Сөз маржаны


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Бул дүньяның көрки - адам баласы.
(Әжинияз)
Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Қызық, адамийзат бир өмир Жаратқаннан байлық, ҳәмел, пәрәўан турмыс бериўин сорап жалынады, бирақ усылардың ҳәммесиниң тийкары болған – ақыл-парасатты сорамайды.
Қызық, бәршемиз бир жеримиз аўырғанынан налыймыз, бирақ ҳеш биримиз кеселликтиң тийкарғы себепшиси – нәпсимизден налымаймыз…


https://t.me/Soz_marjani


ГҮЖИМ ТЕРЕК

Бир топар жолаўшылар саратанда, түс ўақтында қатты ыссы себепли ҳалдан тайып аяқларын зорға басып киятыр еди. Сол ўақытта жолында бир гүжим терек шығып қалды. Олар гүжимниң астына өтип, саясында жатып дем алды. Бир аздан кейин сәл өзлерине келип, ыссы сәл қайтайын дегенде гүжимге қарап отырып бир-бири менен сәўбетлести:
- «Қара, мына теректиң таўдай бойы бар, бирақ қысыр, мийўе бермейди, адамларға ҳеш бир пайдасы жоқ!»

Сол ўақытта гүжим тилге кирип оларға былай деди:
- «Ҳәй нашүкир бенделер, өзлериңиз мениң саямда жатып, дем алып атырсызлар, тағы уялмай пайдасы жоқ дейсиз, усы гәпти айтыўыңыз инсаптан ба?»

Түсиндирме: Бул тымсалда, "айырым адамларға гүжим терекке уқсап қанша пайдаң тийсе де, ҳәттеки сеннен пайда алып турып та, көрнемеклик етеди. Сен сондайлардан болып қалма!", деген мәни бар

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚡️Oroldagi tengdoshim…

⚡️Araldaǵı teńlesim

https://t.me/Soz_marjani


Перийзат

Сәрҳәўиз бойына байлап ғазыңды,
Мен кеткен соң кимге еттиң назыңды?
Жипек самал сипап сениң шашыңды,  {2×}
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {4×}

Үйиңниң алдында қатара терек,
Жаз болса кийерсең дарайы көйлек.
Дарайы көйлегиң сениң желбиреп жаным, {2×}
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {4×}

Үйиңниң алдында қатара жийде,
Жадырап кийерсең қырмызы жегде.
Бир  ай парша болып отырсаң төрде (жаным),  {2×}
(Мени бунда дилгир еткен перийзат)
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {3×}

Сәрҳәўиз бойына байлап ғазыңды,
Мен кеткен соң кимге еттиң назыңды?
Жипек самал сипап сениң шашыңды,  {2×}
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {4×}

Үйиңниң алдында қатара терек,
Жаз болса кийерсең дарайы көйлек.
Дарайы көйлегиң сениң желбиреп жаным, {2×}
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {4×}

Үйиңниң алдында қатара жийде,
Жадырап кийерсең қырмызы жегде.
Бир  ай парша болып отырсаң төрде (жаным),  {2×}
(Мени бунда дилгир еткен перийзат)
Мени бунда ҳайран еткен перийзат. {3×}

https://t.me/Soz_marjani


​😊👉Қайсы айда туўылғансыз?

😳Декабрь

Шырайлы, тәсирли ҳәм активсиз! Жақынларыңыздан жәрдемиңизди аямайсыз. Сөз бенен ҳәмме нәрсени түсиндирип бере алсаңызда, бирақ әтираптағыларды тыңлаўды билмейсиз. Мудамы асығып жүресиз. Сабырлылаў болың, сонда мәселелер ийриминде қалып кетпейсиз.

