Екинши бөлим
,,–Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң, қобызым,
Яратқанның қолы узын!..
Яратқанға пәтленип,
Шайқаймысаң толысын!
Бүлкилдетип бүйирин,
Қуўармысаң үйирин!
Қайда шықтың Сәркарда,
Шақларыңды шыйырып?!
Нәўбәҳәрде көп едиң,
,,Азаймаспан" деп едиң.
Қасқыр тағы қырды ма,
Лашыңды топ-топ ети?!
Қырыласаң ҳәр айда,
Жайлаўды жаў тарайтты!..
Ҳақтың ерки өзинде –
Кимге қалай қарайды?!
Таўлар – жым-жырт, уйқыда,
Жаўлар жым-жырт уйқыда.
Үйириңнен узақлап,
Неге шықтың бийҳуўда?!
Өжетликти үдетпе,
Жаўың шаппас күн өтпей,
Түнде қайда барасаң,
Үйириңди гүзетпей?!
Қайтар болсаң қайт деймен!
Мәнзилиңди айт деймен?!.
СӘРКАРДА:
–Таў думанда туншығар,
Булытты сүзип Шың шығар.
Мақлуқаттың Тәңири,
Шыңнан сыртқа – Күн шығар.
Билемисең, адамзат,
Билмеймисең, адамзат, –
Үйи – Шыңдур Тәңирдиң!
Шыңнан берер ҳәмирди.
Бараман да айтаман,
Үйирим шеккен жәбирди! –
Ийт те бизге тоймайды!
Қус та бизди қоймайды!
Неге бунша Күн – Қудай,
Бизди қорлап ойнайды!
Аннан қуўды – шыдадық,
Мыннан қуўды – шыдадық,
Әдиллиги қаяқта,
Қулларына Қуданың?!
Азды көплер талаған –
Өткен өмир қара қан!
Шағынаман Қуяшқа,
Шыңға шапшып бараман!
Айтарман да арзымды:
,,Дүзе, – деймен, – Барысыңды!
Қуяш болсаң Қудайлык,
Өте, – деймен, – парызыңды!
Аң патшасы Арыслан,
Қай жыртқыштан қалысқан?!
Бас ўәзири – Түлкиси,
Журдай инсап, намыстан!
Қазы етти Қасқырды.
Соннан көрдик ,,Бас! Қыр!.."ды.
Қуйрық қысып мықлыға.
Әззилерди постырды!..
Әззилерге дузағын,
Тәғдийир қурар узақ күн!
Әдил болсын Күн – Қудай,
Бәрше аңның дуз-ҳаққын!
Соны Ҳаққа айтаман,
Кеттим Күнниң жайы таман!
Несип болғай, үйирим,
Көриспеклик қайтадан!..
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
,,–Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң, қобызым,
Яратқанның қолы узын!..
Яратқанға пәтленип,
Шайқаймысаң толысын!
Бүлкилдетип бүйирин,
Қуўармысаң үйирин!
Қайда шықтың Сәркарда,
Шақларыңды шыйырып?!
Нәўбәҳәрде көп едиң,
,,Азаймаспан" деп едиң.
Қасқыр тағы қырды ма,
Лашыңды топ-топ ети?!
Қырыласаң ҳәр айда,
Жайлаўды жаў тарайтты!..
Ҳақтың ерки өзинде –
Кимге қалай қарайды?!
Таўлар – жым-жырт, уйқыда,
Жаўлар жым-жырт уйқыда.
Үйириңнен узақлап,
Неге шықтың бийҳуўда?!
Өжетликти үдетпе,
Жаўың шаппас күн өтпей,
Түнде қайда барасаң,
Үйириңди гүзетпей?!
Қайтар болсаң қайт деймен!
Мәнзилиңди айт деймен?!.
СӘРКАРДА:
–Таў думанда туншығар,
Булытты сүзип Шың шығар.
Мақлуқаттың Тәңири,
Шыңнан сыртқа – Күн шығар.
Билемисең, адамзат,
Билмеймисең, адамзат, –
Үйи – Шыңдур Тәңирдиң!
Шыңнан берер ҳәмирди.
Бараман да айтаман,
Үйирим шеккен жәбирди! –
Ийт те бизге тоймайды!
Қус та бизди қоймайды!
Неге бунша Күн – Қудай,
Бизди қорлап ойнайды!
Аннан қуўды – шыдадық,
Мыннан қуўды – шыдадық,
Әдиллиги қаяқта,
Қулларына Қуданың?!
Азды көплер талаған –
Өткен өмир қара қан!
Шағынаман Қуяшқа,
Шыңға шапшып бараман!
Айтарман да арзымды:
,,Дүзе, – деймен, – Барысыңды!
Қуяш болсаң Қудайлык,
Өте, – деймен, – парызыңды!
Аң патшасы Арыслан,
Қай жыртқыштан қалысқан?!
Бас ўәзири – Түлкиси,
Журдай инсап, намыстан!
Қазы етти Қасқырды.
Соннан көрдик ,,Бас! Қыр!.."ды.
Қуйрық қысып мықлыға.
Әззилерди постырды!..
Әззилерге дузағын,
Тәғдийир қурар узақ күн!
Әдил болсын Күн – Қудай,
Бәрше аңның дуз-ҳаққын!
Соны Ҳаққа айтаман,
Кеттим Күнниң жайы таман!
Несип болғай, үйирим,
Көриспеклик қайтадан!..
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov