Грант-При ийеси Бексултанға
Жеңисиңди көрип қуўандым , қатты,
Қудайға мың шүкир тулпарың шапты,
Мийнетиңди берип әўметте бақты,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Саҳраның бүлбили десин жасыңнан,
Шөгирмең жарасқан алтын басыңнан.
Периштелер ҳеш кетпесин қасыңнан,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Еледе нығайа берсин жеңисиң,
Талантыңның көрмедим ҳеш кемисин.
Дайың қосық жазды бүгин сен ушын,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Қарындасым атыр бүгин қуўанып,
Улы жеңип "Грант при" ди алып
Жулдыз бол еледе парлайбер жанып,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Минген атың тоқтамасын шаўып турсын,
Тәңиримниң нур нәзери жаўып турсын,
Бул өмирде бағ дәўлетиң жанып турсын,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Жеңисиң қутлы болсын жаным, мамаңды қуўандырып жүребергейсең.
Аңсатбай Қаражанов
27.10.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>
Жеңисиңди көрип қуўандым , қатты,
Қудайға мың шүкир тулпарың шапты,
Мийнетиңди берип әўметте бақты,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Саҳраның бүлбили десин жасыңнан,
Шөгирмең жарасқан алтын басыңнан.
Периштелер ҳеш кетпесин қасыңнан,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Еледе нығайа берсин жеңисиң,
Талантыңның көрмедим ҳеш кемисин.
Дайың қосық жазды бүгин сен ушын,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Қарындасым атыр бүгин қуўанып,
Улы жеңип "Грант при" ди алып
Жулдыз бол еледе парлайбер жанып,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Минген атың тоқтамасын шаўып турсын,
Тәңиримниң нур нәзери жаўып турсын,
Бул өмирде бағ дәўлетиң жанып турсын,
Көз тилден аман бол бәрҳә Бексултан.
Жеңисиң қутлы болсын жаным, мамаңды қуўандырып жүребергейсең.
Аңсатбай Қаражанов
27.10.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>