Психолог Нукус


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Психология


Саўлат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Психология
Статистика
Фильтр публикаций


Қайсы жолды таңлайсаң?

Адамда қандай да бир шешилмеген машқала болса созылмалы стресс яки депрессия пайда болады. Себеби, көпшилик адам машқалаға төмендегише 3 жолды тутады.

1. Гүресиў – бул ҳалатта адам машқаласын шешиў ушын биреў менен (ата-анасы, ɵмирлик жолдасы, перзенти, енеси ҳ.т.б) гүреске кириседи, оны тәрбиялағысы келеди яки өзин қорғаў нийетинде. Ақыбетинде жәнжеллесиўлер көбейеди. Бул жағдай адамда стресслерди күшейтеди. Ол өзин қадағалаўы қыйынласады, ҳәр түрли негатив ойлар ҳәм сезимлер (қорқыў, ашыўланыў, жек көриў, өш алыў) пайда болады.

2. Қашыў – бул ҳалатта адам машқаласын (шаңарақтағы, мүнәсибетлердеги) шешиў жолын билмейди яки ҳәрекет еткиси, ɵзгергиси келмейди. Сол себепли ол бир жақларға қашады, көп ўақтын жумыста өткереди, басқа адамды излейди, басқа жаққа кетеди. Көпшилик еркеклер усы жолды таңлайды (бүгинги күнде ҳаялларда усы жолды таңлап атыр) жумысқа (работоголизм), көшеге қашыў, шет елге кетиў яки алкоголизм (спритли ишимлик ишип, ес-ҳушынан айрылып бир күн ғана машқаласын умытыў).

3. Шыдаў – бул ҳалатта адам машқаласын шеше алмағанлықтан оған шыдайды, кɵнеди. Онда өз машқаласын шешиўине исеним жетиспейди, қорқады, бәне қыдырады, сылтаў айтады, налынады, биреўди яки ɵзин айыплайды, ɵкинеди, ɵкпелейди, үмит етеди, күтеди, дәртин ишине жутып жүре береди.

Буннан басқа 4-жолы бар. Бунда адам машқаласына, турмысына, мүнәсибетлерге жуўапкершиликти ɵз мойнына алып, негатив сезимлерге берилмей, машқаланы шешиў жолын ойлап, излеп, түсинип ҳәрекет етеди.
@psixolog_nukus




Баланың кеўилин сындаратуғын нәрсе оның жақсы кɵрген ойыншығын тартып алыў, жақсы кɵрген ойынынан айырыў есапланады. Егер ата-ана буны ислесе баланың кеўили сынып, ол ɵзиниң жақсы кɵрген әлеминен, әрманынан, қәлеўлеринен айрылып, үлкейген соң биреўлердиң қәлеўлери, пикирлери менен жасайтуғын қарам адамға айланып, «Мен еркин болыўды, еркин болып жасаўды қәлеймен»- деп, қалайынша еркин инсан болып жасаўды билмей жүреди. Себеби, еркинлик адамның ишки дүньясында болады. Адамның ишки дүньясы балалықта қәлиплеседи. Яғный, ата-анасынан алған меҳир-муҳаббаты, еркинлиги, тәрбиясы ҳәм ɵскен орталығынан келип шыққан ҳалда қәлиплеседи.

Перзентине бахытлы балалықта жаратыў, бахытлы балалықта ɵсириў бәрше ата-ананың қолынан келе бермейди. Буның ушын ата-ананың ɵзлери ҳақыйқый бахыттың, ҳақыйқый муҳаббаттың, ҳақыйқый еркинликтиң не екенин билиўи керек, аңлаўы керек, жаратыўы керек. Баланы қуры туўып, журт қатары иширип-жедириў, кийиндириў, бақшаға бериў, мектепте, институтта оқытыў кɵпшиликтиң қолынан келеди. Бирақ булар еле адамлар перзентлерин гармониялы, бахытлы инсан қылып тәрбиялап атыр дегени емес.
@psixolog_nukus


Баланың кеўилин сындырмаў

Не ушын «Бала 6 жасқа шекем патша»- деп айтады? Яғный, бала 6 жасқа шекем ɵз қәлеўлерин еркин әмелге асырып, еркин ойнап- ɵсиўи керек, оның кеўилин сындырмаў керек. Кɵбинесе баланың кеўили ата-ана тәрепинен, жасы үлкенлер тәрепинен сындырылады. Сол себепли балада қарамлық психологиясы қәлиплесип қалады. Мен тренинглеримде, курсларымда адамларға «Сиз нени кɵплеў қәлейсиз?»- деп сорағанымда кɵпшилик «Мен еркинликти қәлеймен, еркин адам болыўды, еркин болып жасаўды қәлеймен»- деп жуўап береди. Яғный, олар қалайынша еркин адам болыўды, қалайынша еркин болып жасаўды билмейди.

