Шаўдырбай Сейитов Қазақбай улы


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ –
Қарақалпақстан халық жазыўшысы,
Бердақ атындағы мǝмлекетлик сыйлық лауреаты, талантлы шайыр, аўдармашы.
Байланыс ушын: @ilalatdinovna,
@Orekeev_Azamat
Бул арналарға ағза болыўды да умытпаң!
@Tolepbergen_Matmuratov @Kengesbay_Raxmanov

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Алтыншы бөлим

Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң қобызым,
Бирликсиз күн жоғы шын!
Бирлигиңнен айрылсаң,
Бирге арзымас тоғызың!

,,Бириккен жаў қайтарар!" –
Аман барсаң, айта бар!
Жекке шапсаң,
Қылыштан,
Геллең ушып, сай табар!

,,Бөлингенди бөри жер!"
Көмилгенди гөри жер.
Төрелигиң жоқ болса,
Өз үйиңниң төри жер! –

Қайсысысаң, Ақ арқар?!..
... Өрден ыққа шап, арқар!
Аўқамласың қанша еди,
Жаў шаппастан тап, арқар!

Саў ма екен Ақ бөкен?!
Таўдамекен Таў текең?!
Яки өзиң кеткен соң,
Жаўдамекен Таў текең?!

Не жаў менен гүресте,
Талай теке тирескен,
Шақыр, тапсаң илажын,
Таў текеңди бир өскен?!

Таппасаң тез илажын,
,,Саған маймыл жыласын!" –
Күтер сени Тәғдийрден,
Пәрман алған Қыласын!!!

Қалтыратып қынапты,
Қулшынып тур мың атлы!
Сайғақ ертип қашпаса,
Шетиңизден сулатты!!!

Қыл жаланған жарақлы,
Мыңға татыр ҳәр атлы!
Ал-ҳә, оғын садақтың,
Тар қыснаўға қаратты!..

,,Ҳәл-ҳәл!" күтер мың тазы,
Қоспақ емес, шыны тазы!
Аўызында кетпегей-аў,
Тәғдийриңниң шыңғасы!..

Шаўдырбай Сейитов
@Shawdirbay_Seyitov


Ассалаўма алейкум, канал ағзалары. Каналға 2 әлиппеде де пост салынса қалай қарайсызлар? Кирилл, латын жазыўларын алмастырып беретуғын бот таптым. Бул жағыдай бот искерлигиниң даўамлылығына қарай жалғасыўы, тоқтап қалыўы да мүмкин!
So‘rovnoma
  •   Латынша да салынса жақсы болар еди. (Latınsha da salınsa jaqsı bolar edi.)
  •   Қәйдем, маған кириллше бола береди. (Qáydem, maǵan kirillshe bola beredi.)
7 ta ovoz


Бизиң дегенимизге қарап, қаладан қыдырып келген апаларымыздың балалары пәнт жеп қалатуғын еди. Себеби, шарўаның дегениниң өзи – кеминде бес шақырым. Ғаррылар қамшысын шошайтып, , десе, , деп пәмлеймиз бизлер. Шарўа – тар жерге сыймайтуғын, кеңисликтиң адамы.

