Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.


Channel's geo and language: Kazakhstan, Kazakh
Category: Books


Сөздиң көрки – мақал.
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.
Еслетпе:Каналдан пост(көширме) алсаңыз,силтемеси менен алыўға рухсат!

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Kazakhstan, Kazakh
Category
Books
Statistics
Posts filter


🌙 Күниңиз қандай өткен болса да ертең шырайлы таң ҳәм пайызлы күн күтетуғынлығын  естен шығармаң әзизлерим.!!!

🎆Аллаҳ ҳәр бир бендесине меҳрибан екенлигин естен шығармайық. !!!

Қайырлы түн, шийрин түслер жолдасыңыз болсын!



Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Рәуият
ТҮШКИРГЕН АДАМҒА
"ЯРАКИМУЛЛА" ДЕП АЙТЫЎ

Алла Таала Адам атаның денесин топырақтан жаратады. Адамның басын хайыр-ихсанның топырағынан иследи. Ал мүбәрак жүзлерин бейиштиң топырағынан жасайды. Тислерин гәу‌хардың топырағынан безейди. Оң қолын Каабаның топырағынан, ал шеп қолын қуу‌аныштың қумынан жасады. Тамырындағы ыссы қанын тау‌лардың топырағынан алды. Көзин кәу‌сар булағының ылайынан жаратты. Алла Таала өз шеберлиги менен жансыз мүсинди шырайына көз тоймас жан ийесине айландырғаннан соң, хәр түрли жақсы қәсийетлерди оның денесине орналастырады. Дәслеп ақылды оның басына қондырады. Мүлайымлық, уят минезин жүзине жасырды. Оң қолға хайыр-сақау‌ат, даналық сезимин тилине орнатты. Күш- қуу‌атын арқасы менен белине жайғастырды. Кеу‌лине ийман-әдепти орналастырды. Тилине кәлам-шәхадатты алып келип қойды.
Соннан кейин Алла руу‌хқа:
- Адамның денесине кир! - деп әмир береди. Руу‌х қараса, бир сәу‌ле жоқ қараңғы жай екен. Сонлықтан қорқып, бираз у‌ақыт кирмей турады. Алла Таала үш мәрте: "Кир!" - деп буйырды. Мухаммад пайғамбарымыздың нурын акелип қойды. Барлық периштелерге шырайлы дау‌ыс пенен зикир айтыу‌ды буйырады. Руу‌х сол у‌ақытта Мухаммедтиң нурына мәс болып, зикир дау‌сына таң қалып қорқынышы жоғалып денеге киргенин билмей қалады. Денесине жан киргеннен кейин Адам ата түшкирип жибереди. Руу‌х:
- Әлхамдулилла! Аллаға сансыз мақтау болсын! - деген екен. Сонлықтан адам түшкирсе өзи "Әлхамдулилла" деп айтыу‌ сүннет болды. Мухаммад пайғамбарымыз: "Биреу‌ түшкирсе, қасындағы адам "Яракимулла", яғный "Саған Алланың рехими болсын!" деп айтыу‌ы керек", - деген екен. Қарақалпақларда биреу‌ түшкирсе "Яракимулла" дейтуғыны усыдан қалған екен.



Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Бөлисетуғын болсақ тоқ боламыз, бөлинетуғын болсақ жоқ боламыз.

✍Таптық Эмре р.а.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Ақыллы адам әтираптағыларды көзи менен көреди, хақыйқатты қәлби менен биледи.

⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️

Жалғызлық бәрше уллы ақыл ийелериниң қысмети.

✍ Артур Шопенгауер



Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Инсанлар қуўанышлы болғанында пасылдың қыс ямаса жаз болыўының парқына бармайды.

Негизинде де солай емеспе, пасылдың не әҳмийети бар?

Суўық минез, жаман көз бенен нәзер салса ҳәм адамды өкпелететуғын  бир аўыз сөз инсанның кеўлин музлатыўға жетерли.

Кеўилге жағымлы бир аўыз жыллы сөз инсан жүрегин  жаз етип қуяшы нур шашады!

Бәршемизди жыллы сөз ҳәм шырайлы әдептен маҳрум етпесин!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Дүнья өзи  узын жоллар,
Қоңсы қылар жат пенен,
Бурынлары хабар алған,
Бабаларымыз ат пенен.

⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️⛄️

Айтқан гейбир сөзлерме өкинемен, бирақ сөйлемей өткерген күнлериме өкинбеймен.