Кимдур ата-анасына қарам, кимдур ата-енесине, қәйин апасына, қәйин ағасына қарам, кимдур жумысына, баслығына, пулға, айлыққа, кредитке қарам, кимдур туўысқанына қарам, кимдур ɵмирлик жолдасына қарам, кимдур дәриге, араққа, шыпакерге, тәўипке қарам, кимдур қумар ойынға, телефонға қарам ҳ.т.б. Санай берсең адамларда қарамлықтың түрлери кɵп. Себеби, олар балалығынан қарам болып ɵскен, еркинликтиң не екенин кɵрмеген, еркинликтиң қандай болатуғынын билмейди.

Бала ɵзиниң еркинлигин, әрманларын, қәлеўлерин қалайынша әмелге асырады? Буны бала ɵз үйинде емин-еркин ойнап ɵсиў арқалы әмелге асырады. Бирақ тилекке қарсы баланың үйде еркин болыўы, еркин ойнап- ɵсиўиде аңсат емес. Себеби, ата-аналардың ɵзлери еркин болып жасамағанлықтан перзентинде еркин инсан қылып тәрбиялай алмайды, баласын кɵп қадағалайды, бақырады, қорқытады, кемситеди, шеклейди, мәжбүрлейди, мәжбүрлеп бақшаға апарады, мәжбүрлеп таярлыққа береди ҳ.т.б. Мысалы, бала ɵзиниң ойыншықлары менен еркин ойнап, ɵзиниң бахыт әлемин жаратады, ɵзиниң келешегин жаратады, ɵзиниң әрманларын жаратады. Буны не ушын жазып атырман? Себеби, бүгинги күнде ҳаяллар нервный, ашыўшақ, күйгелек, кɵкирек, менмен, қақбас, ериншек, сабырсыз болғанлықтан балаларына кɵп бақырады, баласын үйинде еркин ойнаўына имкан бермейди, «Үйди бүлдире берме, жайрата берме»- деп, баласына жақсы кɵрген ойынын ойнаўына имкан бермейди.




Арақ ишетуғын әкениң қолында ɵскен перзенттиң қәлби кеселленеди

Бала әкесиниң араққа мәс болғанын кɵрсе оның қәлби жарақатланады- кеселленеди. Сонлықтан бундай әкениң қолында ɵскенлердиң бахытлы болыўы қыйын болады. Арақ ишетуғын еркектиң қәлби кесел болады, оның менен жасайтуғын ҳаялдыңда қәлби кесел болады. Қәлби кесел ата-ананың қолында ɵскен баланың қәлби саламат болама? Бундай еркек пенен жасайтуғын ҳаяллардың кɵпшилиги сондай ата-ананың қолында ɵседи, оныңда әкеси арақ ишкен болады. Арақ ишетуғын еркек ɵзин улыўма инсан сыпатында, еркек сыпатында жақсы кɵрмейди, ɵзин қәдирлеўдиң не екенин билмейди. Сонлықтан оның ҳаялы менен перзентлериде ɵзин жақсы кɵриў, ɵзин қәдирлеўдиң не екенин билмейди.

Бундай еркеклердиң кɵпшилиги (90%) балалығында мамасының баласы болады, мамасының еркетайы, баўырманы, әширеписи, барлығы, жаны, мазалысы болады. «Онда не ушын оның улы арақхор болды?»- деген, сораўға ул ɵсирип атырған аналардың ҳеш бири жуўап излемейди, «Мениң улым ондай болмайды»- деп, ойлайды. Арақ ишетуғын еркеклердиң аналарыда солай ойлаған. Егер сизиң әкеңиз, атаңыз, күйеўиңиз, туўысқаныңыз, күйеўиңиздиң туўысқанларының бири арақ ишкен болса, сизде күйеўиңиз бенен мүнәсибетте машқала болса, улыңызды балалығынан еркек қылып тәрбиялаўды билмесеңиз, «Ол үлкейгенде арақ ишпейди»-деп, ким кепиллик береди?

