Әдебий БлоGнот


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.18+

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳 dan repost
ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ЗАМАНЫ БАР

Гүлшанларда гүл ашылмас,
Гүл мәўсими келмегенше
Аўыл-еллер абат болмас,
Дийқан жылын бермегенше.

Ҳәр мәўсимниң бар өз гүли,
Ҳәр гүлдиң өз жамалы бар
Ҳәр пасылдың өз мезгили,
Ҳәр кимниң өз заманы бар.

Биреў даңқлы исбилермен,
Биреў спорт чемпионы,
Биреўге хош ҳаўаз берген,
Жаслар жақсы көрер оны.

Компьютер заманының
Исинде не шек болады?
Илим, талант, техниканың
Кәраматы көп болады.

Шеттенбисең, орайдан ба?
Ол айырмас сиясатлап,
Чикаго ма, Шымбайдан ба,
Ким болсаң да кетпес атлап.

Евразия физиклерин,
Жарысқанда хайран қылған,
Үш алтын медальдың бәрин,
Утып, утып, утып алған,—

АҚШ я Қытайдан емес,
Нөкистиң бир жас баласы,*
Сондай баллар әжеп емес,
Болса илим дүрданасы.

Бәлким олар Сарез көлин
Тутастырып Арал менен,
Қандырар теңиздиң шөлин,
Сөз бар "зәрре бағыш" деген.

Хожелиниң қарапайым
Қызы Орал—доктор, алым,
Ким ойлаған, айнанайын,
Болар деп дүньяға мәлим.

Өз заманы келсе керек,
Даңқы жер жаҳанға кетти
Пүткил Азияға дәрек
Сыйлық оған несип етти.**

Айтсам Қутыбаевтағы,***
Геркулестей**** қүдиретти,
Өзбекстанның байрағын,
Төрт(бес) мәртебе желбиретти.

Ақыл, инта, талант, мийнет
Ҳәм ҳәр кимниң заманы бар.
Усы жерде сәл сабыр ет,
Гәптиң басқа таманы бар.

Биразлар даңқ, атақ қуўып,
Ижад жолын таслап кетер,
Қайнаўытлы ағыс суўып,
Булақлардың көзи питер.

Қәлемкешлер болды сондай,
Даңқ, атаққа бәрин сатқан.
Китаплары бири қалмай,
Мақтаўлы сын алып атқан.

Даңқлы болды олар соннан,
Ийттүйнеклер урқан жайды.
Енди көрсең, умытылған,
Жазғанын журт оқымайды...

Өз заманың—ол да дәўран,
Өмириңде бир келеди.
Даңқ, мақтаўға болсаң алаң,
Булақ суўы иркиледи.

Қандай атақ алғанлығын,
Берунийдиң, Бердақлардың
Ҳеш ким сорамайды бүгин.
Мийнетин халық ардақлар дым.

Талант аты жақсы шапса,
Даңқ, мәртебе ерип жүрер.
Қызы жақсы күйеў тапса,
Қудағайдың өзи келер...
Февраль, 2002-жыл.

*"Нөкистиң бир жас баласы" дегенде Евразия физиклери
таңлаўында қатарынан үш алтын медаль алған Нөкисли оқыўшы
Әлийшер Сәнетуллаев нәзерде тутылады.
**Ҳәр континентке тийисли жер жүзилик Гольдман сыйлығын
алған медицина илимлеринин докторы, "Перзент" қорының
баслығы Орал Атаниязова.
* * *Тайбокстен төрт мәрте жәхән чемпионы болған Еркин Қутыбаев.
****Геркулес — грек мифологиясындағы оғыры қарыўлы бахадыр.

https://t.me/ibyusupov








Әдебий БлоGнот dan repost
Шым-шытырық дүнья иси,
Майырады мəртлерди.
Айтқызбайды кеўилдеги
Сайрап турған гəплерди
.

Бир бағ екен дүнья мисли,
Ҳайран етти дүнья иси.


Пәтийма МЫРЗАБАЕВА

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
ДҮНЬЯ  ИСИ

Қурысын бул дүнья иси,
Биреўлерди уттырар.
Биреўлерге пəнт жегизип
Зəҳəр-заққум жуттырар.

