Әдебий БлоGнот


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.18+

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri




#китап_тууралы

Соңғы трендтеги психологиялық китапларда мысалы, бай болыу, ойланба, жылама, шаққан бол дегендей атамаларда болып, және олар дыққатты тез тартады. Олар таяр формулалар менен  билимлерди береди, тез шешим қабыллауға бағдар береди. Оларда өзлериниң өмирлик тәжирийбеси, алған билимлери, соннан келип шығып өзлериниң кеңеслери бериледи.
Көркем әдебиятта ше...
Ал, әдебий китапларда өмирдиң өзи тири тәжирийбе, лаборатория. Ол жерде таяр жууап, шешимлер жоқ.  Шығармадағы персонажлар арқалы өзиң ойланасаң, өзиң нениң қәте не дурыс жуумаққа келесең. Әдебият өмирди тереңирек түсиниуге, өзиңди, ишки дүньяңды түсиниуге мүмкинлик береди.

https://t.me/a_blognot


Психология илиминде хайуанлар психикаға ийе, ал сана тек адамзатқа ғана тән дейди.
Сананың бийиги адамның өзин хәр тәреплеме терең түсиниуи, ол ең жоқары руухый-мәдений, сезимталлық, ақылый хәм билим жетиклиги, ең жоқары туйғылар, пазыйлетлер болыуы мүмкин.
Сана бийигинде өз адамыңды ушыратыу шынында да – бахыт.
Сондай адам менен бир кесе шәй үстинде китапларыңды оның ишиндеги образларды талласаң...

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
Муҳаббат  дегенимиз - еки ақыл-парасатлы адамның сана бийигинде дусласыўы.

Мухтар ШАХАНОВ

https://t.me/a_blognot


Қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери, устазларымыздың телеграм каналлары ашылып атырғанынан қуўанышлымыз.
Устаз шайыр Гүлнара Нурлепесованың дөретиўшилиги менен кең танысыўды қәлеўшилер ушын
канал силтемеси
https://t.me/gulnara_nurlepesova


ГУЛНАРА НУРЛЕПЕСОВА dan repost
ӘЗИЗ ХАЛҚЫМА
 
Халқым мениң ақ көкирек аңқылдаған,
Ҳәр бир айтқан сөзлериңиз алтын маған.
Неге жетсем усы күнге шекем бәрин,
Шын кеўилден инам еткен халқым маған.
 
Қосық жазсам илҳам берген өзлериңиз,
Сөзлериме арқаў болған сөзлериңиз.
Айтпасаң да шын жүректен сөйлеп турар,
Көз алдымда жаўдыраған көзлериңиз.
 
Қонақ келсе шашасыз сиз барыңызды,
Барлығынан бәлент қойып арыңызды.
Қолдан келсе бережақсыз үзип-үзип,
Барыңызға қосып жүрек тарыңызды.
 
Қонағыңа таппай қалсаң  буўаз сойып,
Шашыласаң жетпесинлигиңди жойып.
Мийман келсе көрсетесең барлығыңды,
Дастурханға жүрегиңди жайып қойып.
 
Сақый халықсаң тапқанын тойға шашқан,
Қосық айтып, саз шертип кеўили тасқан.
Қобыз бенен «Едиге»ни жырлағанда,
Жаўын жаўып қабақ шытқан ашық аспан.
 
Жийреншедей таўып айтқан сөзлериң бар,
Кемликке көнбейтуғын гезлериң бар
Маман бий, Аллаяр ҳәм Ерназардай,
Бабалардан қалған даңқлы излериң бар.
 
Базы ўақта түсип қалғандай түйеден,
Сумлығы жоқ албаўлығыңа күйемен.
«Жаңылмас жақ, сүринбес туяқ болмас»,
Қандай болсаң сондайлығыңша сүйемен.
 
Небир қыйын асыўлардан асып келдиң,
Не-не машақатлы жолды басып келдиң.
Мәртлик толы бабалардың тарийхынан,
Бердақ болып шежиреңди жазып келдиң.
 
Әжиниязға қазақлардан дуз таттырып,
Айтыста Қыз Меңештей дос арттырып.
Дәлийлледиң уллы халық екениңди,
Ибрайымға даналықтан сөз айттырып.
 
Тарийхыңда Тумарисаң батыр қандай,
Қумар анаң шер жүрекли болған сондай.
Қызларыңды Вамбери тәрийп еткен,
Сулыўлықта теңи-тайсыз Гүлайымдай.  
 
Барлығыңыз нағыз мениң өзимдейсиз,
Ҳақ кеўилден саўдыраған сөзимдейсиз.
Сыр алдырар баладай сумлығы жоқ,
Жан дүньям сәўлеленген көзимдейсиз.
 
Сизди көрсем елжирейди кеўилханам,
Қарсы алдымда турғандай әзиз анам.
Алыс кетсем мен Сизлерди сағынаман,
Әзиз халқым, болғайсызлар мәңги аман!

Гүлнара  НУРЛЕПЕСОВА

2021 жыл.




