NASIYAT.UZ |Рәсмий канал


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Din


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot
Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa
Din
Statistika
Postlar filtri


УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА dan repost
ЖУМА СУҲБАТИ (22.11.2024)

СУҲБАТНИ КЎРИШ УЧУН
ЛИНКНИ БОСИНГ👇👇

https://youtu.be/grJ3z7v2UpY?si=sFUpr73PKEer0zkd


#Қараң

   ИЙТТИҢ КҮЙЕЎИ

   (Әбиў Әлий ибн Сина менен болған қызық ўақыя)

   Ҳәммеге белгили Әбиў Әлий ибн Сина оғада саўатлы, илимли тәўип болған. Бирак Әбиў Әлий ибн Сина ҳаял адамды туўрыдан туўры көрмейтуғын еди. Көриў керек болып қалса үйиниң ишинде отыратуғын, көриниўге келген ҳаял болса сыртта отыратуғын, ҳаялды алып келген адам ҳаялдың билегинен узын жип байлап, жиптиң ушын Ибн Синаға услататуғын еди. Ибн Сина жиптиң дирилдегенин тыңлап, кеселликти анықлап, емлейтуғын еди. Оған Аллаҳ таала усындай үлкен қәбилет берген екен. Оннан ҳеш ким зыян көрмеген, мүтәж, бийшара адамларды қалтасынан емлейтуғын еди.
   Ҳәмме жерде де бир бузғыншы табылғанындай Ибн Сина жасайтуғын аўылда да бузық нийетли адамлар бар еди. Сол бузғыншылар көшеде кетип баратырса бир үлкен нашар ийт аш болып, диңкеси болмай жатырған екен. Олар ийтти мазақлап күлипти. Сонда Әбиў Насыр деген киси қасындағыларға:
   – Усы ийтти Ибн Синаға алып барып бир мазақ қылмаймызба? – депти. Ҳәмме оны мақулласыпты. Олардың екеўи ийттиң алдыңғы еки аяғын көтерип еки тәрепинен қолтықлап, ийттиң басына орамал байлап Ибн Синаға алып барыпты. Алдыңғы аяғына жипти байлап, ушын Ибн Синаға услатыпты. Бийшара нашар ийт үретуғын да жағдайы жоқ еди.
   Ибн Сина жипти услап турып:
   – Бул келиншек кимниң зайыбы? – деп сорапты. Әбиў Насыр не дерин билмей:
   – Меники, – деп жиберипти.
   – Егер усы наўқас сизиң зайыбыңыз болса, келиншегиңиз саў-саламат, тек оғада аш. Көбирек қатық, сүт берсеңиз, тез күнде жүнлери шығып, ҳәжетиңизге жарайтуғын болып қалады. Егер Рәббим мени алжастырмаған болса, келиншегиңиздиң қарнында бес ямаса алты дана өзи сыяқлы баласы бар, – депти.
   Усы ҳәзили ушын Әбиў Насыр «ийттиң күйеўи» деген лақап пенен аты шығып кетипти.


👉Telegram каналымыз


#Дуўа

🔰 ТӨРТ НӘРСЕ 🔰

Даўыд алайҳиссәләм Аллаҳға дуўа қылыпты:

«Аллаҳым, Сеннен төрт нәрсени тилеймем ҳәм төрт нәрседен пана бериўиңди сорайман:
🔸 Сени зикир қылыўшы бир тил;
🔸 Шүкир қылыўшы кеўил;
🔸 Сабырлы дене;
🔸 Дүнья ҳәм ақыретте маған жәрдемши бир өмирлик жолдас.

Пана бериўиңди сорағанларым:
🔸 Өзин үлкен санайтуғын әдепсиз-арсыз перзенттен;
🔸 Ерте қартайтатуғын итаатсыз ҳаялдан;
🔸 Оба сыяқлы жүги бар, жақсылықсыз мал-дүньядан;
🔸 Кемшилигимди жаятуғын жаман қоңсыдан».

«Ески дүнья рәўиятлары»
китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz


#Таңғы_сәлемнама

🌸Ассаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ!🌸

Арамыз узақ болғанының әҳмийети жоқ. Биз оғада узақлардан да сүйген инсанларымызды дуўаларымызда еслеймиз...

Жүрегиңиз Жәннет киби гөззал, Жәннет болса, сизиң қәлбиңиз сыяқлы шырайлы болсын...

Ҳәр бир имтиҳанда Аллаҳтың сизлерге бир гилтти узатыўын умытпаң. Раҳмет есигине машақат гилти менен кириледи...

Аллаҳ жолыңызды, жүрегиңизди, кеўлиңизди жақсы инсанларға ашсын...

🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃

Атқан таң берекетли, раҳметли болсын!


🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊

📱http://t.me/nasiyatuz


Нөкис ўақты менен 23-ноябрь күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook


#Жума_марузасынан

"ДИНИМИЗДЕ МАЛ-ДҮНЬЯ ЖУЎАПКЕРШИЛИГИ".
    
🎙Устаз Бахрамаддин Разов.

@NASIYATUZ


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#жума_марузасынан
#әҳмийетли      

Тема: "АНА БУЛ — ПӘКЛЕЎШИ!"
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

@NASIYATUZ


#Қараң

Я СИЗ БАЛАҢЫЗ БЕНЕН ОЙНАЙСЫЗ
Я БАЛАҢЫЗ ТЕЛЕФОН МЕНЕН ОЙНАЙДЫ

Сиз перзентиңиз бенен ойнамасаңыз, бәрҳа телефон берип қутылатуғын болсаңыз, балаңыздың телефонға берилип кетиўден басқа илажы қалмайды! Буның алдын алыў ушын, сиз балаңыз бенен ойнаўыңыз, ҳеш болмаса басқа ойынларды үйретиўиңиз керек.


@nasiyatuz


Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳудың ўәсиятларынан:

Сырыңды еки нәрсениң арасында сақла: Нәпсиңниң ҳәм Рәббиңниң.

Еки нәрседен қорықпа: Ырысқыдан ҳәм өлимнен. Өйткени, ол екеўи Роҳманның қолында.

Дүньяда еки адамды разы қылыўға ҳәрекет қыл: Әкеңди ҳәм анаңды.

Қыйыншылық сәтлеринде еки нәрсеге сүйен: Сабырға ҳәм намазға

Еки нәрсени ҳасла есиңе алма: Адамларға қылған жақсылығыңды ҳәм адамлардың саған қылған жаманлығын.

Еки нәрсени ҳасла умытпа: Аллаҳты ҳәм ақыретти.


🍂 🍁 🍂 🍁 🍂 🍁 🍂 🍁 🍂 🍁 🍂

t.me/nasiyatuz


#Әлбетте_оқың

КҮЙЕЎЛЕРГЕ ОН НӘСИЯТ

1. Үйден шығып атырғаныңызда ҳаялыңыз бенен хошласың. Оның кеўлин көтеретуғын сөзлер айтың.


2. Ҳаялыңыздың көзин төрт қылып күттирмей, ўақтында жумыстан қайтың.

3. Ҳаялыңыздың кемшиликлерин басқаларға айтпаң, оның жақсы тәреплерин айтың.

4. Жумысыңыздағы машқалаларды үйиңизге көтерип келмең. Үйде қуўаныш ҳүким сүрсин.

5. Инсаплы болың. Күши жетпейтуғын ислерди бежериўди ҳаялыңыздан талап қылмаң. Зәрүр болса, оған көмеклесиң.

6. Күтилмеген саўғалар берип, кеўлин алыўды билиң.

7. Үйге сәлем берип, күлимсиреп кириң. Шаңарақ ағзаларыңыз келгениңизден сүйсинсин.

8. Шаңарағыңызды пулсыз қалдырмаң, оларды биреўлерге мүтәж қылмаң.

9. Сыртта ишип-жегениңизден үйиңизге де алып келиң.

10. Үйлениў дүньяға берилип кетиў емес. Дин, Ўатан, халық ҳәм адамгершилик жолында мийнет қылыўды умытпаң.