Жумбақдур бул дүнья иси,
Сүймесиңди сүйдирер.
Жеттим десең қуртып писиң,
Баўырың дағлап күйдирер.

Шым-шытырық дүнья иси,
Майырады мəртлерди.
Айтқызбайды кеўилдеги
Сайрап турған гəплерди.

Ҳайран етти дүнья иси,
Намəртлердиң жолы көп,
Өзгелерди тутпас мисе,
Созса жетер қолы көп.

Ойран етти дүнья иси
Кеўлимдеги қорғанды.
Етпеди шын күлки несип,
Бəри-бəри жалған-ды.

Бир мəрт кетип, оны қалар
Ыссы нанға алғысыз.
Кеўил қурғыр таппас қарар,
Сезинер өзин жалғыз.

Бир бағ екен дүнья мисли,
Жемислерин жегизер.
Ақыр соңы ҳəр кимсеге
"Əттегене" дегизер...

Пəтийма МЫРЗАБАЕВА


https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
ҚУЛЫНЫМ
Полаттың анасы Дүрдананың толғаўы

Болған соң ҳасылдың туяғы,
Ол қалай маңлайға сыяды?!
Биймезгил жаўған сел, буршақтың,
Тийдиме жаныңа зыяны,
Маңлайға сыймаған қулыныым?!

Ул-қыздың қызығын көрмедиң,
Зар жылар көз ашып көргениң.
Басыңа қандай кун туўса да,
"Мен ҳақпан, күтиңлер",-дер едиң,
Күткенде келмеген қулыным...


Кең пейил, түсимпаз маралым,
Әзелден жүреги жаралым.
Бухардың жолына үмитли,
Көзлерим төрт болып қарадым,
Еңбегим еш болды-аў, қулыным...


Булт басса ынтығар ел Күнге,
Ел дәрти күл қылар бир күнде...
Арыңа жабылған дөҳметке,
Шыдамай жан берип келдиң бе,
Ар-намыс қурбаны қулыным...

Аңлаған халқының керегин,
Беглигин бузбаған төрелим.
Сен ҳақсаң,ҳеш қандай гүнаң жоқ,
Сезип тур аналық журегим,
Жанымнан қәдирли қулыным.

Мен... себил қалған соң әрманым,
Жанымды егеўлеп қарнадым.
Елим деп хызметте-ақ жүр едиң,
Мәрт болып туўылған тарланым...
Әрманлы көз жумған қулыным...


Көргенде табытта денеңди,
Еследим әдиўли енемди...
Әкеңди биймәҳәл жойтқанда,
Қайырлап қалған сол кемемди,
Орнынан жылжытқан қулыным.


Тай болып бастың ат туяғын,
Жолымды жақтыртқан шырағым.
Таўым деп сүйенип жүр едим,
Бир күнде таўлардай қуладың,
Шыңларды гөзлеген қулыным...

Барағой әкеңниң жанына,
Сен ҳақсаң,соны айт, налыма.
Сатқынлық қылмадың елиңе,
Шаң тийгизбедиң ел арына,
Мәрт болып туўылған қулыным...

Мен енди күйикли анаман,
Айырылған шын полат баладан.
Қайғырып,қайысып келип тур,
Азаңа қара шор аламан.
Қулыным, мен саған ырзаман!

        *   *   *

Болған соң ҳасылдың туяғы,
Ол қалай маңлайға сыяды?!...
Қулыныыым!

   Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
     5-февраль, 2023-жыл.

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
#үзинди

Ат береди хан атаң,
Тон береди хан атаң,
Ханның атын минсеңе,
Ханның тонын кийсеңе,
Қайыт Едиге, қайтсаңа,
Байтал бөлип алсаңа,
Байтал бөлип саўсаңа,
Пайтақ бөлип алсаңа,
Алтын тахқа минсеңа,
Патшалық дәўран сүрсеңа,
Ақ төбеден сен түсип,
Атаңа қуллық етсеңа,
Қайт Едиге, қайтсаңа.
Оған кеўлиң толмаса,
Ханның еки қызының,
Қәлегенин алсаңа,
Қайт Едиге, қайтсаңа,


"Едиге" дәстанынан.

