Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


ҲАҚЫЙҚАТТЫ ҚАРАП АЙТҚАН КӨЗИҢЕ

Ҳақыйқатты қарап айтқан көзиңе,
Ойламайды саған жаманлық ҳасла,
Не қылсаңда билгил бала өзиңе,
Ҳеш қашан өмирде ҳәддиңнен аспа.

Ҳәр ким ҳәр түрли жүритер пикир,
Биреў дүзеў болса, ал биреў бүкир,
Узатқан жерине қол жетип турса,
Не ушын базылар етпейди шүкир.

Көтере алмаса айтқанды жүзге,
Бир күни қалады әлбетте дүзде.
Гүман көзи менен қарасаңызлар,
Пайыз кетип исиң кетеди изге.

Ҳақыйқатты айтқан адам көзиңе,
Жақының болады билгил өзиңе,
Дос ашытар душпан күлдирер деген,
Әмел етиң даналардың сөзине.

Дурыс жолдан жүрген көпке жақпайды,
Бирақ дәрья терисине ақпайды.
Дурыс емес қыйсық жолдан жүргенди,
Кеўил көзи соқыр ғана мақтайды.

Бердақ яңлы излеп излеп хақыйқатты,
Сизлер ушын жаздым бүгин усы хатты,
Ҳақты излеп жығылғанлар сабыр етиң,
Қатты күнлер өтип келер күнлер жақты.

Ансатбай Каражанов
25.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


АТА-АНАНЫҢ ҚУНЫ

Жаслар өзгермекте өмирде шыны,
Айтпасам болмай тур бүгинде  буны.
Барында қәдирле ата-анаңды,
Теңсиз болар билгил олардың қуны.

Жығылсаң турғызған үстиңди қағып,
Жубатқан, жыласаң көзден жас ағып,
Хабар алып турың тез-тезден барып,
Теңсиз болар ата-ананың қуны.

Баласы сүрниксе қыйналар жаны,
Көпшилик билмейди бирақта аны,
Билип қойың бул өмирде яранлар,
Теңсиз болар ата-ананың қуны.

Базылар өзгерер көбейсе пулы,
Өзгерсе өзине қайтарар улы,
Ядыңда сақла, умытпа буны,
Теңсиз болар ата-ананың қуны.

Атаң дәўлет болса, анаң жәннеттиң,
Қапа қылсаң жанбас бағ ҳәм дәўлетиң,
Билип қойған жақсы ҳәммемиз буны,
Теңсиз болар ата-ананың қуны.

Ансатбай Каражанов
23.06.2024
Жиззах, Зомин районы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


ТӘРБИЯСЫН ТАСЛАП ҚОЙМАҢ ДАЛАҒА.

Жаслайынан не үйретсең балаға,
Тасқа ойылғандай, сиңер санаға,
Өзи өнип өсип үлкейеди деп,
Тәрбиясын таслап қоймаң далаға.

Нақыл сөзди көп айтсаңыз балаға,
Балаң сениң айланады данаға.
Сүрткен ақыл не болады деп ойлап,
Тәрбиясын таслап қоймаң далаға.

Аямаңлар жақсы гәпти балаға,
Теңемеңлер ақылы жоқ шалаға,
Илтимасым ҳәр бир ата-анаға,
Тәрбиясын таслап қоймаң далаға.

Үлги болың, өзлериңиз балаға,
Бала өсер қарап ата-анаға,
Заманласлар сизлерден бир илтимас,
Тәрбиясын таслап қоймаң далаға.

Дурыс берсең тәрбияны балаға,
Балаң сени алып барар Каабаға,
Дүнья малдың қуўып жүрип изинен,
Тәрбиясын таслап қоймаң далаға.

Ансатбай Каражанов
22.06.2024 жыл
Жиззах, Зомин районы

Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Т.Мәтмуратов


ШҮКИР ДЕЙМЕН.

Шүкир деймен Алла талант бергенине,
Бала шағам жетегиме ергенине,
Шүкир деймен сөз маржанын тергениме,
Жиззах деген бул қалаға келгениме.

Шүкир деймен саў саламат жүргениме,
Шүкир деймен шадлы ойнап күлгениме,
Кәсибим бар өзим сүйип таңлаған,
Шүкир деймен мантияны
кийгениме.

Шүкир деймен жақсылардың барына,
Жарап турған көпшиликтиң ҳалына,
Шүкир деймен Алла қосқан ярыма,
Мәлҳәм берер шаршағанда жаныма.

