#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.
Алдым жағадан,
Урдым жамбасты,
Қарасам, астында жатырман.
Бул нақыл қолынан келмейтуғын иске орынсыз араласа беретуғын, ямаса шамасын билмей өжетликке зор беретуғын
адамларға айтылған.
Мурнымның пушығынан хабарым жоқ, сәңкийип сала
бериппен.
Бул нақыл өзиниң кемшилигин аңғармай, биреўди сынап-миней бергенин кейинирек өзи аңлап, өкиниш пенен айтылған сөз .
Пышыктың жуўырғаны топанханаға дейин.
Әдетте, пьшық үйден шығып жуўырған ўақытта бирден
пәт пенен жуўырады. Бирақ, ол узаққа бармай-ақ тоқтайды.
Айырым адамлардың шамасы келмейтуғын иске қол урып, оны демде таслап кететуғынына айтылады.
Мәшаба мәш келтирер,
Сыкпан адамды өлтирер.
Мәшаба мәш пенен гуриш, лобыя араласып тартылатуғын
аўқат. дегени тамағыңды тоқ етеди дегени. Ал сьқпан болса, айырым жағдайларда сол мәшабаға қосып
писиреди. Ол жуўери қамырды суйық етип ийлеп, мәш писип шамаласқанда бармақлардың арасынан қазанга сығып жибериледи. Онын, сықпан аталыўы да соннан. Сықпанның
ирилиги бармақтың бир буўынына шамалас болып, ол табаққа қуйылғанда да тегинликте суўымайды. Сықпанды мәшаба менен бирге қосып уртлап, барғанша тамағы куйгенде
айтылган нақыл.
Дерек: М.Нызамов "Қарақалпақлар" китабынан алынды.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal