Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


ӨТКЕРМЕҢ ЗУЛЫМ

Ҳеш қашан ҳеш кимге өткермең зулым,
Базыда мәселе шешпейди пулың.
Бир нәрсени ядда сақлаң яранлар,
Тәңирим қоймайды хорлатып қулын.

Ҳеш қашан ҳеш кимге өткермең зулым,
Бәлент желбиресин десеңлер туың.
Мийримли ҳәм қүдиретли тәңирим,
Ҳеш кимге қоймайды хорлатып қулын.

Ҳеш кимге ҳеш қашан өткермең зулым,
Өнип өссин десең егерде улың.
Баҳалап билиңлер адамның қунын,
Тәңирим қоймайды хорлатып қулын.

Ҳеш кимге ҳеш қашан өткермең зулым,
Майланбай қалсада ҳәттеки жылым*,
Жүргенлер жоқ емес қанатып мурын,
Тәңирим қоймайды хорлатып қулын.

Ҳеш кимге ҳеш қашан өткермең зулым,
Барсын десең атым ҳәммеден бурын.
Зулымлық, песликтен қолларды жуўың,
Тәңирим қоймайды хорлатып қулын.

Ансатбай Каражанов
19.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ИСИ ТҮССЕ......

Ҳал жағдай сорасар ишиңе кирип,
Жора, жоражан деп жалғаннан күлип.
Бир нерсени алдым мен өзим билип,
Иси түссе излегенлер дос емес.

Бирден пайда болып қалар қасыңда,
Көтерип жүремен дейди басымда,
Билмейсең өтирик я ырасында,
Иси түссе излегенлер дос емес.

Өз қатарын аға деген дурыспа?
Усындайдан болар кеўил суўыспа,
Ҳәр нәрсе болады екен турмыста,
Иси түссе излегенлер дос емес.

Басқа ўақыт сорамайды ҳалыңды,
Билмес ҳәтте сениң жоғы-барыңды.
Бундайларға аўыртпаңлар жаныңды,
Иси түссе излегенлер дос емес.

Дерексиз кетеди көрсетпей изин,
Танымай қаласаң көргенде жүзин.
Базда излеп қалар жоралар бизиң,
Иси түссе излегенлер дос емес.

Ансатбай Каражанов
18.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Турмыс ҳақыйқаты.

Жақсының аяғын жығылтсаң шалып,
Аллаҳ ырысқыңды қояды алып.
Турмыс ҳақыйқатын, өмир шынлығын,
Қояйын ҳәммениң есине салып.

Жүргенлер жақсының аяғын тартып,
Бир күни шығады өзлери қалқып.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Алла берсе, бенде алалмас тартып.

Ойламаған жерде өнип өссеңиз,
Саған тас атқанлар болады жақсы.
Турмыс ҳақыйқаты,өмир шынлығы,
-Деп қой! сен оларға болады яқшы.

Сүрниксе аяғы егер жигиттиң,
Бирге жүргенлерде кешип кетеди.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Көп адам қорқанды ҳүрмет етеди.

Төринде отырып ас-дузын ишип,
Түпирген болады ҳақыйқый күшик.
Турмыс ҳақыйқаты өмир шынлығы,
Бундай жоралардан кетиңлер кешип.

Не қылсаңда бәри қайтар өзиңе,
Ҳақыйқатқа тик бақ, қара көзине.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Базылардың түсинбеймен сөзине.

Сөзи дүзеў бирақ, өзи қыйсықлар,
Тынып турған суўды ылайтып атыр.
Турмыс ҳақыйқаты, өмир шынлығы,
Жаманлар жақсыны муңайтып атыр.

Ансатбай Каражанов
17.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

416 0 12 4 16

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Зомин “Оқтош” майдони


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Зомин “Оқтош” майдони


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Зомин “Оқтош” майдони


ҚОЙСАҢ ИСИҢДИ.

Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Ҳеш ким сениң сындыралмас тисиңди.
Ҳеш ўақытта итибарсыз қалмайсаң,
Саўап иске жумысасаң күшиңди.

Бендеси қылсалар бендеге ҳийле,
Ортада болады өкпе ҳәм гийне.
Бендениң кеўилин аўыртаман деп,
Ҳей бенде Аллаҳтың зейнине тийме.

Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Оңынан шығарар көрген түсиңди.
Күш қуўатқа толып турғанда бойың,
Ислет бала жақсылыққа күшиңди.

Исиң түссе жыллы сөйлеп өзгерип,
Жас киши болсада оған сөз берип.
Бундай етип жүргенлерге айтарым,
Ҳәр бир исиңди тур тәңирим көрип.

Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Туўрылайды ҳәр қандай да пишимди.
Соның ушын бул өмирде яранлар,
Аллаҳқа көрсетпең ҳасла күшиңди.

Ансатбай Каражанов
13.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫМ МЕНЕН БАС ҚОСҚАНЫМА ОН ҮШ ЖЫЛ ТОЛҒАНЫ МҮНӘСИЙБЕТИ МЕНЕН
ЖАЗЫЛҒАН ҚАТАРЛАР.

Екеўмиз бас қостық он үш алдын,
Өмир базарына қойып қәдемди.
Есиңдеме жаным астында талдың,
Орынладым саған берген ўәдемди.

Өмир соқпағына қойылған қәдем,
Қыйсық басылмады, дурыс басылды.
Сеннен илҳамланып жазады қәлем,
Саған жағып қойман бәрҳә жасылды.

Шабазым он үш жыл өтипти демде,
Сениң кеўлиң менде меники сенде.
Еслесем азырақ өтмишке қайтып,
Болған екенмен мен ышқыңда делбе.

Бахыт мәканымның жағып шырасын,
Кеўлимди жаз етип жиберген дилбар.
Айтайын мен саған гәптиң ырасын,
Сүйилип, сүйиўши тек сенсең дилбар.

Ансатбай Каражанов
12.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ЖОЛЫНАН ЖҮРИП.

Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Кимниң ким екенин алғанман билип.
Бызы бир шалалар ақылын айтса,
Тыңлайман, бирақта қояман күлип.

Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде ҳеш қашан күйип.
Шүкирмен, өмирге налымайман ҳеш,
Өссемде ағамнан қалғанын кийип

Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым басы берк көшеге кирип,
Әкем айтып берген нәсиятларын,
Алғанман барлығын жүрекке түйип.

Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Қалмадым өмирде сасып ҳәм ширип.
Байғус әкем өзгелерге өмирде,
Мийўалы ағаштай тур деди ийип.

Әкемниң көрсеткен жолынан жүрип,
Әсте келебердим бийикке минип.
Әкемниң арқасы бүгинде мениң,
Жүргеним өмирде сүйилип, сүйип.

Ансатбай Каражанов
11.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Бүгин туңғыш перзентим БЕРДАХтың туўылған күни.

БЕРДАХ АҢСАТБАЕВИЧКЕ ҚУТЛЫҚЛАЎ

Нурын шашсын, қуяш балам басыңнан,
Табылсын жақсылық ҳүждан  қасыңнан,
Мүшел жасың қутлы болсын туңғышым,
Айналайын бүгин шыққан жасыңнан.

Жақсы нийет болсын балам жолдасың,
Бир жаратқан Алла өзи қолласын.
Мениң сизге туўылған күн тилегим,
Алға қойған мақсетлериң орнасын.

Бул өмирде тек жақсылық көргейсең,
Үлкен жигит болып өсип-өнгейсең.
Мениң сизге туўылған күн тилегим,
Ўақты келип бийик таўға мингейсең.

Ашық болсын бәрҳә кеўил аспаның,
Маған бахыт сениң толып тасқаның.
Қутлы болсын "Доктор" балам бүгинги,
Он үш жасқа қарай қәдем басқаның.

Сақласын Алланың өзи көз тилден,
Көзи соқыр ҳәмде кеўили кирден.
Мениң сизге туўылған күн тилегим,
Сондай бир перзент бол, ел халық сүйген.

Туўылған күниң қутлы болсын, өмир жасың узақ мазмунлы болсын, ойлаған мақсетлериңе жетисип жүребергейсең әкең Аңсатбай, анаң Дилара, инилериң Исламбек ҳәм Мусабек

Ансатбай Каражанов
10.11.2024

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Бир танысым өмирде басынан өткен қыйыншылықларды сөз етип өзи қанша ҳадал таза жумыс ислеседе кәрхана баслығы оның искерлигин билседе гәп сөзге ерип жыйналысларда ҳәммениң алдында кемситип тәрбия алғанбысаң? қашан адам боласаң?- деп жерге урып сөйлейди екен.

Бирақта ол жигит қыйыншылықларды жеңип өтип сол баяғы баслығына өзи баслық болып келипти.
Бирақ оның қәтелерин тәкрарламастан кеўил айнасы сынған болсада оның кеўил айнасын сындырмапты.
Бир күнлери баяғы баслығы болып атқа минип турғанда көзи жақсы жаманды танымайтуғын баслығы пушайман болып кеширим сорапты.
Алла кеширгенде бендеси не болыпты деп кеширипти.
"Жер домалақ екенлигин умытпайық" жолдаслар.


