Бәлким бир етик майшы талантлы актёр, я аспаз шығар. Сол бала гезинен өзин-өзи таба алмағанлықтан, етик майшы болып кеткен шығар, бәри бир, ол етик майшы ғана болып қалады, ҳеш қашан да етикти өзи тиге алмайды, себеби, онда оған уқып жоқ еди-дағы, ақыры! Ол актёрлыққа ямаса аспазлыққа уқыплы еди, ол әтираплардан өзин излеп көрмеди, ақыры етик майшы, онда да талантсыз етик майшы болып қалды. Буны айтып отырғанымның себеби бар. Сен, мине, әскерликтен келип, турмысқа жаңа араласып атырсаң. Бурынғы мал баққанларыңды, жылқыманшылығыңды дей алмайман. Себеби, сен ол ўақытта жас едиң, бала едиң. Мине, енди әскерликти питирип келген, дырдай жигит болдың. Жәмийеттен өзиңниң орныңды өзиң излеп көр. Тек ғана мал бағыўға талантың бармекен, ямаса оннан да басқа бир нәрсеге күшли талант бойыңда жасырынып жатырмекен? Бәлким, мениң емес, сениң сүўретши болыўың, мениң мал бағыўым керек шығар. Буны мысал ушын айтып атырмандағы. Болмаса сүўретшиликке көп оқыўдың, жастан шуғылланыўдың кереклигин билемен ғой! Гәптиң тоқ етери өзиңди өзиң таўып алдың ба, жоқ па? Соны сорамақшы едим. Буннан кешиге берсең, сен өкинетуғын боласаң. Пока не поздно, өзиңди өзиң табыўың керек. Быйыл ТашГУды Емберген деген бала питкерди, хабарың бар шығар, қосықлары газеталарда жийи-жийи шығып турады. Жазғанда да ойып жазады. Сол не қылған десе! Физика факультетине кирип қойып, бес дыл даўамына жығылып-сүрнигип, үш пенен зорға питкерип шықты. Әне, сол әдептен өзин таба алмай қалған. Журналистикаға, я өзимиздеги тил әдебият факультетине түскенде-ғо, отлично оқыр еди, қосықты буннан да бетер уқсатып жазар еди. Енди талантсыз, сайыз физик болып шықты, тағы оқыйын десе, өмир өтип баратыр, оның үстине оңысығы да ебиндей екен. Оқымайын десе әдебияттан да билими сайыз. Тек тәсир менен, көкиректиң бир минутлық ҳәўлириўи менен жазыла берген қосық та алысқа қанат қақпайды. Енди өз бармағын өзи тислеп жүр. Барғаннан соң таныстыраман. Әне, иним, усының бәри әзелбастан өзинен өзин излеп көрмегенликтен. Қай кәсипте адамзатқа пайдаң көбирек тийеди, усы бастан сояқларын ойлан. Енди жас емессең, қуўатым.
Мурат
Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы
Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov
Мурат
Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы
Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov