Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Сөздиң көрки – мақал.
Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам әңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.
Еслетпе:Каналдан пост(көширме) алсаңыз,силтемеси менен алыўға рухсат!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Қарақалпақ ырымлары

Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты


41. Гөне тамда уйықлаӯға болмайды.
42. Жийдениӊ астында да уйықлап қалыӯға болмайды.
43. Таза түскен келин қырық күнге шекем бир өзи (жалғыз) түнде далаға шығыӯына болмайды.
44. Бала қуса берсе, шешеси биреӯдиӊ (бийкешиниӊ болса, мәлелсизлеӯ болады) алып киятырған суӯын төгип, ашыӯландырса, қояды.
45. Күлге дәрет сындырыӯға болмайды.
46. Емшеги аӯырған ҳаял жай, жер, тандыр қушақласа тәӯир болады.
47. Суӯды қазанға қуйып, көп дуз салып қайнатып, соӊ оны үлкен ләгенге алып, бели аӯырған адам отырса, тәӯир болады.
48. Балаға айдыӊ сәӯлеси түссе шоршығыш келеди.
49. Журттан өзгеше етип — адамлар таӊ қалатуғындай жақсылап жай салсаӊ кирер есикке, яки жайдыӊ адамлар көретуғын жерине шийшеге салып яки түйиншикке түйип дуз, бурыш, яки пияз қыстырып қоясаӊ. Ерсилеӯ затлар, мәселен, қошқардыӊ шақы ҳ.т.б. қыстырсаӊ да болады. Сонда адамлардыӊ көзи тиймейди.
50. Бир жерге барып сол жерден мәнисиӊ болмай қайтсаӊ, яки туӯыӯ үйинен, емлеӯханадан келсеӊ, үйге от атлатып кириӯ керек.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmaka


Қарақалпақ ырымлары

Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты

31. Жылы қоян адам қоян, қой жылы туӯылған адам қой, ямаса таӯық жылы туӯылған таӯық ҳ.т.б. сойыӯына болмайды.
32. Еки қабат ҳаял тигис тикпейди, баланыӊ киндиги оратылып қалады.
33. Жас келиншек рапийда тикпейди, көтермей қалыӯы мүмкин. Кемпир адам тигеди.
34. Кесирткени көргенде аӯызды ашпаӯ керек. Ашсаӊ, тисиӊди санаса тисиӊ түсип қаладымыш.
35. Кишкене, тили шықпаған баланы айнаға қаратыӯға болмайды. Тили шықпай қалады.
36. Қулақ аға берсе, қартайған адамныӊ топырақ жалама баӯырсағын писирген майынан тамызылса, қулақ ағыӯы қояды.
37. Баланыӊ иши тырысса ақмайды сәл ысытып, тула беденине жағылса, тырыспа жазылып кетеди.
38. Кешқурын, батар күнге қарсы уйықлаӯға болмайды. Қәсте адамды да тикейтип отырғызыӯ керек. Себеби жатсаӊ, өлиниӊ есабына кирип кетесеӊ.
39. Тили шықпаған нәрестени үйде жалғыз таслап кетиӯге  болмайды.
40. Кешқурын суӯ бойына барыӯға болмайды.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Қарақалпақ ырымлары

Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты


21. Терискен оӊ көзиӊе шықса шеп қолға (ортанғы еки бармаққа), шеп көзиӊе шықса оӊ қолға сабақ байлайсаӊ.
22. Терискен шықса тутылмаған таза ийнени орамалыӊа, яки жағаӊа қадап қоясаӊ.
23. Шүйел шықса қанша шүйел болса, бөтекениӊ ишине сонша бийдай салып босағаға көмесеӊ. Сондай-ақ ашыӯшақ қыздыӊ шашынан алып шүйелге байласаӊ да кетеди.
24. Жылан жылы адамлар қумға түсиӯге болмайды. Ети аламыш болып кетедимиш. Жылан жылы қум ызғар болады деген де түсиник бар.
25. Баласы  турмағанлар орын, ел жаӊалаӯы керек.
26. Балықтыӊ қаны да көп аӯырыӯларға ем.
27. Ийттийме болған баланы шошқаныӊ майы менен сылайды. Сондай-ақ шошқа майы менен сыланған балаға көз тиймейди, ийттийме менен аӯырмайды.
28. Тырнақты қырыӯға болмайды. Бахытсыз боладымыш.
29. Егер баланыӊ үстине шийқан яки етлик шыға берсе, бир сулыӯ кийим кийгизип қоясаӊ. Сол кийимге биреӯ таӊланып, суп-сулыӯ екен, десе, жуӯап ретинде сатаман, аласаӊ ба? Ала ғой, деп бир нешше мәрте  айтасаӊ. Бирақ сатпасаӊ да болады.
30. Қулағыӊа сырға тақсаӊ жара болып кете берсе, сол сырғаны жақын жердеги дәрьядан өтип, сол жаққа таслап кетсеӊ, ағайин қызларыӊа берип кетсеӊ ҳәм өзиӊ басқасын алып тақсаӊ, қулағыӊа ҳеш нәрсе болмайдымыш.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Қарақалпақ ырымлары

Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты


11. Ешекжем баланыӊ үстине шықса күнде азанда етегине жем салып, ешекке жегизсеӊ кетеди.
12. Етлик шыққан балаға таза балық, яки сүттиӊ көбигин жағасаӊ.
13. Емизиӯли ана бир нәрседен дәме етсе емшеги аӯырады, иседи. Сонлықтан дәме етеди деген нәрсесин әкелип бериӯ шәрт. Үйдиӊ жанында той-мереке болса да аӯқаттан алып келип бериледи.
14. Еки қабат ҳаял түйениӊ гөшин жесе, босана алмай, қыйланып көп жүрип қалады.
15. Қара суӯға, отқа күйип қалған адамнан күйип қалдыӊ ба деп соралмайды, улғайып кетеди.
16. Күйикке киши дәрет жақса, ақ май, қатық жақса болады.
17. Ҳәрре шаққанда киши дәрет яки ылай жағылады.
18. Мурын ишине жара шықса киши дәрет атсаӊ тез жазылады.
19. Тандырға себилген суӯдан ишсеӊ бетиӊе сепкил түседи.
20. Көзиӊе шөп тийсе, сол тийген зат пенен ушықлайсаӊ, яғный көзиӊниӊ алдында айландырып үш мәртебе «ушық-ушық» деп қайталайсаӊ.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫӉ ЫРЫМЛАРЫ

Қарақалпақ ырымлары

Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты

I.  ТӘӮИПШИЛИККЕ  БАЙЛАНЫСЛЫ  ЫРЫМЛАР

1. Қырқынан шықпаған нәрестениӊ үстине шийки гөш алып кириӯге болмайды. Етлик шығады.
2. Баланыӊ денесинде қалы болса, ени аӯып кеткен болса, атын өзгертип шақырған дурыс болады (Мәселен: Қалбай, Ендирбай, Қаллыгүл).
3. Бала уйқылаған ӯақытта дастығыныӊ астына нан, пышақ, я пияз қойсаӊыз шоршымайтуғын болады.
4. Басты түнде жуӯып, оныӊ суӯын түнде төкпеӯ керек. Аязлап, бас аӯырыӯ болыӯ мүмкин. Буған байланыслы,
Түнде жуӯған бастай болма,
Ҳарам ишкен астай болма, — деген ата-бабадан қалған сөз бар.
5. Асты ишкиӊ келип турса ишпесеӊ де, ишкиӊ келмей ишсеӊ де саӯалын бересеӊ.
6. Еки қабат қатын шашын буйралатпаӯы керек, баланыӊ киндиги оратылып қалады. Сондай-ақ шашын қыйдырмаӯы да зәрүр.
7. Жүкли ҳаял салма бойына далаға шықса, баласы ақпақулақ болады.
8. Қорыққанда, жаман түс көргенде ийис шығарып, қоӊсы-қоба, жетим-жесирлерге шелпек тарқатылады.
9. Бала шоршымаӯ ушын бесигиниӊ бетин жаӯып қойыӯ тийис.
10. Басында дуӯа бар адам ийтаяқтан күнде азанда үш мәртебе ийттей болып шалпылдатып суӯ ишсе дуӯасы кетиӯи мүмкин.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Бахтыңды урлаттың телефон менен.

Бабаңлардан қалған  мийрасың бардай,
Отырсаң уңилип қулаған нардай,
Қызық көп ишинде бораған қардай,
Ўақтыңды урлаттың телефон менен.

Туўысқанды көзиң менен көриў жоқ,
Жақыныңа меҳир менен келиў жоқ,
Қыздың, ақлықлардың шашын өриў жоқ,
Бир тән, бир жан болдық телефон менен.

Кириў қалды қоңсыңның да уйине,
Естен шықты хабар алыў сүйине,
Таслап қойдық бәрин көше бийине,
Бәримизди матап қойды телефон.

Қалды әллеқайда ҳәййиў дегенлер,
Дым ақыллы, мийин шағып жегенлер,
Телефонды коляскаға көгенлер,
Перзентин зәҳәрлер телефон менен.

Тик токларда не бар дейсең төрели,
Қызлар сеннен тасаланып көреди,
Вирусы көп, "шашына бийт"" өреди,
Байланысып кетсе телефон менен.

Ҳәзир бирақ, интернеттиң заманы,
Ишинде тур, ""жақсысы ҳәм жаманы"",
Арасында бардур керек таманы,
Мерекеге хабаршы да телефон.