         ✍Ҳәким Улықпан.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бурынлары мийманға:
- Ҳәрдайым сиз ушын есигимиз ашық, қашан келесеңиз де тез-тез келип турыңлар, мәрхамат! -, дер едик.

Ҳәзирги күнлерде:
- Келместен алдын айтып қойсаң боладығо! -, деймиз…

Бурынлары:
- Үй сатып алма, қоңсы сатып ал! -, дер едик.

Ҳәзирги күнде:
- Сен маған тийме, мен саған тиймеймен!-, деймиз…

Бурынлары жақынларымызға:
- Ағайинлерим! -, дейтуғын едик…

Ҳәзирги күнде:
- Жақынларымызды биреўге жаманлап атырмыз…

Бурынлары күнде - күнара бас қосып, арамызда жоқларды сорап, -излейтуғын едик....

Ҳәзирги күнлерде садаха-тойларда ғана көриспектемиз...

Бурынлары:
- Мен бүгин қандай жақсылық иследим?! -, деп өзимизди сораўға тутар едик…

Ҳәзирги ўақытлары:
- Ҳеш ким жақсылық ислемей кетти?! - деп басқаларды гәп-сөз етпектемиз.

Бурынлары душпан кимлигин жақсы билер едик...
Ҳәзирги ўақытта болса дос ким екенин билмей қалдық...

Дүнья өзгермеген, негизинде қәлбимиз өзгерген, бәлким…


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Сәҳәрлерде турғанларды асрасын Аллаҳ,
Сапарларда жүргенлерди асрасын Аллаҳ
Әкем деп, анам деп,балам деп, туўысқанларым деп, ырысқы терип жүргенлерди қолласын Аллаҳ!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Қайырлы_таң!
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЙЗЛЕР!

Сизлерге үлкен әўмет, таўдай дәрамат,  дәрьядай қәтержамлық, шаңарағыңызға береке, көзлериңизге нур, кеўлиңизге жақсылық, жүзлериңизге болса ҳәрбир демде шадлық күлкилери жуўырып жүриўин тилеймиз!

Қайырлы таң, жүреги пәкизе, кеўли нурлы, ҳәрбир иске белсене кирисетуғын, мен бәрин де жеңемен деп, соған бел байлаған жақсы инсанларым!
Бүгинги сәнеде туўылған бирадарларымызды шын жүрегимизден қутлықлаймыз.
Бүгинги дүйшемби күниңиз кеўилли ҳәм мазмунлы өтсин!


Жедди айының 30-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қайырлы түн қәдирданлар.
Күн даўамында биз бенен пикир алысып отырған инсанлардан миннетдармыз.
Бүгинги күниңиз мазмунлы өтти деген үмиттемиз.
Бәршеңиздиң шаңарағыңызға саў саламатлық , түниңиздиң тынышлығын тилеймиз.

Түн уйықлатсын, айдай жамалы менен
Таң оятсын, гүзги самалы менен.
Енди уйықлаң Алла қалеўи менен,
Ерте ояның, Алла сәлеми менен.

Ерте таңда дийдар несип көрискенше аман болыңлар.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Ҳәдис

Араларыңызда ким күшли екенин айтайын ба? Ол ашыў-ғәзеби келгенде өзин тута алатуғыныңыз.

Ислеп болып кейин кеширим сорайтуғын истен сақланыңлар.

Көшеге шығып отырыўдан сақланыңлар! Егер көшеде отырсаңлар көшениң ҳаққын өтеңлер! Яғный көзлериңизди ҳәр кимге тиге бермей, биреўлерге зиян берместен, сәлем берсе әлик алып жақсы ислерге сәт тилеп, жаман ислерден қайтарыў ушын инсап тилеп отырыңлар!

Гүманнан сақланыңлар! Себеби ол жалған гәптен ибаратдур. Бир-бириңизди тексерип жансыздың талабын қылмаң. Мал-дүнья жыйнаў жарысына түсегөрмеңлер! Араңызда қызғаншақлық, әдаўат ҳәм аразласыў болмасын. Алла Тааланың сүйген бенделери болыңлар. Биреў саўшы болған жерге, олар өз-ара келискенге ямаса тәрк еткенге шекем қудалыққа саўшы жибермеңлер.

Саўда-сатықта көп ант ишиўден сақланыңлар. Антхорлық дәслеп байлығыңды көбейтип, соңынан жоқ етеди.

Мухаммад с.а.у.
#дерек_Ибратлы_сөзлер_каналынан

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Үлкен жаста жетискенликке ериспеген адам, мектеп дәўириндеги табыслары менен мақтанады.

✍Фёдор Фёдорович Селиванов


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Өмир ме ол биз пушайман жемесек,
Бизлер еле баладаймыз ересек.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Мәртликке үйрен болсаң да жарлы,
Шексеңиз де балам, кемтарлық зарды,
Сөз келгенде тартынбағыл душпаннан,
Қолыңнан жиберме, намысты арды.

✍Ақымбет бақсы


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 


#Қайырлы_таң
     
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!!!

Бүгинги атқан Екшемби дем алыс таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге қуўаныш, жүзиңизге күлки, нур, жүрегиңизге толы меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин!

☘Сизлерге бахыт тилеймен, себеби бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.

☘Сизге саламатлық тилеймен, себеби ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.

☘Сизге әўмет тилеймен, себеби ол ҳәр бир қәдемиңизде керек болады.

  ☘Сизге ҳақыйқый муҳаббат тилеймен, өйткени, меҳир ҳәм муҳаббат бәрқулла өзи менен бирге шадлық алып келеди.

   Ассалаўма әлейкум,әзийзлерим!

Жаңа күн қутлы мубарек болсын! Ислериңизге сәт,үйлериңизге аманлық,өзлериңизге саў-саламатлық тилеймиз!
Алла бүгинги күнимизди жақсылықларға толы етип,берекети менен бергей!

БҮГИНГИ КҮНИҢИЗ ЖАҚСЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР ҒА ТОЛЫ БОЛСЫН ӘЗИЗЛЕРИМ!


Жедди айының 29-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal 


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қуяш та жол алды жатақ жай таман,
Жулдыз сәўлесине толғанда аспан,
Заманымыз түнге бергенде сәлем,
Биз сизге тилеймиз, қайырлы ақшам

☀️Бүгинги күниңизди биз бенен бирге өткергениңиз ушын миннетдармыз. Алдыңызға мақсет етип қойған режелериңиз орынлансын. Шаңарағыңызға шадлық, табысыңызға берекет, өзиңизге беккем денсаýлық тилеп қаламыз.
Жайлы жатып, жақсы турыңлар!


🌙 ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАН ЕЛИМНИҢ ҚӘДИРЛИ МЕҲРИ ДӘРЬЯ БАХЫТЛЫ ИНСАНЛАРЫ!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


ТУРМЫСТЫҢ 10 АЛТЫН ҚАҒЫЙДАСЫ

1. Қоңыраў етиўге ўәде бердиң бе, әлбетте қоңыраў ет!

2. Кешигип атырсаң ба? Бул ҳаққында ескертиўди умытпа.

3. Басқалардың арзыў-әрманлары үстинен күлме!

4. Қыянеткер дослардың қасына қайтпа!

5. Мудамы ҳәр бир исиңде ата-анаңның дуўасын ал. Негизинде олар сениң ең жақын досларың.

6. Шийрин сөз бол! Исенебер, шийринсөзлик басқаларға қарағанда өзиңе көп пайда келтиреди.

7. Өзиңниң қәтелериңди тән алыўды үйрен, бул сениң өсиўиң ушын жол ашады.

8. Басқалардың үстинен шағым етиўди тәрк ет. Бул ис сени пәслер арасына киргизип қояды.

9. Ҳәттеки ең шынтлы келиспеўшилик болған тәғдирде де, қарсыласыңның өзиң билген нәзик тәреплерине соққы берме. Бул ис оның менен жүз көриспеўшиликке алып барады.

10. Удайына рас сөйле! Егер қай бир жерде рас сөйлеўдиң илажы болмаса, онда өтирик сөйлемеўдиң жолын
изле.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


КҮН ҲИКМЕТИ

Мыш-мышты жаўыз адам ойлап табады. Ақмақ оны тарқатады. Ақылсыз, надан оны тастыйқлайды. Сен мине усы үш топардан болмаўлыққа ҳәрекет қыл!


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

3k 0 28 5 26

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бийпайда сөзди көп айтпа,
Пайдалы сөзди көп тыңлаўдан қайтпа.
   
✍А. Наўайы.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Ассалаўма алейкум Әзизлерим!

Бүгинги атқан таң - Алланың жақсылығы менен басланып, мийрим-шәпәәти менен даўам етсин!
Сиз ойламаған тәрептен мол табыс-ырысқы келсин!
Бүгинги шемби  күниңиз қуўанышқа толы болсын.
Ҳәр бир күниңиз әўметли, ҳәм ақыбетиңиз қайырлы болсын!



Жедди айының 28-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

20 last posts shown.