ЖАҚСЫДА ЖАМАНДА..
Керексиз сөзлерди жүргеннен жыйып,
Өзиңди алғаның жақсыдур тыйып.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.
Жүргеннен өзгениң ҳақысын қыйып,
Жақсыдур жүргениң өзиңди тыйып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.
Қатықтай жүргенге не жетсин уйып,
Кеўил шад болсалар тартылар мыйық.
Өзлериң жаманға орын қалдырмай,
Араңызда болса жибериң қуўып.
Биреўдиң ҳақынан жүргенлер жырып,
Көп өтпей кетеди өзлери қурып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда, жаманда жүрипти сыйып.
Ҳәр қандай керексиз жаман жат қылық,
Ислеўши адамды деп айтар суйық.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Урыда, суйықта жүрипти сыйып.
Ансатбай Каражанов
08.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>
Керексиз сөзлерди жүргеннен жыйып,
Өзиңди алғаның жақсыдур тыйып.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.
Жүргеннен өзгениң ҳақысын қыйып,
Жақсыдур жүргениң өзиңди тыйып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.
Қатықтай жүргенге не жетсин уйып,
Кеўил шад болсалар тартылар мыйық.
Өзлериң жаманға орын қалдырмай,
Араңызда болса жибериң қуўып.
Биреўдиң ҳақынан жүргенлер жырып,
Көп өтпей кетеди өзлери қурып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда, жаманда жүрипти сыйып.
Ҳәр қандай керексиз жаман жат қылық,
Ислеўши адамды деп айтар суйық.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Урыда, суйықта жүрипти сыйып.
Ансатбай Каражанов
08.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai href='' rel='nofollow'>