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
#Китаптан

«Едиге» дәстанына қарақалпақ халқының сүйиушилиги айрықша. Қарақалпақлардың еске түсириўи бойынша «Едиге»ни айттырғанда күн жаўады дейди, Едигени жыраўлар еки үш ҳәпте бойы айтатуғын болған. Жыраўдың дәстанды атқарып ең қызған жеринде Едиге таң алдында аты менен өткен деген аңызлар бар. Бирақ халық аўызында усы мағлыўматлар бүгинге дейин жасап келген. Қарақалпақ халқының салт дәстүрлеринде Едигеге сыйынып ислейтуғын  ырымлары  бар. Едигениң  әрўағына сыйынып аўырған атты емлеген, Едигени аттың пири деп есаплаған. Топырақты үйип, Едигениң мазары етип, соннан аўырыў атты айландырып емлеген.


Бахадырова С. Қарақалпақ халық дәстанлары. «Қырық қыз», «Алпамыс», «Қоблан», «Едиге»,..
https://t.me/a_blognot




#китап_тууралы

Соңғы трендтеги психологиялық китапларда мысалы, бай болыу, ойланба, жылама, шаққан бол дегендей атамаларда болып, және олар дыққатты тез тартады. Олар таяр формулалар менен  билимлерди береди, тез шешим қабыллауға бағдар береди. Оларда өзлериниң өмирлик тәжирийбеси, алған билимлери, соннан келип шығып өзлериниң кеңеслери бериледи.
Көркем әдебиятта ше...
Ал, әдебий китапларда өмирдиң өзи тири тәжирийбе, лаборатория. Ол жерде таяр жууап, шешимлер жоқ.  Шығармадағы персонажлар арқалы өзиң ойланасаң, өзиң нениң қәте не дурыс жуумаққа келесең. Әдебият өмирди тереңирек түсиниуге, өзиңди, ишки дүньяңды түсиниуге мүмкинлик береди.

https://t.me/a_blognot


Психология илиминде хайуанлар психикаға ийе, ал сана тек адамзатқа ғана тән дейди.
Сананың бийиги адамның өзин хәр тәреплеме терең түсиниуи, ол ең жоқары руухый-мәдений, сезимталлық, ақылый хәм билим жетиклиги, ең жоқары туйғылар, пазыйлетлер болыуы мүмкин.
Сана бийигинде өз адамыңды ушыратыу шынында да – бахыт.
Сондай адам менен бир кесе шәй үстинде китапларыңды оның ишиндеги образларды талласаң...

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
Муҳаббат  дегенимиз - еки ақыл-парасатлы адамның сана бийигинде дусласыўы.

Мухтар ШАХАНОВ

https://t.me/a_blognot


Қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери, устазларымыздың телеграм каналлары ашылып атырғанынан қуўанышлымыз.
Устаз шайыр Гүлнара Нурлепесованың дөретиўшилиги менен кең танысыўды қәлеўшилер ушын
канал силтемеси
https://t.me/gulnara_nurlepesova


ГУЛНАРА НУРЛЕПЕСОВА dan repost
ӘЗИЗ ХАЛҚЫМА
 
Халқым мениң ақ көкирек аңқылдаған,
Ҳәр бир айтқан сөзлериңиз алтын маған.
Неге жетсем усы күнге шекем бәрин,
Шын кеўилден инам еткен халқым маған.
 
Қосық жазсам илҳам берген өзлериңиз,
Сөзлериме арқаў болған сөзлериңиз.
Айтпасаң да шын жүректен сөйлеп турар,
Көз алдымда жаўдыраған көзлериңиз.
 
Қонақ келсе шашасыз сиз барыңызды,
Барлығынан бәлент қойып арыңызды.
Қолдан келсе бережақсыз үзип-үзип,
Барыңызға қосып жүрек тарыңызды.
 
Қонағыңа таппай қалсаң  буўаз сойып,
Шашыласаң жетпесинлигиңди жойып.
Мийман келсе көрсетесең барлығыңды,
Дастурханға жүрегиңди жайып қойып.
 
