Yuristler akademiyası


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Huquq


Huqıq baǵdarındaǵı áhmiyetli maǵlıwmatlar, pikir hám usınıslar, hámmesi xalıq mápi ushın!
Xalıqqa yuridikalıq jaqtan onlayn, biypul huqıqıy másláhátler beremiz.
Yuristler akademiyası joybarı tiykarshısı hám de jetekshisi @Salamat_Kalbaev

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa
Huquq
Statistika
Postlar filtri


"Nızam adamlarǵa eń úlken baxıttı támiyinlew ushın jaratılǵan. Qaysı nızam kóbirek adamǵa payda keltiretuǵın hám eń az zıyan keltiretuǵın bolsa, sol nızam eń jaqsısı. Húkimettiń tiykarǵı wazıypası xalıqtıń abadanlıǵın támiyinlew bolıp esaplanadı, eger ol buǵan erispese, ol haqıyqıy húkimet emes."

©️Ieremiy Bentam (1748-1832)


📌 Kóp hayallı bolıw, yaģnıy ulıwmalıq úy-ruzıgershilik tiykarında eki yáki onnan artıq hayal menen er-hayal bolıp jasaw..

⚖️ Ózbekstan Respublikası Jınayat kodeksiniń 126-statyasına bola:

💵 BEM 50 esesinen 100 esesine shekem muģdarda járiyma;

🔹3 jılģa shekem tártip dúzetiw jumısları;

🔹1 jıldan 3 jılģa shekem azatlıqtan sheklew;

🔹3 jılģa shekem azatlıqtan mahrum etiw menen jazalanadı.

‼️ Esletip ótemiz:
Házirgi waqıtta BEM (bazalıq esaplaw muģdarı) 375 mıń swm

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


#Prezident_qararı

️Hayal-qızlar isbilermenligi rawajlandırıladı

"Hayal-qızlar isbilermenligin rawajlandırıwdı qollap-quwatlawǵa baylanıslı qosımsha ilajlar haqqında"ǵı Prezident qararı (PQ-96-sanlı, 07.03.2025 j.) qabıl etildi.

✅Qararǵa bola, hayal-qızlardıń joybarların qollap-quwatlaw ushın 2025-jılda qosımsha 200 million AQSh dolları ajıratıladı.

Hújjettiń rásmiy tolıq teksti:
https://lex.uz/pdfs/7422410

📱 Telegram | 📱 Instagram


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
‼️ «OPEN BUDGET»ке даўыс жыйнаўға мәжбүрлеў мәжбүрий мийнетке тартыў болып есапланады

Бундай нызамбузыўшылық оқытыўшыларға қарата исленсе 33 миллион сумнан 49,5 миллион сумға шекем жәриймаға тартыўға себеп болады.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


️❔ 1-марттан нелер өзгереди...

Март айынан күшке киретуғын нызамшылықтағы өзгерислер ҳәм әҳмийетли жаңалықлар бир жерге жәмленди.

📩 СМС-хабарнама хызмети баҳасы 2 есеге асырылады.

СМС-хабарнама хызметлерин усынатуғын "Play Mobile" компаниясы "Uzcard" миллий төлем системасынан (5800) кириўши хабарлар ушын тариф баҳаларын 84,2 сумнан 168,4 сумға арттырады. Сондай-ақ, "Uzcard"ға қараслы "Plum Technologies" төлем шөлкеми де "SardXabar" Телеграм-боты хабардар етиў хызметлериниң баҳасын 5 мың сумнан 500 мың сумға шекем арттырады.

🏠 Ипотека субсидиялары ушын арзалар қабыллаўы басланады.

Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң тастыйықланған мақсетли көрсеткишлери шеңберинде арзаларды 3-март күни саат 09:00 ден баслап Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир портал арқалы жибериў мүмкин.

💳 Пенсиялар ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз автоматикалық тәризде тайынланады.

60 жасқа толған ер адамларға ҳәм 55 жасқа толған ҳаял-қызларға жасқа байланыслы пенсияны олардың мүрәжатысыз бир күнде проактив түрде тайынлаў тәртиби енгизиледи. Онда пуқараның мийнет стажы, мийнет ҳақы (төленген социаллық салық суммасы) ҳәм шаңарақ қурамы (турмыслық жолдасы ҳәм перзентлери) сыяқлы мағлыўматлары министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларынан алынады.