Ер жигитти жаманласа демек қатын,
Еркек адам жаман демес жигит атын,
Ҳәмме ўақыт ядда тутың бул гәплерди,
Шаппайды деп ойламаңлар өзге атын.

Атың шаўып турғанында өзгелерди,
Кемситкениң жақсы емес болсаң адам.
Бирдей болып турмас, заман өзгереди,
Өзгериўин билмес екен бирақ надан.

Минген атың бир күн келип кетсе жығып,
Минген кемең кетсе олда суўға ығып,
Адам деген кетпеў керек шеннен шығып,
Ертеңги күн қалмаў ушын басты буғып.

Урып соғып жаман деп сен сөккен жигит,
Бир күн келип басшы болса өзиңизге.
Айтқанында қапа болма ақыл үгит,
Көрсетеди өзиңизди көзиңизге.

Өмир деген сондай шебер билип қойың.
Соның ушын маймыл емес адам болың.
Бир күн келип атқа минип қалғаныңда,
Өзгелердиң тәғдирине қылма ойын.

Ансатбай Каражанов
08.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


ЖАҚСЫДА ЖАМАНДА..

Керексиз сөзлерди жүргеннен жыйып,
Өзиңди алғаның жақсыдур тыйып.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.

Жүргеннен өзгениң ҳақысын қыйып,
Жақсыдур жүргениң өзиңди тыйып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда жаманда жүрипти сыйып.

Қатықтай жүргенге не жетсин уйып,
Кеўил шад болсалар тартылар мыйық.
Өзлериң жаманға орын қалдырмай,
Араңызда болса жибериң қуўып.

Биреўдиң ҳақынан жүргенлер жырып,
Көп өтпей кетеди өзлери қурып.
Алланың карамы кең болғанлықтан,
Жақсыда, жаманда жүрипти сыйып.

Ҳәр қандай керексиз жаман жат қылық,
Ислеўши адамды деп айтар суйық.
Тәңирим мийримли болғаннан кейин,
Урыда, суйықта жүрипти сыйып.

Ансатбай Каражанов
08.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


СҮЙИКЛИМЕ

Қапасаң билемен тур кеўил сезип,
Жүргеннен пайда жоқ өзиңди езип,
Мейли айыпласаң, айыпла мени,
Мен сеннен ҳеш қашан кетпеймен безип.

Жаслықтан мен сени таңладым сүйип,
Ышқыңда өртенип жандым мен күйип,
Безбеймен ҳеш қашан сендей сулыўдан,
Бир өмир жүрекке алғанман түйип.

Ҳәзил сөзлериме берме итибар,
Керек емес маған басқа бир дилбар.
Муҳаббат бағында ашылған гүлим,
Мен саған болғанман мәңги аҳыў-зар.

Өзгелер гүл емес жантақ мен ушын,
Барымды беремен жаным сен ушын.
Мейли исен, мейли маған исенбе.
Жаралған сулыўсаң сен тек мен ушын.

Базыда ойланбай сөйлеген сөзим,
Кеўилиңе батқанлығын билемен.
Айыбым барлығын билемен өзим,
Сүйиклим бәри-бир сени сүйемен.

Муҳаббат бағының талы шайқалып,
Бизлерге қарап тур, ҳайран, таң қалып.
Сени сүйемен деп бақырғым келер,
Сүйиклим, сулыўым менде жар салып.

Муҳаббат өлмейди жасар жүректе,
Сүймейди деп маған сен етпе өкпе.
Баллардың қасында отырабермей,
Шабазым келип кет, мен тәреп бетке.

Қабағың үйилип жаўмасын қардай,
Шийринсең, шекерсең мазалы палдай.
Өкпелеп исинип отыраберсең,
Жарылып кетесең шабазым шардай.

Ансатбай Каражанов
06.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>




БЕЗБЕСИН ДЕСЕҢ ЕРКЕГИҢ

Өзиңнен безбесин десең еркегиң,
Жаман болса дағы сыйла телпегин.
"Пайғамбар шықпаған ҳаял затынан",
Ҳаяллар билиңлер еркек-ғой тегиң.

Билмесең еркектиң барда қәдирин,
Сыйпалап қаласаң кейин қәбирин.
Мәскүнем болсада бәри-бир еркек,
Сонлықтан ҳүрметле сыйла ҳәр бирин.

Мыяўлап жейберсең еркектиң мийин,
Қыйын болып қалар өзиңе кейин.
Билиңлер ким дәслеп пайда болғанын,
Ҳаўа ене адам атадан кейин.

