Baxıtlı SARÍBAEV


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Quotes


Саған аз-кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Ибрайым Юсупов
Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы
Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Quotes
Statistics
Posts filter


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Жақсылығыңызды ҳеш қашан умытпайман, мени өз қамшыңыз деп исене бериң.
- Жеткиликли. Қасымды маған тезирек жибер.
16.
Гүлзийба қайтып әкелингели бир күн бас көтерген емес. Жылайды, болмаса, ыңырсып жатады. Сәл саўасын тапса, өзин өзи өлтириў нийети жоқ емес. Бул Сержанбайға күтә аўыр түсти. Үлкен ҳаялы Улбосынға исениў жүдә қыйын. Ол және биреў менен қашырады, я өлтиреди. Азаннан кешке шекем қасынан шықпай бағып отырыў, өзине де аңсат емес, мал-ҳалға қарайтуғын биреў керек. Рузматтың орнын басатуғын хызметкер табыў қыйын болмаған менен исенимли шығыўы гүман. Байдың ойынша, ендиги хызметкер, ол қараны ақ десе - ақ, ал ақты қара десе - қара дейтуғын болыўы тийис. Сол ушын көп ойланып, ондай хызметкерди алыстан емес, өз жақынларынан тапты. Ешекке аўырлық салмайын деп отынды "өзи арқалап ешекке минип келгенинде ақыллысаң" дегенге инанған Рустемнен қолайлысы жоқ. Бай бул ойын Мәўленге қулақ қағыс етип еди, ол сәўселим инисиниң биреўлердиң күнине жарап биймиллет тамақ табатуғынына қуўанды.
- Жумса, дайы, аяма!
Бай Рустемге көп ўазыйпа жүклемеди.
- Бас жумысың Басар менен, - деди ол Рустемди үйине ертип келип. - Басарға сеннен басқа бенде тамақ қуймасын. Үйге өзге биреў жақынласа да босат, егер Гүлзийбаның ишки есиктен өзи түўе, көйлеги көринсе де босат!
Бай хызметкерден алжаспады. Рустем ҳақыйқаттан да усындай жумыс ушын туўылғанын көрсетти. Азаннан кешке ийттиң қасынан бир адым кетпейди. Бай ийт пенен екеўине суп-сулыў ғана гүрке соғып берди, уйқысы келсе ийтти босатып уйқылайды, болмаса, ийттен де сақ, еки көзи үйде. Гүлзийба набада түшкирсе де, ийтти үргизеди. Бул Сержанбайға күтә унады.
- Азаматсаң, Рустем! - деп кетеди ҳәр көргенде.
Деген менен, байға бул әдислердиң бәри жеткиликсиз көринип, сәл қолы саўа тапса, бир қапталындағы төсекте ошаққа қарап жататуғын Гүлзийбаның қарсы алдында отырып алады да, тынбай балта егейди, егеў менен балтаның жүзи ушқынланғанына қуўанып, Гүлзийбаға көз астынан қарап қояды. Егеў сестин жақтырмай Гүлзийба арман қараса да тынбайды. Қоллары талып шаршаған гезде ғана балтаны Гүлзийбаның көзине тутады.
- Мине, ҳаял, қашаман деп ойлама! Әжелиң усы балтадан болады. Егер көзиме шөп салыўды ойласаң, бул балта сени туўрама қылады.
Гүлзийба үндемейди. Бирақ, тириликте өткерген ҳәр бир күни зинданда өткен сыяқлы. Ара-тура қасында Теңел отырып кетеди. Әжапасының түр-түсине, ҳәрекетлерине қарап өзин-өзи өлтирип қоя ма деп ол да қорқып билген бар нәсиятын есине салып кетеди.
- Әжапа, душпаныңды өлимиң менен жеңиў мүмкин емес!
Гүлзийба ақыллы инисине ыразы, бирақ жәрдем ете алмайтуғын дәрежеде жаслығына, ышқы-муҳаббеттиң не екенине өзлигинен түсинип, туўысқан әжапасы ушын бир жол таўып бере алмайтуғынына иши ашыйды.
- Заман бизики еместей.
Теңел үндемейди.
Гүлзийба және өкинишли ернин тислейди.
- Кете бер, қарағым.
- Енди жылама, әжапа.
- Яқшы.
Ол жақыннан бери және бир нәрсени сезе баслады. Ерназар менен соңғы ушырасқанынан ҳәмиледар болып қалған сыяқлы. Бурынғы уўайымларына қоса бойы да аўыр тартып баратыр. Бул оны гә қорқытады, гә қуўантады.
Гейде өз-өзинен жүреги ҳәўлирип Ерназар ҳаққында, оның үй-ишлери ҳаққында билгиси келеди. Базда палкерге жорытқан бир түсин еслеп, Рабийбиниң денсаўлығы ҳаққында билиўди күсейди, бирақ есигин ашатуғын бир де аўыл адамы жоқ. Бай есигин бәршеге қадаған қылып қойыпты.
Оны Улбосын да аямайды. Керисинше, оның бир қапталды ийелеп қазан-табаққа араласпай жатысын қызғанып базда ғыжақ береди:
- Бундай өмирден өлим абзал ғой.
Гүлзийба әўелги күнлери шыннан өлгиси келетуғын еди, енди оған өшесип, отаўға кирип киятырған аяқ сестин еситсе, тикейип отыратуғын әдетти шығарды.
Оның тикейип отырғанын бир рет көзи шалғалы байдың жан ийнине от түсип, енди оны қалайынша жуўасытып, барлық барымына барғызыўды гөзлейди. Ақыры, оған да ой тапты. Суўпы қылыў керек. Қарақум ийшанға қол берсе, ҳәтте, жас кеўли шөгип, сезимлери бирден-ақ қартайыўы итимал.
Ол усы ойына беккем исенип, бир сыйырды аттың жетегине алып, Қарақум ийшанға кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
09. 02