Мақсет

Шайдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Тағдыр деген тамаша. Буны мен базда тары сеўип жүрген ақ сақаллы дыйқан ата сүрейинде елеслетемен. Ҳәзир ғана пазна жүрип өткен таплардан жеңил ғана леп шығар еди дағы, балағын түрип алған Тағдыйыр ата кепшигин қолтықлап, қулашлап жүрип, енди бул, тарыны емес, адамларды атызға себер еди. деп, шашар еди ҳәм бизлерди күн күйдирип, қанатлы қағып, тумсықлы шоқып, я самал ушырып, әлле қайларға апарып тасламаўы ушын үстимизден жымпыйтып мала басар еди. Енди бизлер отақ шөплер менен таласып өсе бериўимиз, отақ шөп болмаса, өзли-өзимиз таласып өсиўимиз керек екен. Себеп ҳәр ким тамырды тереңге урып, несийбесин жерден имканиятынша номайлаў сорыған сайын, бойы да узын, зүрәәти де кән болажақ. Адамларды өйтип бири менен бирин таластырмағанына, ырылдастырмағанына мың қәтле шүкир. Ондай болғанда мына адамлар узақ жыллардан соң, жән-жаққа шашылып кеткеннен соң бирин-бири сағынбаған болар еди. Бир масақта өскен дән, ҳәр қайсысы ҳәр жаққа шашырап кетип, өз алдына масақ болажақ, хожалық болажақ, лийкин, сонда сол бир алтын масақтан шашыраған дәнелер бирин-бири еслей алмас, бирақ, мынаў адамлар еслейди-ғо. Ең болмаса, тағдыйры тосыннан дус етип, дус келген биреўге ықтыярын берген қызлар сол исенген адамынан кеўли қайтып көкиреги исингенде, баяғыда, ушқан қусы – питирген класында өзи қәдирин билмей кеткен бир баланың обалына қалғанын еслейди-ғо!

Мақсет

Шайдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov




Я-а, пәле-ек, адам дегенде балалықтағы қуўаныш та, ҳәсирет те тәкирарлана береди екен дағы! Лийкин, гөне пластинка шерткендей мудамы бир нама емес, басқа нама болып еситиле беретуғын болыўы керек. Сөйтпегенде өмирдеги тәкирарлана беретуғын қуўаныш та, ҳәсирет те адамды зериктирер ме еди, әлле қәйтер еди?..

Мақсет

Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Шаўдырбай Сейитов

«Сәркарда ҳәм түйеге айналған арқарлар ҳаққында қобыз бенен жырланатуғын ертек-дәстан» поэмасы

@Shawdirbay_Seyitov


Бесинши бөлим

Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң қобызым,
Күн мәнзили жоғы шын!
Әпиў еткей Тәбият,
Арқарлардың Долысын!

Таў салғанда тәўелле,
Тутпақ керек әўелден!
Тәрк етпеклик мәртлик пе,
Уйтқығанда жаў елде?!

Өлмек керек тасласып! –
Мен билмеймен басқасын!!! –
Туўған таўды қорғамақ –
Таўлыларға бас кәсип!

Арқар деген атың зор,
Болса да мың пәтиң зор! –
Бас шайқарсаң, Сәркарда, –
,,Қашқан жаўға қатын зор!"

Өкшелескен жаў жаман.
Даўланбаған даў жаман.
Елде қалған майрықтан,
Елден безген саў жаман!

Өкшелести жаман жаў!
Қутқарар ма аман-саў!!
Ырзаласып қалагөр-әй,
Тәрк етилген тамамы таў!..

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_shawdirbay_topar


Ҳақыйқатлықтан қорқатуғын адам, ҳақыйқатын айтсаң, айға шапшыйды...
Бирақ, сонша туқым шигиттиң арасында бир-еки қамы да кетеди-ғо, қам қамлығына барады, көгермейди...
– Ширип кетеди.

Мақсет

Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Лийкин, дәрьяның өзи қайтпағанша, бузылған бөгетти қайта бөгеў, бөгеген менен де, сыртқа ылағып кеткен суўды қайтып аңғарына ағызыў мүмкин емес еди.

Мақсет

Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Жөнге түсинетуғын жигитлер менен санасыў да, сөйлесиў де аңсат...
...Ким түсинбегени ушын сөксе, нәлет жаўсын оған.

Ҳайтмурат шопан

Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov




Халқымызға керек китапларды табыўға жақыннан жәрдем берип атырған каналлардың тағы бири @kitap_al_qr каналы.

Китап сатып алыўыңыз ҳәм сатыў ушын жайластырыўыңыз мүмкин!


Ассалаўма алейкум, канал ағзалары.
Шаўдырбай Сейитовтың көптен берли күтилген, сағындырған «Жаман шығанақтағы Ақтуба» романы 2025-жылы «Жети ықлым» баспасынан 1.000 данада қайтадан баспа жүзинен жарық көрди.
«Жети ықлым» баспасына өз миннетдаршылығымызды билдирип, халқымыздың басқа да сүйикли шығармаларын басып шығарыўда тасқын табыс, таўсылмас күш-ғайрат тилеп қаламыз.


Мәнзил: Савицкий музейи жанындағы «Китаплар дүньясы» дүканында.

Баҳасы: 111.000 сум.

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov


Изге салды қырқ мәстан,
Бир тынбайжақ қырмастан!
Қарарым жоқ, Қуяшқа
Шақты шақ-шақ урмастан!

Қырылғанлар ҳаққына,
Шақ ураман тахтына!
Тахтын емес, Қуяшты
Илдиремен шақыма!

– Күнди сөйтиў оңай ма?!..
– Келер-дә бир қолайға!
Апқайтаман Қуяшты,
Бахты сөнген Ноғайға!... –


Ақырғы сөз сол болды,
Баслап кетти ол жолды.
Таў думаннан тастүнек,
Таныў мүшкил оң-солды.

Түнектен ол қорқар ма,
Түннен қорқса арқар ма?
Қайтып алса буйрығын,
Неси оның Сәркарда?!

Таў баўрайы қыямай,
Қулап-түргеп баратыр.
Көз жасларын тыя алмай,
Жылап-еңиреп баратыр!

Туўған таўға сыя алмай,
Зорлық пенен баратыр.
Туўған таўын қыя алмай,
Қорлық пенен баратыр!

Өр көкирегин баса алмай,
Өрлеп кетип баратыр!
Өз ойынан бәсе алмай,
Төрлеп кетип баратыр!

Ғул-ғулалы шатқалдан,
Шапшып қайда баратыр?!
Тәғдийр қурған қақпаннан,
Қашып қайда барады?!

Жаңғырады дөң, жыра:
,,Қайт изиңе сен, бирақ!.."
Қабағынан қар жаўып,
Таў түксийер тунжырап.

Жибермейжақ асқары,
Жумалатып тасларын.
Жылға жылап селлетер,
Айралықтың жасларын!

,,Қайт, қайт, ҳәй-ҳәй, ылақлар!.." –
Еңк-еңк жылар булақлар,..
Әдиран қалды Ноғайлы,
Жылап қалды-аў қыратлар!
Ҳа-аа тас баўыр, туўған таў,
Умытылар ма бул ,,аҳ!"лар!..

*Сәрўаржол баслаўшы, көсем (автор).


Шаўдырбай Сейитов

Канал:
@Shawdirbay_Seyitov


Төртинши бөлим

Таў басында ақ арқар,
Үйири жоқ, тақ арқар,
Таслап қашып үйирин,
Айға ушажақ па арқар?!

Қанат қайда оныңдай!
Түси деўге, оңындай!
Мәдет тилеп Қудайдан,
Мәрк алды ма соңында?!

Шыққан шыңы – бип-бийик!
Шақы қара булыт кийип,
Қудайына тулланып,
Пәске қарар бултыйып!

Боз думаннан көринер,
Жалақласқан бөрилер! –
Гә қаўсырылып беллери,
Ырғаң-ырғаң керилер!..

,,Тап! Тап!!!"ласқан базылар,
,,Шап!.. Шап!!!"ласқан базылар,
Әжел алып киятыр,
,,Ҳап-ҳап!.."ласқан тазылар!

,,Қай мәрт қарсы тура алар! –
Қарғы!!! – дейди жыралар. –
Қырғын тийген үйириң,
О дүньяда қуралар!.."

