Бала психологиясы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Семья и дети


Бала психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
👶🏻Баланы тез тынышландырыў усылы

☝️Тексерип көриң, пайдасы тийер. Баслысы қолға алғанда абайлы болың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


✨БИЗЛЕР БАХЫТЛЫ БАЛАЛАР ЕДИК

Тазартып ошақты кешеги күлден,
Отын алыстырып қайтадан, үрлеп.
Әтештанға шоқты шығарып қойып,
Шыраның орнына қолланып жүрген -
- түнлеримизде де бахытлы едик.

Ярым шөрек нанға сары май жағып,
Аяқ кийимимизди билекке тағып.
Жантақ, тикениңди нәзерге илмей,
Жалаң аяқланып мал, ешки бағып -
- жүргенимизде де бахытлы едик.

Жақынымыздан қалған кийимди кийип,
Үлкен ыштанымызды ышқырдан түйип.
Күнине он минут мультфильм көрип,
"Даўамын ертең көремиз" дейип -
- күткенимизде де бахытлы едик.

Интернетсиз дәўирлер-әй баяғы..!
Ал, достым айтайын тағы қаяғын.?
Көшеден таяқ жеп, үйге келген соң,
Үйдегилердиң де шаппат, таяғын -
- жегенимизде де бахытлы едик...

© Өжет Байназаров

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


1. Гүбелекти табың (шепте)
2. Сүўреттен барлық затларды табың (оңда)


Усындай ойынларды балаларыңыз бенен бирге ойнап турыў балалардың итибарлылығын күшейтеди

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☝️Балаларда креативлик үлкен адамларға қарағанда күшлирек болады.

Себеби олар дүньяны ҳәр қандай сыртқы тәсирсиз көреди және тәўекелшиликтен қорқыў деген сезим ең төмен дәрежесинде болады.

Сонлықтан, балаларыңыз, әсиресе 3 жасқа шекемги балаларыңыз бир нәрсени сындырып алғанында, бүлдиргенде бирден бақырыўдан тыйылың, сиз қызықпайтуғын спорт ямаса дөретиўшилик бағдарларына қызығыўшылығы болса оларды тоқтатпаң.

Ким биледи олардың арасында келешектеги уллы алымлар, спортшылар, ойлап табыўшылар бар шығар.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Ханаңызда үпленген шарды түнде қалдырмаң, оның жарылған даўысы балаларыңыздың ден саўлығына жаман тәсир етиўи мүмкин

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:

👉 @bala_psixologiyasi


☘️Балаға билим ҳәм тәрбия бериўде норманы сақлаў бойынша усыныслар

Балаңыздың тез пәт пенен интеллектуал, физикалық раўажланыўын мақсет етип қоймаңлар. Оның алға илгерилеўлери имканиятларына сай келиўи зәрүр!

Ол жас аралығындағы текшелерден секирип өтпеўи керек.

Қәнигелердиң айтыўынша, балалар менен топар шынығыўларын 3 жастан алдын баслаў орынлы болмайды. Ҳәрқандай шынығыў таза ҳаўада ойын көринисинде өткерилиўи лазым. Әне, сонда балалар информацияларды жеңил қабыл етеди ҳәм беккем еслеп қалады.

Шынығыўларды нәтийжели өтиўдиң өлшеми — баладағы кейпият ҳәм алған билимлерин әмелде де пайдаланыўы болып есапланады.

Ҳәрқандай жасқа өзине сай берилетуғын билим бар. Баланың раўажланыўында мине усыған әмел етиўге ҳәрекет етиң.

6 айлық. Балаға жарқын сүўретлер менен безетилген китапты оқыўдың ўақты келди. Оған рәң-бәрең ойыншықларды бериўге болады.

1 жас. Нәресте менен көбирек сөйлесиң.

2 жас. Усы басқышта сөйлеўдиң раўажланыў процеси кешеди. Оның басқа балалар менен танысыўы жүдә әҳмийетли саналады. Сүўрет салыў да усыныс етиледи.

3 жас. Сөз байлығын арттырыў ҳәм сөйлеўди дурыслаў үстинде ислейтуғын, сүўрет ҳәм ритмикалық ойынларға масластырылған топар шынығыўларына қатнайтуғын ўақыт.

4 жас. Шет тиллерин үйрениў, сондай-ақ, ҳәриплер ҳәм сөзлер менен танысыў ушын ең қолайлы жас.

5 жас. Өз-өзине хызмет етиў ҳәм оқыўды үйрениў ушын дәслепки басқыш. Бул дәўир қуўыршақты кийиндириў, нәрсе-буйымларды тақлаў, ыдысларды жыйнаў сыяқлы ойынлар ушын жүдә қолайлы.

6 жас. Бул жаста арифметика, шет тиллер менен шуғылланыў, спорт дөгерегине қатнаў талап етиледи. Сондай-ақ, оны мектепке таярлаўшы дөгерекке бериў усыныс етиледи.

