ҚУДАЙЫ ҚОНАҚТЫҢ ҚОСЫҒЫ
(Қ. Айназарға)
Жатырқама бизди, гүл жүзли дилбар,
Еле ҳәм дәўраның болғай илайым.
Мени дым шаршатты айланыш жоллар,
Үйиңди аш, бир ақшам мийман болайын!
Сыны кетпес дейди сырлы табақтың,
Қызларға бергисиз бадам қабақлым,
Саўабы көп болар жақсы қонақтың,
Аш деймен, бир ақшам мийман болайын.
Көзлериң көплерди күйдирген шығар,
Ләбиң сүйгениңе сүйдирген шығар,
Талайлар ергенек тайдырған шығар,
Ал мен бир мийзамкеш мийман болайын.
Жат деген жериңде уйқлайың жатып,
Мойным қыйсық питкей билегиң батып,
Уйқыласаң, көзиңнен сүйип оятып,
Мудам хызметиңде турған болайын.
Отырсаң да сән-салтанат көшкиңде,
Жаслық дәўран өтер екен бес күнде,
Бүйтип жалынбаған едим ҳеш кимге,
Үйиңди аш, бир кеше мийман болайын,
Қәдди бойларыңа қурбан болайын!
Ибрайым ЮСУПОВ
Декабрь, 1991-жыл.
https://t.me/ibrayim_yusupov
(Қ. Айназарға)
Жатырқама бизди, гүл жүзли дилбар,
Еле ҳәм дәўраның болғай илайым.
Мени дым шаршатты айланыш жоллар,
Үйиңди аш, бир ақшам мийман болайын!
Сыны кетпес дейди сырлы табақтың,
Қызларға бергисиз бадам қабақлым,
Саўабы көп болар жақсы қонақтың,
Аш деймен, бир ақшам мийман болайын.
Көзлериң көплерди күйдирген шығар,
Ләбиң сүйгениңе сүйдирген шығар,
Талайлар ергенек тайдырған шығар,
Ал мен бир мийзамкеш мийман болайын.
Жат деген жериңде уйқлайың жатып,
Мойным қыйсық питкей билегиң батып,
Уйқыласаң, көзиңнен сүйип оятып,
Мудам хызметиңде турған болайын.
Отырсаң да сән-салтанат көшкиңде,
Жаслық дәўран өтер екен бес күнде,
Бүйтип жалынбаған едим ҳеш кимге,
Үйиңди аш, бир кеше мийман болайын,
Қәдди бойларыңа қурбан болайын!
Ибрайым ЮСУПОВ
Декабрь, 1991-жыл.
https://t.me/ibrayim_yusupov