"Түсиниксизлер" романын оқып атырсыз ба?
Poll
  •   Аўа
  •   Яқ
  •   Имканым болмай атыр
59 votes




@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Дуў күлки көтерилди. Үйде кеўилли кейип пайда еткенине ийшан мыйығынан күле көзлерин сүзип, ҳештеңе билмегенсинди де, жүдә жуўаслық пенен ортаға сораў таслады:
- Мен Айдос ҳаққында, оның инилери ҳаққында еситкенмен, усы Алакөз палўан Мыржықтан емес, Айдостан болған деген гәп ырас па?
Сайыпназардың иреңкиндеги шешек дағы қуўаныш кейпи астында қалып, үлкен мурнының шеп қапталындағы мәштей меңи де билинбей, кең таңаўлары ҳаррыйып, ийшанға ырзашылықтан кишкене қулақларын алмагезек услап-услап, жолдасларынан мақуллаў күтти.
- Айдосты инилеринен айырыў қыйын еди, - деди Мамыт.
- Айып болса гүналамассыз, аммо, мениң еситиўиме қарағанда, Айдостың инилери менен аразласыўына себеп ҳәзирги Қумар кемпир болса керек. Жасында пүткил қарақалпақ елиндеги жалғыз сулыў болған дейди. Ел ағасы Айдос сулыўдан бос қалмаған шығар.
Ерназар алакөз туўралы өсек ойлап таба алмай жүргенлерге бул күтә жақсы көзгир болып, мырс-мырс күлисти. Мамыт Ерназар алакөзди қанша жек көриўине қарамастан руў намысы қысып маңлайынан тер шықты.
- Ийшанымыз, - деди ол ақыры шыдамай. - Сиз айтқанға тәкаббил гәп бурын-әм болған. Әттең, ондай емес. Айдос баба иниси өлгеннен кейин келинин алыўдан-әм ўаз кешти, инимниң төсегине кирип, келиниме оны умыттырыўға ҳаққым жоқ, деди.
- Уллы ийшаным, Мамыттың қолдаўлы екенин билсеңиз керек, - деди Сайыпназар. - Сол ушын қолдаўлыларға дақ түсиргиси келмей атыр, болмаса, бәри сиз айтқанның өзи.
- Ер жаңылысса қолға, қус жаңылысса торға түседи, дейди бундай жағдайда.
- Ийшанымыз, усыннан уллы хан өзгерсе, изи не болар екен?
Ийшан бала Ерназардың еле қәлиплеспеген жаслығына мыйық тартты. Басқалар жүреклерин қоллары менен басып тып-тыныш отыр.
- Бул дүньяда адам адамға меҳман! Шын дүнья - о дүнья! Сол ушын да, алла таала бәршени өлетуғын етип жаратқан. Аммо, ғарры ханның пайманасы толса, орнына улы, я бир туўысқаны хан болады. Алла таала исламды шығарғанда әне усындай туўрылықтың болыўын есапқа алған. Ең баслысы - ханлық мәңгилик.
Бала Ерназардың кеўили жуўапқа қәнәәт таппаса да, қайтып сораў бермеди.
Жақында Хийўа ханның ләшкери Бухараға шабыўыл қылғаны ҳаққында гәп тараған еди, бул жөнинде Фазыл сораў берди.
- Бухара ҳәм Хийўа исламның еки ошағы, - деди Қарақум ийшан өзиниң барлық ҳәдийседен хабарлы екенине гүдик туўдырмай. - Аммо, бирлик ушын ошақ басында да шағылысыў болып турғаны айып емес. Бирақ, усы сапарғы соқлығысыўда және орыслардың ғыжағы бар. Буны түсиндирип отырыў узақ сәббе. Бир ҳайран қаларлығы, сол урыста Ерназар алакөз жүдә үлкен батырлық ислеген.
- Қандай? - деди Сайыпназар қызғанышлы асығып.
- Урыста батырлық - өлимнен қорқпай душпан үстине барыў. Сонда жаў қашады. Алакөз әне сөйтип ханнан ақ алыпты.
- Ханнан ақ пышақ алыў енди оның туқым тебериги ҳүрметте болады деген сөз, енди ол хан салығынан да азат етиледи.
- Фазыл, бийәдеплик етип жорғаламаңыз, - деди ийшан қанша сабырлылық сақласа да шыдамай. - Алакөздиң иши толы жыланның қордасы болса таажип емес, еле ол геллесиз қалған күни исенерсиз.
- Түркменлерден ханға қарсы шыққан Аннамурат дегенди қолға түскен жеринен Алакөз азат етипти деген гәп ырас па? - деди бала Ерназар.
- Айттым ғой, оның иши толы жыланның қордасы. Исениў де керек, исенбеў де керек.
Қарақум ийшанның бир әдети, елден түсип турған ғәрежетти аямастан, үйине келген бийлерди, руў басыларды жүдә сыйлап, базда дараўара, болмаса екеў-үшеў ара қой сойдырып күтетуғын, буларға екеў ара бир қойдың геллеси қойылды. Олар ийшанның ҳүрметине ҳәдден тыс шадланысып, сөйлесик пайытында болған базы гүмилжи ойларды да естен шығарды.
Қайтыўға руқсат алып ҳәмме түргелген гезде, Фазыл геўишлерин аяқларына сыйдыра алмаған болып жолдасларынан изде қалып, әстен сыбырланып налынды:
- Қәдирли ийшаным, маған көпшилик алдында кейимеңиз. Өзиңиз көзқулақ болмасаңыз, жаңағылар мени жеп қояды.
- Әўели өз аўзыңа беккем бол. Орысларға қосылажақ болған Генжемуратты сен айтқаның ушын мениң саған ҳамал әпергенимди айтып, Қарақум ийшан ханнан ҳамал әперди деп мақтанба!
- Тилиме жеги шыққай өйдесем.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
08. 02


