Күшли ҳаял болып жасаўдан шаршадым…
Ҳаял адам қашан ҳақыйқый ҳаял болыўды ойлайды? Ол бул ɵмирде күшли ҳаял болып жасаўдан шаршаған соң буны түсинип, аңлап баслайды. Себеби, ол қаншелли күшли ҳаял болыўға ҳәрекет еткен сайын оған соншелли қыйын бола береди. Күйеўи оны қәдирлемейди, түсинбейди, қоллап-қуўатламайды. Ата-енесиде оны қәдирлемейди, түсинбейди. Ҳаял қанша хызмет ете берсин бәри-бир оған жақсы ат жоқ. Жумысындада берекет, қәтержамлық болмайды. Егер жумысы жақсы болса үйинде бир дүнья машқала болады, перзентлери анасының қәдирин билмейди.
Ўақыт ɵтип перзентлери үлкейген сайын ҳаяллар буны түсинип баслайды, гейбиреўлери перзентлери ер жетип шаңарақлары ўайран болған соң түсинип баслайды, түсинбейтуғынлары бир ɵмир түсинбей кетеди. Турмыста ерте қыйналып ɵз үстинде шуғылланып, билим алып, изленип баслаған ҳаяллар буны ертелеў түсинеди. Себеби, ҳаял ҳақыйқый ҳаял болып жасамағанша ҳақыйқый бахыттың қандай екенин билмейди, ҳақыйқый муҳаббаттың қандай екенин билмейди. Себеби, ол еле ɵзиниң ҳаял екенин билмейди, еркектей болып, ешектей болып жасаўға үйренип кеткен.
Буны улыўма ойламайтуғын ҳаяллар турмыстың қыйыншылықлары менен гүресип жасап нервный болып, соң изи кеселликке айланады. Ҳаял күшли ҳаял болыўды тоқтатып, жақсы кɵретуғын ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Шыдамлы ҳаял болыўды тоқтатып, нәзик ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Гүрескиш, урысқақ, қақбас ҳаял болыўды тоқтатып, мүләйым ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Жабық, туйық, суўық ҳаял болыўды тоқтатып, ашық минезли ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Ашкɵз (тек материаллық жақтан емес) ҳаял болыўды тоқтатып, сақый (тек материаллық жақтан емес) ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Биреўлерден, күйеўинен меҳир-итибар күтиўши ҳаял емес, ɵзине меҳир-итибар бере алатуғын ҳаял болыўды ойласа турмысы ɵзгерип баслайды. Бәршеси ҳаялдың ɵзине байланыслы.
@psixolog_nukus