😊Январь

Кирисимлилигиңиз себепли әтираптағылар менен тез тил табысасыз. Сизди жақсы көргенлерди шын жүректен қәдирлейсиз. Ишки дүньяңыз гөззаллығы сыртқы көринисиңизде де көринеди. Әрманларыңыздың шеги жоқ. Олардың орынланыўына исенип жасайсыз.
Кемшилигиңиз, мудамы дыққат -орайда болыўды қәлейсиз, егер қандайда бир орталықта итибардан шетиректе қалсаңыз, өкпелеп, тоныңызды терис кийип алмаң.

🤔Февраль

Саналы ҳәм дүньяға көз қарасы кең инсансыз. Иш-ишиңизден романтикаға қуштар болсаңыз-да, өмирге реал қарайсыз. Биреўдиң қолына қарап отырыўға қулқыңыз жоқ. Барлық жумысларды бир өзиңиз орынлаўды унатасыз. Ашыўыңыздың келиўи тез болса да, буны жасыра алыўыңыз мақтаўға ылайық.

😊Март

Жүзи ысық, сырлы, жағымлы, қолы ҳәм кеўли ашық Көп сөйлеўди унатасыз. Тез ашыўланасыз. Ескертиў бериўге устасыз. Мақтаў еситиўди жүдә жақсы көресиз. Соңғы модадағы кийимлерди кийиўиңиз, мудамы өзиңизге итибарлы болыўыңыз шәрт. Әтираптағыларға да сондай мүнәсибетте болың.

☺Апрель

Ҳәзилкеш, кеўилли, сөйлемшек ҳәм сақыйсыз! Әтираптағылар менен жақсы мүнәсәбетте боласыз. Соның ушын жумыста асығыңыз алшы. Жаңалықлардан мудамы хабардарсыз. Спорт пенен шуғылланыў, музыка тыңлаў, дем алыў ҳәм саяхатларға шығыўды жүдә унатасыз.

😌Май

Бул айда туўылғанлар қарар қабыллаўға уста болады. Келисимге шебер болғаны ушын олардан жақсы баслық шығады. Қорықпай мақсетлерине умтылады. Бәрҳәма күлип турғаны ушын оларды қапа етиўге батына алмайсыз. Сол себепли дослары көп. сезимге берилиўшең, кеўлиндеги тилинде. Унамсыз тәрепи, жүдә итибар талап етеди.

😌Июнь

Жаздың дәслепки айында туўылған «ишимдегини тап» дейтуғынлардан. Биймәлел, дүньяны суў басса, тобығына шықпайды. Намысы бәлент. Бир инсанды сүйеди ҳәм олар ушын садықлық әҳмийетли. Қызғаншақлық отын бир жақса, өшире алмай, дүнья әўере болады. Дослары ушын бар мүмкиншиликлерин жумысқа салады. Басшылық қәбилети күшли.

😍Июль

Айрықша ҳәм кеўли таза жаңа дослар менен танысыўды жақсы көресиз. Қәлеўиңиз, хош-кейпиятлы өмир сүриў. Сол себепли мәселелерге дус келип өзиниңизди жойтып қоясыз. Азмаз салдаманлырақ болың, өмирге туўрылап қараң.

🙃Август

Кеўлиңиз бос. Бирақ ҳәмме нәрсе қадағалаўыңызда болыўын қәлейсиз. Өзиңизге исенимиңиз бәлент. Суўды көрмегенге шекем етикти шешпейтуғынлар қатламына киресиз. Пикирлеў әлемиңиз бай. Қызығыўшаңсыз. Күшлилигингиз ҳәм шыдамлылығыңыз өрнек болыўға арзырлық.

🙂Сентябрь

Сизге күшли досларыңыз бенен бирге болыў унайды. Жүдә итибарталап болғаныңыз бенен, бирақ адамлардың дыққатын өзиңизге тартыўды билмейсиз. Өтирикти унатпайтуғын, ҳақ кеўилсиз. Өмирде азырақ активлеў болсаңыз, көп нәрсеге ерисесиз.