Ул баланы еркек қылып тәрбиялаў ушын ананың жүрегинде ҳақыйқый муҳаббат болыўы керек, ɵзи ҳақыйқый ҳаял болыўы керек. «Сонда аналарда улына деген муҳаббат болмайма?»- деген, сораў пайда болады. Бул сораўға ҳақыйқый жуўапты излейтуғын ананы табыў қыйын. Себеби, ҳаяллар «Мен ана болсам, менде перзентиме әлбетте муҳаббат болады»- деп, ойлайды. Онда неге аналардың перзентлери арақхор, қумарпаз, мошенник, бахытсыз, кесел, әўметсиз болады? Себеби, кɵпшилик аналар муҳаббат пенен эгоизмди, муҳаббат пенен байланып қалыўды, муҳаббат пенен жертва болыўды, муҳаббат пенен баўырлаўды, еркелетиўди, әширеплеўди айыра алмайды. Сол себепли оның улы арақхор болады. Арақ ишетуғын еркек ҳаялын бахытлы қылыўды ойламайды, әке болса перзентлериниң бахытын ойламайды. Демек, ол бахыттың не екенин билмейди. Яғный, балалығында бахытсыз ата-ананың қолында ɵскен болады. Адам бахытлы болыўы ушын биринши гезекте муҳаббат ҳаққында ойлаўы керек, муҳаббатты излеўи керек, аңлаўы керек, үйрениўи керек. Эгоистлер ҳеш қашан ҳақыйқый муҳаббат ҳаққында ойламайды, бир ɵмир нәпси- қәлеўлериниң изинен қуўып жүре береди.
@psixolog_nukus




Тек ғана адам Анасы жаратылысқа қарсы барады

Ҳайўанларға жақсылап итибар берсеңиз, олар аналықтың не екенин жүдә жақсы биледи, жаратылысына қарсы бармайды. Ийт- пышықлар баласының тиси шыққан соң, оны емшектен шығарып, өз еркине жибереди, балалары ɵз билгенинше жасаўға ɵтеди. Қарлығашлар палапанын ушыўға үйреткен соң уясына киргизбейди, «Ɵзиңше жаса»- дейди. Үлкейген баспағын емизген, жалаған, қасына алып жатқан сыйырды көрдиңизбе? Қасқырлар анасы болса баласы үлкейген соң оған тамақ әкелиўди тоқтатып, баласын аң аўлаўға үйретип болып, оны үйинен бɵлеклейди екен.

Тек ғана адам Анасы Жаратылысқа-Жаратыўшыға қарсы барады. Ол ер жеткен перзентлерине ғамхорлық қылады, жәрдем береди, баўырлайды, қарасады, қайғырады, аўқат асып береди, ақлығын бағады, хызмет етеди, пул береди, қадағалайды, басқарады, турмысына- шаңарағына араласады ҳ.т.б. Сол себепли бундай аналардың перзентлери раўажланбай қалады, ер жетпей қалады, ɵзлериниң турмысына ɵзлери жуўапкер болмайды, мамасының баласы, мамасының қызы болып жүре береди. Сонлықтан бундай аналардың перзентлеринде ҳәм ақлықларында ҳәр қыйлы машқалалар, кеселликлер, бахытсызлықлар болады. Перзентлерин ɵзинен ўақтында сепарация қылмағанлықтан жасы үлкен аналардың 95% ти кесел адамға айланады, кеселликтиң себеби дене менен байланыслы емес, руўхыят пенен байланыслы. Себеби, олар Ҳаял болып жасаўды билмегенликтен, тек аналығына жабысып алып, ер жеткен перзентлерине аналық қылып, оларды раўажланыўына тосқынлық қылып, бахытсыз адамға айландырып жаратылыстың, тәғдирдиң нызамларын бузып жасайды.