Булытлар сөйлер тулланған:
,,Булыт бол да көш бул маннан!.."
,,Өлер болсаң жанып өл!.." –
Шақмар ымлар булғаңлап.

,,Муз болып қат!" – дейди қар,
,,Қус болып уш!" – дер суңқар.
Арқарлықтан басқаны,
Қәлемейди бул заңғар!..

,,Кел! Кел!" – дейди үңгирлер.
,,Өл! Өл!" – дейди үңгирлер.
,,Зар еңиреп жүр ылағың,
Төл! Тө-өл!!!" деп таў гүмбирлер...


,,Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң қобызым!.."
Мәңги жасаў жоғы шын.
Өлгиң келсе-ҳәм жасайгөр-аў,
Келешегиң – төл ушын!..

,,Ийт түтиўи дәркар ма?!
Ийттен өлсе арқар ма?!!" –
Қарсы таўға қарғыды,
Арқарларға Сәркарда!

Ушқын ушып шақынан,
Тастан ушқын шатынап,
Ақ жылдырым атласты,
Жардан жарға қатынап!

Тастан тасқа қаңғырып,
Сайда тынды жаңғырық!..
Енди өзиң Сәрўарға,*
Яр болагөр, Мәңгилик?!

,, – Тас қатты ма?!
– Бас қатты!.."
Аяғын-ҳәм ақсатпа?!
Таўып алсын төллерин,
Жалғызлықта қақсатпа!

Қанлы изди жаланған,
Қузғын жортар алаңнан!
Таўсын тезирек үйирин,
Тазыларға таланған!..

Анталасқан, әлқысса,
Жаў көп екен жалғызға!
Жыйнап қашсын тирисин,
Азыўлыға алғызбай!

Шап-шап, арқар,
Шап, арқар!
Төллериңди тап, арқар!
Туқымлыққа қалмастан,
Атың өшежақ, арқар!!!

Жаңғыртып жүр Бес таўды,
Төлин жоқлап бес саўлық!..
Еситтиң бе сазасын?! –
Шаўар болсаң тез шаўғыл!..


Ғаң-ғаң, ғаң-ғаң қобызым,
Тәғдийр – залым, оғы – узын!
Үйириңе жаў шапса,
Сәрўарда жан жоғы шын.

Пухарасы жылар да,
Сәркардасы шыдар ма!
Ханаласқа жеткермейди-аў,
Аңлысқан жаў тутар ма?! –

Ойламады олманын,
Егленбеди толғанып.
,,Төл қалмаса үйирден,
Арқардың жоқ болғаны!.."


Жулдыз болып ақты ол,
Тастан шақмақ тақты ол,
Ызық-ызық төллерин,
Самал болып тапты ол.

Тапқанлығы қурысын! –
Жаў шайпапты ырысын! –
Ҳәкке қонған өликтиң,
Ғам-ғуссадур турысы!

Гәсин қасқыр баўызлап,
Гәсин қаплан аўызлап,
Ғәзеп тунған көзлери,
Шақшыйып сөнген жаўызға!

Гәси белден майрылып,
Гәси шақтан айрылып,
Телмирип өлген қошқарлар,
Қудайлы Шыңға қайрылып!..

Анда жатыр бир арқар,
Мында жатыр бир арқар,
Мылжаланып маңлайы,
Қанда жатыр бир арқар!

Ғарқылдасар ғарғалар:
,,Гөш керек пе! Ларға бар!.."
Ата-анадан айрылған,
Жетим ылақ зар қағар!

,,Қой жылама, Сәркарда!
Саған көз жас дәркар ма?!
Сен жыласаң, пухараң,
Мәртлик жүгин тартар ма?!

Матам тонын кий жылдам,
Жигериңди жый жылдам!
Жетим менен жесирди,
Қуяш бол да сүй жылдам!.." –


Арқар усылай гүңиренди,
Таслар усылай гүңиренди.
Кирпигинде Сәрўардың,
Жаслар усылай гүңиренди!
Шақ-шақ тийген тасларға,
Баслары усылай гүңиренди!