🦽 Майыплығы болған балалар ушын күндизги тәрбия хызмети жолға қойылады.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 3 жастан 18 жасқа шекемги майыплығы болған балаларды күндизги тәрбиялаў хызмети басқышпа-басқыш енгизиледи.

💵 Айырым пуқараларға перзентлериниң бақша қәрежетлери ушын материаллық жәрдем бериледи.

Жалғыз баслы ана яки атаға бир перзенти ушын балалары 3 жасқа толғанға шекем мектепке шекемги билимлендириў хызметинен пайдаланыўға БЕМның 1,5 есеси, яғный 562 мың сумға шекемги муғдарда материаллық жәрдем бериледи. Онда қаржылар егизеклердиң ҳәр бири ушын бериледи.

🏫 Кәсиплик көнликпелер орайларында жаңа тәжирийбе енгизиледи.

"Жумысқа мәрҳамат" моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайлары негизинде шөлкемлестирилген кәсиплик көнликпелер орайларында әмелий кәсиплик көнликпелерди тиккелей жумыс орнында қәлиплестириў имканиятын беретуғын жаңа тәжирийбе енгизиледи.

💼 Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў процесслери онлайн қадағалаўға алынады.

Президент қарары менен 1-марттан баслап халықты кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў процесслери санлы қадағалаўға алынады.

Егер мағлыўматларымыз пайдалы болған болса, лайк басың ҳәм досларыңызға да бөлисиң.

Умытпаң, бул бизди және де руўхландырады!

📱 Telegram | 📱 Instagram


‼️ Бүгин Жоқарғы суд баслығы Бахтиёр Жаҳонгирович коррупцияға қарсы гүресиў бойынша суд системасына мәжилис өткерип, онда блогерлерди айна деп атаған. Оларға қарсы кампания жүргизиўге емес, блогерлерди сынларынан дурыс жуўмақ шығарыўға шақырған.

Бахтиёр Исламов Жаҳонгировичтың позициясынан қанаатланғанымызды билдирген ҳалда, оған әдил судлаўды тәмийинлеў жолында үлкен табыслар тилеймиз...

📱 Telegram | 📱 Instagram


️JASLARǴA 7 JÍL MÚDDETKE HÁM 100 MLN SUMǴA SHEKEM JEŃILLETILGEN KREDITLER BERILEDI

✅ Prezidenttiń 14.02.2025-jıldaǵı PQ-62-sanlı "Jaslar isbilermenligin rawajlandırıw hám bántligin támiyinlewge baylanıslı qosımsha is-ilajlar haqqında"ǵı qararına tiykar,

2025-2027-jıllarda "Jaslar biznesi" baǵdarlaması ámelge asırıladı:

️Usı baǵdarlama sheńberinde atap aytqanda, "Bizneske birinshi qádem" joybarına muwapıq 18 jasqa tolǵan hám 30 jastan aspaǵan sociallıq salıq tólegen ózin-ózi bánt etken fizikalıq táreplerge onlayn formada jeńilletilgen dáwir menen 7 jılǵa shekemgi múddetke 100 mln sumǵa shekem kreditler jeńilletilgen mikroqarız sıpatında ajıratıladı.

"Jaslar ushın jumıs orınları" joybarı tiykarında JShJ sıpatında jumıs alıp barıwshı jas puqaralarǵa, sonday-aq, shólkemlestiriwshileri jas puqaralar bolǵan yuridikalıq shaxs shólkemlestirgen halda jumıs alıp barıwshı kishi isbilermenlerdiń keminde 20 jumıs ornın jaratıwdı názerde tutıwshı joybarlarına jeńilletilgen dáwir menen 7 jılǵa shekemgi múddetke 5 mlrd sumǵa shekem qarjılar ajıratıladı.