Адамлардың кеселликлери тийкарынан тәғдирдиң, әлемниң нызамларын бузып жасағаннан пайда болады. Буны кɵпшилик билмегенликтен кеселлигинен саўалмай жүре береди. Негизинде адамлар ҳайўанлардан кɵре аңсыз болады. Ҳайўанлар әлемниң- жаратылыстың нызамларын бузбай жасағанлықтан кеселлене бермейди, ɵзине берилген жасын толық жасайды. «Адам деген жанзат» жер планетасындағы тири жанлардың ишинде ең жыртқыш, ең надан, ең бастан кеткен жанзат есапланады. Сонлықтан кɵпшилик (90% тен аслам) адам аңсыз түрде тилиниң ушында «Аллах, Қудайым» деп аңламай айта береди. Тил дегенниң сүйеги болмайды, аўзына келгенин ойланбай, аңламай сɵйлей береди. Бирақ кɵпшилик 90% тен аслам адам ɵмири даўамында Жаратыўшының нызамларын бәрқулла бузып жасайды. Ҳақыйқый ийман болса жаратылыстың нызамларына әмел етип жасаған адамда ғана пайда болады. Егер бул нызамларды билмесең, аңламасаң адамлардың исеним- ийман дегени олардың маскалары менен, аңсызлығы- қорқыўы менен, неврозы- кеселлиги менен байланыслы болады. Адамның ҳайўаннан парқы онда руўхый сана болады, руўхый раўажланыў имканияты болады. Адамның руўхый раўажланыўына кɵбинесе анасы, енеси тосқынлық қылады. Яғный, руўхый жақтан раўажланбаған аналар аңсыз түрде перзентлерине аналық қылып, оларды ɵзине байлап қойып, перзентлериниң руўхый раўажланыўына тосқынлық қылады.
@psixolog_nukus




Қандай адам менен бирге жасаў қыйын болады?

Эгоист, кɵкирек, менмен, қызғаншақ, ашкɵз, мызылдаўық, ɵтирикши, жалатай, қақбас, кɵкбет адам менен бирге жасаў қыйын. Себеби бундай адам бирге жасап атырған жақынын манипуляция қыла береди. Бундай адамның қандай белгилери болады? Олар мынандай сɵзлерди кɵп айтады.

«Сен ɵзгермесең болмайды. Сен мени шаршаттың». Негизинде бундай адамның ɵзинде машқала кɵп болады, ол ɵзи ɵзгергиси келмейди. Сонлықтан ол жанындағы адамға наҳақтан жала-жаўып, оның ɵзине болған исенимин, қәдирин сɵндиреди.

«Бәлениң бәри сенде, қәтениң барлығы сенде, бәрине сен айыплысаң». Манипуляторлардың 2 түри болады, тиран манипулятор ҳәм жертва манипулятор. Екеўиде жанындағы адамды бәрқулла айыплайды, онда бәрқулла айыпкерлик сезимин пайда етеди. Сонлықтан бундай адам менен жасайтуғын адам кесел болады яки арақхор, қумарпаз болады яки шет елге қашады, гейбиреўлери ажырасады.

«Сен мени түсинбейсең. Сениң буған ақылың жетпейди. Сен гәпке түсинбейсең». Бундай адам кɵкирек болғанлықтан ɵзин жубайынан үстем қояды. Сол арқалы оған бәрше айтқанларын қылдырғысы келеди. Бәрқулла ɵзиникин дурыс есаплап, оныкин қәтеге шығарады.

«Мениң усы боп-болғаным, мен ɵзи сондайман. Какой привет, такой ответ». Бундай адам эгоист, кɵкирек болғанлықтан жақынына, адамларға қопал мүнәсибетте болады, кɵкбет, қақбас болады. Ол ҳеш қашан ɵзиниң кемшилигин мойынламайды. Кемшилигин мойынламайтуғын адам ҳеш қашан кемшилигин дүзетпейди. Сонлықтан бундайларға қарата халқымызда «Бүкирди гɵр дүзеўлейди»- деп айтады. Тилекке қарсы бундай адамлардың кɵпшилиги ɵлемен дегенше дүзелмей кетеди.

«Егер сен мынандай қылсаң, мен сени кеширмеймен». Бундай адам жақынына бәрқулла талап қояды, одан талапларына әмел етиўди, қәлеўлерин орынлаўды талап етеди. Сонлықтан бундай адамның талапларына кɵнип жасаған адам жертва болады, кесел болады.

