#Қараң
ИЙТТИҢ КҮЙЕЎИ
(Әбиў Әлий ибн Сина менен болған қызық ўақыя)
Ҳәммеге белгили Әбиў Әлий ибн Сина оғада саўатлы, илимли тәўип болған. Бирак Әбиў Әлий ибн Сина ҳаял адамды туўрыдан туўры көрмейтуғын еди. Көриў керек болып қалса үйиниң ишинде отыратуғын, көриниўге келген ҳаял болса сыртта отыратуғын, ҳаялды алып келген адам ҳаялдың билегинен узын жип байлап, жиптиң ушын Ибн Синаға услататуғын еди. Ибн Сина жиптиң дирилдегенин тыңлап, кеселликти анықлап, емлейтуғын еди. Оған Аллаҳ таала усындай үлкен қәбилет берген екен. Оннан ҳеш ким зыян көрмеген, мүтәж, бийшара адамларды қалтасынан емлейтуғын еди.
Ҳәмме жерде де бир бузғыншы табылғанындай Ибн Сина жасайтуғын аўылда да бузық нийетли адамлар бар еди. Сол бузғыншылар көшеде кетип баратырса бир үлкен нашар ийт аш болып, диңкеси болмай жатырған екен. Олар ийтти мазақлап күлипти. Сонда Әбиў Насыр деген киси қасындағыларға:
– Усы ийтти Ибн Синаға алып барып бир мазақ қылмаймызба? – депти. Ҳәмме оны мақулласыпты. Олардың екеўи ийттиң алдыңғы еки аяғын көтерип еки тәрепинен қолтықлап, ийттиң басына орамал байлап Ибн Синаға алып барыпты. Алдыңғы аяғына жипти байлап, ушын Ибн Синаға услатыпты. Бийшара нашар ийт үретуғын да жағдайы жоқ еди.
Ибн Сина жипти услап турып:
– Бул келиншек кимниң зайыбы? – деп сорапты. Әбиў Насыр не дерин билмей:
– Меники, – деп жиберипти.
– Егер усы наўқас сизиң зайыбыңыз болса, келиншегиңиз саў-саламат, тек оғада аш. Көбирек қатық, сүт берсеңиз, тез күнде жүнлери шығып, ҳәжетиңизге жарайтуғын болып қалады. Егер Рәббим мени алжастырмаған болса, келиншегиңиздиң қарнында бес ямаса алты дана өзи сыяқлы баласы бар, – депти.
Усы ҳәзили ушын Әбиў Насыр «ийттиң күйеўи» деген лақап пенен аты шығып кетипти.
👉Telegram каналымыз