✅
Шаңарақта еркек қәдириШаңарақта еркек адамның орны өзгеше, саўлаты уллы. Ақыллы еркек бас болған шаңарақ абадан, бала-шағасы қуўанышта жасайды. Пәкликти мақтаныш тажы етип, ел-журты тәшўишинде жасайды.
Ата-ананы басына қойып, туўысқанларына мийримли, балажанлы болады.Шаңарақта еркек көпшилик жағдайларда ҳаялынан 4-5 жас үлкенлиги, өмирдиң ойлы-бәлентлигин көбирек билгени ушын оған киши хожалықтың баслығы сыпатында қаралады ҳәм ҳүрмет етиледи.
Еркектиң орны, қәдири бар шаңарақта тынышлық-татыўлық болады,
ҳаяллар сыйланады. Урыс-жәнжелге орын қалмайды.
Меҳрибан аналарымыз өз әкелеримизди қандай
сыйлағанларын,
ер ҳүрметин қатты услағанларын, сөзлерин еки етпегенлерин жақсы билемиз.
Аналарымыздың:
«Тыныш, ағаң үйде», «Ағаң қапа болатуғын ис болмасын», «Ағаң не дейди екен?», «Әке разы — Қудай разы» сыяқлы сөзлерин еслеп қалғанбыз.
Әке ҳүрметиниң уллылығын аналарымыз үлгисинде көргенбиз.
«Әкем қашан көшеден келсе, дәслеп анамызды жоқлайтуғын еди», деп еслейди жасы үлкен. —
«Туўры асханаға өтип, анам менен еки-үш аўыз сөйлесип, соң басқа жумысқа айланысады. Анамыз үйде жоқ күнлерде әкем өзин қай жерге қоярын билмей қалатуғын еди. Бир-бирине жүдә мийримли еди. Жаслығынан бир-бирин ҳүрметлеп, кеўил қалатуғын ислер етпегени ушын да солай жасаған».
Ата-бабалар, дана аналарымыздан қалған жақсы әдетлер даўам етип атыр ма? Ҳәзирги ҳаялларымыз оқымыслы, ақ-қараны таныйды, еркеклер менен қатар турып хызмет етеди. Үйди де, жумысты да еплейди. Буннан жәмийетимизге де, шаңараққа да үлкен пайда етеди, әлбетте.
Бирақ,
өкинишлиси, айырым шаңарақтағы миннетин, ҳаяллық гөззаллығын, ҳаялларға тән назы, уят-әндийшесин
умытып қойып атырған ҳаяллар да жоқ емес. Буған бир ғана мысал келтиремен.
"Бүгин Кәмилжанның кеўил-күйи жаман. Күн бойына өзи менен өзи сөйлести. Жумысында да жақсы кейипте болмады. Азанда ҳаялы кейпиятын бузды. Ҳәр дайымғыдай жәнжел әйтеўир нәрседен шықты. Чай үстинде баласы қолындағы шыны кесасын сындырып алды. Ҳаялы баланың бетине «тасыр-тусыр» етип еки шаппат урды. Буннан Жолдасбайдың ашыўы шығып:
- Ақмақ, баланы да солай урасаң ба?
- Аўа, мен ақмақ, сиз «аппақ»-сыз. Мине мына «аппақ» та тап сизге уқсаған. Бул гәп Жолдасбайдың жанынан өтип кетти. Кейинги ўақытларда ҳаялы өзгерип қалды. Неге? Оқытпаўы керек пе еди? Ойға шүмди: өзи билетуғын оқымыслы ҳаялларды бирме-бир ойынан өткерди. Ҳаялы менен салыстырып көрди. Өзинен наҳақлық өтпегенин түсинди…"Тәрбия процесинде баланың «қулағы герең, көзи көр ўақытлары» болыўы тәбийий. Шоқлық етип, қандай да бир нәрсени түсиреди, төгеди яки сындырады. Бул ушын балаға
бирден "қол көтериў" шәрт емес. Жақсысы:
«Абайласаң боладығо балам. Мине мынандай етип услаў керек. Жүргенде әсте аяқ астына қарап жүриў тийис», деп үлкен адам сыяқлы түсиндирилсе
жетерли. Усылай баланы саналы өмирге үйретип барыў арқалы,
өзиниң де, перзентиниң де нервын сақлаған мақул.Бала алдында
әке атына болар-болмас гәплерди айтыў оның тәбиясын бузады. Әке абырайына зыян жеткереди. Ерли-зайып ортасындағы арзымайтуғын жәнжеллер, келиспеўшиликлерден бала хабардар болмағаны мақул, әлбетте. Себеби, бундай жағдайларда бала да
екилениў, гүмансыраў пайда болады.
Ата-анасының сөзине исеними кемейип барады. Әсиресе, бала алдында шаңарақ басшысы — ер ҳаққында гәп етиў тәрбияға зыян келтиреди.
Улыўма алғанда, ҳаял бир дастыққа бас қойған әзиз
өмирлик жолдасының кеўлин табыўға умтылыўы, оннан
шийрин сөзин, хызметин аямаўы, итибарлы болыўы тийис. Шаңарақтағы ер адамның қәдири, абырайы оның
өзине де байланыслы. Солай болса да, перзентлер алдында
әкениң абырай-итибарын беккемлеўге бийпәрўа қарамаў тийис.
ДерекПерзентиңиз тәрбиясы ушын керекли мағлыўматлар:👉
@bala_psixologiyasi