Не ушын ҳаяллар күйеўине мамалық қылғысы келе береди? Себеби, олар ҳақыйқый ҳаял болыўдың қандай болыўын билмейди ҳәм ҳақыйқый ҳаял болыўға ҳәрекетте етпейди. Не ушын бундай? Себеби, олар балалығында анасынан ҳақыйқый ҳаялдың қандай болатуғынын кɵрип ɵспеген, анасында ҳаяллықты емес, тек аналықты кɵрип ɵскен. Сонлықтан оларда бала туўғаннан баслап аналық сезими күшейип баслайды, анасының ҳәм енесиниң программасынан шыға алмайды, солардың қәтелерин қайталайды, әкеси яки қәйин атасы қандай болса, күйеўинде сондай еркек қылады.
Бундай машқалалы еркеклердиң дерлик бәршеси мамасының баласы болып, балалығынан мамасының сызған сызығы менен жүриўге үйренген, ɵзинше пикирлей алмайды, ɵзинше шешим қабыллай алмайды. Сонлықтан ол ер жетседе анасынан, әжапасынан сепарация бола алмайды. Ер жетемен дегенше, шаңарақлы боламан дегенше ҳаял адамның (анасының, әжесиниң, әжапасының) пикири менен жүрген еркек, үйленген соң ҳаялының пикири менен жүретуғын болады. Олар буны аңламай ҳаялы менен урысып, тɵбелесип, ашыўын арақтан алып, қумарға берилип, ериншек, жалқаў, жуўапкерсиз еркекке айланып, ɵзин еркек сыпатында сындырып атырғанын билмейди. Әтирапындағы ҳаялларда оның еркек болыўына жол қоймады. Олар ɵзиниң гәпин мақуллайтуғын, ɵзине қарсылық кɵрсетпейтуғын «еркекти жақсы кɵремиз»- деп, еркекти жыллар даўамында сындыра береди. Егер еркек 30-35 жасында турмысына, шаңарағына толық ɵзи жуўапкер болмаса, ол ўақыт ɵткен сайын сына береди, 40 жастан кейин оны еркек қылыў аңсат болмайды.
Мен ҳаялларға «Машқала енемде, қәйин апамда, абысынымда, бийкешимде, күйеўимде»- деп, ɵзиңди ақлай бергенниң пайдасы жоқ деп айтаман. Бул гәпти сениң бир ɵзиң емес, әтирапыңдағы ҳаяллардың бәршеси айтып жүр. Сонда не сизлерде ҳеш қандай қәте-кемшилик жоқпа, идеалныйсызба? Ҳәр бир адам бахытсызлығына биринши гезекте ɵзи себепши. Бахытлы жасаўды шын жүректен қәлейтуғын адам биринши гезекте ɵзи менен шуғылланады, ɵз үстинде жумыс алып барады. Биреўлерди дүзете алмайтуғыныңды қанша ерте түсинип жетсең, ɵзиңе сонша аңсат болады. Ақыл-парасаты барлар буны жас гезинен түсинип баслайды, ақыл-парасаты жоқлар буны ɵмириниң ақырына шекем түсинбейди, «Машқала биреўлерде»- деп, жүре береди. Сонлықтан бундай ҳаяллар қартайғанда кеселликтен, бахытсызлықтан қыйналып жасайды.
@psixolog_nukus