😎Октябрь

Ядыңызға гәп жоқ. Ўақыя-ҳәдийселерге жүдә итибарлысыз. Өзиңиз қәлеген нәрселерге ерисиў ушын шын жүректен ҳәрекет етесиз. Алма писип, аўзыңызға түсиўин күтпейсиз. ҳәзилге устасыз. Мудамы күлип жүресиз.

😜Ноябрь

Гежир, бирпара пайытларда қәҳәри қатты, шыдамлылығы күшли. Оларды жубатыў аңсат. Ҳәмме жерде тәртипти ҳәм жуўапкершиликти талап етип жүреди. Көркем әдебиятқа байланыслы дөретпелер оқыўды ҳәм көркем өнерди жақсы көреди. Саяхат етиўди қатты жақсы көреди. Кеширим ҳәм умытыўды үйренсе, өмирде жасаўы аңсат болар еди.

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Жанлы хауазда

СЕНИ ОЙЛАЙМАН

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Мәсләҳәт

     Балаңыз  сизди  емес,
сиз  балаңызды  түсиниўиңиз  керек!
     Себеби  сиз  бала болып көрдиңиз, 
ал балаңыз  ересек  адам болып көрмеди.

https://t.me/Soz_marjani


Сорама

Ай киби жүзлерден,
Пал киби сөзлерден.
Өзине байлаған,
Қап-қара көзлерден.

Нақраты:

Сөзлеримди саған қарай басладым,
Сорама, сорама, сорама.
Жүрегимди жүрегиңе тасладым,
Сынама, сынама, сынама.

Шашларын айтсаңа,
Қасларын айтсаңа,
Буншама күйдирген,
Назларын айтсаңа.

Нақраты:

Сөзлеримди саған қарай басладым,
Сорама, сорама, сорама.
Жүрегимди жүрегиңе тасладым,
Сынама, сынама, сынама.

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Бири кем дүнья.

Биреулер перзентке зар, биреулер перзентинен қылар ар😢😢.

Қыз болсын ул болсын Алланың берген мийуеси.


https://t.me/Soz_marjani

937 0 19 10 17

Пикир
📖
Биреў  күледи, биреў жылайды.
Биреўге ой керек, биреўге той керек.
Биреўге адам қымбат, Биреўге алтын қымбат.
Биреў ўақыт өткизе алмай әўере,
Биреў ўақыт жеткизе алмай әўере.
Биреў тапқырлық жасайды,
Биреў  сатқынлық жасайды.
Биреў өледи, биреў көмеди.
Бәлким, "өмир жалған" деген усы шығар...

https://t.me/Soz_marjani


БУЛ ӨМИР

Айлар, жыллар өтти... Алаңнан астық,
Талай ҳижраннан ҳөлленди дастық.
Мәмелекке ерип жолдан адастық.
Бул өмир қыйқыўлы майдан екен ғой.

Балалық шапқылап изиңде қалар,
Жаслық ҳәксерлери жүзиңде қалар.
Кисилик ҳүжжет боп дизимде қалар,
Бул өмир санаўлы сайран екен ғой.

Тегис шырайыңды торласа әжим,
Өзиңнен пәслерге етесең тәжим.
Кетерсең басыңда болса да тажың,
Бул өмир түбинде ўайран екен ғой.

Адамнан жоғалса жедел, искерлик,
Жүрегине орнығады қыс дерлик.
Тәғдирине ким ете алса үстемлик,
Бул өмир бир келген байрам екен ғой.

✍Кеңесбай Рахманов

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌤 Ассаламу Алейкум!
Қайырлы таң жақсыларым.

☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

🌞🌻


https://t.me/Soz_marjani

1.5k 0 75 15 18

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Қайырлы түн!

Күн даўамында қымбатлы ўақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз!

💫Аллаҳ таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты.
Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти. 
     ✨✨Әзизлерим, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң.  Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Соны билип қойың, дүнья тек биз ушын емес, биз өткиншимиз!

