екенин түсинбейди, биреўлердиң пикири менен жасайды. Гейбир ата-аналар жумыстың, пулдың изинен қуўып перзентлери менен шуғылланбай ҳәмме нәрсени пул менен шешемен деп ойлайды. Бундай ата-аналардың перзентлери үлкейген соң ата-анасына кɵп машқалалар пайда етиўи мүмкин. Бунда олар перзентлери машқаласында бир-бирин айыплайды, еркек ҳаялды айыпласа, ҳаял еркекти айыплайды. Базылардың перзенти институтты питкерген соң дипломын қушақлап жумыс таба алмай жүреди. Қызлары турмысқа шыға алмаса, ул баласы үйлене алмайды, турмыс қурғанлары болса бир дүнья машқала менен жасайды, гейбиреўлери ажырасады. Баяғы ата-анасының «Балам қатарынан кем болмасын»- деген тәрбиясы қандай нәтийже берди деп ҳеш ким ойланбайды. Себеби перзент тәрбиялаў ушын билим алыў керек, ɵз үстиңде шуғылланыў кереклигин ойламайды.




БАЛАМДЫ АЯЙМАН…
Аналар мийримли, жанкүйер. Ɵзиненде кɵбирек баласын ойлайды. Бирақ, халқымызда «балдыңда азы шийрин» деген мақал бар, кɵплеў жесең шире қысады. Перзент тәрбиясында әсиресе ананың аса кеткен мийрими еркек бала ушын қыйынға түседи. Ер бала 12 жасқа толғаннан соң оның тәрбиясы менен кɵбирек әке шуғылланғаны мақул. Ол әкесинен еркек образын алады. Бул жасқа келип оны ҳақыйқый ЕРКЕК (бала емес) сыпатында қабыллаў керек. 14 жасқа толған ер бала үй жумысларын толық ислеп билиўи, ɵзиниң кирин ɵзи жуўып, аўқат асыўды билгени мақул. Кɵпшилик аналар баласы 16 ға шықсада әлпешлеп хызметин етип жүреди, перзентин аяйды, еле оны бала деп қарайды. Бул перзентиниң еркек сыпатында раўажланыўын артқа таслайды. Жигирмаға шыққанша анасының қолына қарап ɵскен бала «мамасының баласы» болып қалады, ɵзинше шешим қабыл етиўди билмейди, анасы менен ойласа береди. Сол ушында айырым еркек болалмаған «балалар» жасы үлкейип ишиўшиликке бериледи. Себеби, оған жуўапкершиликтиң не екени ɵспирим ўақтында уқтырылмаған. Яғный, ɵспирим 16 жасқа шығаман дегенше пул табыўды, пул саўыўды үйрениўи керек. Ɵспиримлер курсында айырым ер балалар ɵзине кийим алыўға базарға мамасы менен барады екен. Бул жаста ɵспиримлер талғам менен кийиниўди, ата-анасының берген ақшасын орны менен үнемлеп жумсаўды, ɵзине қандай кийим алыўды ɵзи шешим кабыллаўы керек. Айырым ɵспиримлер мамасының әкелип бергенин кийип жүре береди екен. Бул арқалы ɵспиримниң ɵзиниң жеке пикири жоқ екенин айтпай ақ билиўге болады. Егер шаңарақта жалғыз ул бала болса анасы ҳәмме нәрседе алдына түсип жүреди. Не ушын деген сораўға «баламды аяйман» деп жуўап береди.