Еркексиз өтеди демеңлер күним,
Мың жаман көрсеңде келседе жиниң,
Жөн дейбермей өзиңдикин ҳаяллар,
Түсинип алыңлар еркектиң тилин.

Ойласаңлар егер шаңарақ мәпин.
Қулақ сал, тыңлаңлар еркектиң гәпин.
Ҳәр ким өзиникин жөн деп тарттысса.
Бундайда тәңирим салмайды сәтин.

Бәри-бир нәресте излер әкесин.
Кеширсең болады еркек қәтесин.
Өшегиссең еркек бузып кетеди.
Арысланлар бузалмаған қәпесин.

Еркекти шығармаң ҳасла наданға,
Алжасыў тән нәрсе ҳәр бир адамға.
Ийт болсада еркегиңниң минези,
Ҳасла оны шығармаңлар жаманға.

Ансатбай Каражанов
06.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


ЕРМ.АК.✒📝📖 dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ХАЯЛЛАР БƏРХА "ДАТЛАҒАН",
БАРМА ЕРКЕКТИ МАҚТАҒАН


( 5-ноябрь Бутунжахон эркаклар куни.)

Гезимизден
баслап уйленген
Биз еркек, ярдан, уйлерден
"Жақсы сө
з" лерди еситип
Қулақларымыз уйренген

Болсаңда хадал, жақсы тап
Еситпейсең жақсы гəп
Еркеклердиң устине
Келген бəрхə "тас қулап"

Жумыстан сəл кешиксең
Хаял кутип ап есиктен
-Қай "ойнас"ыңда журсең?-деп
"Жақсы сөз"ди биз еситкен

Сыйламай баста телпекти
Пəске урып еркекти
Шын хақыйқатты айтсаңда
--Айтпа деген "ертекти"

Жыйналыс болып кеңседе
Куйеуи шаршап келсе де
Шаршағанларын "шығарған"
"Жақсы сөз" айтып еңседе

Айлық əкелсең кем деген
"Тығып" журсең сен деген
Көшедеги "өсек"ке исенседе
Сениң гəпиңе исенбеген

...Сол журген биздей "ақмақ"ты
Мына қыз қатты мақтапты
Хақыйқатлықты көрсетип
Еркеклерди жақлапты

Хаялға ерлери жақпаған
Қай уақ көрсең датлаған
Бул қыздан бурын айтыңлар
Бармеди бизди мақтаған?

-Айтпаса билер ким-дедим
Бəри хақыйқат, шын-дедим
Еркеклер атынан бул қызға
Рахмет, мың, мың!-дедим

Ерм.Ак
Ермекбай Акимбаев
Қоңырат.


БОЛМАЙДЫ.

Аңсатлықта табылған пулдың,
Қәдири ҳәм қуны болмайды.
Еркелетип өсирген улдың,
Не қылсаңда кеўли толмайды.

Көзи емес кеўли соқырдың,
Турақлы бир сөзи болмайды.
Сөзи өтпес мисли топырдың.
Жәмийетте орны болмайды.

Бир нәрсени езбелегеннен,
Билип қойың пайда болмайды.
Жақсы болса егер минезиң,
Ҳеш ўақытта кеўил солмайды.

Өз баҳаңды аспанға қойып,
Жүргениңнен пайда болмайды.
Жаман адам билесизлерме,
Жалғыз ғана өзин ойлайды.

Өзге ҳақын асағанлардың,
Ҳасла бири еки болмайды.
Гүманшыл ҳәр қандай истиң,
Бәрҳә терис жағын ойлайды.

Ансатбай Каражанов
05.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai
href='' rel='nofollow'>


БОЛМАС ИЙЕСИ

Бүгин сен отырсаң ертең басқасы,
Ҳеш ким мәңги емес гәптиң қысқасы.
Беккем болсадағы ҳәтте тутқасы,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.

Болғанындай ҳәр кимниң өз заманы,
Дәўирдиңде болар жақсы жаманы.
Болсадағы кәсибиниң маманы,,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.

Шыққан шоққың қанша болса да бийик,
Минезиң болғаны жақсыдур ийик.
Әмел ҳәм өмирди қалсаңда сүйип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.

Аўылда туўылып қалаға келип,
Жүргенлер жоқ емес көкирек керип.
Өмирди қойған жоқ мәңгиге берип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.

Базылар турғанда дәўранды сүрип,
Жүреди өзгениң үстинен күлип.
Алыңлар өмирде бир затты билип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.

Ансатбай Каражанов
03.11.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.