Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Сөздиң көрки – мақал.
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.
Еслетпе:Каналдан пост(көширме) алсаңыз,силтемеси менен алыўға рухсат!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Қайырлы түн әзизлер!

☘Өмиримиздиң және бир түни қайырлы болсын!

☘Дениңиз саў кәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен!

Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз...

Ертеңги күниңиз берекетли болыўын тилеймен әзизлер!


👉Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер

Тил менен орак орсаң, белиң аўырмайды.

Сөзге шешен, иске мешел, гәп пенен хәмме нәрсени тындырып таслайтуғын, ал ҳаслында қолынан ис келмейтуғын мақтаншақ адамға айтылады.

Уш қой — бир сом!

Барып турған бийпәруа адамға берилген баҳа.

Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар" китабынан алынды.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Адамлардың кемшиликлерин аңсат ғана излеп табамыз, өзлеримиздикин
жасырамыз...


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Базыларды қутқармақшы боласаң,
олар болса түсинбей, үстиңнен күледи..

"Ҳеш нәрсени жүрегиңе жақын алма. Жақын алсаң, сол нәрсени асырап қалған боласаң. Бул дуньяда ҳеш нәрсени мәңги асырап қала алмайсаң.''

✍Э. М. Ремарк


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Сондай жаса: Адамлар сениң менен гезлесип, күле шырай берсин, сениң менен сөйлесип, азғана болса да бахытлырақ болсын.

        ✍Ошо


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ КАНАЛ АҒЗАЛАРЫ!

Бүгинги дүйшемби -жаңа жумыс күнлериңиз әўметли болсын!

Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!
Сизлерге:
🍃Таңның қайырлысын
🍃Туўысқанның баўырманлығын
🍃Баланың мийрилисин,
🍃Достың ҳадаллығын
🍃Шаңарағыңыздың аманлығын  тилеймиз!
Ҳәмийше аспанымыз ашық, елимиз парахатшылық, суўымыз мол, несийбемиз көп болсын!

        ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Ҳүт айының 3-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

3k 0 48 4 28

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қайырлы түн әзизлер!

Ҳеш нәрсени жүрекке жақын қабыл алма, жақын қабыл алсаң, ядыңда услағың келеди, ал ядыңда услағаның жаныңа аўыр тийеди...

Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз...


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




Мен өзимниң устазыма, әкемнен кем қарыздар емеспен: әкемнен өмир алған болсам, ал Аристотельден өмиримди калай жақсы өткизиў туўралы билим алдым.

✍ Александр Македонский

👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Өмир жыллар менен емес, исленген ислер менен өлшениўи лазым!

👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Тағдирден артық шебер, өмирден артық устаз жоқ!

✍ Ҳәким Ысқақ

👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


ҲӘРКИМСӘНИҢ ЯРЫ БОЛСА...

Ҳәркимсәниң яры болса,
Қыялыны айтпай билсин,
Сөйлер сөзи болып шийрин,
Өзи турып, көзи күлсин.

✍ Әжинияз Қосыбай улы

👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




Қарақалпақлар үй қасындағы мөлдек жерине тийкарынан жүўери еккен. Ҳәзир де бул егин өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Себеби, жүўери адамлар ушын қыс азық, маллар ушын жуғымлы от-шөп хызметин атқарады.

Жүўериниң унынан зағара жабылады, ошаққа нан қатырылады, аўқатқа жүўери гүртик салынады, сондай-ақ, қатыбыламық, сықпан сыяқлы тағамларды писириўге пайдаланылады. Буннан тысқары атлар ушын жем, таўыққа дән болады.
Соның ушын да аўылдағылар мөлдек жериниң ең үлкен көлемине жүўери егеди.

Бизиң шараятымызда жүўериниң үш түри егиледи, булар--бой жүўери, жасымық ҳәм мәтқайыр жүўерилери.
Бой жүўери, өзиниң атынан көринип турғандай бойы узын, шиңгириги жуўан, баслаған ўақтында масағы үлкен, дәни тығыз, салмағы аўыр болып келеди. Бой жүўери өзиниң өсиў дәўири тоқтай баслағанда басы ийилип, гүллейди ҳәм кецин дәнге отырады.

Жасымық, тек бойға баслайтуғын жүўери. Оның бойы бой жүўериге қарағанда бираз келте, шиңгириги жиңишке, масағы киширек ҳәм дәни сийрек болып келеди. Сонлықтан да ол бой жүўериге қарағанда зүрәәтти кем береди.

Мәтқайыр жүўериниң бойы бир ярым метрден аспайды. Бирақ, пақалы жуўан, дәни тығыз, басы тик өседи. Суўғарған жағдайда анаў-мынаў шамалға қуламайды.

Лекин, жүўериниң бул сорты бизде негедур кем егиледи.
Жүўери май айының басларында егилип, октябрь айының орталарына дейин жыйнап алынады.

Жүўери баслап дәнлегеннен кейин оның шымшық, ғарға, кептер сыяқлы жаўлары пайда болады. Сонлықтан, атызлап жүўери еккен дийқанлар атыздың бир шетине бийиклиги бир метр әтирапында ылай диңгек соғады. Жүўери писип, қапқа түсемен дегенше тез-тез усы диңгекке минип, гә палақпан, гә сақпан атып егинди қуслардан қорыйды.

САҚПАН--арқаннан соғылып, оның еки ушы бир қолда усланады. Сақпанның ортасында шымшықтың уясындай уя болады. Оған кесек салынады. Қорықшы сақпанды төбесинен бир неше мәрте пәт пенен айландырыр, оның бир ушын жиберип қалғанда уядағы кесек 40-50 метр аралыққа барып түседи ҳәм қусларды үркитип, ушырып жибереди.

ПАЛАҚПАН да--сақпан сыяқлы арқаннан соғылып, оның да бир ушы шыйырылып, қатты оралады. Кейин қорықшы тәрепинен қатты айландырылып, соң кейин қарап тартып қалғанда, орам пәт пенен жаздырылып кетеди де, оннан еткен қатты даўыс шығады. Палақпанның даўысы мылтықтың сестинен кем болмайды. Палақпан ҳәм сақпаннан үриккен қуслар бираз ўақытқа дейин қайтып келмейди.

Халық арасында деген гәп бар, бул биресе ана жумыс, биресе мына жумысты атқарып, тыным таппаған ўақытта жаңағы жүўери қорықшының қуралларына тымсаллап айтылған гәп.

МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ.
, 2-китап, Нөкис, баспасы, 2021-жыл,371-372-бетлер.


👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal




👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Қарақалпақ_халық_нақыл_мақаллары
Таўға шықсаң саспай шық, өз қәддиңнен аспай шық.

👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Ҳеш қашан өз өмириңиз ушын, басқалардың пикирлери менен қамақхана қурмаң!

ҚӘЛБИҢИЗДИ ТЫҢЛАҢ!


👉 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ўақыт өтер жүйрик аттай шабысып,
Бәҳәр келер, қыс өмирин таўысып.
Ҳәр бир күнниң, ҳәр сааттың орны бар,
Өмир ушын ҳеш бир күн жоқ аўысық...

✍Тилеўберген Жумамуратов,
"Миндим бийик асқарды".


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.