ҚӘДИРИЯТ ЖАРАТЫЎ

Профессор кафедрада турып 3 литрлик банканы алып, ишин таслар менен толтырды. Студентлерден «Банка толды ма?» деп сорады. «Аўа» деп жуўап берди, студентлер. Сонда профессор банкаға ноқатларды сала баслады. Ноқатлар таслардың арасындағы бослықларды толтырды. Студентлерден «Банка толды ма?» деп сорады. Олар «Аўа» деп жуўап берди. Кейин профессор қумы бар ыдысты алып, банкаға қуйды. Қум банкадағы бослықларды толтырды. Ол студентлерден «Банка толды ма?» деп, және сорады. Олар «Аўа, енди банка ырастан да толды» деп жуўап берди. Енди тыңлаң,- деди профессор. Банка – бул сизиң өмириңиз. Таслар – сизиң өмириңиздеги қәдириятларыңыз: саламатлық, өмирлик жолдас, перзентлер, ата-ана, туўысқанлар. Булар, сиз ҳәмме нәрседен айрылғаныңызда да, өмириңизди толтырып турады. Ноқатлар – сиз ушын әҳмийетли нәрселер – жумыс, дослар, жай, машина ҳ.т.б. Ал қум болса турмыстағы басқа майда-шүйделер. Егерде банкаға биринши болып қумды қуйсақ, банкада таслар ҳәм ноқатларға орын қалмайды. Тап сондай егер сизлер ўақтыңыз ҳәм энергияңызды майда-шүйделерге сарпласаңыз, әҳмийетли нәрселерге ерисе алмайсыз. Сизге бахыт алып келетуғын нәрселер менен шуғылланың: жубайыңызға ўақыт ажыратың, перзентлериңиз бенен ойнаң, ата-анаңызға итибарлы болың. Ҳәзирден баслап өмириңиздиң қәдириятларын белгилеп алың.




«ӘКЕМНЕН УЯЛАМАН…»

Ɵспиримлер менен жеке ислескенимде дерлик кɵпшилигиниң басқалардан жасыратуғын сыры барлығы мәлим болады. Әсиресе, шаңарақлық жағдайының тɵменлигинен, ата-анасының ким болып ислейтуғынынан (егер уборщица яки қараўыл болса) яки кийимлериниң ескиргенинен уялыў жағдайлары кɵп ушырасады. Бирақ, айырым ɵспиримлер ата-анасының денсаўлығы тɵмен болса (руўхый кесел яки нәгиран) яки әкеси кɵп ишетуғын болса теңлеслеринен уялып жасырыўға ҳәрекет етеди.
Әсиресе, қыз бала әкесиниң арақ ишкенин кеўилине жақын алады ҳәм ишинен ɵкпелеп жүреди. Досларының алдында әкесиниң мәс ҳалында кɵриниўин қәлемейди. Негизинде ул бала болсын, қыз бала болсын әкесиниң арақ ишип мәс болғанын үш мәртеден артық кɵрсе қәлби жарақатланады. Усы жарақаты себепли әкесине ɵкпелеўи күшейип кетеди. Теңлеслериниң ата-анасы менен салыстырып жүреди. Бундай жағдайда жүрген ɵспирим әкесин сол ҳалынша қабыллаўды үйрениўи керек.




Кɵпшилик шаңарақларда ата-ана ҳәм перзент ортасындағы шегараларға итибарсыз қаралады. Дәстурхан басында шаңарақлық, турмыслық темалардың орнына ата–ана тәрепинен бүгин ким менен келисе алмай қалғанын, жумысындағы унамсыз жағдайлар, қарызлар, кредитлер, ары барса қоңсы-қобаларын жаманлаў т.б. әңгимелер орынлы-орынсыз айтыла береди. Егер аўқат ўақтында ата-ана бир-бири менен келисе алмай урысып қалса перзентлер ушын буннан жаманы жоқ. Себеби, ҳеш бир перзент қандай жағдай болсада, ата-анасының жәнжеллескенин кɵргиси келмейди. Тилекке қарсы, айырым ата-аналар бир-бири менен гәп таласқанда перзентлери бақлап отырғанын елестирмейди дә. Бул жағдай әсиресе ɵспиримлерде агрессияны күшейтип жибереди. Ата-ана менен перзентлер ортасындағы шегараның жоқлығын ата-анасының ханасына рухсатсыз яки сүңгип кирип кете бериўинен де билиўге болады. Ɵспиримлер курсы қатнасыўшыларынан бул жағдайға мүнәсибетин сорағанымда әпиўайы қарады. Бул шаңарақ ағзаларының ɵз ара мүнәсибетлерде ҳеш қандай шегара жоқлығын билдиреди. Бундай шанарақларда ɵсип атырған перзентлер теңлеслеринеде усындай мүнәсибетте болыўы кɵринип турады. Яғный, досларын ашықтан ашық кемситиў яки қопал сɵйлеў, нәрселерине рухсатсыз тийисиў олар ушын норма жағдай болып қалады. Негизи бүгинги заман әўладлары тәрбиясында итибар қаратыў керек болған нәрсе туўысқанлар арасында шегара сақлаўды талап етеди. Нәрселерин сорамай алыў, пайдаланыў, бир бириниң пикири менен есапласпаў жағдайлары ɵз ара мүнәсибетлерге кери тәсирин тийгизеди.




