ҚОЙСАҢ ИСИҢДИ.
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Ҳеш ким сениң сындыралмас тисиңди.
Ҳеш ўақытта итибарсыз қалмайсаң,
Саўап иске жумысасаң күшиңди.
Бендеси қылсалар бендеге ҳийле,
Ортада болады өкпе ҳәм гийне.
Бендениң кеўилин аўыртаман деп,
Ҳей бенде Аллаҳтың зейнине тийме.
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Оңынан шығарар көрген түсиңди.
Күш қуўатқа толып турғанда бойың,
Ислет бала жақсылыққа күшиңди.
Исиң түссе жыллы сөйлеп өзгерип,
Жас киши болсада оған сөз берип.
Бундай етип жүргенлерге айтарым,
Ҳәр бир исиңди тур тәңирим көрип.
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Туўрылайды ҳәр қандай да пишимди.
Соның ушын бул өмирде яранлар,
Аллаҳқа көрсетпең ҳасла күшиңди.
Ансатбай Каражанов
13.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Ҳеш ким сениң сындыралмас тисиңди.
Ҳеш ўақытта итибарсыз қалмайсаң,
Саўап иске жумысасаң күшиңди.
Бендеси қылсалар бендеге ҳийле,
Ортада болады өкпе ҳәм гийне.
Бендениң кеўилин аўыртаман деп,
Ҳей бенде Аллаҳтың зейнине тийме.
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Оңынан шығарар көрген түсиңди.
Күш қуўатқа толып турғанда бойың,
Ислет бала жақсылыққа күшиңди.
Исиң түссе жыллы сөйлеп өзгерип,
Жас киши болсада оған сөз берип.
Бундай етип жүргенлерге айтарым,
Ҳәр бир исиңди тур тәңирим көрип.
Аллаҳқа тапсырып қойсаң исиңди,
Туўрылайды ҳәр қандай да пишимди.
Соның ушын бул өмирде яранлар,
Аллаҳқа көрсетпең ҳасла күшиңди.
Ансатбай Каражанов
13.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai