Адам жарасық ушын-ақ үйленсе болар, бундай нашарларға бурынлары «кеўлимизди мудамы шағлатып қояды, оннан соң бизден нама төгилип келе береди» деп, қыссахан менен шайырлар, бақсылар өш келетуғын еди. Қайсы бирине қыссахан, бақсы, шайыр тийисе береди. Қудайтала, өзи қәдирли затын аз жаратады, алтын қәдирли болғанлықтан аз, аз болғанлықтан қәдирли. Сонлықтан жаңағы Назлының жеңгесиндей пәкизе нашарлардың бәрине шайыр тәбиятлылар табыла бермейди. Табыла бергенде-ғо, жүзикке қас қондырғандай болар еди. Ҳәр кимниң ығбалына өзине тән нашардың сызылғаны жақсы, шайырға тән нашар шарўаға тийгени менен, шарўаға тән нашарды шайыр я бақсы алғаны менен бахытлы бола алмайды. Еки тәрептиң де ығбалының соқпақлары бир соқпаққа бириккенде ғана жуптылар жубын жазбайтуғын ерли-зайып, бири-бирине жарасық бола алады. Болмаса, еки соқпақ екеўин еки жаққа жетелеп кетеди де, көрпе бир болғаны менен, кеўил қосылмайды, басқа болады, балам. Бул да бир, кәсип таңлағандай, ал, кәсип таңлаў аўзынан сарысы кетпеген өзиң қусаған палапанларға, қостар таңлаўдан аңсат емес. Мен өзимниң туўды-питти шопан екенимди билмей, жасымда көп дағдардым. Малақайшының кәсибин жеңиллеў көрип, урынып едим, астары түрилип кете берди, мәси тигип қарасам, гүлшини дурыс түспеди. Ғобыз шертип көрип едим, өзим келистире алмай жүргенде, үйден әкем қуўып жиберди. Қыссаханлық етейин десем, саўат жетиспеди, болмаса, даўыс та, питеген намаға түсингендей ықлас та жоқ емес қусаған еди, қус салып көрдим, бул да жигитке бир жарасық, жарасық болғанда қандай, оған бир қызықсаң, ылақ шапқанды-әм қоясаң. Еле бир үйретип жиберермен, оннан соң, өзиң де билесең. Мына, гөш планды бир ыйықтан түсирип алайық. Сөйтип, қус салдым, қусшы болдым, дәдим, ә? Ал, енди, бул, талаптан гөре бийдәўлетшиликке усаңқырайды. Қусың алса ала қояды, өт қақпайтуғын да күнлер болады, бирақ сеники күнде салпылды. Биз не қылдық: айналып келип мал бақтық. Әне, талап соннан баслап оралыўға қарады. Биз жүре берген екенбиз ҳәр жаққа бир урынып ығбалымызға усы жазылған екен дағы! Ҳаў, ертерек есимизди жыйып, биле қойғанда болмайтуғынбеди, бәри аңсат ис қызық та болмайды екен, қарасақ! Усы гәп неден шығып еди?
– Назлыдан...
– Назлы қызымыздан шықты, ҳаўўа. Назлы ғой бизге қолай едидағы, Муратжанға жағар-жақпасы еки талай ис. Ол, жуқа тәбиятлылаў жигит ғой, оның өзиниң кәсибине жуғысын тийгизетуғын нашар керек пе, деп пәмледим де, мына кемпирге ырық берген бола қойдым. Болмаса ғой, нашардың нашарлығынан кемиси жоқ. Пәкизе, ашың менен айланып, тоғың менен толғанатуғын нашардың сейдини, көрерсең, еле усы қарағандағы нашарлардың шырайлысы да сол болып шығады. Сәрсенбай, бәле, ийисшил ийттей пәлектиң астынан бир табыўын тапқан екендағы, қыз қәлемесе не шара! Бирақ алды менен тиллесип алмай, жаўшы жибергени әнтеклик бола қойған екен. Анаў күни ҳайтлықты келин сизлердиң қайсыңызға берип еди?
Бул сораўды күтпеген мен:
– Ҳеш қайсысымызға, – дедим ҳаўлығыңқырап. Сөйтип бақанның басына қыстырылғанын, қалай алғанларымызды қысынып-тартынып, айтып бердим. Дайым теке сақалын тутамлап, басын шайқады.
– Онда келиндики әнтеклик болған екен. Дәстүрди бузғаны менен, биймәлел жағын ойлаған ғой. Сонда биреўиңизге бере қойғанда, Сәрсенбай да жаўшы жиберип ҳәлекленбес еди дағы. Келин де тәсилпаз екен, көрдиң бе, бийкешиниң кеўлиндегисин билдирмеў ушын, сөйткен. Қулласы-кәлам, ишиңизден биреўди қәлеген. Қәлемеген жағдайда, ҳал-жағдайды айтқан болып, жыллы сөз бенен ҳайтлық бермей-ақ ысырып салыўға болар еди дағы. Па-ай, қыйтыр екен дағы!
Ҳайтмурат дайысы менен Мақсет жийениниң сәўбетинен
Шаўдырбай Сейитов
"Ығбал соқпақлары" романы
@SHawdirbay_Seyitov