💫 Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң.
Бәрин умытың, жақсы дем алың!

💫 Қайырлы түн Қәдирданлар!




✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

https://t.me/Soz_marjani


📜Бизиң Нөкис қут-берекет қаласы,
Көп жарасар ески менен жаңасы.
Бул шәҳәрди пүткил жәҳән биледи.
Әмиў аясында дәўран сүреди.

Оразбай Сәтбаев,
1997-жыл.

https://t.me/Soz_marjani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://t.me/Soz_marjani


-Хау уллы шахзадамыз! Бир қасық қанымымыздан кешиңиз! Малика сизди деп бар жоғынан уаз кешип, бизге жардем берип еди, бул не қылғаныңыз?-, деп сорапты хан кеңесгөйлери.
-Малийканың хусни латофатын көрдиңизбе?-, деп сорапты шахзада.
-Көрдик уллы шахзадам, көрдик!!
-Усындай етип дуньяға келтирип, шық тийдирмей тарбиялаған, жипекке орап әлпешлеген өз ата анасына, не айтса баржай келтирген тууған халқына, бир душпанның ғошшақ жигити деп опасызлық қылған хурлиқа, маған , яғный ата анасын гелле қылып, халқын қыйратқан шахзадаға опасызлық қылмайды деп ким кепиллик бере алады!??
Сол ушын бул гөззалдың денеси жабайы ийтлерге жем болыуға ылайық! Пәрман ижра етилсин! Шағымға орын жоқ!-, депти маккар шахзада.
Соның менен ақылына емес, кеуилине бойсынған арыудың денесин ийтлер ғажып , өз ақылсызлығы басына жетипти.
Өз елине опасызлық еткен хар қандай адамның жазасы сондай болар екен азийзлер!
Халық ауыз еки шығармалары ауыздан ауызға өтип усындай турленип бара береди.Ауыз еки болған соң азмаз өзгереди , турленеди.
Менде бугин сизлерге елимизге тиллерде дәстан болған "Гулдирсин" апсана аңызын айтып бердим.
Енди азгене ғазел тоқыдым, кеширимли болсын!
Сол гөззал ақылсыз, опасыздың исми елден елге, халықтан халыққа Гулдирсин әпсанасы болып тарап усы кунлерге дейин жетип келген екен!...
Мумкин жақын жуз жыллықта бул аңыз басқаша атала баслар?
Бәлким?!?
Ким билипти?

Автор Узипа Бекмуратова.

https://t.me/Soz_marjani


Душпанға елин сатқан гөззал.