Шүкир деймен аяқ басып жүргениме,
Шүкир деймен ақыл сөзди илгениме,
Шүкир деймен сүйилип ҳәм сүйгениме,
Шүкир деймен шадлы дәўран сүргениме.

Шүкир деймен Алла уллар бергенине,
Ырысқымды  шөплеп жүрип тергениме,
Шүкир деймен, тәңириме шүкир деймен,
Бул дүньяны көзим менен көргениме.

Ансатбай Каражанов
18.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын.

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


АЙЛАНБАҢЛАР ШАЙТАНҒА

Бир күнлик өзиңниң мазаңды ойлап,
Жүргеннен пайда жоқ қутырып тойлап,
Бәрәдарлар айланбаңлар шайтанға,
Соңында тек өзиң қаласаң сорлап.

Жетпейди ҳеш бири, ярға сүйгенге,
Қызықпа боянып, келте кийгенге,
Бирәдарлар айланбаңлар шайтанға,
Адам жолдан шығыў билгил бир демде.

Нәмәҳрем нашарға қақсаң қасыңды,
Билип қой,ол нашар жейди басыңды,
Бирәдарлар айланбаңлар шайтанға,
Салмақлы бол, жеңил тутпа тасыңды.

Некесиз кирмесин қушаққа өзге,
Шөп салған гүнә ис болады көзге,
Бирәдарлар айланбаңлар шайтанға,
Әмел етиң мына даналық сөзге.

Алланың қәҳәри келер бузыққа,
Бузыққа ақылың болса қызықпа,
Бирәдарлар айланбайлар шайтанға,
Жүрген жақсы адам дүзеў сызықта.

Ансатбай Каражанов
18.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақ халқының атақлы шайыр жазыўшылары.

https://t.me/Ansatbai

650 0 12 4 14

Бул гәплерди қосық қылып ишимнен шығарып тасламасам болмады.

Менде адамдай гәп!!!

Бәлким ағам оқып отырған шығар.

Ағама сәлемнама

Көринседе бүгининде бийиктен,
Парқы жоқ аңшыдан қашқан кийиктен.
Кегейлиден суў алған қыз қайда деп,
Бир ағама қапа болып жүриппен.

Қуры ўәде, бирақ исим питпейди,
Мен күтемен, бирақ басқа күтпейди,
Қанша қосық жазсамда мен ағама,
Ар намысын ҳәм ҳүжданын түртпейди.

Мийнетиме ашынаман өзимниң,
Көр екенин енди билдим көзимниң,
Пайдасы жоқ екенлигим билемен,
Ағажаным сизге айтқан сөзимниң.

Ай өтседе, жыл өтседе ағама,
Пайдасы жоқ екенлигин аңладым,
Жалынсамда питпеген соң ислерим,
Ағажаным усы жолды таңладым.

Жарасама усы исиң өзиңе,
Бәле болып көриндимбе көзиңе,
Исениўди исенбеўди билмедим,
Ағажаным сениң айтқан сөзиңе.

Күтип күтип көзим талды ырасы,
Кегейлиниң сөнбесин ҳеш шырасы,
Ыразыман мийнетиме ағажан,
Сол китапты сизге бердим қулласы.

Мейли жек көр, ыразыман бәрине,
Сөксең дағы келмейди ҳеш кәриме,
Қосық жазсам мени шығып сөгесең,
Сөгислериң мениң ушын дәриме.

Қыйнамайын сени ҳәмде өзимди,
Ашып алдым маңлайдағы көзимди,
Кештим аға ыразыман бәрине,
Қайтып алсам болмас енди сөзимди.

Ансатбай Каражанов
16.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai


ЗОРҒА МИНИП

Бүгинги күн жүргенлер жорға минип,
Ким кепил, қалмайды деп торға илип.
Кешеги жорға минип жүрген ағам,
Бүгинде жүр, ешекке зорға минип.

Қаншама мәртебең болсада бийик,
Минезиң болғаны жақсыдур ийик,
Жүргенлер өзгениң кеўлине тийип.
Бүгинде жүр, ешекке зорға минип.

Орынсыз ҳәр кимниң кеўлине тийип,
Үйдеги ярынан өзгени сүйип,
Кешеги қатты кетип қалған ағам,
Бүгинде жүр, ешекке зорға минип.

Айыпсыз адамның табанын тилип,
Өзин теңсиз ҳәмде қүдирет билип,
Жаслары қалсада елиўге кирип,
Бүгинде жүр, ешекке зорға минип.

Әмел бериледи Алладан сыйлап,
Кимге сыйлап берсе, ал кимге сынап,
Ҳеш нәрсе өмирде мәңгилик емес,
Айтыңлар бул гәпим болсалар қылап.