Алып қойсаң оқыўшының қолынан,
Путалып қалғандай оңлы солынан,
Әкелерин  қалдырады жолынан,
Киндиги бир яңлы телефон менен.

Әке келип муғаллимди уражақ,
Ҳүрмет жоқ ғажжа -ғаж саўаш қуражақ,
Баласының тәрепинде туражақ,
Қаны қарысқандай телефон менен.

Орнына қой муғаллимниң ҳурметин,
Перзентлерге улги болсын иззетиң,
Сыйласықты сиз уяда уйретиң,
Қаның қатып қалмай телефон менен.

Қыялын урлайды түрли ойынлар,
Қызларға итибар берип қойыңлар,
Ақыл үйреткиштиң көзин жойыңлар,
Санасын уўламасын телефон менен.

Естен шығардыңыз китап оқыўды,
Жигитлерге қол орамал тоқыўды,
Үйрендиңиз комент жазып ""шоқыўды"",
Тамырласып кеттиң телефон менен.

Қыялың жулдызда, өзиң айдасаң,
Билмей жүрсең , усы күнде қайдасаң?!,
Кундиз түни интернетке шайдасаң,
Ўақтың өтип кетти телефон менен.

Бахтыңды урлаттың телефон менен,
Ўақтыңды урлаттың телефон менен.

✍Гулистан Даўлетова

2024 жыл 12 май.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#Халық_нақыл_термелери
Бахытлы болғың келсе исле таң турып,
Кеўилиңде болсын бәрҳа жақсылық.
Өзиң мәңги емес, атың мәңгилик,
Атың мәңги болса турар жаңғырып.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

2k 0 12 6 28

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ КАНАЛЫМЫЗ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ!

Бүгинги дүйшемби -жаңа жумыс күнлериңиз әўметли болсын!

Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!
Сизлерге:
🍃Таңның қайырлысын
🍃Туўысқанның баўырманлығын
🍃Баланың мийрилисин,
🍃Достың ҳадаллығын
🍃Шаңарағыңыздың аманлығын  тилеймиз!
Ҳәмийше аспанымыз ашық, елимиз парахатшылық, суўымыз мол, несийбемиз көп болсын!

Бүгинги күниңиз нурлы ҳәм мазмунлы өтсин!

        ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Ҳүт айының 17-сәнеси.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн әзизлер!

Ҳеш нәрсени жүрекке жақын қабыл алма, жақын қабыл алсаң, ядыңда услағың келеди, ал ядыңда услағаның жаныңа аўыр тийеди...

Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз...


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қосық: ""Сенсиз жасай алмайман""
Сөзи  Гулистан Даўлетованики,
Музыкасы  Көбейсин  Икметуллаевтики.
Атқарады Султан Уснатдийинов.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Ана- бир минут болса да, қасымда қал балам"...😢

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Жақсылық ислеў ушын имкан тап.
Жақсы бол, жақсылығыңды билмеўи ушын умтыл.
Барыңа қанаат қыл.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өмир жыллар менен емес, исленген ислер менен өлшениўи лазым!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Тәрбияла деп шалғайыңа асылып, кейин ала жағаңа асылатуғынлар да табылады.

А.Абдиев

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Спортта усындай жоқары нәтийжелерге ерисиўиңизге ким улес қосқан?

-Анам...


Рус тилинен аўдармалаған: 
       ✍М.Бердимуратовна
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Зор кейпият тилеймиз💐

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


#ҳикмет
"Өмириңизди жақсы адамларды излеўге емес, бәлки жақсы адам болыўға сарыплаң, сонда жақсы адамлардың өзлери сизди таўып келеди..."


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Ассалаўма алейкум бәршеге!

     Қайырлы таң!

Тиришиликтиң және бир күни басланбақта. Таңды жақсы сөзлер менен басласақ, күн даўамында кейпиятымыз көтерилип жүреди. Өйткени жақсы сөзлер, ҳақыйқый дуўалар, шын кеўилден айтылған тилеклер, айыпсыз көз жаслар, мүсийбет ўақтында сораған жыллы жүреклер оған умтылады.

Кеўилге жақын, әзиз инсанларым!
  Өмиримиздиң және бир қайталанбас күни және бир мәрте қутлы болсын!
Аманат дүньяда аман болайық!

Аллатаала ҳәр бир ислеп атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!
     Ҳадал тапқаныңыз тек қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын!

Екшемби дем алыс күниңиз кеўилли өтсин Бирадарларым!


Хүт айының 16-сәнеси

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн әзизлер!

Ҳеш нәрсени жүрекке жақын қабыл алма, жақын қабыл алсаң, ядыңда услағың келеди, ал ядыңда услағаның жаныңа аўыр тийеди...

Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз...


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal


📌Сораў: ҚарақалпақИКСлардан бириндеги "бизде ҳәммеси автоматластырылған" сүлгини айтың?

Иксты да айтың.

Показано 20 последних публикаций.