Әжағамның шаңарағында

Жақын әжағамның бақлап өмирин,
Көзим қызып мениң ҳәўесим келди.
Қатты сыйлап, жақсы көрип бир- бирин,
Өмир сүрер екен қәстерлеп кеўлин.

Кишемниң әлпайым, жақсы минезин,
Жан жүрегим менен келди жырлағым.
"Қәйним!" десе бийлеп бир жыллы сезим,
Мийрим қуяшынан кеўлим нурланды.

Әзиз әжағамның қас-қабағынан,
Серлер не айтпақшы болғанын дәрҳал.
Отаўға ийилип түскен ўағынан,
Унаттық кишемниң минезин мақпал.

Пайызлы шаңарақ, меҳри қостардың,
Жигиттиң әрманлап күткен ығбалы.
Ерли-зайып тары болып дуўтардың,
Татар бул өмирдиң сыйлаған палын.

Әжағам, кишемниң иргесинде мен,
Сезиндим муҳаббаттың қүдиретин.
Жубайдың бир-бирин қәдирлеўинен,
Тырнағы қаланар қут-берекеттиң.

"Ер адам дүз аңы". Өмир нызамы,
Үйди гүллендириў ҳаялға пайлы.
Көрки, ақылы, ийбе, интизамы,
Жолдас болған ер жигитке унайды.

"Пирим!" деп кишемниң сыйлағанынан,
Әжағамның кеўлин шадлық кернеди.
Шын бахыт ҳаққында ойлағанымда,
Бул еки жан көз алдыма келеди!

7-февраль, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Бир рәўиятта, егер адамның мийи болмаса сүйеги бес жүз жыл жасаў қәбилетине ийе депти. Әне, сол мийге көп зор берип өз өмиримизди өзимиз қысқартамыз-дә!
Ийшанның бул рәўияты оның көп айтатуғын диний рәўиятларына қарсы шыққаны ушын емес, адамның бес жүз жыллық өмир сүре алатуғыны еситилмеген жаңалық болып ҳәммесиниң аўызлары ашылды.
Еки көзи дизесинде болған менен кирпиклери арасынан айналасындағылардың көзлери, жүзлери қайсы тәрепке қарағанын көретуғын ийшан мойнын көтерип, сораў берген Сайыпназарға емес, бала Ерназарға аталық көз бенен жымыйды.
Қудадан бийҳүжим ис жоқ, сол ушын көп ойланып, бир басқа мың түрли ғалма-ғал сала бермеў керек.
- Уллы ийшаным, хан сарайы ҳаққында ҳаққаный гәпти қәйткенде билиўге болады? Мәселен, Хийўаға келген орыс елшиси әлле қайдағы Персия елшисиниң сөзин сөйлеп, солардан түскен бенделерди азат қылыўды талап еткенбиш.
- Уллы ийшаным, - деп Мәдирейим гәп қосты. - Бир "аға бий"де Ерназар алакөз "кисиге айтатуғын арзысы жоқ күшли адам ғана әззилердиң атынан сөйлей алады", дегенди айтқан еди.
- Қызық жигитлерсиз, аммо, амыйсызлар, сол ушын бахытлысыз! Алла таала сиздей амыйлар тәрепинде. Аммо сораўларыңыз қыйлы-қыйлы болған менен жуўабы биреў. Қарақалпақларда мынандай нақыл бар: "Әжелине асыққан ғарға бүркит пенен ойнайды". Билсеңиз, Алакөз палўан әжелине асыққан ғарға. Ал, енди хан сарайын тәрийиплейин бе? Хан сарайы сырттан ҳәм қызық, ҳәм қорқынышлы. Дурыс, пәмлегенге сыртын қуяш емес, алтын перде жақтыртып турыпты. Сол ушын көз қамастырып, өзине тартады ҳәм күшли айбат береди. Алакөз палўан әне соған елигип жүрипти. Ал, енди орыс елшиси не ушын Персияның сөзин сөйлеп атырғанынана жуўап: тислеўге ҳалы келмейтуғын ҳәлсиз көпек, аўылға даўрық салып үретуғынын еслегениңиз кифоя.