📱 Telegram | 📱 Instagram


#Ҳаял_қызлар_ҳуқықы

✅ Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы бакалавриат ҳәм магистратураның күндизги бағдарында билим алып атырған ҳаял-қызлар ямаса олардың билим алып атырған еки ҳәм оннан артық перзентлериниң бир перзентине төлемли-коньтракт суммасының 50 процентине шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен көп болмаған муғдарда бир мәрте төлемли-контракт төлеп бериледи.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


📌 Hayaldı turmısqa shıģıwģa yáki nekede jasawdı dawam ettiriwge májbúr qılıw yáki hayaldıń erkine qarsı ráwishte ol menen nekede bolıw ushın urlaw, sonday-aq, hayaldıń turmısqa shıģıwģa tosqınlıq etiw

⚖️ Ózbekstan Respublikası Jınayat kodeksiniń 136-statyası boyınsha

🪙 BEM 25 esesine shekemgi muģdarda járiyma

🔹360 saatqa shekem májbúriy jámiyetlik jumıslar

🔹3 jılģa shekem tártip dúzetiw jumısları

🔹1 jıldan 3 jılģa shekem azatlıqtı sheklew

🔹3 jılģa shekem azatlıqtan mahrum etiw menen jazalanadı

‼️ Esletip ótemiz:
Házirgi waqıtta BEM( bazalıq esaplaw muģdarı) 375 mıń swm.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Assalawma Áleykum húrmetli Yuristler Akademiyası rásmiy kanalı baqlap barıwshıları. Jaqın arada Yuristler Akademiyası jámááti tárepinen "Huqıqıy másláhátler" gruppası shólkemlestirildi. Ózińiz qızıqtırǵan huqıqıy temadaǵı sorawlarıńız bolsa usı gruppaǵa biymálel jollawıńız múmkin, klub aǵzaları sorawıńızǵa qoldan kelgenshe juwap beriwge háreket etedi. Sonlıqtan bársheńizdi gruppaǵa aǵza bolıwǵa shaqırıp qalamız. Tómendegi silteme arqalı gruppaǵa qosılıwıńız múmkin.

👇👇👇

https://t.me/Huqiqiy_maslahatler


‼️ Жумыс бериўши хызметкерден төмендегилерди талап етиўге ҳақылы емес...

✅ Егер Мийнет кодекси ҳәм басқа низамда басқаша қағийдалар белгиленбеген болса, мийнет шәртнамасында шәрт етип көрсетилмеген жумысты орынлаўды;

✅ нызамға қарсы болған, хизметкердиң яки басқа шахслардың ҳуқықларын бузатуғын, өмири ҳәм денсаўлығын қәўипке қоятуғын, олардың ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм де исшеңлик абырайына зыян келтиретуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыўды.

📃 Мийнет шәртнамасы - бул жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыўшы тийкарғы ҳүжжет болып, ол ҳәр еки тәреп ушын мәжбүрий болып есапланады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Мигрантлардың шаңарақ ағзаларына 750 000 сўмнан бир мәртелик материаллық жәрдем пулы бериледи

01.03.2022-жылдағы ПҚ-149-санлы Президент қарарына бола,

✅ Ҳәр жылы ҳәким жәрдемшилериниң жазба усынысына тийкар:

– бағыўшысы сырт елге мийнет миграциясына шығып кеткен ҳәм "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" мәлимлеме системасында дизимде турған шаңарақларға БЕМның 2 есеси (750 000 сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулы берилиўи белгиленген.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Endi sudqa baylanıslı huqıqıy sorawlarǵa jasalma intellekt járdeminde juwap alıwıńız múmkin

Joqarı sud Interaktiv xızmetleri portalınıń "Jeke kabinet" bóliminde sud-huqıq tarawında jasalma intellekt tiykarında másláhát beriwshi chat-bot iske túsirildi
____
Endilikda sudga doir huquqiy savollarga sun’iy intellekt yordamida javob olishingiz mumkin

Oliy sud Interaktiv xizmatlari portalining "Shaxsiy kabinet" bolimida sud-huquq sohasida sun’iy intellekt asosida maslahat beruvchi chat-bot ishga tushirildi


7421680.pdf
1.6Mb
‼️ Шығынды пулын төлемегенлер "cвет"тен үзилиўи бойынша нызам тастыйықланды

✅ Жаңа нызам жойбары рәсмий усы жылдың 7-март сәнесинде тастыйықланған. Нызам менен танысып шығың.

Жақынларға жиберип, ескертип қойың!

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


⚡️ “Жаслар” ҳәм “Ҳаяллар дәптер”леринен төленетуғын бир мәртелик жәрдемлер бийкар етиледи

✅ Президенттиң 30.01.2025-жылдағы ПП-17-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-апрелден баслап “Жаслар дәптери” қоры арқалы төленетуғын, ал 1-сентябрден баслап “Ҳаяллар дәптери” қорлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлердиң орнына Мәмлекетлик бюджеттен кем тәмийинленген шаңарақларға төленетуғын напақалар төленеди.