Сақый халықсаң тапқанын тойға шашқан,
Қосық айтып, саз шертип кеўили тасқан.
Қобыз бенен «Едиге»ни жырлағанда,
Жаўын жаўып қабақ шытқан ашық аспан.
 
Жийреншедей таўып айтқан сөзлериң бар,
Кемликке көнбейтуғын гезлериң бар
Маман бий, Аллаяр ҳәм Ерназардай,
Бабалардан қалған даңқлы излериң бар.
 
Базы ўақта түсип қалғандай түйеден,
Сумлығы жоқ албаўлығыңа күйемен.
«Жаңылмас жақ, сүринбес туяқ болмас»,
Қандай болсаң сондайлығыңша сүйемен.
 
Небир қыйын асыўлардан асып келдиң,
Не-не машақатлы жолды басып келдиң.
Мәртлик толы бабалардың тарийхынан,
Бердақ болып шежиреңди жазып келдиң.
 
Әжиниязға қазақлардан дуз таттырып,
Айтыста Қыз Меңештей дос арттырып.
Дәлийлледиң уллы халық екениңди,
Ибрайымға даналықтан сөз айттырып.
 
Тарийхыңда Тумарисаң батыр қандай,
Қумар анаң шер жүрекли болған сондай.
Қызларыңды Вамбери тәрийп еткен,
Сулыўлықта теңи-тайсыз Гүлайымдай.  
 
Барлығыңыз нағыз мениң өзимдейсиз,
Ҳақ кеўилден саўдыраған сөзимдейсиз.
Сыр алдырар баладай сумлығы жоқ,
Жан дүньям сәўлеленген көзимдейсиз.
 
Сизди көрсем елжирейди кеўилханам,
Қарсы алдымда турғандай әзиз анам.
Алыс кетсем мен Сизлерди сағынаман,
Әзиз халқым, болғайсызлар мәңги аман!

Гүлнара  НУРЛЕПЕСОВА

2021 жыл.




Майда қәдемлер уллы ислерге алып барады, бирақ майда тәшуишлер уллы ислерден шалғытпасын.

http://t.me/a_blognot


#Китап_жаңалығы

Белгили фольклорист профессор Сарыгүл Бахадырованың қарақалпақ жырау-бақсышылығы тууралы рус тилинде "Каракалпакский жырау" монографиясы жарыққа шықты.
Китапта фольклор илиминде  дәстан атқарыушылық, жыраушылық түсиниги, дүнья жүзинде бул өнердиң рауажланыуы хәм қарақалпақ жыраушылық өнериниң қәлиплесиуи, өзгешелиги тууралы илимий-аналитикалық таллау жүргизиледи. Формула хәм эпикалық код, сөз гармониясы, эпикалық аудитория хәм атқарыушы экстаз жағдайы теориясына түсиник береди. Бул монография фольклор илими бойынша қызығыушы илимпазлар хәм кең жәмийетшиликке арналған.
Китап "Янгикитоб" баспасында басылып шықты. Қатты қаплы, 260 беттен ибарат.
Профессор С.Бахадырованы фольклор илимине қосқан және бир қунлы мийнети менен қутлықлаймыз!

Редакторлар: Х.Темиров, А.Турдымуратова

http://t.me/a_blognot


ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳 dan repost
Төлеген АЙБЕРГЕНОВ

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЫНА

Бүгін ғой жаңбырлатып жақын келдім.
Ұзасам таңдайыма татыр демің.
Қағілез қара бала болғаныммен,
Жүрегім кәдімгідей ақын менің...
Мен барда армандап қал, аспандап қал,
Балқысын бауырындағы баспалдақтар.
Су қылып мойыныңды Мойнақ жақтан,
Бір кезде ұшушы ең-ау қасқалдақтар.
Көшер ме сені керіп қыс түнерген,
Мылтығын лақтырар ма сұсты мерген.
Мен саған Алатауымды көрсетейін,
Қасыңа қырық қыз ертіп шықшы бермен.
Қалайша арман саған елтімесін,
Дауысын қазды аспанның келтіресің.
Қайтпасам болмайды енді Алматыма,
Сен мені өртей-өртей өлтірерсің.

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери



20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.