- Уллы ийшаным, Ерназар алакөз бир гәпинде "мен орыс Грушин менен ушырасып, булт арасынан шығып киятырған қуяш көргендей болдым" деди.
- Мамыт бий, сен бир қыйсық айнасаң! - деди Сайыпназар оны жақтырмай.
Ийшан қәддин өзгертпей тәспи санаған бармағын бирден иркип, басын кесесине шайқады.
- Мамыт бий, ақыллысыз, аммо қуяш батып изинен түн келетуғынын неге билмейсиз?
- Қәдирли ийшанымыз, - деди бала Ерназар. - Және орыслар жөнинде. Сизиңше, орыслардың ўәдеси аспандағы ғазды атып асып беремен дегендей гәп, аспандағы ғаздан қолда бар шымшық артық демекшисиз ғой-ә?
Ийшан бирден ашыўланып, қызғыш жүзи талақтай болып кетти де, және өз қәлпине түсти. Еки көзин ийшаннан алмай отырған бала Ерназар оның кейиплерин сезсе де, жаслық өр көкиреги пәсине қайта қоймады.
- Қәдирли ийшанымыз, - деди ол және. - Өткен урыста сизиң кеңесиңиз бенен инглислердиң Гераттағы әскербасысына барған хан мәҳреми бос келгенбиш. Журт инглислер орыслардан қорққан десип жүр. Биз медреседе оқып жүргенимизде де Хийўа ханы уллы орыс патшасынан бәрҳа айбынып жасайды деген-әм гәп көтерилип еди.
Ийшанның ағаш сүўреттей бир қәлипте отыратуғын кейпи өзгергенине бала Ерназардан басқалар ҳаўлығайын деди.
- Тилиң өткир көринеди, аммо, тил ҳеш қашан қылышты аўмастыра алмайды. Ал, инглислер болса, дүньяда тек парахат өмир қурыў тәрепдары. Сол ушын урысқа араласпады. Еле инглислер келеди, бәршеге төре болып, аға болып келеди. Ҳәзир Персия елшиси менен жүрген инглис елшисиниң даўға араласпағаны және парахатшылықты қоллағаны, ал Персияның даўын қозғаған орыслар және урыс болсын дегени. Оның үстине, әззилер тилине тикенек байлап, күшли көриниўге урынатуғынын умытпаўы лазым.
Ҳәмме тым-тырыс болды да қалды. Бала Ерназарда ийшанның гәпине исеништиң отынан кишкене ушқын пайда болды. Ийшан пайыттан пайдаланып әңгимениң бағытын өзгертти:
- Ҳүрметли меҳманларым. Алакөз палўанның бала-шағасы саў-саламат па?
- Ол үйдиң тығыны кемпири, - деди Мамыт. - Әттең, ушырасқан киси ол ишинен жылап, я күлип турғанын уқпайды.
- Кемпири дегенге есиме түседи-аў, - деп ийшан күлимледи. - Алакөз палўан сықыллы бир жигит жесир анасына "мениң әкем қандай адам еди?" деген екен, анасы "балам, сол жылы оғыры аласапыран жыл еди, еслей алмай қалдым" депти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
07. 02




Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Айтқанларыңа түсиндим. Қасым исимли жийениңди маған жибер. Қулағы кесилгенине қарамай, сениң өзиңдей ақыллы, шаққан, түсимпаз тилине беккем жигит болса қәддин тиклеттирип, бир гүзардың патшасы етемен.
- Сөйтсеңиз ол садық қулыңыз болады, мен де басқаларға қарыздар болыўды жақтырмайман.
Есиктиң бир жағынан пышықтай жылысып Сержанбай кирди. Екинши жағынан пышықтай жылысып Фазыл шықты.
Бай Хийўада Рузматты өлтирген соң, көп пул сарплап Гүлзийбаны тири алып қайтқан еди. Оның барлық ислеринен әлле қашан-ақ хабардар болып үлгерген ийшан жымыйып күлип дегишти:
- Ҳа, ақыллы Сержан бай, тәндармысаң? Гүрес қалай? Сен жығып турмысаң я киши ҳаялың жыға ма?
Қарақум ийшанға сәлем бериўде ҳәммеден кеш қалғанына қорқа-қорқа киятырған бай кеўлин басып, белдей сақалын қайта-қайта сыйпалап күлип жуўап қайтарды.
- Тақсыр, жастың аты жас-тә.
Ийшанның еки қолы дизесинде, мырс-мырс күлди де, бирден тоқтады.
- Екеўиңиз де суўпылыққа қол бериңлер.
Суўпылықтың баслы шәртлеринен бири, бул дүньяның көп жетпесинликлерине қәнәәтшилик көз бенен қараў, ерли-зайып арасында нәпсини жүўенлеў. Соңғысы ушын келген ғарры байдың териси жайылып, орнынан түргелип отырды.
- Тақсыр, кеўлимдегини тапқаныңыз ушын геўишиңизди қолым менен емес, тисим менен көтерип жүриўге қайылман.
Жән-жағына ҳәккедей қаранатуғын ийшанның бир көзи бәрҳа сыртта болатуғын еди. Суўпысының бирине хабарласып атырған Сайыпназарды, Бала Ерназарды, Мәдирейимди ҳәм оларға қосылып үлгерген Фазылды ший есиктиң арасынан танып, не ушын киятырғанлықларын ҳәм қайсысында қандай минез барын, ким-кимге қандай көзқараста екенин есине келтириў менен тып-тыныш болып қалды. Өз ойы менен бәнт бай шийден тысқа сер салмай, ийшанның ойлы қас-қабағын бағып, жүдә ағла кеңес айтыўын күтип жым-жырт отырыпты. Ақыры, диңкеси қурып тилге келди.
- Ийшаным, суўпылықтың әўелги белгиси болсын деп есигиңизге бир сыйыр әкелип байладым.
- Алладан қайтсын. Қуда қәлесе, жас ҳаялыңның нәпсисин тыйып беремен. Шынын айтқан жақсы. Үйиңе тезирек жет.
- Неге ийшаным?
- Ери қасынан шығып көрмеген жас ҳаял бир күн аўлақта қалса, еркек күсейди.
Сержанбай бир демде шыдай алмады.
Ийшан узын шапанын бүркенип, оның менен қосыла далаға шықты.
Иште адам болғаны ушын соңғы келгенлерди иркип турған суўпы бопсыды:
- Ҳооо, бахтыңыз бар екен, сизлерге уллы ийшанның дийдары несийб етти.
Ийшан оны еситпегенсиди:
- Бул әдиўли адамлар неге ишкерилемейди?
Сайыпназар ийшанға бурынғы келгенлеринде унап, оннан "дилўар екенсиз" деген бир мақтаўын еситкен еди. Соған кеўли өскенликтен тартынбай сөз баслады:
- Уллы ийшанымыз, сизге мәсләҳәтлесиў нийетимиз бар еди.
- Меҳманханаға кириңлер, - деди ийшан ҳәм алысырақта атын жетелеп киятырған Мамытты көзи шалып, суўпысына ым менен "оны да буларға қосып отырғыз" деген белги берди де, отаўына қайта сүңгип кетти.
Ийшан оларды узақ күттирип, әбден шаршап көзлери төрт болыўға қараған гезде, тәсписин қолына алып үстине кирди.
- Сәламатсызлар ма, әдиўли азаматлар?
- Қәдирли ийшаным, биз исламның күшиклери, сизге күнине неше рет сәлем бериўге келсек аз, - деди Сайыпназар. - Бул сапары қәдемлеримизге себепкер мынаў жигит, - деп бала Ерназарға мойнын бурды. Ол үстиңги ерни менен үпилдирик ата сақалын қымып, жүдә әлпайымлық пенен қолын көксине қойды:
- Бийўақ келсек, әпиў етесиз, ийшаным.
Ийшан ҳәр қашанғы әдетин қылып саққа жүгинген ҳалында, еки дизесиниң үстине қолларын қойып тәспи санаған бармақларынан көз алмады.
- Қәдирли, ийшаным! - деди және Сайыпназар. - Көкиреги орыс патшалығын аңсап, өзи Хийўа ханының нөкери болып жүрген Алакөздиң ислерине баҳаңыз қалай?
Ийшан, Хийўа ханын мақтаўшылардың бири болыўына қарамастан, базылардың ашықтан-ашық ханлыққа қарсылығын сезип, өз әңгимеси исенимли шығыўы ушын ханның натуўрылықларын да айтатуғын еди. Басын көтермей бираз отырғаннан кейин, сәллеси селк-селк етип әстен ғана күлди. Оның әңгимеге ғана емес, ҳәр сөйлегенде ҳәр қыйлы көринис бериў ушын өз денесин басқарыўға уста екенин ҳеш ким де аңғармады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
06. 02