Ансатбай Каражанов
16.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>




НӘСИЯТ

Ҳасыл ҳәмде таза болса сүйегиң,
Жақсылық деп урып турар жүрегиң.
Кеўилиңде кир болмаса яранлар,
Орынланар әрман еткен тилегиң.

Мейли саған тас атсада душпанлар,
Сен оларға болмағыл тас атыўшы.
Ғәрип жолы қайдасаң деп жүребер,
Олар болар гүнайыңа батыўшы.

Душпан сени көре алмай тас атса,
Даўам ет, мақсетке қарай жолыңды.
Сыртыңнан жаманлап өсек гәп сатса,
Бир силтеп қойғаның мақул қолыңды.

Ашыўланба ақылы жоқ наданға,
Барар жери дейин оның сабанға.
Билесизбе бул өмирде жаманлар,
Шыбық тиймей шыр етеди табанға.

Өзиң таза болсаң ашылар жолың,
Узатқан жериңе жетеди қолың.
Алла ашқан жолды жаппақшы болсаң,
Ҳәй бенди умытпа қурыйды шорың.

Болсаңыз өмирде әдиллик тәреп,
Айтпайды ҳеш кимсе атаңа нәлет,
Жазған қатарларым бәри ҳақыйқат,
Өзимше ойлайман емесдур ғәлет.

Керек жерин алың мақул тапсаңыз,
Мақул таппасаңлар өзлериң билиң,
Оқырманлар мениң тилер тилегим,
Ҳайттан ҳайтқа жетип саў аман жүриң.

Ансатбай Каражанов


https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>

711 0 15 2 13

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жиззах ўалаяты Замин районындағы 60-санлы мектепти 1974 жылы питкерген питкериўшилериниң 50 жыллық ушырасыўынан көринислер.

https://t.me/Ansatbai


Ақыл емес

Өзин ақыл сезген адам ақыл емес,
Ақыл адам ҳасла өзин ақыл демес,
Бул өмирде тек келбети келискеннен,
Алған жақсы болар екен ақыл кеңес.

Жалғыз билим менен шығыў қыйын шыңға,
Ақыл менен билим бирге ийе қунға,
Билимиң бар бирақ ақылың болмаса,
Болыў қыйын бул өмирде уллы тулға.

Басқарсаңыз ақыл менен өзиңизди,
Ҳеш ким келип шоқымайды көзиңизди,
Ақыллыман деп баҳалап өзиңизди,
Былшыратып сөйлейбермең сөзиңизди.

Ақылы бар қолын урмас шийки иске,
Билими ҳәм толып турса дағы күшке,
Билими ҳәм ақылы бар өзгермейди,
Билип қойың ҳей яранлар түрли түске.

Билимим бар деп өмирде ширенбеңлер,
Билимиң болып турып ақыл болмаса,
Өзиңизден өзгелерге сүйенбеңлер,
Басыңда  ақыл ҳәм билимиң болмаса.

Өзин ақыл сезген адам ақыл емес,
Қара сөздиң барлығыда нақыл емес.
Билими ҳәм ақылы бар адамлардың,
Барлық иси адамларға мақул емес.

Ансатбай Каражанов
13.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


ОЙЛАМАҢ

Демиңе турғанға бүгин нан писип,
Жек көрип өзгени жүрмегил исип,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң.
Қалғанда қәйтесең әмелден түсип.

Айтқаның болғанға бәри бир шеттен,
Жақсы емес адам өзгерип кеткен,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң.
Жығылып қалыўың мүмкин-ғой беттен.

Бәлени таппайын десең сөзиңнен,
Исенбе басқаға көрген көзиңнен,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң.
Бағ дәўлет кетеди бир күн өзиңнен.

Бул өмир қызықлы ҳәмде жумбақлы,
Ойламаған ислер болыўы мүмкин,
Бүгин урып соғып жүрген адамың,
Саған басшы болып қалыўы мүмкин.

Қанша болсаң дағы өмирде түлки,
Өмир сени бир күн етеди күлки,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң,
Болмаса қолыңда бахыттың гилти.

Сораўы жоқ ис болмайды билсеңлер,
Алдыңа келеди егер күлсеңлер,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң,
Бул өмирде қыйсық жолдан жүрсеңлер.

Болсалар адамның минези терис,
Өзгени өзинен көреди кемис,
Мәңги дәўран сүремен деп ойламаң,
Бәрҳә болабермес өмирде жеңис.

Ансатбай Каражанов
12.06.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


МЕГЗЕТЕМЕН.