Бундай адамлардың кɵпшилиги мамасының баласы, мамасының қызы болады. Себеби, ҳаял адам ҳақыйқый ҳаял болмаса онда эгоизм күшейиўи себепли аса кеткен аналық сезими менен перзентлеринде эгоист қылып тәрбиялайды. Сонлықтан бундай адамлар дәслеп бул қылықларын ɵмирлик жолдасына қылады, соң перзентлерине, келинлерине ҳ.т.б адамларға қылады. Сол себепли бул ɵмирде кɵпшилик ɵмирлик жолдасынан, анасына, әкесинен, енесинен, атасынан, әжапасынан, әжағасынан, қәйин апасынан, абысынынан, қәйин ағасынан, бийкешинен, баслығынан, муғаллиминен, жигитинен, қызынан, достынан жәбир кɵреди. Буның ушын адам дәслеп ɵз самооценкасы үстинде жумыс алып барыўы керек.
@psixolog_nukus




Ɵмир бойы қарыздар адам болып жасаў ушын нелерди ислеў керек?

Бүгин сизлер менен қалайынша қарыздар адам болып жасаў техникаларын үйренемиз.

- затларды ɵз пулыңа емес қарызға ала бер,
- алатуғын қарыз, кредит муғдары айлық табысыңның 30% тинен кɵп болсын, бәрқулла кредитте жүр,
- қарыз, кредит алмастан алдын «Ҳәммеде алып атыр, менде алсам болады, арқайын тɵлеймен»-деп пикирле,
- бир қарыздан қутылмай турып, екинши қарызды ал, үсти-үстине кредит алыўға әдетлен,
- қолыңа пул түссе қарызыңды тɵлеўди ойлама, басқа режелерди дүзип пулыңды соларға сарыпла,
- қарызыңды майдалап тɵлеме, оның бәрин бирден тɵлеймен деп ойла, тез қутылып кетемен деп кредит ал яки қумар ойна,
- бир нәрсе алыўды ойласаң оған пул жыйнама, асығыслық пенен қарызға, кредитке ал, пул сақлаўды үйренбе, «қарызға алыў аңсат»-деп ойла,
- күни-түни қарызларыңды қайғырып жаса, қарызларыңды, кредитлериңди ойлап, уўайымлап, стресс пенен жаса,
- ɵзиңди биреўлер алдында қарыздарман деп ойла ҳәм айыпкерлик сезиминен қутылыў ушын қарыз алып сол адамға саўға алып бер,
- денсаўлықтағы, шаңарақтағы, қатнасықтағы машқалалар пулға байланыслы, пул менен шешемен деп ойлап, кредитке пул ала бер,
- туўысқаның, досларың менен қатнасықты үзиўдиң ең аңсат жолы олардан қарызға пул ал яки қарызға пул бер, жәрдем бер, кредитке кепил бол,
- тәжирийбең, билимиң жетпейтуғын ислерге яки мақсетиңди әмелге асырыў ушын қарыз ал, кредит пенен басла, соң келиспей қалса қарызыңды тɵлеў ушын кɵп жумыс ислейсең ҳ.т.б.
@psixolog_nukus




Психология- илим, билим алыў, ɵзиңди үйрениў, ɵз үстиңде шуғылланыў, раўажланыў тараўы болғанлықтан бул тараўды бизиң елде раўажландырыў аңсат емес. Ɵзбекстандағы, Қазахстандағы айырым қос тырнақ ишиндеги психологлардан курсларды оқып, сертификат алып, тек ғана техникаларды, қандайда бир супер практикаларды, сыйқырлы нәрселерди үйрететуғынлар- бул психология емес. Булар бир-еки қосық айтып жулдыз болып кетип, ўақыт ɵткен соң жоқ болып кететуғын қосықшыларға уқсайды. Олар жулдыз болыў ушын ɵзлерин пиар қылып, инстаграммға, рекламаға күш берип ериседи. Себеби, кɵпшилик илим, билим алыўдан кɵре сондай нәрселерге, жеңил- желпи нәрселерге, ура-ураға ɵш болады.

Жәмийетте ҳақыйқый раўажланыў орталығы ШАҢАРАҚ есапланады. Бизиң елде раўажланатуғын орталықлар жоқ дегени, раўажланатуғын шаңарақлар жоқ екенин билдиреди. Шаңарақ- бул инсанның руўхый раўажланыў институты. Дүнья жүзиндеги ҳеш бир институт, университет буның орнын баса алмайды. Шаңарақ еркек ҳәм ҳаялдың жупласыўынан пайда болғанлықтан шаңарағында ҳақыйқый еркек ҳәм ҳакыйқый ҳаял болғанлар ғана руўхый жақтан раўажлана алады. Буған бир мысал келтирейин. 19-әсирде дүнья жүзи бойынша 25% шаңарақларда ажырасыўлар болып, 75% ерли-зайыплылар бир ɵмир жупласып жасаған. 20-әсирге келип дүнья жүзи бойынша 40% шаңарақларда ажырасыўлар болып, 60% ерли-зайыплылар бир ɵмир жуп болып жасаған. 21-әсирге келип бул кɵрсеткиш еледе ɵсип 80% шаңарақлар ажырасып, тек 20% ерли-зайыплылар бир ɵмир жупласып жасап атыр.