Ортақ арзыўларды түйип кеўилге,
Кетейик таңлаған нурлы мәнзилге,
Өмирим садаға сендей бир гүлге,
Жәмийлам бол, Дәниярың болайын!

@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлеў
Роман
Ҳештеңе еслемейди, өзи менен өзи, тек гүбирленеди... сөйленеди.
"... Егер мен хан болсам, бундай ашықлар жасасын дер едим... Қызық, мен хан болсам... Қәйтип? Қалайынша?..."
Қыялы әлўан-әлўан дөнип және түрли-түрли тәреплерге ой жиберди. Палўанлық қылған пайытларын, аты әпсана Маман бий ҳәм Айдос баба ҳаққында қарама-қарсы қыйлы-қыйлы әпсаналар менен әңгимелерди, көп адамлардан еситкен дүнья хабарларын, Грушинди, Хийўа ханлығына сүтин болып турған адамларды есине түсирди. Дүньядағы бәрше елатлықлар озық ойлы, өз ара бирликли, өз тәғдирин өзлери шешетуғын болып көз алдына келди. Тек оның халқы ғана журттың шаңғытын жутып артта қалған секилли. "Буған бас себеп елдиң билимли данасы, өзинен ханы жоқ. Қудай жоқ деген жерде отырсаң да, ағасы жоқ жәмәәтте отырма". Бабалар усылай ўәсият қалдырса да, неге өзлери ҳештеңе қыла алмаған? Ҳа, Ерназар, сениң пәмиң неге алысады? Көрип жүргениң жоқ па, хан сарайындағылар-әм бир-бирине қарсы, бирақ көз көрмейтуғын бир сабақ пенен өз ара байлаўлы. Шамасы, бул жақты дүньяның өзи кирлеп турса керек. Адамлар ақыл орнына сумлықты ат қылып минип жүр. Әне, Ерназар алакөз, усыны уқ, усыны! Кисини айыплаў, сыртынан сайып мин тағыў аңсат, әўели өзиңди баҳала. Тек қара басыңды қорғап нөкерликте жүрипсең, елиң ағасыз, жас ашықлар жазықсыз өлип атыр..."
Оның жүреги суўыңқырап өзине келди.
Аўзын сыпыражақ болып қалтасына қол суқты. Гүлзийбаның орамалы шықты. Оған үңилип бираз турды да, қайтып пайдаланбай-ақ, майдалап жыртты да, ошаққа тығып жиберди.
Шаўқымласыўы менен нөкерлер келип қалды...
15.
Түркий ахун ийшан атағы менен қарақалпақлар арасына көшип келип, Қарақумның етегине келип арбасын тоқтатқан жерди Хийўа ханы оның ўақым жерине айландырды.
Ол әўелги күнлери, есигине әри паңқылдақ, әри өзгелерге сөзи өтимлирек биреўлер келсе, я көзлерине тикке қарап, я сәлемлескен қолын жаздырмай қысып турып, бурын дийўана болып жүрип билгени бойынша, оның кимлигин, ҳал-жағдайы қандайлығын айтыўын бираз күнге шекем тоқтатпады.
Жергиликли халық арасынан батылырақ биреўлери оның атын, миллетин билиўге қызықсынса, ашыўланбай, кишипейиллик пенен жуўап береди.
- Атым Қутлы хожа, лекин Қарақум етегинде жасағаным ушын Қарақум ийшан десеңиз қайылман, миллетим, әлбетте, қарақалпақ болады.
Бул биразларға жақты.
Оның тәсиллери саҳрайы халық арасында даңқын асырған үстине асырып, мийзанда бир шыбынның мыңға айналғаны киби көзи ашықлығы, пайғамберлиги жөнинде көп-көп әңгимелер дөреди, әпсаналар тарқады. Ким айтса да бәри оның пайдасына, даңқының артыўына себепкер гәп айтты. Арадан көп ўақыт өтпей-ақ ол қонысласқан мәкан қарақалпақлардың бир зыярат орнына айналып, аўыллар шығарыспа қылып оған қос отаў тиктирип берди. Суўпылыққа қол бериўшилер де көбейди. Бундай даңқлы адамды өз елатымда көриўди әрман етип жүргени ушын ба, қоқтасынлылар пийшемби, жума сайын оның отаўы айналасындағы қум арасында-ақ бәзим қурып кететуғын әдетти шығарды. Базда оларға ийшанның өзи қосыла қойса, жәмәәтке қатнасқанлар өзлерин мисли Меккеге зыярат еткеннен кем сезбейди. Оның менен отырысыўға имканияты жоқлардың биразы есигине бир арқа отын апарып таслап пәтиясын алыўға урынады.
Иранлы палўанды жығып Хийўа ханлығына бир рет даңқ әперген Ерназар жөниндеги көтериңки гәплер-әм ийшан жөнинде тоқылған әңгимелердиң астына көмилиўге қарады.
Ийшан абырайын қанша өсирген сайын адамларға онша көринбейтуғын, көп сөйлемейтуғын дәрежеге өтти. Бул оның даңқын және бир текше бийикке көтерип, адамлар оған көбирек ынтығатуғын болды.
... Ол бүгин де келиўшилерге көринбеў нийетинде еди, таң намазын жәмәәт болып оқыўдың сылтаўы менен келген Фазылбий, ҳәмме тарқағанда бөлинбей изине ерди. Ийшан оның жасырын сыр айтажақлығын билип, еки суўпысын далаға жумсады. Бул оларға "есикти қараўылла" дегени.
Мине, күн сәскеликке тирелди. Фазыл ийшан менен еле отыр.
- Әне, солай Фазылжан, ҳәр ағаш өскен жериники. Инсан мисли ағаш, - деп ийшан ший есик сыртынан суўпыларына хабарласып атырған биреўди көрди де, гәпти туўарыўға мейилленди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
05. 02




