ШАҚЫРЫҚТЫ ҚАБЫЛ ЕТИЎ ҲАҚҚЫНДА
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Тағамның ең жаманы келген адам қайтарылып, бас тартқан адам шақырылатуғын зыяпат* тағамы. Ким шақырықты қабыл етпесе, расында, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына әси болыпты», деди».
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу:
«Тағамның ең жаманы байлар шақырылып, жарлылар тәрк қылған зыяпат тағамы. Ким шақырықты тәрк қылса, расында, Аллаҳға ҳәм Оның Расулы саллаллаҳу алайҳи ўа салламға әси болыпты», дейтуғын еди.
Екеўин Имам Әбиў Даўыд, Имам Термизий, Имам Насаий рәўият қылған.Түсиндирме: Исламда зыяпат, улыўма, биреўге тағам бериў мәресимлеринен тийкарғы мақсет мүтәж адамларды тағамландырыў, олардың кеўлин көтериў болып табылады. Зыяпат берген адам оған келген пақырға қарамай, байлардың есигине барып, «Мениң зыяпытыма бир келип кетсеңиз қуўандырған болатуғын едиңиз», деп жалтақланып жүриўи оғада төмен ис.
Соның ушын Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ондай зыяпаттың тағамын ең жаман тағам деп атыр. Демек, зыяпат қылатуғын адам да кимлерди шақырыўды билиўи керек. Көбирек жарлы, пақыр-пуқараны шақырса, олар зыяпаттан қарны тойып, қайғысы кетип, кеўли көтерилип кетсе, иҳсан орнына өтеди. Байлығына мақтаншақ, биреўди менсимейтуғын менменлерди шақырыўдан болса пайдасы жоқ.
Қуўандыратуғын нәрсе, бизиң халқымыздың көбисинде бай-жарлыны ажыратпай қонаққа шақырыў, бай адам өзиниң байлығына көкирексинбей, жарлы өзин пәссинбей бирге отырыўлар еле бар!
Өкинишли, бундай нәсиятларды есине де алмайтуғынлар азлы-кем табылып турады. Зыяпатына илажы барынша бай, жетискен, қурғынлы адамларды шақырыўға барынша ҳәрекет етеди. Жарлы-жабықай, бийшараларды айтқысы да келмейди. Егер өзлери шақырмай-ақ келип қалса, кеўлине аўыр алады.
Ҳәдистиң екинши бөлегинде
«Ким шақырықты қабыл етпесе, расында, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына әси болыпты», делиниўи зыяпатқа қылынған шақырықты қабыл етип, оған барыў ўәжиб екенин аңлатады. Себеби Аллаҳға ҳәм Оның Расулына әси болыў ўәжибти тәрк қылғаны себепли болады.
«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабы тийкарында таярланды.
*ЗЫЯПАТ - қәдирли қонаққа, жақын-жуўыққа, жора-жолдасқа, тамыр-танысқа аўқат бериў, дуз-дәм таттырыў (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. II-том).📱http://t.me/nasiyatuz