Бул кɵрсеткиш бизиң елде еле 80% жеткен жоқ. Бирақ бүгин елимизде шаңарақларда ажырасыўлар жылда-жылға, күннен-күнге артып атыр. Не ушын бундай? Себеби, 21-әсир адамзаттың руўхый раўажланыў әсири. Сол себепли 21-әсир шаңарағы руўхый раўажланыў деген талапқа жуўап бермесе (бурынғылардай болып кɵнип жасаў енди болмайды) ажырасыўға шекем алып барады. Ерли-зайып шаңарақта руўхый жақтан раўажланбаса олар перзентлериниң раўажланыўынада тосқынлық қылады. Сол себепли кɵпшилик шаңарақларда перзентлер ата-анасы себепли балалығынан, жаслығынан баслап руўхый жақтан раўажланбай қалады, раўажланыўдан тоқтайды. Бул жағдай бүгинги заман шанарақлары ушын кɵплеген машқалаларды, кеселликлерди, бахытсызлықларды пайда етеди. Ҳақыйқый раўажланып атырған адам ғана ɵз шаңарағында раўажланыў орталығын жарата алады.
@psixolog_nukus


Туқым жақсы жерде ɵседи
Адам жақсы орталықта раўажланады

Туқымды ɵнимсиз жерге егип, оны қанша суўғарып- азықлантырған менен пайдасы болмайды, туқым бундай жерде ɵспейди. Тап сондай адамда раўажланбайтуғын орталықта жасаса, жумыс ислесе, қарым-қатнасықта болса раўажлана алмайды. Бизиң елде бундай раўажланатуғын орталықты табыў қыйын, дерлик жоқ деп айтсақта болады. Қандай министрлик болсын, қандай мәкеме болсын, емлеўхана болсын, институт, кафедра болсын, илим орталығы, дɵретиўшилик орталығы болсын, дослар, жоралар, қурбы-қурдаслар орталығы болсын раўажланатуғын орталықты, илим- билим алыў орталығын табыў қыйын. Бәрше жерде сол бизиң халыққа тән ɵсеклер, жарыспақлар, кɵреалмаўшылық, мақтаныў, шуқласпақ, айтысыў, даўласыў, таласыў, парахорлық, таныс-билис, шақырыспақ, отырыспақ, шағал- мәслик ҳ.т.б.

Сол себепли бүгинги жасларымыз шет елде оқығысы келеди, жумыс ислегиси келеди. Буныңда плюс ҳәм минус тәреплери бар. Бириншиден, шет еллердеде раўажланатуғын орталықлар жүдә кɵп емес, ол жақлардада машқалалы жағдайлар, раўажланбайтуғын орталықлар кɵп. Екиншиден, бахыты жүрисип шет елде раўажланыў орталығына барып қалғанларда раўажланыў имканы болады. Бирақ шет елде оқып келгенлер, жумыс ислеп келгенлер аўылға келген соң дерлик кɵзге кɵринетуғындай, халқымызды раўажландыратуғындай исти әмелге асыра алмайды. Себеби, бул жерде орталықлар сондай, халқымыз илим-билим алыў мәселесинде, раўажланыў мәселесинде әзелден ериншеклеў. Сонлықтан кɵпшилик шет елде жумыс ислеўди таңлап сол жақта қалады. Бирақ адам туўылып ɵскен жери, киндик-қаны тамған, нанын жеп, суўын, дузын ишип ɵскен жеринен қарыздар болады. Бул жердиң- халықтың раўажланыўы, гүллеп-жаснаўы ушын усы жерде туўылып ɵскенлердиң бәршеси бул парызды ɵтеўи тийис. Себеби, бул парыз ҳәр бир адамның бул ɵмирде атқаратуғын тийкарғы миссияларының бири есапланады.




