Сахибжамал Сырғабаева


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР.
🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған.
🖇️2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинары қатнасыўшысы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#поэзия

Сахыбжамал Сырғабаеваға жуўап

Таўға алаңлап, кесекке сүриндик...
Ҳаққа ақ, наҳаққа жаман көриндик.
"Әй" дейтуғын әжелерден әрман жоқ..,
"Қой" дейтуғын хожа таппай бүлиндик..!

Азаны той, мәжилисти байрам қылдық..,
Бир саналы жыласа, ҳайран күлдик.
Шайырлардың еки өмири бар болса,
Көп аманат өмирди ўайран қылдық..!!

Ким байлаған?! Суў келмейди сағадан!
Маңлайымыз ашылмай жүр ағадан!!!
Ийтлер жаман қаўып турған етектен,
Жаўлар ҳеш гәп алып турған жағадан.

Әзелден де биз булай ахмақпедик?!
"Шай үсти" поэзияны "Тақмақ" дедик...
Қара жерин жай "Қара" демесек де,
Таўып алып, ақ жерин "Аппақ" дедик.

Қашан келеди бул ислер оңынан!?
Бағып көрермиз соқырдың соңынан!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 14.XII.2024

@Poeziya_Abdirashit

2.5k 0 36 10 81

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Байрамың мүбәрек Қарақалпағым.

2.2k 0 25 7 104

Әбдурашид Исмайылов пенен сырласыў


Урыс майданында жаўынгер соңғы,
Арын сақлаў ушын жан берип тынды.
Бизлер жаназаға қатнасып жүрмиз,
Қаңыраған майдан мәртлерсиз енди…
Қайтып шықпас болып жулдызлар сөнди,
Ҳәмме көрмегендей көзлерин жумды.
Арнаў қосықларға ыққан поэзия
Қашшан Ибрайымды шырлатып көмди.
Бар еди, барлығын жоқ етип болды,
Ертең тулға тутар әўладлар кимди?!
Қызық, өлтиргенлер сотланбаймекен?!
Кеше Рахманов, бүгин Төлек өлди…


Өзиң айт, Қарақум ийшанның төли
Қалай басып жүриппиз қара жерди?!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

2.8k 0 20 14 74

***
Айбаты жоқ не көринген таўларға,
Сана кемис , ақыл еси саўларға…
Сөз демей-ақ сырын берген жаўларға,
Арысланның ақырғандай үни жоқ.

Сыбырласып сығалайды көзлери,
Ата душпан өзлерине өзлери,
Марапаттан исип кеткен жүзлери,
Батырлардың жүрегиниң түги жоқ…

Шайыры бар… дәўири жоқ көз илген
Шайыры бар… хәўири көп сөзинен
Талантсыздың көкрегине дизилген
Ялғаншы-ай, бирин тапсаң бири жоқ…!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

#сөзбәндиргиси

4.8k 0 48 15 161

Ҳәси кетпе!

Мәнгилик жоқ!- мына аспан астында,
Қәбириңе қойып қайтар достыңда.
Ҳеш кимге ийилмеген кербаз басың,
Ширип кетер қара жердиң астында…

Сен өлесең, өзгермейди дүньялар,
Туўысқаның журт көзинше қыйналар,
Ҳеш ким саған жолдас болып бармайды,
Топрағыңды сырт бетинен сыйпалар.

Әжел келсе алып қалар дейсеңбе?!
Қалып кетер, жаннан артық сүйсеңде.
Ақ таўарға оранып-ақ кетерсең,
Тириликте ең қымбатын кийсеңде.

Ҳәси кетпе!

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

6.8k 1 121 32 192

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Кеширесизлер 🤦🏼‍♀️

4.5k 0 34 29 24

Исмайылов Абдурашид dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#мүнәсибет

Әжиниязды Жуманияз дегенде үндемеп едим, сөгинип қоятуғынымды билип.

1) "Plat books" емес "Plato books"
2) "Экзюпер" емес "Экзюпери"
3) "Қара шаҳзада"ға улыўма гәп жоқ. Еле де "Қара рицар" демегени

Китап оқың, берекет тапқырлар, китап. "Кишкене шаҳзада" өзи кип-киттай китап, бир отырыста жутып жибересең.