Қадим заманларда еки ел қоңсы жасап бир бирине сауда сатық жасап, қуда андашылықта, дослықта жасаған екен.
Кунлерден бир куни, "жазмыштан озмыш жоқ" дегениндей, қандайдур дослар арасына шуғыллар араласып, "солда сизге дос болыппа, бәрин қылыштан өткизип, бар байлығын тартып алмайсызба!?" деп бир мамлекет патшасын екинши патшалыққа қайрап қойып, соннан еки ел душпан болып, ортада алауызлық пайда болыпты.
Басқыншылық пенен шегараға келген екинши мамлекет қанша ширенсе де, сууларды бөгеп халықты шөлге қысса да, даруазадан басып кире алмапты. Әскерлери менен елди қамал қылып әри бери жатып кутипти, бирақ арғы елдиң адамлары да аршыл , мәрт болғаны ушын сыр бермей жасай берипти.
Қамалдағы елдиң патшасының бир гөззал сахибжамал қызы бар екен.
Бир куни елдиң шегарасынан, аралап журип, басқыншы мамлекеттиң шахзадасын көрип малийка ақыл хуушынан айрылып, ашық болып қалыпты.
Буны шахзадаға қалай билдириудиң есабын таппай, бир куни бир қағазға төрт қатар ғазел жазып , оқжайға байлап шахзаданың шатырына қарап атыпты.
Хатта:
Әй гөззал шахзада, ақлыу хушымды алдың,
Шах бол, гада бол сеугилим дейин сени,
Хәр алған напесим сениң нәпесиң яңлы,
Туслериме кириб әбигер еттиң мени..
Малика
деген сөз жазылған екен.
Шахзада буны оқып хайрану-лал болып, кеңесгөйлерин шақырып мәслахатлесипти.
-Уллы шахзадам, бул имканияттан пайдаланайық! Сол малийка бизге даруазаны ашып беретуғын гилт болады. Сизде сондай жууап жазың, малийка ю диларам ақылдан азып жилли болып қалсын!-, деп ақыл берипти.
Шахзада ойланып турмастан ең кушли сарай шайырын шақырып ғазел жаздырып, устине болса
, "Әй гул жузли маликам! Өзи мақсетим сизге уйлениу еди, лекин атаңыз қарсы шығып мени урыс ашыуға мажбур қылды"
Гулим, кеуилимниң сахиби өзиң
Мени ашық , дийуана еткен қара көзиң,
Сауғилим, сени дейип, ишкен асым жаныма жау,
Қашан қостарым болсаң, бахытлы болсам өзим"-, деп жазылған екен.
"Қызлардың ақылы еки көзинде болады" деген сөз бийкар айтылмаған да!
Қыз шахзаданың хатын оқып, әкесине деген өшпенлик пайда болыпты иш ишинен.
деп ойлапты: " неге мени теним табылғанда узатпайды екен әкем, енди, бир өзиниң жалпылдақларына узатпақшы шығар?
Қой мен пайыттан пайдаланып, қалай болмасын бахтыма ерисиуим керек!"-, деп ойлаған пәмсиз, надан қыз, "кутиң, мен сизге жардем беремен!" -, деп хат жиберипти.
Арадан бир жане он онбес кун өткен соң қамалдағы елдиң диңкелери қурып турсада, бир өгизди бир қосууыс даннен дан жыйып тойдырып даруазадан шығарып жиберипти..
Бул өгизди сойып көрген душпанлар, халдан тайып шаршап турған соң, өгиздиң асқазанындағы болық бийдайды көрип, "қамалдағылар еле. берин даруаза ашылмас екен, қой кете ғояйық, өзимиз қырылып қалармыз!" деп жыйнала баслапты.
Буннан хабар тауып тақатсызланған ашық малийка, жане хат жазып жай жағдайды шахзадаға билдирипти де, "тунге дейин кутиң, өзим даруазаны сизлерге ашаман!" деген хат жөнетипти.
Хатты алып шахзада хайранлықта, әскерлерин тоқтатып, ақшамға дейин кутиуди буйырыпты.
Соның менен, тунде нәпсине қул болған сулыу, қала даруазаларын душпанға ашып берипти.
Мақсети- елдиң байлықларын жаулап алыу болған душпан ләшкерлери елди шаң тозаңын шығарып, басқыншылық етипти, адамларын қылыштан биримлеп өткерип геллесин алыпты, хәттеки маликаханымның ата анасын тууысқан тууғанында!.
Булардың бәрине арсызлық пенен қыз қарап турыпты, себеби оның ақыл ойы шахзадасының қушағына кириу болып, арманлары иске асыуына бир азғана пурсат қалған екен дә!
Ертеңине шахзада жигит, душпанлықтың ең бийик шыңына, өликлери уйилип тау болып атырған елаттың жанына тахтын орнатқызып отырыпты да, пәрман берипти
-Маған малийканы тез алып келиңлер!
Малика дарриу жасанып, устине мушк анбарларды қуйып алып, наз бенен шахзаданың алдына келипти.
"Енди неке қыйдырады маған" деп журеклери дурсилдеп, қууанып, көзлери жылтылдап...
-Мен шахсан буйыраман! Маликаны төрт жаққа, төрт аттың қуйрығына байлап тартып азап берилсин!-, депти шахзада.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.