Дерек

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Ата-аналар балаларына коррупцияны үйретип атыр - психолог пикири

Сиз не деп ойлайсыз?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:

👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
📵Бүгин телефоннан басын көтере алмайтуғын баланы ертең китап оқығанлар басқарады

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Шийрин ишимликлер балаларда ерте инсульт кеселлигин келтирип шығармақта

Шийрин ишимликлер қурамында шекер муғдары әпиўайы конфеттегиден 20-30 есе көп болады екен.

Бул ишимликлерди нормадан артық ишиў балалардың қаны қойыўласыўына ҳәм ақыбетинде тромблардың пайда болыўына алып келеди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Балаңызға чипс, кириешки ҳәм басқа жасалма затлардан ибарат өнимлерди алып бермең

🧪Бундай өнимлерде дәм, ийис бериўши жасалма қосымталар болады.

☝️Кейинги постларымызда балаларға жеў усыныс етилмейтуғын азық-аўқатлар ҳаққында жазамыз.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Балаларды интеллектуал ҳәм физикалық жақтан раўажландырыўшы ойынлар ҳәм ҳәрекетлер

Бул ойынларды қыстың күнлери балалар көбирек ўақтын үйде өткеретуғын гезлери ислетсеңиз болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


👶🏻Перзент шаңарақта нешинши болыўына қарап характеринде өзгешеликлери болады

🔘Үлкен перзент

Идеаллыққа умтылыўшы;
табысқа ерисиўши;
жетекши;
ҳәкимият адамы;
жуўапкерли;
бейимлесиўши;
ҳүжданлы;
исенимли;
абайлы;
қадағалаўшы

☑️Орташа перзент

Жағдайға бейимлесиўшең;
бийғәрез;
мийримли,
жақсы сәўбетлесиўши;
тынышлық сүйиўши;
кирис;
сөзге қулақ салыўшы;
жалғызлыққа бейим

🔶Киши перзент

кирисимли;
тартымлы;
досларын жақсы көретуғын;
кесип сөйлеўши;
манипулятор;
ҳәзилкеш;
итибар талап ететуғын;
эгоист.

🔷Жалғыз перзент

өзине исенген;
ҳүжданлы;
жуўапкерли;
идеаллыққа умтылыўшы;
дыққат орайында болыўди жақсы көреди;
ерте үлкейеди;
бәрқулла әтирапындағылардың қоллап-қуўатлаўын қәлейди;
өкпелегиш;
жетекши.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


❓3 жасқа шекемги баланы аўқатландырыўда нелерге итибар бериў керек?

Аўқатланыў 1-3 жастағы баланың тек сарыплаған энергиясын қаплап, оның азықлық затларға (белок, май, углевод), витаминлерге ҳәм минералларға болған талапларын қандырып ғана қалмай, ал ол соның менен бирге, тәрбиялаўшылық хызметти де атқарады: баланы жақсы әдетлерге үйретеди, эстетикалық көзқарасты раўажландырады.

Мәселен, егер балаға кишкентайынан пайдалы азықлықларды жеўди үйретсек, кейин ол бул өнимлерди жақсы көрип қабыллайды.

Егер бала жүдә ашшы ямаса оғада мазалы тағамларға үйренип қалса, үлкейгенде онда надурыс дәм сезими қәлиплеседи.

Айырым ата-аналар «мазасы шықсын» деп, аўқатқа артықша дуз ямаса қумшекер қосады. Олардың пикиринше, сонда ғана бала иштейленип жейди.

Бундай етпеў керек! Жақсы аўқатланыў көз қарастан қаралғанда, ҳешқандай аўқатқа артықша дуз ямаса қумшекер араластырылыў керек емес.

Ата-ана шаңарақта нәресте туўылмастан бурын ямаса ол дүньяға келиўден-ақ, өзлериниң үйреншикли аўқатланыў рационын критикалық көзқарастың елегинен өткериўи керек: дурыс аўқатланып атырмыз ба ямаса жоқ па?

Өйткени, бала сизлердиң не жеп, не ишип атырғаныңызға қарап, аўқатланыўды үйренеди.

Саламатлық бағышлайтуғын аўқатланыў тәризине өтиўдиң үлкен қыйыншылығы жоқ.

Дәслебинде аз дуз салынған ҳәм аз бурыш қосылған аўқат дәмсизлеў болып көриниўи мүмкин. Арадан шама менен еки ҳәптедей ўақыт өткен соң тилдиң рецепторлары өнимлердиң тәбийий дәмине сезимтал бола баслайды.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Тырнағын ғайзайберетуғын яки алмай өсирип жүреберетуғын балаңызға көрсетиң

Тырнақтың ишинде қандай бактериялар болатуғынлығын көрсин

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:
👉 @bala_psixologiyasi


Перзентиңиз бенен қатнасықта …

• Ислеген қателерине сабырлылық пенен қараң;
• Жаман сөзлер айтса, күлмең;
• Оны айыпламаң ҳәм айыбын ҳәммеге айтпаң;
• Оны алдамаң, дурыс түсиндириң;
• Ислеген жумысын мақтаң ҳәм хошаметлең;
• Тез-тезден еркелетип, қушақлап турың;
• Жақын достыңыз сыяқлы сәўбетлесиң. Еле кишкенесең деместен дурыс түсиндириң ҳәм кеңес бериң;
• Сизден қорқпасын, керисинше ҳүрмет қылсын ҳәм исенсин.

