ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Қарақалпақстан халық жазыўшысы, талантлы шайыр, аўдармашы, Бердақ атындағы мǝмлекетлик сыйлық лауреаты ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВтың өмири ҳǝм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат беремиз.
Байланыс ушын: @ilalatdinovna @Orekeev_Azamat

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Он биринши гүбирли – Гөристандағы өлилердиң қулаққа еситилмесе де, жүрекке еситилип турған сазалары менен қыялый диалог

МЕН:
–Жетер сол үнсизликлер! Саханалар!
Сөтилген қара муздай гүңирениңлер!
Жансызлық жүрегимди қысып барар,
Марҳумлар! Кепин сүйреп, түргелиңлер!..

ҒАЙБАНА САЗА:
–Ҳо-оо адам! Қышқыра бер қутырғандай!
Үнсизлик – өлиликтиң шәрти мудам!
Марҳумлық үнсизликтен қутылған ба!
Тириңде қышқырып кет, ҳей, сен, адам!..

МЕН:
–Қалай, қашан?!.

ҒАЙБАНА САЗА:
–Қышқыр сен, даналардың қурыған күни,
Тәсилпаз ақымақларға қарағанда!
Қышқыр сен, ақыл-ойдың шықпай үни,
Ақмақлық нар буўрадай жарағанда,
Ҳәм олар ҳәкимиятты сорағанда.
Қышқыр сен!
Ҳәкимият ҳәкимлигин қалқан етип,
Еки қаншық қырқ ийтин изине ертип,
Бас салып бир дананы талағанда.

Қышқыр сен!
Ҳүждан деген қәсийет ҳүждан атын,
Параға, қәтереге сатқанында,
Нызам деген қүдирет салтанатын,
Жоғалтып, жынаятқа батқанында.

Қышқыр сен!
Қышқыр сен, ҳақыйқатлық жумып көзин,
Ғылапшы оятыўға қорқып атса!
Өзгелер лал болса ҳәм қышқыр өзиң,
Ипласлық ийгиликти қор қылып атса!..

МЕН:
–Өкинерсең, бир өзиң үргениңе,
Өлтиреди жабыла ийтте талап!..
ҒАЙБАНА САЗА:
–Қуўанба онда тири жүргениңе,
Өлген ийтсең үриўди етсең талақ!..

МЕН:
–Қорқаман, өли жанлы тири адам көп,
Жаны тири өлилер, түргелиңлер!..
ҒАЙБАНА САЗА:
–Өли жанлы тирини ,,тири адам" деп,
Қәтелесип кеп қалма бирге өлимге!..

МЕН:
–Тири емес, өли емес, нан шайнағыш,
Олар да бир дүньяның машинасы!
,,Өли" деўге нан жейди!
Зәрребағыш,
Кем ишпейди өлиден ишкен асын!

,,Тири" деўге тириге санлығы жоқ,
,,Өли" деўге паспорттың есабында!
Сойып жеўге ҳадаллық, маллығы жоқ,
Пайдасына пүп-пүтин ес-ақыл да!

Жақсылық па, жаман ба, оған бир пул,
Оқ тийсе де Ўатанға бир пул оған!
Ертең дүнья тамам ба, оған бир пул,
Өмир деген тек ғана қулқын оған!..

ҒАЙБАНА САЗА:
–Бундайларға қор қылмаң кислородты!
Олар жеген нанның да обалы бар!
Тирилердиң алдында жәрия суд қыл,
Өзиң оқы ҳүкимин қышқырып жар!..

ЕКИНШИ БИР ҒАЙБАНА САЗА ОНЫ БӨЛИП:
–Гегирдегиң айналсын гернайларға,
Қышқырыўдан ләплериң жыйылмасын!
Көз жанарың айланып ылайларға,
Ким билер сесиңе қум қуйылмасын!

ҒАЙБАНА САЗА:
–Сес қәдирин билмесең, сорап қара,
Аўызы мың жыл мумланған өлилерден!
Қолыңдағы бир уўыс қум-ғой, жора,
Сол қуйылар аўызыңа өлсең ертең!..

Қышқырып кет, тириңде қышқырып кет!..

МЕН:

,,–Қышқырып кет, – дейсиз ғой, – ышқынып кет!"...

Шынында-ҳәм уўыс топырақ тур қолымда,
Бул уўыс пәршесидур Ана-Жердиң!
Ана-Жер асырап-сақлап, ең соңында.
Сесиме-ҳәм қум қуя жақ өлсем ертең?!!

САЗА:
–Иләж жоқ! Қыбырлаған тири инсан,
Түбинде жалғыз өркеш болар дүмпек!..

МЕН:
–Мейли, дүмпек болайын, бирақ, инан,
Қуйдырмайман қумымды сесиме тек!

Қосықшы болып туўдым мен әзелден,
Қум емес, қумды еритер лапыз керек!
Лапызым дәрек емес сур әжелге,
Өмирдиң ышқындағы маған дәрек!

Марҳумла-ар!
Әпиў етиң, сизден парық: –
Бесиктен иләҳәтиме ,,сым тартарман!" –
Гөрден де тирилерге даўрық салып,
Гөрден де гүңирениўге қумартарман!..

31-май, 1987-жыл, Нөкис.


Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_
shawdirbay_topar


Репост из: ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды кең заманлар сыйлаған!

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_
shawdirbay_topar


#Поэзиядан_үзинди

* * *

Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды
кең заманлар сыйлаған!

* * *

Аспан қашан өлгени бар,
аспан еди Нәдийра,

*     *     *

Тәни өлсе, ғәззелинде
жаны ҳаят қалажақ!

*     *     *

Тән жәлладың аздур, лийкин,
руўҳ жәлладың мың гүруўҳ!
Олар мынаў ўәзийрлериң, сатқынлары Қоқандтың!..


Шаўдырбай Сейитов
"Нәдийра бегим әпсанасы" 1-бөлиминен
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_shawdirbay_topar


Айта бериң, яшуллы, айта бериң. Мәсләҳәтлескен жақсы.

Әлимбай директор

Шайдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Бул басқа жумыстай емес, ғошшым, бир шопан кетсе, мың қой қараўсыз қалады.

Ҳайтмурат шопан

Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


Қалада не болса, бизде де (аўылда) сол болыўы керек.

Әлимбай директор

Шайдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы

@SHawdirbay_Seyitov


2024-жылдың 13-ақырап сәнесинде қарақалпақ халқының уллы классик шайыры, дилўары ҳәм Зийўары – Әжинияз Қосыбай улын зияратлап Мойнақ районына барған сапарымыз бар.
   Сапарда Жас Дөретиўшилер клубының @QRJas_doretiwshiler (жаўылып қалған болса да!) бир қатар ағзалары: шайыр, тележурналист, Базарбай Жолдасбаев (@Joldasbaev_Bazarbay), шайыр ҳәм жазыўшы Берик Гүзенбаев, модерн ағымында қәлем тербетиўи менен танылған жас шайыр Модернист Муса Жийенбаев(@Represo), Азамат Өрекеев, Гөззал Жумамуратова(@sheksizlikler ), Қарақалпақ филологиясының докторантлары: Муҳамметдин Бәўетдинов, Бийбиҳадиша Жолдасбаева, сондай-ақ, Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби оқыўшылары да қатнасты.


Каналларымызға ағза болың:
@SHawdirbay_Seyitov
@Tolepbergen_Matmuratov
@Kengesbay_Raxmanov









Показано 11 последних публикаций.