Yuristler akademiyası


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Право


Huqıq baǵdarındaǵı áhmiyetli maǵlıwmatlar, pikir hám usınıslar, hámmesi xalıq mápi ushın!
Xalıqqa yuridikalıq jaqtan onlayn, biypul huqıqıy másláhátler beremiz.
Múráját ushın: @Salamat_Kalbaev

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Yuristler akademiyasi iskerliginen

Qaraqalpaq mámleketlik universiteti Yuridika fakulteti Yuristler akademiyası komandası aǵzaları Jaslar arasında kiberjınayatshılıqtıń aldın alıw hám oǵan qarsı gúresiw boyınsha Nókis rayonı 1-sanlı mektepte úgit násiyat ilajın ótkerdi.

Ilajda mektep oqıwshılarına kiberjınayat boyınsha maǵlıwmatlar ápiwayı tilde túsindirildi. Iláj pikir almasıw formasında bolıp, oqıwshılar qızıqtırǵan sorawlarına juwap aldı.

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi
👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


❗️Балаларға болған зорлық ушын жуўапкершилик ️бар

🔴Жынаят кодекси 110-статьясы ("Қыйнаў"):
👶 Ержетпеген шахсқа қарата турақлы сабаў (урыў) яки руўхый азап бериў 3-5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

🟡Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс 47-статьясы:
️Тәрбияшының миннетлемесин орынламаўы жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў менен жазаланады.

️⚠️Балалар қорғаўсыз емес! Бундай жағдайларға көз жумбаў керек.

📱 Telegram | 📱 Instagram


🪙 Қамақтан жазасын атқарып шыққан пуқараларға бизнес баслаў ушын 11,5 млн сумға шекем субсидия бериледи

✅ Президенттиң 18.02.2025-жылдағы ПҚ-64-санлы қарарына тийкар, еркинен айырыў орынларында жазасын атқарып шыққан пуқараларға исбилерменлик, скульпторлық, өнерментшилик сыяқлы бағдарлардағы анық жойбарларды әмелге асырыў ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 10 есесине шекемги муғдардағы субсидиялар ажыратылады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


‼️ Ендигиден былай ишки ислер хызметкерлери сиз бенен надурыс мүнәсибетте болса, биймәлел оны фото ҳәм видеоларды тарқатыў ҳуқықы сақлап қалынды

Сенат мақуллаған нызамда тек ғана хызметкерлердиң сүўретин олардың абырайсызланыўына алып келетуғын тәризде бузып тарқатпаў, яғный хызметкердиң ҳәрекетлери, сөзлери ҳәм жүз берген жағдайды бузбаў, усы мақсетте монтаж етпеў талап етилмекте.

Бундай қағыйдабузарлық ушын:
БЕМның 20 ден 50 есесине шекем жәрийма;
10 суткаға шекем қамақ жазасы.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Бала асырап алған хызметкер «декрет»ке шыға алама?

Мийнет кодексиниң 406-статьясына муўапық, жаңа туўылған баланы перзентликке алған ямаса оған қәўендер етип белгиленген хызметкерге социаллық дем алыс бериледи.

🗓 Бул дем алыстың мүддети бала асырап алынған күннен басланып бала туўылған күннен баслап 56 календарь күн жуўмақланғанға шекем белгиленеди.

🪙 Хызметкерге усы дем алыс ўақты ушын орташа айлығының 100% муғдарында (егер хызметкер 12 айдан аз ислеген болса 75%) напақа төленеди.

‼️ Бала асырап алған ямаса қәўендерликке алған хызметкерге оның жазба арзасына тийкар, бала 2 жасқа толғанға шекем напақа төленетуғын ҳәм 3 жасқа шекем напақа төленбейтуғын социаллық дем алыс бериледи.

📱 Telegram | 📱 Instagram


#Билесизбе

📝Қарыз берип атырғанда оны әпиўәйы жазба шәртнама менен рәсмийлестириў керек.

🧾Қарыздың муғдары БЕМның 10 есесинен (3 млн 750 мың сўмнан) кѳп болса, жазба шәртнама дүзилиўи шәрт.

❕Қарыз алыўшы яки бериўшиниң биреўи юридикалық шахс болҳанында болса қарыз муғдарына қарамастан жазба шәртнама дүзилиўи керек.