Умытпаң, сиз балаларыңыз ушын еликлейтуғын биринши дәрежедеги идеал адамсыз!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


⚡️Ҳәр биримиз ушын күнделикли турмысымызда керекли "дәрилер"

Не ушын адамлар аўыра береди? Бизлер кеселлик, анығырағы оның АҚЫБЕТИ жанымызға тийе баслағанда ғана шыпакерге мүражат етемиз.

Ал, шыпакер болса, бизге кеселликтиң тек белгилерин сапластырыўға жәрдемлеседи ҳәм ақыбетти ғана емлейди, ал СЕБЕП болса, бизлердиң ишимизде, ойлаў тәризимизде, ис-ҳәрекетлеримизде қала береди.

Бундай себеплерди сапластырыўшы бир неше "дәрилер" бар. Оларды турақлы пайдалансаңыз, көплеген кеселликлериңизден қутыласыз. Бул "дәрилер"ди билиўдиң өзи жетерли емес, оларды ҳәр күни, ҳәр минут сайын қолланған мақул.

Себеплерди жоқ етиў ушын Сизге сол "дәрилер"ди бирме бир усынып барамыз! Бәрин бирден усынсақ, «қабыллаўға ериниў» деген «кери тәсири» пайда болыўы мүмкин.

❗️1-"дәри" – ӨМИРГЕ МУҲАББАТ

Өмирди ҳақыйқатында да жақсы көретуғын адам төмендегилерге умтылады:

— Өзин қоршаған дүнья менен гармониялы жасаў;
— Оптимист болыў, бул дүньяда болып атырғанлар бизлердиң ийгилигимиз ушын екенлигин түсиниў;
— Әдеп-икрамлылық нызамлары бойынша жасаў;
— Әлемниң «Нени ексең, соны орарсаң» деген нызамын ядтан шығармаў;
— Шадлы ҳәм қайғылы күнлерде де қәтержам болыў, ўақыяның себеп ҳәм ақыбетлерин түсиниў;
— Билимли болыўға умтылыў, өйткени надан адам жақсылықты түсинбейди;
— Ҳәр бир тири жанзатқа муҳаббат пенен мүнәсибет етиў, ӨМИРдиң муҳаббат екенин түсиниў;
— Ой-пикирдиң тазалығына умтылыў, оның ҳәрқандай ис-ҳәрекеттиң басламасы екенин түсиниў.

П/С: Буның перзент тәрбиясы ушын әҳмийетли тәрепи ҳәр тәреплеме саламат перзентти тек ғана руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат ата-ана тәрбиялай алады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


❓Бала үлкенлер сөйлескенде қосылып сөйлегенде не қылыў керек?

Перзентлер ата-анасы, яки үйиндеги үлкенлер өз-ара сөйлесип атырғанда қосылып сөйлеў, сораў бериў сыяқлы жағдай көпшиликке таныс шығар.

Бундай жағдайларда көпшилигимиз ашыў менен “аўзыңды жумып тур”, “қосылып сөйлеме”, “тоқтап тур, сөйлесип атырмыз” деп балаға бақырамыз.

Бул жағдайда баланың ишинен нелер өтеди?

Бала үлкенлерге қосылып сөйлеп атырған болса, демек ол өзиниң бар екенлигин көрсетпекши болады, ол да үлкенлер менен сөйлесиўге, пикирин айтыўға, сораў бериўге мүтәжлиги бар екенлигин билдиргиси келеди.

Көбинесе буның себеби ата-ананың балалары менен жетерли дәрежеде сөйлеспей атырғанында болады.

Балалар ишеди, жейди, ойнайды, уйқлайды, телефон яки компьютер көреди - болды сөйтип өсебереди деп ойлайды айырым ата-аналар.

Бирақ балалар да басқа үлкенлер сыяқлы сөйлесиўге, оны басқалар тыңлаўына мүтәжлик сезеди. Жәмийетке араласыў мине соннан басланады.

Сонлықтан, ата-аналарға кеңесимиз - балаңыз сөйлегенде, сораў бергенде итибарыңызды аямаң, дыққат пенен тыңлап сораўына толық жуўап бериң, ислеген жумысын көрсетип атырған болса - мақтаң!

Балаңыз сөйлеп, пикирлеп атырған болса, шүкирлик етип қәдирине жетиң, айырым ата-аналар баласының бир сөз айытыўын жыллап күтип жүр!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Көпшилик ата-аналарды қызықтыратуғын сораў:

“Мениң балам тәртипсиз, үйди жайратып таслайбереди, тәртипли болыўы ушын не қылыўым керек?”

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:

👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☝️Қытайдағы бағша режими

П/с: Қарақалпақстанда усындай бағша ашылса ата-аналар балаларын бериўге гезекке туратуғын шығар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Мамасы “без настроения” келгенде… 😁

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:

👉 @bala_psixologiyasi

Показано 20 последних публикаций.