Майда қәдемлер уллы ислерге алып барады, бирақ майда тәшуишлер уллы ислерден шалғытпасын.

http://t.me/a_blognot


#Китап_жаңалығы

Белгили фольклорист профессор Сарыгүл Бахадырованың қарақалпақ жырау-бақсышылығы тууралы рус тилинде "Каракалпакский жырау" монографиясы жарыққа шықты.
Китапта фольклор илиминде  дәстан атқарыушылық, жыраушылық түсиниги, дүнья жүзинде бул өнердиң рауажланыуы хәм қарақалпақ жыраушылық өнериниң қәлиплесиуи, өзгешелиги тууралы илимий-аналитикалық таллау жүргизиледи. Формула хәм эпикалық код, сөз гармониясы, эпикалық аудитория хәм атқарыушы экстаз жағдайы теориясына түсиник береди. Бул монография фольклор илими бойынша қызығыушы илимпазлар хәм кең жәмийетшиликке арналған.
Китап "Янгикитоб" баспасында басылып шықты. Қатты қаплы, 260 беттен ибарат.
Профессор С.Бахадырованы фольклор илимине қосқан және бир қунлы мийнети менен қутлықлаймыз!

Редакторлар: Х.Темиров, А.Турдымуратова

http://t.me/a_blognot


ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳 dan repost
Төлеген АЙБЕРГЕНОВ

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЫНА

Бүгін ғой жаңбырлатып жақын келдім.
Ұзасам таңдайыма татыр демің.
Қағілез қара бала болғаныммен,
Жүрегім кәдімгідей ақын менің...
Мен барда армандап қал, аспандап қал,
Балқысын бауырындағы баспалдақтар.
Су қылып мойыныңды Мойнақ жақтан,
Бір кезде ұшушы ең-ау қасқалдақтар.
Көшер ме сені керіп қыс түнерген,
Мылтығын лақтырар ма сұсты мерген.
Мен саған Алатауымды көрсетейін,
Қасыңа қырық қыз ертіп шықшы бермен.
Қалайша арман саған елтімесін,
Дауысын қазды аспанның келтіресің.
Қайтпасам болмайды енді Алматыма,
Сен мені өртей-өртей өлтірерсің.

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери




Мұқағали МАҚАТАЕВ

Фаризаға
Фариза!
Фаризажан, Фариза қыз!
Өмірде ақындардың бәрі жалғыз.
Шыдай-шыдай ақыры жалығармыз,
Бірімізден-біріміз арылармыз.
Біздерді де іздейтін жан болса егер,
Шаң басқан архивтерден табылармыз.

Сен мені білесің бе, білесің бе?
Жаралмаған жан екем күресуге.
Жылай жүріп, өтірік күлесің де.
Жүресің де қоясың, жүресің де.
Бірі итеріп кеудемнен, бірі шалып
Тастағысы келеді күресінге,
Фаризажан, сен соны білесің бе?..

Жанарымды тұманмен тұмшаладым,
Серіппесі үзіліп, тұр садағым.
Жігітінен қазақтың дос таба алмай,
Қыз да болсаң, мен саған мұң шағамын.
Ауырлар деп ойлап па ем мұнша халім…

Ақын болып несіне жаратылдым,
Арасында қап қоймай қара түннің.
Қасиетін сезем деп Ана тілдің,
Қауырсыны қалмады қанатымның.
Қу тірлікке құл болып, аяқ басып,
Құлашымды жая алмай баратырмын.

…Момын едім, жақсы едім, ұяң едім,
Аттап өттім олардың қия белін.
Енді, міне, қауқарсыз құр ашуды,
Жия бергім келеді, жия бергім.
Мандайымнан сипаған бір жан болса,
Енді қалған өмірімді қияр едім.

Білмеймін, бұзықпын ба, жындымын ба?
Кеп тұрады телігім мұңды-мұңға.
Енді қалған өмірдің құрдымында,
Өлтірсе де көмбеймін жырды құмға!
Нөл болады деп айтам, жалтармаймын,
Көбейтсеңде қаншама мыңды-мыңға.

Айналаға қарайық анық барлап,
(Түн кеткесін, күн шығып, жарық болмақ).
Не туралы жазсақ та, Фариза ақын,
Бағыштайық бәрін де халыққа арнап…

Фариза!
Фариза ақын, Фариза қыз!
Бірімізден-біріміз арылармыз.
Том-том болып дүкенде тұрмасақ та,
Подвалдағы архивтен табылармыз…

Емхана. Түн. Алматы 15.XII. 1974 жыл.






Әдебий БлоGнот dan repost
БИР ХАНЫМҒА

Өмир имтиханы басланар енди,
Жаныңа жеги қурт--сан мың саўаллар.
Ақты "қара" дедиң,"етек"деп жеңди,
Жан ҳазарын, айтшы,
кимлер даўалар?

Терезеси теңлер менен инақсаң,
Мыйығыңда күлки --
мысқыллы, ызғар.
Пуллар ийриминде соншелли шадсаң,
Кимниң жаны тəғдир исинен сызлар.