Биз қандайда бир кәсип маманы болыўымыз ушын жоқары оқыў орынларында жыллап оқыймыз, үйренемиз, тәжирийбе топлаймыз. Бирақ, ата-ана болыўды, перзент тәрбиясы бойынша ҳеш қандай билимге ийе болмасақта оқып-үйрениўге ҳәрекет етпеймиз. Себеби, бул бойынша бизден ҳеш ким диплом сорамайды. Ɵзимизше билемиз деп ойлаймыз. Ҳақыйқатында да перзентлерди қалай тәрбиялаў бойынша анық бир дерекке тийкарланып отырмаймыз. Ҳәр ким ɵзиниң дүньяқарасында дурыс деп билген нәрсени перзентлерине сиңдиреди. Неге дегенде ɵзи де ата-анасынан солай үйренген. Биз қандайда бир турмыслық буйым сатып алсақ пайдаланғанша асығамыз. Бузып болғаннан кейин оңлаў ушын инструкция китабын оқыймыз. Перзент тәрбиясында да дәл сондай. Балалығында ɵзин қорғай алмайтуғын балаға бар билгенимизди қылып, ɵспирим дәўирге келгенде басымызды қасып психолог излеп баслаймыз. Не ушын перзент тәрбиясы бойынша анық бир дерек жоқ. Себеби, ɵткен дәўирдеги қолланбалар ҳәзирги заман талабына сай келмеўи мүмкин. Яғный, алдын он баланы тәрбиялаған анаға ҳәзир технология заманының бир баласы күш бермейди. Сол ушында перзент тәрбиясы ҳәмийше излениўди талап етеди.




«БИЗЛЕР СЕНДЕЙ ЎАҚТЫМЫЗДА…»

Ата-ана тәрепинен айтылатуғын усы сɵзди кɵпшилик ɵспиримлер еситкиси келмейди. Егер перзентиниң жасына сай қайсы бир ис-ҳәрекетин мақул кɵрмесе ɵзиниң ɵспиримлик дәўирин салыстырып баслайды. Негизинде ата-ана ɵзиниң дәўирине емес, перзентиниң теңлеслерине қарай пикир жүргизгенде түсинисиў аңсат болады. Айырым ата-аналар ҳәм олардың ɵспирим перзенти менен мүнәсибетинде келип шыққан машқаланы анализлегенимде мине усы жағдай кɵп ушырасады. Яғный, ата-аналар перзентлеринен ɵзлериниң қәлеўиндей болыўды талап етеди. Бирақ, усы орында «Заманына қарай адамы» деген ибараны естен шығармаў керек. Биз мың қәлеген менен ҳәзирги дәўир ɵспиримлериниң ɵзиниң заманы, дүньяқарасы бар. Тәбият нызамлары бойынша ҳеш нәрсе бир жерде турып қалмайды, ҳәмме нәрсе ҳәрекетте. Сондай екен, биз алдыға жылжып баратырған арбаны изге қайтаралмаймыз яки тоқтатып қалалмаймыз. Яғный, түсиниўимиз керек болғаны бизиң балалығымыз ҳәм ɵспиримлик дәўиримиз қандай болса, перзентлеримизде де сондай болыўы шәрт емес.