@Poeziya_Abdirashit

3.8k 0 33 24 66

Менде бир бийқайғы заман болмады
Әжинияз Қосыбай улы

“Ағам барда, арқам тамда” деген-ем,
Жаздырмады тобығымды шегеден.
Талант емес “блогер”лерди шақырған,
Кешир шайыр! Қутлы болсын мерекең.

С.Сырғабаева

11.6k 2 76 25 184

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Сен сағыныш нелигин билесеңбе?
Жүрегим шыдамай жүр гүресиўге.
Өзим жерде үнсиз турғаным менен,
Бир әрман бар руўхымның еңсесинде.
Ишимдеги қызғаныш от есиўде,
Өзимди де қыйнайман есесине.
Жас қызға тәғдир де салғанба қастын
Барлық жолым кетип жүр кесесине.
Мәйли, шырмалып турмыс тәшўишине
-,Сүйгениңнен тансаңда ел ишинде,
Сенсиз мухаббет сөз болған жерде,
Бахыт бола алмайман мен хешкимге.
Ешейин сезим берип елесиңе,
Бәрин салдым ўақыттың кемесине.
Өзиңнен өзгеге жибермей қойған,
Сол сағыныш нелигин билесеңбе?!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси

5.6k 1 49 25 123

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish

6.2k 0 45 24 86

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🖤

Қызық еди, ышқы пасылы,
Ўәделестик! Антлар ишилди.
Писент етпей, сезим жасыңды,
Қыялларда әрман пишилди.
Бийик туттым кеўил талғамын,
-жаслық етип тапқан шешимди.
Мениң "мухаббат"-деп барғаным,
"Антың липас киби шешилди..."
Енди еситпейсең даўсымды,
Қәлбим ашықлықтан сескенди.
Солай жаным,
бәри таўсылды!
Енди, сүйгим келмес ҳеш кимди...
С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

6.5k 0 31 14 89

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Соңғы ўақлары бир-биримизди тирилей жойтып атырмыз. Мени көп сынамаң. Кеўил деген сол екен…


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Мениң исим жоқ! -бул дүнья менен,
Көзлер жалынсыз, сезимлер өлген.
Бир өмир баслап мухаббет пенен,
Бәри таўсылған жерде…
Сен келдиң!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси


Ерке қызыңыз еркелеп жүрип-ақ есейип қалыпты…
Өмир деген я?! Кеше емеспеди? бүгин 5 ке шықтың,16-сентябрь сениң туўылған күниң-деп анам биринши мәрте үлкен адамлардай етип қутлықлағаны... Бүгин Аллаға шүкир 5 жастың 5есесин басып өттик. Бирақ Анам қутлықламады…
Азанда әуле басқа барып бираз төгилгип қалдым. Ерке кеўил дә жетимсиреп қала береди.
Ал, сизлердиң жыллы сөзлериңиз маған бәрхә қанат болды.
Бәриңизге рахмет!

5.9k 0 10 78 177

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ай, Муқағали қандай бахытлысаң?!
Сени бәри талағанда,
Баўыржандай ағаң болды…

#қосық авторы Муқағали Мақатаев. Қазақ қахарманы Баўыржан Момыш улына арнап жазылған.

5.3k 0 15 21 46

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
…Етек жасын толтырып турсын
Инанбайман, көзлерге Ана.
Кешеғана жан деген достым,
Дүнья ушын өзгерген Ана!

Өмир екен саўдалы базар,
Санасыўды үйренген Ана.
Мениң ушын бир тыйын олар,
(Мал достыма күймеймен, Ана!)

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

5.8k 0 15 14 78

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish

5.9k 0 22 12 88

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Мениң исим жоқ! -бул дүнья менен,
Көзлер жалынсыз, сезимлер өлген.
Бир өмир баслап мухаббет пенен,
Бәри таўсылған жерде…
Сен келдиң!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қызғалдақтай қулпырған қарағым,
Қызы едиң кең жазық даланың.
Еркелигиң жарасқан үйиңнен,
Өз үйиңе апарар әрманың…
С.Сырғабаева


(Мен тойға шықпайман!
Бул қосық бүгин елдиң мақтанышлы баласы, әпсана баласы Еркинбай Қутыбаевтың қызы Бийбигүлдиң узатыў тойында оқылды)

6.6k 0 68 25 150
20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.