("Ғам-қайғысыз жасайын десең (өксинбе)").


🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃 🌸 🍃

t.me/nasiyatuz


#Пикирлең

ПЕРЗЕНТТИҢ ӘКЕСИНДЕГИ ҲАҚЫЛАРЫ


1. Перзент ушын ақыллы, парасатлы, пәкизе ана таңлаў.
2. Шырайлы, мәнили ат қойыў.
3. Гөззал тәрбия бериў.
4. Балаға мийриман болыў.
5. Баланы ғарғамаў.
6. Перзентке жақсылық қылыў.
7. Ҳадал жол менен бағыў.
8. Билим, әдеп ҳәм өнер үйретиў.
9. Олар ушын жақсы дуўалар қылыў.
10. Перзентлериниң арасында әдалатлы болыў.
11. Қолынан келмейтуғын, аўыр ислерди буйырмаў.
12. Бақлаў.
13. Жақсы ислерин марапатлаў.
14. Орынлы тәмби бериў ҳәм жазалаў.
15. Перзентке балалық бахытын сезиндириў.
16. Аўзынан шырайлы сөзлер шығыўын тәмийинлеў.
17. Ибадат қылыўға әдетлендириў.
19. Мәртлик ҳәм сақыйлыққа үйретиў.

~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~

Перзентти үйлендириў, үйли-жайлы қылыў, жумысқа орналастырыў әкениң мойнындағы ўазыйпа емес. Перзент буларға өзи ерисиўи лазым. Өзи ер жеткен жигит ушын бул ислерди әке қылып бериўиниң өзи уятлы ис.


t.me/nasiyatuz


УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
БИР ҲАДИС ШАРҲИ

ЎЗБЕКИСТОН МУСУЛМОНЛАРИ ИДОРАСИ РАИСИ ЎРИНБОСАРИ УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА


СУҲБАТНИ ТЎЛИҚ КЎРИШ УЧУН
ЛИНКНИ БОСИНГ👇👇

https://youtu.be/6h0i5gW1mYo?si=xt_yW85rhoy__4pF


#Зикир

Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады:

"Ким Аллаҳтың оған берген неъматын көрип, "Әлҳамдүлилләҳилләзий биниъмәтиҳи тәтиммүс соолиҳаат" (Берген неъматлары менен салиҳ әмеллер кәмил болатуғын Аллаҳға ҳәмд болсын) десе, Аллаҳ оны бай қылады ҳәм оған неъматын зыяда қылады".

📱
http://t.me/nasiyatuz


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

📱http://t.me/nasiyatuz


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

📱http://t.me/nasiyatuz


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

📱http://t.me/nasiyatuz


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

📱
http://t.me/nasiyatuz


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz


#Жумалық_сәлемнама

▪️Aссаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ!▪️

《Атқан таң берекетли болсын!》

✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨ ☀️ ✨

▪️ Allahım! Juma kúniniń húrmetine, meniń duwalarımdı, men ushın duwa qılǵanlardıń duwaların, mennen duwa kútkenlerdiń duwaların hám úmmeti MUHAMMAD (sallallahu alayhi wa sallam)dıń duwasın qabıl áyle...

▪️ Háy meniń gózzal Rábbim!
Mahshar kúninde Payǵambarımız Muhammad sallallahu alayhi wa sallam barmaǵı menen kórsetip: "BUL MENIŃ ÚMMETIM !!!" deytuǵın qullarıńnan áyle...

• Opalı insanlar perishte sıyaqlı,
• Kórinbeydi biraq, gúzetedi seni,
• Esitilmeydi biraq, tıńlaydı seni,
• Saǵan tiyispeydi biraq, qorıqlaydı seni,
• Saǵan aytpaydı biraq, duwada umıtpaydı seni,
• Qıynalǵan waqtıńda keletuǵın Hızır alayhissálám sıyaqlı opalı doslarıń bolıp, opalı dos bolıwıńdı nesip etsin Allahım !!!

* * *

Juma áyyamıńız múbárek bolsın !!!

•••••••••••••••••••••••••••••••

📱http://t.me/nasiyatuz

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.