Жылаған бендениң көз жасын артып,
Жәрдем берип сүйеп қолынан тартып,
Жүрген жақсы адамларды өмирде,
Мегзетемен таза булақ суўына.

Қыйналған бендеге қушағын ашып,
Өксиген кеўилге шадлық уласып,
Жүрген жақсы адамларды өмирде,
Мегзетемен сақый қуяш нурына.

Дөҳметлерге қалып кеўли шөккенди,
Жубатып өмирде көз жас төккенди.
Жәмийетке ҳадал хызмет еткенди,
Мегзетемен таза булақ суўына.

Қудайды умытып қәддинен асып,
Өзгелер қыйналса қуўанса тасып,
Журген бундай адамларды өмирде,
Мегзетемен мисли шайтан қулына.

Көзлери жалтақлап аўзыңа қарап,
Әмелиң өскенде табаның жалап,
Жәмийетте жүрген усындайларды,
Мегзетемен көшениң аш ийтине.

Ансатбай Каражанов
11.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


АДАМ КЕЎИЛИ

Адамның кеўили кир болса егер,
Өзге емес, өзи көп азап шегер.
Биреўге жаманлық қылмақшы болып,
Бийкардан бийкарға қуры тер төгер.

Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Өсек ғыйбат сөзге қулақ түреди,
Өзгениң тынышын бузған наданның,
Бир күни әлбетте үйи күйеди.

Адамның май питсе көзине егер,
Ҳәттеки ең жақын адамын сөгер.
Адамда парасат ақыл болмаса,
Соңында өзиниң кеўили шөгер.

Бенде тәңирине шықсалар қарсы,
Ҳеш қашан түспейди асығы алшы.
Жөнге салар екен тек ақмақларды,
Жақсы сөзден көре билсеңлер қамшы.

Билсеңлер өмирде ҳәр қандай бенде,
Жәрдем бериў керек кеўили кемге,
Алла қәлеп турса ҳәр қандай исти,
Сыныўда, өсиўде билгил бир демде.

Кеўил мүлки таза болса адамның,
Минген аты оның узақ шабады,
Кеўил көзи соқыр болса адамның,
Шаян киби жақынында шағады.

Кеўил көзин таза тутсаң, азада,
Дус келмейсең ҳеш ўақытта жазаға,
Бул өмирде дос болыңлар ҳәр қашан,
Гирбиңи жоқ, пәк кеўилли тазаға.


Ансатбай Каражанов
11.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


УЛЫҢДЫ

Душпанға айтсаң сырыңды,
Жойтқаның сол күн қуныңды.
Ақыллы етип өсириң,
Үйдеги қыз ҳәм  улыңды.

Мақтанып шашпа пулыңды,
Ҳадалдан жеп иш суўыңды.
Жемейин десең жуўынды,
Тәрбиялағыл улыңды.

Көрсетпе ҳасла қырыңды,
Балалар емес бурынғы.
Көтерсин десең туыңды*,
Тәрбиялағыл улыңды.

Кетпейди ҳасла далаға,
Билимди берсең балаға.
Айлансын десең данаға,
Тәрбиялағыл улыңды.

Боқ сөзди алсаң аўызға,
Айланар балаң жаўызға.
Шықпайын десең сайызға,
Тәрбиялағыл улыңды.

Ансатбай Каражанов
11.06.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:

https://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>

889 0 20 3 13

Қарындасым Дилафруздиң тилинен перзентлерине тилек сөзлери.

Таўдай бийик болсын мәртебең улым,
Кетпесин аспанға қарата мурын,
Тилеклер тилейин сизлерге бүгин,
Бирге ишкеймиз-дә зам-замның суўын.

Балаларым шадлы өмир сүргейсиз,
Барлық ўақыт қуўаныштан күлгейсиз.
Билдирейин енди Ана тилегин,
Саў саламат аман есен жүргейсиз.

Сүйеп жүриң бириңизди бириңиз,
Таймасын ҳеш бул өмирде күйиңиз,
Балаларым сизлер менен билсеңлер,
Толып турар барлық ўақыт үйимиз.

Бул өмирден алып жүриң пайыңды,
Ишип алың келиң баллар шайыңды,
Билесизбе Амирхан ҳәм Алихан,
Сизлер ушын аямайман жанымды.

✍️ @ansatbai.karazhanov
✍️ https://t.me/Ansatbai


Репост из: БАХТИЯР ЖУМАТАЕВ️
Аңсатбай Қаражанов достыма шексиз миннетдаршылығымды билдиремен!!! Илхам йошың таса берсин жора!

Показано 20 последних публикаций.