‼️ Бунда тийисли напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўде 6 ай даўамында Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың ағзаларының бәнтлиги тәмийинленгенлиги есапқа алынбайды.

📱 Telegram | 📱 Instagram


Айлық алыў ўақты байрамға туўры келсе, айлық қашан төленеди

🪙 Айлық (мийнет ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда мийнет ҳақы оннан алдынғы күнинде төленеди.

✅ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта финанслаў ставкасының 10% муғдарында компенсация төленеди.

Орайлық банк ставкасы 14%, соннан келип шығатуғын болсақ айлыққа салыстырғанда 1,4 %те компенсация берилиўи керек.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Aziz va mo‘tabar  ayol qizlarimiz uchun "Yuristlar akademiyasi" klubi aʼzosi Polatbayeva Sabrinaning bayram tabrigi

Sizlarni bahor nafasi ufurib turgan, go‘zallik va nafosat timsoli bo‘lmish 8-mart – Xalqaro xotin-qizlar kuni bilan chin dildan tabriklaymiz! Mehribon onajonlarimiz bayramingiz muborak boʻlsin.Hayotingiz doimo bahordek chiroyli, orzularingiz esa ro‘yobga to‘la bo‘lsin
!

https://www.instagram.com/reel/DG8aZPmCfE5/?igsh=MWpnNTh3bGk5b3M0aw==

👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi
👉https://t.me/Yuristler_akademiyasi


⚡️ Президенттиң Пәрманы менен 2025-жыл 1-апрелден баслап:

🔹майыплығы болған жасларға параспорт дөгереклерине қатнасыўы ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 1 есесине шекемги (375 мың сум) муғдарда жол ҳақы қәрежетлери қаплап бериледи;

🔹6 ай даўамында турақлы түрде спорт ҳәм көркем өнер дөгереклерине қатнасып атырған жасларға баҳасы БЕМның 10 есесинен (3 млн 750 мың сум) артпайтуғын арнаўлы спорт формалары, инвентарлар, музыка ҳәм саз әсбаплары алып бериледи;

🔹тәбийий ҳәм техноген ҳәдийселер (өрт, суў тасқыны, жер силкиниў ҳәм басқалар) ақыбетинде зыян көрген шаңарақларға турақ жайларын тиклеў ҳәм оңлаў ушын БЕМның 150 есесине шекемги (56 млн 250 мың сум) муғдарда жәрдем көрсетиледи:

🔹Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў филтрлерин сатып алыў ушын субсидия ажыратылады.

– Бунда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ БЕМниң 30 есесинен (11 млн 250 мың сум) көп болмаған муғдарда ажыратылады.

📱 Telegram | 📱 Instagram


‼️ I ҳәм II топар майыплығы болған хызметкерлер ушын жумыс ўақты ҳәптесине 36 сааттан көп болмаўы керек

📑 Мийнет кодексиниң 427-статьясына тийкар, I ҳәм II топар майыплығы болған хызметкерлер ушын жумыс ўақтының даўамлылығы ҳәптесине 36 сааттан артық болмаған етип, сондай-ақ, олар ушын күнлик жумыстың (сменаның) даўамлылығы медициналық-социаллық эксперт комиссиясының усынысларына муўапық белгиленеди.

📅 Бирақ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде — 6 сааттан, 5 күнлик жумыс ҳәптесинде — 7 саат 30 минуттан өтип кетпеўи керек.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi


❔ Пуқара пенсияға шығыў ушын жетерли стажы болмаса не болады

️"Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы Нызамға бола:
– пенсия тайынлаў ушын жетерли жумыс стажына ийе болмаған шахсларға жасқа байланыслы пенсиялар кеминде 7 жыл жумыс стажы бар болған жағдайда, бар стажға сәйкес муғдарда тайынланады.

Жоқарыдағы нызамның 7-статьясына тийкар, жасқа байланыслы пенсия алыў ҳуқықына:

– Еркеклер – 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда;
– Ҳаял-қызлар – 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болғанда ийе болады.

️✅ Демек, жумыс стажы мына 20 яки 25 жыллық талапқа жуўап бермейтуғын пуқараларға жасқа байланыслы пенсия ислеген жумыс стажына сәйкес түрде тайынлана бериўи мүмкин. Тек, ең кем стаж жети жылдан кем болмаўы керек.

🔍https://t.me/Yuristler_akademiyasi

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.