Дәниярың болайын
"Жәмийла" муҳаббатты улуғлайды,
Даңқы шыққан бул шығарма унайды,
Қаҳарманы баўырыма уқсайды,
Ҳақ кеўилли Дәниярың болайын!
Қосық пенен пәк ышқымды баянлап,
Кеўил қусым кеўилиңе уялап,
Өмир бойы сени сүйип, аялап,
От жүрекли Дәниярың болайын.
Саўдыраған кеўилинде жоқ кири,
Жандай сүйип қәстерлеген бир-бирин,
Көпшиликти сүйсиндирген тәғдири,
Сол белгили Дәниярың болайын.
Ортақ арзыўларды түйип кеўилге,
Кетейик таңлаған нурлы мәнзилге,
Өмирим садаға сендей бир гүлге,
Жәмийлам бол, Дәниярың болайын.
Жабықса да сездирместен кисиге,
Бар дәртлерин жута алған ишине,
Наразы болмаған тәғдир исине,
Кишипейил Дәниярың болайын.
Бахытлы болыўға ашық ҳақылы,
Қайта келиў жоқ өмирге ақыры,
Көгертейик бирге ығбал дақылын,
Жаныңдағы Дәниярың болайын.
Туўған жер ҳәм яр ышқысы кийели,
Нағыз ашық жан ишинде сүйеди,
Тилеклердиң шарапаты тийеди,
Сен унатқан Дәниярың болайын!
Ақ қағазға мөрлеп аппақ нийетин,
Сейит салсын бахтымыздың сүўретин,
Қоллағанға жаўсын Алла рахмети,
Кеўил қойған Дәниярың болайын!
"Жәмийла"ны сүйип оқып, сөз еттиң,
Шахзадаңды күткениңди гүзеттим,
Тәғдиримиз даўамласын из бетин,
Өмирдеги Дәниярың болайын!
25-июнь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@
BaxitliSaribaevhttps://t.me/Soz_marjani