Ебетейсиз ерин
Ҳаялым мени жүдә жақсы көреди. Қай жаққа кетпейин сәл-пәл кешиксем, баланы арқалап кейнимнен жетип келеди. Сонлықтан мен де оны жақсы көремен. Ақыры, маған пәрмана болған адамға, бийпәрўалық етип, салқын қанлық кейип көрсетсем, бола ма?
Кеше ҳаялым маған арзы етти:
-Енди сениң көйлегимди ҳасла жуўмайман! Ҳақыйқатын айтсам,сениң менен шаңарақ болып, үй рузгершилигин етип отырмайман да! Қәлесең, балаңды алып усы үйде қал, қәлемесең, костюмиңди ийниңе сал да, үйди босат!-деди ол.
Ҳаялымның қәпелимде тас-талқан, таллы бөрен болып, ашыўланғанына өзим де ҳәйран қалдым.
-Ҳаял, бул не дегениң? Аманлық па өзи?!-деп оны зорға ирктим.
-Мен сени ерим-пирим, деп жүрсем,-деди ол қамсығып.
-Не болып қалды, түсиндирип айтсаш?
Ҳаялым жумыстан кийип келген ақ көйлегимди бетиме қарай шыңғытты:
-Мынаў не?! Көрсетемен саған көзиме шөп салып мени бассыныўды!
Көйлегиме қарап көзим қамасты. Ақ көйлектиң жаўырынында қып-қызыл еринниң сүўрети тур еди!
-Бул кимниң иси? Балам Азаттың қылганы шығар. Күни кеше оның өтинишине бола акварель бояў әкелип берген едим. «Ҳей бала, берман кел!» деп Азатқа дәпиндим. «Сениң ислегениң бе?!»
Балам бир қысым болып, анасына тығылды.
-Оған бақырма!-деди ҳаялым бетер қүшке минип. –Сен билмесең, мен билемен! Бул сәўер ярыңның кетериңде салып жиберген таңбасы!
-Ҳаў, ҳаў! Қаяқтағы гәплерди таўып жүрсең! Қоягөр, ҳаял, тақыр жерден шаң шығарып сени жин ура ма?!
-Жин урганды көрсетемен, саған! Ҳәмел қысып, қутырып кеттиң сен! Ҳәр қүни жумыстан неге кешигип келеди, десем. Бир нәзәлим менен ашығыў-машық болып жүрген екенсең-дә?!
-Хе-е, ҳәзир геллеме келди. Оған автобус айыплы,-дедим мен шыжа-пыжа болып. –Бәрқулла адам тығылыс болады. Өзиң билесең, бул қүнде қыз-келиншеклер ернин бояп жүреди. Жолдың жағдайына бола шофер тормоз басқан. Соның ақыбетинен бир нашардың ебетейсиз ерини арқама басылып, өзи ақ көйлек ўайран болған ҳаял…
-Қой, қой, «бир бәлеси болмаса, шүдигарда балық не жесин?!»
Қоңсымды кәтқудалыққа шақырып, ҳаялымды зорға тоқтаттым. Ал қызыл таңба түскен ақ көйлегимди өзим жуўып алдым. Соннан берли автобусқа ҳасла жоламай жүриппен.
От басы, ошақ қасы шаўқымсыз болғаны жақсы емес пе?!
Алпысбай Султанов
1971 жыл
https://t.me/Soz_marjani