Ашыўымды баламнан аламан
Биреўден алалмаған ашыўын баласынан алыў жертва ҳаялға тән психология. Анасы тәрепинен қорланған адамлардың қәлб жарақатын емлеў аңсат емес. Жертва ҳаял- ɵзин жақсы кɵриўди, қәдирлеўди, ҳүрмет етиўди билмейди. Ол ер адам менен жақсы мүнәсибет орната алмайды. Сонлықтан, ол бахытсызлықтан қыйналады, зәҳәрин ишине жутады яки перзентине шашады. Себеби ол ɵз үстинде жумыс алып барыўды емес, налыныўды, биреўди айыплаўды, жаманлаўды мақул кɵреди. Онда муҳаббаттан кɵре қорқыў күшли. Жуўапкершиликтен кɵре айыпкерлик сезими күшли. Жертва адамға тән және бир нәрсе, ол ҳәрекет етип ɵзин ɵзгериткеннен кɵре үмит етип жасағанды мақул кɵреди. Денсаўлығындағы, турмысындағы, қатнасықлардағы машқаласын шеше алмайтуғын адамлар үмит етип жасайды. Үмит етиў-ҳәлсизликтиң белгиси, бахытсызлық себепшиси.




МЕКТЕП, МУFАЛЛИМ ҲӘМ ТӘРБИЯ

Дерлик бәршемиз оқыўшы болғанбыз, муғаллимниң ким екенлигин жақсы билемиз. Мектеп жети жастан он сегиз жасқа шекемги дәўирдиң бир бɵлеги. Ɵмирге деген ең дәслепки кɵз-қарасларымыз, түсиниклеримиз, ой-пикирлеримиздиң бир жағында усы мектеп ҳәм муғаллимлер бар. Бул дәўир адамда характер, самооценка, дүньяқарас ҳәм мүнәсибетлердиң пайда болыўы яки қәлиплесиўинде басланғыш, фундаментал дәўир есапланады. Яғный, бул аралықта биз бенен бирге болған, мүнәсибет орнатқан жақын адамлардың тәсири үлкен деген сɵз. Он бир жыл аз мүддет емес. Дурыс, перзент тәрбиясы, оның келешекте қандай адам болып жетилисиўи биринши орында шаңарағы менен тығыз байланыслы. Бирақ, муғаллиминиң бир аўыз сɵзи менен жәмийетте орнын таўып кеткенлер де, яки муғаллиминиң кемситиўи менен тɵменшик болып қалғанлар да бар. Демек, муғаллим оқыўшыға тәсир ете алады. Жәмийет раўажланыўы менен адамлардың сана-сезими ҳәм искерлиги ɵзгерип отырады. Бүгинги күн муғаллимлердиң алдына қандай талапларды кɵлденең қойған? Технология заманының балаларын оқытыў аңсатқа түспейтуғыны анық. Онда бүгинги заман муғаллимлерден раўажланыўды, ɵз үстинде ислеўди, ҳәр бир оқыўшысының психологиялық жағдайын билиўди талап етеди. Ертеректе журналистлердиң семинарында мектеп билимлендириўине тийисли қолланылатуғын «тәлим-тәрбия» сɵзин «билим-тәрбия» деп қолланыўды усыныс еткен еди. Негизинде болса «ТӘРБИЯ» сɵзи алдында келиўи керек. Оннан соң билим. Перзент қәншелли билимли болмасын егер оның характеринде, тәрбиясында машқала болатуғын болса жәмийетте ɵз орнын табыўы аңсат емес. Себеби, билимди қәлеген адам қәлеген жасында алыўы мүмкин. Бирақ тәрбияны емес.

Показано 20 последних публикаций.