📌Қарыз алыўшыдан тил хат алыў яки қарыз берилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳәр қандай ҳүжжет те жазба шәртнаманың орнын басады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


⚡️ Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған пуқаралар үш есе көп салық төлейди

‼️ Халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.

✅ Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижараға алынған жерлерде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады:

1️⃣Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.

2️⃣Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.

3️⃣Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


⚡️ Ҳаял-қызлар күни байрамы қарсаңында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар 3 күн қатар дем алады

🗓 Быйыл 8-март - Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.

🌀 Мийнет кодексине бола, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўры келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

✅ Соған тийкар, байрам алдында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер төмендеги күнлерде дем алады:

8-март, шемби - байрам күни, дем алыс күни;
9-март, екшемби - дем алыс күни;
10-март, дүйшемби - қосымша дем алыс күни.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Assalaw aleykum bárshege.
Kanal aǵzaları 600 bolsa Huqıq English hámde Májbúriy pánlerden utıslı 3-BLOK TEST bolıp ótedi.

Posttı abituriyent tanıslarıńızǵa tarqatıń!!!

👉https://t.me/Huqiq_test_qaraqalpaqsha
👉https://t.me/Huqiq_test_qaraqalpaqsha


#Bilesizbe

✅Óziniń jeke tamarqa jer uchastkasında tómendegi iskerlik túrleri menen shuǵıllanıp atırǵan puqaralar tárepinen jılına BEMnıń keminde 1 esesi (375 mıń sum) muǵdarında sociallıq salıq tólengen jaǵdayda, olar rásmiy bánt bolǵan xalıq taypasına kiritiledi hám usı dáwir olardıń miynet stajına qosıladı:

🔹sharwashılıq (qaramal, qoy, eshki, at hám basqalar);
🔹teplica;
🔹qusshılıq (bódene, túye tawıq, ǵaz, úyrek);
🔹qoyanshılıq;
🔹palhárreshilik;
🔹balıqshılıq;
🔹baǵshılıq;
🔹limonshılıq;
🔹gúlshilik.

📱 Telegram | 📱 Instagram


🪙 8-март күни мүнәсибети менен еркек хызметкерлерге де “премиальный” бериўге бола ма?

✅ Аўа, әлбетте мүмкин. Бул кәрхананың ишки локал ҳүжжетлерине байланыслы.

📑Себеби, Мийнет кодексиниң 67-статьясына муўапық, жәмәәтлик шәртнаманың мазмунын ҳәм дүзилиўин оның тәреплери белгилейди.

💸 Мысалы, кәрхананың жәмәәтлик шәртнамасында жумыс бериўши тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған сметаларға муўапық хызметкерлерге Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў қолланылады деп жазылған болса, 9 байрам (исленбейтуғын) күнлер (оның қатарында 8-март күни де бар) мүнәсибети менен барлық хызметкерлер ушын (жынысына қарамастан) сыйлықлаў қолланылады.

‼️ Егер жумыс бериўши бул миннетлемелерди орынламаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы бойынша жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

☝️Гәптиң қысқасын айтқанда, егер кәрхананың ишки локал ҳүжжетлеринде Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў (пермиальный) қолланылады деп жазылған болса, еркек хызметкерлер ушын да 8-март байрамы мүнәсибети менен “пермиальный” берилиўи керек.

✅Демек, еркеклерге бул “премиальный”ды бериў ушын нызамлы тийкар да, себеп те бар.

🪙Себеби усы күн мүнәсибети менен еркеклерге өзлериниң апаларын, аналарын, әжапа-қарындасларын, қызларын, ағайин ҳәм кәсиплес ҳаял-қызларды қутлықлаўы ушын қәрежет керек.

💵Сонлықтан, жумыс бериўшилерден еркек хызметкерлерине усы “премиальный”ды бериўин сораймыз!

📱 Telegram | 📱 Instagram


#bilip_qoyģan_jaqsı ⁉️

📌 Avtomashinasında midicinalıq qutı "Аптечкаsı" bolmaģan aydawshılar járiymaģa tartıladı

⚖️ Hàkimshilik juwapkershilik haqqındaģı kodekstiń 125-statyasına tiykarlanıp,

🔹 Aydawshılar tárepinen medicinalıq qutısı bolmaģan halda transport quralın basqarģanı ushın olarģa bazalıq esaplaw muģdarınıń (házirgi kúnde 375 000 sum)nıń ekiden bir bólegi muģdarında járiyma salıwģa sebep boladı.

