1-декабрьден айырым коммунал төлемлер тек онлайн әмелге асырылады Усы сәнеден баслап қадағалаўшылар ҳәм суў тәмийнаты хызметкерлери арқалы нақ пул менен төлем қабыл етилмейди.
Жазылыўынша, бул илаж ашықлықты тәмийинлеў ҳәм коррупция жағдайларына қарсы гүресиўге қаратылған.
Пуқаралар өзлери ушын қолайлы болған төлем усылларын таңлаўы мүмкин:
- “Ўзсувтаъминот” сайтындағы жеке кабинет;
- Телеграм-бот;
- Электрон төлем хызметлери (Click, Paynet, Аlif Mobi, Payme, Oson, Uzum Bank);
- инфокиоскалар, коммерция банклериниң кассалары, почта
бөлимлери.
➡️
MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!