Жарыспайман, жоқдур
лалы-маржаным,
Тағыншақларым жоқ
ҳасыл, бриллиант.
Лекин жаны жүдеў,
паңсыған ханым,
Мениң саған ҳəўес
етпегим уят.

Уяттан жанаман: бийшаралығың
Үлде-бүлде менен
қыпсаланады.
Ийирип бармақта тəғдир шарығын,
Гейде жаңылады, гейде танады.

Көз қамастырған дүр жылтылдысында
Қайсыдур ғəрийптиң
көз жасын көрдим.
Есап-китаплы бул демлер тусында
Əрман бағларының жемисин тердим.

Арпалысып келдим бир өзим -- жекке,
Болса да кеўлимниң дүньясы кемли.
Дизем қалтырамас,
бағаман тикке,
Өмир имтиханы басланар енди...

Пəтийма МЫРЗАБАЕВА


http://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
Бирақ... қызықпайман мен тирилиўге,
Егер қарақалпақлар күтип алмаса...

Пәтийма МЫРЗАБАЕВА


https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
#ески_дәптерден

ДОСТЫМ ГАЗЕТАНЫ...

Достым газетаны әкелди бир күн,
Деди: "Жаңалықты еситиң мына:
Буннан мың жыл бурын өлген әллеким
Тирилипти бүгин музлар қойнында..."

Буған ҳәўеси де келеди оның:
"Ақыр, әжайыпғо тирилиў деген,
Ақыр, қандай жақсы әсирлерден соң
Әлемниң қандай түс алғанын билген!"

Ондай бахыт несип етеди кимге?
Аўа, достым, жақсы. Несин айтасаң!
Бирақ... қызықпайман мен тирилиўге,
Егер қарақалпақлар күтип алмаса...

Пәтийма МЫРЗАБАЕВА

1981-жыл.

https://t.me/a_blognot


Әдебий БлоGнот dan repost
#қутлықлаймыз

19-январь шайыр Пәтийма МЫРЗАБАЕВАның туўылған күни.

Тән жараңды, жан жараңды,
Жазбағанша өлгим келмес...


Шайыр Пәтийма апа Мырзабаеваға узақ өмир, беккем денсаўлық, дөретиўшилик табыслар тилеймиз!
https://t.me/a_blognot


ГӘЎҲАР ТАС ҲӘМ ШАҢ ҲАҚҚЫНДА

    Гәўҳар тас ылайға былғанса да,бийбаҳалығын сақлап қалады,
Шаң аспанға көтерилсе де шаңлығынша қала береди.
          Саадий ШЕРАЗИЙ

Гәўҳар тасты былғасаң да ылайға,
Жарқыраған нурын жоқ етип болмас.
Жаратылыс берген ығбал-талайға,
Қастыянлық пенен оқ атып болмас.

Балшыққа батырып жерге көмсең де,
Гәўҳар тастың кетпес ҳасла сыяғы.
Баҳасы аспанда қашан көрсең де,
Ушығаның қыйқымындай қыяғы.

Ал,шаң көтерилсе жерден аспанға,
Айланып-айланып қарылар жерге.
Инсап,ийман қымбат гәўҳар тастан да,
Инсанның орынын шығарар төрге.

Инсап,ийман жолдас болса адамға,
Жарқырап нур шығар гәўҳар тастан да.
Негизинде шаңлар мегзер наданға,
Көтерилип жүргенинде аспанға.

Демек,көз аштырмас дузлы шаң болып,
Самал ессе уша бермей аспанға.
Ҳасыл гәўҳар яңлы журтқа таң болып,
Жарқырап жасайық гөззал бостанда!

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

18-январь, 2025-жыл.
https://t.me/a_blognot


#китап_усыныс

Каналымыз ағзалары, китапқа жақын кеўиллер ушын Қарақалпақстан халық жазыўшысы, устазымыз Алпысбай Султанов төмендеги китапларды оқыўды усыныс етеди.Бул китаплардың дерлик көпшилиги қарақалпақ тилинде  баспадан шыққан.
1. Ш.Айтматов "Шыңғысханның ақ булты",
2. Ш.Айтматов "Кассандра таңбасы",
3. Ш.Айтматов "Таўлар қулаған мәҳәл",
4.Ш.Айтматов "Балалығым",
5. Ш.Айтматов, М.Шаханов "Тик жар үстиндеги аңшының зары",
6.Ш.Айтматов "Әжел дастығы" (Плаха),
7.С.Цвейг "Бийтаныс ҳаялдың хаты",
8.Г.Маркес "Жалғызлықтың жүз жылы",
9.Л.Толстой "Тәўбеге келиў",
10.М.Влади "Владимир, үзилиске түскен пәрўаз".


Сондай-ақ, устаз жазыўшы өзиниң қәлемине тийисли китапларды да оқып шығыўды усыныс етеди. Жазыўшы қәлемине тийисли шығармаларды https://t.me/alp_sultan каналынан таба аласыз.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.