👉📖 Ерте ертеди, жәмийеттиң әпиўайы адамлары (хызметкерлер) көрискенде қалай аманласқанын билесиз бе? Денсаўлық қалай, деп… Исбилерменлер қалай сорасысқан? Жумыслар (бизнес) қалай, деп… Басшылар, басқарыўшылар бир-бири менен – пуқараларың бахытлы ма, деп сорасады екен. Жәмийеттиң интеллектуаллары, руўхый-диний адамлар «Өлимге мүнәсибетиң қандай? Сен өлимди жеңдиң бе?» деп сорасатуғын болған. Өлим – ең соңғы ҳәм ең әҳмийетли имтихан. Ол келген пайытта адам өзин қалай тутады – өлимнен кейин оның тәғдири усыған байланыслы.