Еркек қандай Ҳаялды жақсы кɵреди?
Ҳаял қандай Еркекти жақсы кɵреди?
Еркек ɵзиниң шахсый ɵсиўине себепши болатуғын Ҳаялды жақсы кɵреди. Ер адам ушын шахсый ɵсиў, жәмийетте табысқа ерисиў биринши гезекте ɵз қәдирин сезиниўи ушын керек. Еркек бул жолда оны түсинетуғын, қоллап-қуўатлайтуғын Ҳаялға мүтәж. Ол, Ҳаял адамнан руўхый күш (романтика) алады, илҳам алады. Ɵз Еркегин ɵсирип атырған Ҳаялда шәртсиз түрде бахытқа бɵленеди, шырайына-шырай қосылып, гɵззал Ҳаялға айланады.
Ҳаял болса оны тыңлап билетуғын Еркекти жақсы кɵреди. Ҳаял адам биринши гезекте ɵзиниң ишки сезимлеринен қыйналады. Ол ишиндеги түсиниксиз ойлардың, сораўлардың жуўабын тапқысы келеди. Ишиндегин сыртқа шығарып, босанып алмағанша тынышланбайды. Оны бундай қыйыншылықтан, қолайсызлықтан шығаратуғын Еркекке мүтәж болады. Ҳаялды тынышландырыў ушын оны тыңлаў керек, ишки сезимлерин, дәртин түсиниў керек. Егер Ер адам Ҳаялына кеўил бɵлип, оны шын кеўилден тыңласа, түсинсе Ҳаялы оны жақсы кɵреди. Ҳаялы жақсы кɵретуғын Еркек бахытлы ҳәм руўхый жақтан күшли адамға айланады.
@psixolog_nukus