📱 Telegram | 📱 Instagram


‼️ Сабаққа келмеген оқыўшылардың ата-аналары жәриймаға тартылaды


Миллий гвардия хызметкерлери балалардың сабақ қалдырыўы ушын ата-аналарды ғәрезсиз түрде жәриймаға тартыў ўәкиллигине ийе болды. Бул болса ендигиден былай қадағалаўды және де күшейтиўди тәмийинлейди. Енди:

🔹Биринши рет сабақ қалдырыў: 340 мың сомнан 1,7 млн сомға шекем;

🔹Бир жыл ишинде тәкирар ислесе:
3,4 млн сомға шекем жәрийма қолланылады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Qımbat bahalı metallar hám qımbat bahalı taslardan ibarat zergerlik buyımlarınıń ulıwma awırlıǵı neshe grammnan kóp bolmaǵan muǵdarda alıp kiriliwinde bajıxana tólemleri óndirilmeydi?
Опрос
  •   100 gramnan
  •   95 gramnan
  •   75 gramnan
  •   65 gramnan
35 голосов


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ishki isler bólimi xizmetkerleri sizdi qońıraw etip shaqırıwı múmkinbe?

Tolıq maǵlıwmat videoda

https://www.instagram.com/reel/DGOMZnxi-m0/?igsh=dzYxa213bW5sc3Vl

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi
👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


❗️1-апрелден баслап тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы баҳасы көтериледи

2025-жыл 1-апрелден баслап коммуналлық хызметлер ушын төлем тарифлеринде өзгерислер әмелге асырылады:

➖ Электр энергиясы ушын бир киловатт саат баҳасы — 600 сум етип белгиленди.
➖ Тәбийий газ ушын бир куб метр баҳасы — 1000 сум болады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


‼️ МУҒАЛЛИМНИҢ САБАҒЫНА КЕСЕНТ ЕТКЕНЛИГИ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК БАР

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 197-прим 5-статьясына тийкарланып, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкердиң кәсиплик искерлигине нызамсыз араласыў ямаса билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў;

➖ пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 7 есесинен 10 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 10 есесинен 15 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

❗️Тап усындай ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тәкирар әмелге асырылған болса,

➖ пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 15 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 15 есесинен 20 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса 15 суткаға ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Затты таўып алган шахс оның ийесинен таўылған зат баҳасының неше процент муғдарында сыйлық талап етиўге ҳақылы?
Опрос
  •   буған ҳақылы емес
  •   20 процентке шекем
  •   30 процентке шекем
  •   50 процентке шекем
23 голосов


⁉️Shaxstıń abroyı hám ar-namısın kemsitiwshi maģlumatlardı Internetke tarqatqan puqaraģa 136 million sumģa shekem járiyma salınadı

⚖️Jınayat kodeksiniń 140-statyasına kóre, shaxstıń abroyı hám ar-namısın qastan kemsitiwshi maģlumatlar baspadan, ģalaba xabar qurallarında yamasa Internette tarqatılsa, bul shaxs jınayıy juwapkershilikke tartılıp, oģan tómendegi jazalardan biri qollanıladı:

🪙BEMniń 200 esesinen ( 68 million sumnan ) 400 esesine ( 136 million sumģa ) shekemgi muģdarda járiyma;

240 saattan 300 saatqa shekem májbúriy jámiyetlik jumıslar;

🔹1 jıldan 2 jılģa shekem tártip dúzetiw jumısları jazası.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


⚡️1-апрелден баслап дәраматы 1,3 млн сумнан көп болмаған шаңарақларға да социаллық жәрдемлер көрсетиледи

🪙 Президенттиң ПП-17-санлы Пәрманына тийкар, "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен (ҳәзирги күнде 1338000 мың сум) көп болмаған шаңарақларға да көрсетиледи.

📊 Бул жәрдемлерди көрсетиў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

🔹Кәмбағал шаңарақларға – олар бойынша ислеп шығылған индивидуал реже бойынша арза талап етилместен көрсетиледи;
🔹Шаңарақтың социаллық жағдайы «Бирден бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы анықланады;
🔹Шаңарақтың финанслық жағдайы мәкемелер аралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автомат түрде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине көре анықланады.

📱 Telegram | 📱 Instagram

Показано 20 последних публикаций.