ТАҢЛАЎ ШӘРТЛЕРИ
1. Таңлаўға жиберилетуғын дөретиўшилик шығармалар, "#таңлаў_ушын" хэштеги астында жиберилиўи керек.
2. Поэзия жанрындағы дөретпелер, 6 куплеттен асып кетпеўи керек.
3. Проза жанрындағы шығармалар, 200 сөзден асып кетпеўи керек.
Таңлаў қатнасыўшылары арасынан, поэзия жанры бойынша өз алдына, проза жанры бойынша өз алдына "Гран при, I, II, ҳәм III орын" жеңимпазлар анықланып,
Гран при ушын 1 жеңимпаз, арнаўлы диплом ҳәм де, Қырғызстан Республикасы, "АЛАКА" халық аралық жәмийетлик шөлкеминиң медали менен сыйлықланады.
1-орын ушын 1 жеңимпаз, арнаўлы I дәрежели диплом менен сыйлықланады.
2-орын ушын 2 жеңимпаз, арнаўлы II дәрежели диплом менен сыйлықланады.
3-орын ушын 2 жеңимпаз, III дәрежели диплом менен сыйлықланады.
Қосымша поэзиялық ҳәм прозалық жанрда ең жақсы дөретиўшилик шығармалар ийеси деп табылған таңлаў қатнасыўшылары, халық аралық жәмийетлик шөлкемниң "Ҳүрмет жарлығы" менен хошаметленеди.
Таңлаўға, 7 жастан 70 жасқа шекемги әдебият шайдалары қатнасыўы мүмкин.