Көзи жанды от болып,
Өзи жанды от болып!
,,Сүзип жықсам, Қудайды
Сотлар едим сот болып!

Төгип бунша қәҳәрин,
Қысқа дөнди бәҳәрим!
Дүккеним бар Қуяшты!
Аямасын зәҳәрин!

,,Едилди алды – елди алды!" –
Енди алмаған нем қалды?!
,,Жайықты алды жай қалды!" –
Жайпалғаным байқалды!

Жаўызларын тыймады!
Мөҳминлерин қыйнады!
Жетсем дал-дал қыламан,
Бундай наҳақ Қудайды!.."

Минди сөйтип ғурышқа,
Парасат жоқ турысқа,
Атланбақшы болды ол,
Қудай менен урысқа!

Ҳәр таўдан бир түйирди,
Қуйын болып үйирди.
Жар басында зиңирейип,
Үйирине буйырды:

– Атланысқа-а!..
Арқарлар:
– Басла-а, – дейди, – Сәркарда!
– Сәркардасы баслар да,
Арқарлар бас тартар ма!.. –

Арқарлардың даўысы,
Жаңлатады таў ишин:
– Бәри Ҳақтың пәрманы!..
– Ҳақ қоллап тур жаў исин!..

– Ҳақ емес ол – ҳарамы!
,,Ақ" деп ақлар қараны!..
– Сонлықтан-ҳәм бузылған,
Наҳақ Ҳақтың сорамы!..

– Нәзерин тең салмады!..
– Аянар жан қалмады!..
– Меҳир күтсек Қудайдан,
Қудай бизди жалмады!

Жаў азыўы таяўлы! –
Баўызлайды баяўлық!
Күнди жаўлап алмасақ
Сап боламыз, аяўлым!

ДАЎАМЫ: 👇👇👇👇👇

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov




SUBYEKTIV✍️ dan repost
Ullı adamlar qay zamanda ha'm tar zamang'a sıymag'an,
Tar zamang'a sıymag'andı ken' zamanlar sıylag'an !
(Shawdırbay Seytov)
.
.
.
https://t.me/Shawdirbay_Seyitov
https://t.me/erkinpikir1


Исмайылов Абдурашид dan repost
Шайыр менен ойнама

Шайыр менен карта ойнама!
Король, тузың оған бийгана.
Жеңилсе де заўықлана алар,
Төрт даманы жыйнап жай ғана...

Шайыр менен ойнама шахмат!
Саў басыңды қылады ахмақ.
Шахқа оның түпиргени бар,
Пияданы қорғайды жақлап..!

Шайыр менен ойнама ойын!!!
Ол ойын деп қараўы қыйын.
Шайыр олақ, мың жеңилсе де,
Сақлап қалар сөз бенен сыйын.

Шайыр тәғдир менен ойнайды...
Дәртлер менен ойнап тоймайды...
Сөзлерине әлем сыйса да,
Әлемлерге сөзи сыймайды..!
Әлемлерге өзи сыймайды..!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:4.VIII.2023

@Poeziya_Abdirashit


Исмайылов Абдурашид dan repost
Ҳақ жол

Жабық көзде жоқ қайғы...
Ўақыт изге қайтпайды.
Жасырынған қай жерде,
Бахыт бизге айтпайды.

Енеберме түсиме!
Ереберме изиме!
Қайғының от сәўлесин,
Және берме көзиме!

Сораў берме тартына!
Қарай берме артыңа!
Өзге жанның еншисин,
Қурай берме жартыңа!

Бағындың ба..? Өткен жоқ!
Сағындың ба көклем жоқ!
Алаңлама, кете бер,
Саған дым да өкпем жоқ!

Исмайылов Абдирашит
Жазылған сәне:12.II.2023

@Poeziya_Abdirashit

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.