@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ерназардың Рузматтан қызды қызғаныш сезими аяныш сезимине аўысты.
- Тоқтаңлар!
Оның ири даўысы еки "айыпкерден" басқаларды селк еттирди.
- Ерназар сен, Рузматқа ара түспе, - деди Мәўлен сары. - Киси намысына тийгени ушын өлсин. Ондай сырғыялардан туқым қалмаўы керек.
Сержанбайға жан енип жәлладтан қанжарды алды да:
- Ерназар, қаным қызып турғанда кет ары, - деди. - Аппақ дузымды ишип, есигимде келе болған мынаў нәлетий ақмақты аямай шаламан.
Қыз бенен жигит бир-бириниң сөзин еситпеўи ушын қулақларына пахта тығылып қойылған еди. Ерназардың даўысын ҳеш қайсысы еситпеди. Бир гезде оны қыздың көзи шалып:
- Ерназар аға, сиз-әм келдиңиз бе? - деди сыңсып. - Рахмет. Билемен, хан пәрманы алдында сиз-әм әззисиз. Рузмат сизди күтә жақсы көретуғын еди. Қулағы еситпей атыр, алдына шығып, бир көриниңиз. Излеп келгениңиз ушын сизге, сиз арқалы пүткил қарақалпақ елине ырза болсын. Оннан соңғы өтинишим: Рузматқа көрсетип мени алды менен шалсын, усыған қәтере қылыңыз. Мынаў бай базда қулағымның пахтасын алып әлле нәрселерди сыбырлап турыпты. Керек емес, мен тири қалмайман. Сизден ең соңғы өтинишим, пәк кеўилли жигиттиң өлгенин маған көрсетпең.
Ерназар Рузматтың жүзине үңилди. Еки бетиниң алмасы қалқып, көзлери жумыла баслаған екен. Ерназарды әлленемирде танып, қуўанышлы бақырып жиберди:
- Ҳа, Ерназар ағ-а!!
Ерназар оның үстиңги қулағының пахтасын суўырып алып таслады.
- Ерназар аға, енди ырзаман, - деди ол демин бөлиңкиреп. - Қарақалпақтың Гүлзийба атлы мәрт, пәк, сулыў қызын сүйгениме ырзаман. Билемен, Хорезм шуқырында хан пәрманын бузатуғын күш жоқ. Сизден жалғыз өтинишим, мени сүйгенимнен бурын шалыўға қәтере қылыңыз. Жигитсиз, жигит намысын түсинесиз, мен сүйген қызым алдында жигит өлими менен өлейин, усыған себепкер болыңыз, аға.
Ерназар шыдамай жигиттиң аяқ-қолын жаздырыўға мейилленип атыр еди, бес жәллад бирден оны ғабур-ғубур басты да, қолларын артына қайырып байлап таслады. Бас жәллад Мәўленге "болың" деген ым қақты. Ол бара Сержанбайды жулқылады.
- Ғарры өгиз! Алдыңда некели ҳаялың менен қандарың жатыр: Неге дәрпенбейсең? Өзиңди шалып ғана жиберейин бе-со. Иркилме, шал! Әлем таңлансын! Шал! Заманның, ханның әдиллигин журт еситсин, шал!
- Қәне, молла, булардың ийманын айт, - деп Сержанбай пышағын жамбасына қайрап-қайрап Рузматтың үстинги қулағын гөне геўишиниң кирли ултанына басып, бир қолы менен ийегин көтерди, Рузмат ең соңғы күшин жыйнап ырзаласты.
- Гүлзийба, гүлим, ашығым. Пәк ышқым ырзааа...
Бай пышағының қанын сорғалатыўы менен қыздың бас ушына келип, бир қолын жерге таяна жыламсырады.
- Гүлзийба, оны шалдым, есиңе кел, сен тири қал. - Ол сүйретилип барып молланың аяқларына жығылды. - Хан пәрманын бузғандай раўаят таўып бер. Жас ҳаялымның жаны ушын не сорасаң да аямайман.
* * *
Бес жәллад Ерназарды асаў тайдай туўлатып өлим майданына жаңа алып шыққанда әлле қайдан бас ўәзир тап болып қолларын шештирди де, шығанағынан услап алып кетти.
- Алакөз, сиз биркәлата елдиң ағасы болыўға миясарсыз, бундай қыйқым ислерге араласпаңыз. Өзгениң бахты деп өз бахтыңды ойламаў - жанықаслық. Есте тутыңыз, жанықаслық! Ҳәм дозақыйлық! Бийшара жигитте өзбек қаны болса да, аямадық. Хорезмде бүйтип неке бузыўшылар болмаўы керек. Сиз өз елиңиздиң тәғдирине тийисли үлкен мәселелерден пәске түспеңиз. Есиңизде ме, елиме билимли, ақыллы адамлар керек дедиңиз. Соны есапқа алып ең саўатлы ахунды елиңизге баспүкил жибердик. Көп орыс бенделерин азат еттик. Ҳәзир орыс патшалығынан келген елши менен жақсы-жақсы сөйлесиклер-әм жүргизилип атыр.
Ерназар бас ўәзирдиң не ушын бүйтип сөйлеп киятырғанына мәни бермей, тап жаңа ғана көз алдында жүз берген өлим жөнинде ойлап, кеўил сарайы дал-дал еди. Аяқлары шалысыңқырап гүбирленди.
- Бизлер қашан өз айыпкерлеримизди өз халқымыздың талабы бойынша жазалар екенбиз.
Бас ўәзир оны өзинен ийтерип:
- Абайлаң, бул жер қарақалпақтың кең даласы емес, - деди де, бурылып кетти.
Ерназардың жүреги лоқсып, тула бедени лаплап жаныў менен ҳәр жерде бир сүрнигип, нөкерханаға келди де жығылды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 02


@BaxitliSaribaev


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ерназар ишинен қыял етти: "Пүткиллей басқа жақтағы Персияның сөзин сөйлеп атырған уллы орыс елшиси аз санлы қарақалпақларды қыспай өз алдына ханлық бериў керек" деп айтыўы да итимал ғой... Оған жолығыў имканиятын тапсам ели.
- Ерназар, сиз күтә көп нәрсени сезип билесиз, сизге бир күн азатлық бериўдеги мақсетим былай: ҳеш жасыратуғыны жоқ, пүткил хан сарайына аян бир нәрсе сиз орысжанлы жигитсиз. Анаңыз Сизди орыс бесигине салған. Сол ушын, сизди орыс елшисине жолығып қалсын деп атырман.
Ерназар оннан және қәўипсинип, бетине тигилип еди, әскербасы елестирмей айтажақ мақсетин туўрылады.
- Сарайға кирип жүрип, бас ўәзирге дуўшарласып қаларсыз, әлбетте. Сонда оған "Бас әскербасы Махмудниязды тыңламай, Бухараға шабыўылды жорта иркип атыр, соны айтыўға келдим", дейсиз.
- Көрсем, әлбетте, солай деймен.
- Мени өзиңизге, елиңизге дос деп түсине бериңиз. Және бир ис - егер сизиң Хийўада досларыңыз болса тартынбай айтыңыз, қоллап-қуўатлап, ең болмаса, сарайдағы майда-шүйде ислерге орналастырыў қолымнан келеди. Айтпақшы, баяғыда Грушинге ерип, ол зинданға түскенде азат етпекши болғанлардан Әбдирахман дегени тири кетип еди. Гезлессең, айт мениң сөзимди сөйлейтуғын болса, аман қалдыраман.
Ерназарға Зарлықтың "зиндан қараўыллары менен-әм ҳәмдамлық керек" дегени есине түсип, "Әбдирахманды зиндан қараўыллығына алыңыз" дегиси келип турды да, ҳәзирше Махмудниязға исенбегенди мақул көрди.
Ертеңине, ол таң намазы пайытында, бас моллаға еситтирип ыңқылдап, ҳалқасланбай орнына барды да, Гүлзийба берген орамал менен бетин сыпырып жатты. Орамалға анықлап үңилсе, нағыс деп жүргени "палўаным" деген сөз. Араб ҳәриплерин оқыўды жорта қыйынластырып тигипти. "Ўа, саўаты бар қыз екен ғой" деп орамалға узақ үңилип жатты да, сырт тым-тырыс болған гезде ғана далаға шықты. Нөкерлер жататуғын жай хан сарайына жақын еди, туўры дәрўазасына қарай бет алды.
Ығбалына, дәрўазаманлар бийтаныс шығып, оны дәрўазаға жолатпады.
Қайтысын жән-жағынан көзге көрингисиз бир нәрсе қысып турғандай сезилди. "Нәлетий, бул қаланың өзи зиндан секилли ме қалай? Ямаса әлемниң өзи зинданға айланып кетти ме? Бул жүрисим менен зинданда жатқанымның арасында парық шамалы. Бетимди қағып ескен самалдың өзи әдилликтиң отын наҳақлық пенен жуўып былғастырып турыпты".
Жайына қайтып келип қараўылларға бергендей пулды үйинен гизнеңкиреп шықпағанына пушайманы артып, еки қолы менен басын қысып отыр еди, нөкерхананың қараўылы кирди:
- Ерназар алакөз ким? Сыртта бир киси сорайды.
Оның бүгин қалғанын усы қараўыл менен сарай дәрўазаманларынан басқа ҳеш ким билмейтуғын еди, ҳайран болып изинен жүрди.
Есик алдында күтип турған Мәўлен сарыны танып, оның ентигиўинен, албырақлап, асығып келгенин сезип ҳаўлықты:
- Аманлық па?
- Қарақалпақ баласы аманлықта Хийўаға келе ме?
- Сөйле тез!
- Масқарашылық. Пүткил елге масқарашылық. Сержанбай Гүлзийбаны алып той баслап атыр еди, есигиндеги дийқаны қызды алып қашып кетипти.
Ерназарда қызды жас жигиттен қызғаныш сезими қозып ети түршикти.
- Рузмат па?
- Аты өшсин оның.
- Соннан?
- Хийўаға кирип киятырған жеринде услап алып едик. "Бизлер әлле қашан ерли-зайыппыз, некелескенбиз" деп бир-биринен жаздырылыспады. Елге баз-баяғы қайтпайды. Найлаж, бас ўәзирдиң даргаҳына сүйреп апарып, екеўине теңнен өлим жазасын сорап алдық. Егер қыз Рузматтан бездим десе аман қалыўына шараят бар екен.
- Бас ўәзир өлимге буйыра алмайды ғой.
- Бас ўәзир ханнан пәрман әперди.
Ерназар бирден қәҳәрленди.
- Тез сөйле, өлтирилди ме?
- Жәрдемиң керек. Саған мени Сержанбай жиберди. Қалай болмасын қызды аман алып қалыў керек. Қыз өлсе, сорлы байдың көп дүньясы самалға ушады. Қартайғанда дым ғана аянышлы.
- Түс алдыма.
Олар нағыз ҳәсиреттиң үстине келди. Қыз бенен жигиттиң аяқ-қоллары байланып, бетлери қублаға қаратылып қырынына жатқарылыпты. Сержанбайдың көзлеринен жас сорғалап, Гүлзийбаның бас ушында отыр. Бир жәллад Рузматтың басына табанын қойып, Сержанбайға қанжар усынып тур.
- Мине, хан пәрманына бинаан қандарыңды өзиң шал!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 02


Сен дуўтар шерткенде мен қосық айтсам

("Дослық көпири" каналындағы күн темасына арналып жазылған қосық)

Сен дуўтар шерткенде мен қосық айтсам,
Саз арқалы жақын сырлассақ ақшам,
Ышқы жырларынан толқып екеўмиз,
Санасақ жулдызларды жымыңласқан.

Қүдирети себеп көркем өнердиң,
Жан дүньямыз гөззаллыққа дөнеди,
Оянған ең сулыў, нурлы сезимнен,
Шын муҳаббат қосығымыз дөреди.

Қәдем қойғандайман өмирге жаңа,
Ҳеш те таўсылмаса деймен-аў нама,
Ашықлығым ҳаўазымнан сезилер,
Қосық айтып кеўил жаздым бир шама.

Тәжим еттиң бақсылардың жолына,
Сыйқыр бардай дуўтар шерткен қолыңда,
Сезимлер күш бермей миндиң ҳәўижге,
Журт меҳри йош берип тасып-толдың ба?!

Шағлағанбыз биз мысалы қос тардай,
Ашықларды сыйлап қудай қосқандай,
Алғыслады халық қол шаппатласып,
Жарасқанбыз жүзикке қас қойғандай.

Жанымыз сүйеди қосық ҳәм сазды,
Алламыз усынған бахтымды жаздым,
Ҳақ буйырса, қосық айтылар талай,
Бирге баянлаймыз өмир баязын!

2-февраль, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev

20 last posts shown.