Әкесине ɵкпелеген қыз ҳеш бир еркекти жақсы кɵре алмайды

Қыз баланың биринши муҳаббаты бул оның әкеси болады. Қыз бала әкесин жақсы кɵриў арқалы оның жүрегинде муҳаббат пайда болып, ол ер жеткен соң ер адамды жақсы кɵретуғын болады. Кɵпшилик шаңарақларда ерли-зайып ортасында машқала болғанлықтан перзентлер кɵбинесе әкесине ɵкпелейди. Себеби, ҳаяллар (аналары) еркекти (әкени) жаман атлы қылып кɵрсетиўге қатты шебер болады. Егер ҳаял перзентлери кɵзинше әкеси ҳаққында унамсыз сɵзлерди айтса, қызында әкесине деген, еркек затына деген унамсыз кɵз-қарас пайда болады.

Ҳеш нәрсени түсинбейтуғын кишкене балалар «Ҳәммесине әкем айыпкер, әкем себепши, әкем жаман екен»,- деп түсинип, иштен әкесине ɵкпелейди. Буның қандай ақыбетлерге алып келетуғынын ҳаяллар (аналар) түсинбейди. Себеби, әкесине ɵкпелеген қыз турмысқа шыға алмайды (еркеклерден қорқады) яки ɵзи жақсы кɵрмеген, ɵзинде жақсы кɵрмейтуғын еркекке турмысқа (жертва болып) шығып, турмысы аўыр болады, кɵпшилиги ажырасады. Бундай қызлар турмысқа шыққан соң балалықтағы әкесине болған ɵкпесин енди күйеўине қаратады, күйеўине ɵкпелейтуғын болады. Сонлықтан арақ ишетуғын әкелердиң қызлары арақ ишетуғын еркекке турмысқа шығады яки күйеўине ɵкпелей берген соң күйеўи арақхор адамға айланады. Тәғдир нызамы бойынша анасының шеше алмаған машқаласы қызының мойнына шɵгеди. Сол себепли турмыста кɵпшилик ҳаяллар анасының бахытсызлығын қайталайды.

Қыз баланың әкеге ɵкпелеўи- бул Жаратыўшыға- Муҳаббатқа қарсы барыў (Жаратыўшы адамды ата-ана арқалы жаратады) есапланады. Себеби, жүрегинде муҳаббаты жоқ адам биреўге ɵкпелейди. Сонлықтан ата-анасына, ата-енесине, күйеўине ɵкпелейтуғын ҳаяллардың турмысы қатты аўыр болады, ɵзи яки перзенти аўыр кеселликке шатылады. Ҳаял адам әкесин жақсы кɵрип, әкесин түсинип, оны қәдирлеп, ҳүрмет етип, әкесине шын жүректен хызмет етип басласа оның жүрегинде муҳаббат пайда болады. Егер әкеси қайтыс болған болса әжағасына яки қәйин атасына хызмет етсе болады. Әкесин жақсы кɵретуғын ҳаял күйеўинде жақсы кɵреди. Егер ҳаял адам күйеўин жақсы кɵрмесе (ерли-зайып ортасында машқала болса, бир-бирин түсинбесе) демек, бул ҳаялда әкесине деген балалықтағы ɵкпелери бар, әкеси менен ɵз-ара мүнәсибетиндеги машқалалары бар, буны ол аңламағансоң күйеўи менен жақсы мүнәсибет орната алмай атыр.

Ҳаялдың жүрегинде муҳаббат болмаса ол ҳақыйқый ҳаял бола алмайды. Ол ҳақыйқый ҳаял болмаса ким болсада, не ислеседе ҳеш қашан бахытлы бола алмайды, саламат бола алмайды. Адамның бахытлы болыўы, руўхый раўажланыўы муҳаббаттан басланады. Муҳаббат болса әкеден басланады. Егер әкең басқа жақта болса яки бул ɵмирден кеткен болса, кеўлиңде әкеңе деген жыллы сезим пайда етип, әкең ҳаққында бәрқулла жақсы кɵз-қараста болыў керек.
@psixolog_nukus




Ҳақыйқый ҳәм жалған Медицина

- ҳақыйқый медицина адамды емлейди, инсанның қәлбин, сезимлерин, ақылын, нәпсин, дүньяқарасын, минез-қулқын, әдетлерин, денесин, турмыс тәризин емлейди,
- жалған медицина тек адамның денесин ҳәттеки денесинде (организмди комплексли) толық емлемей, тек ғана бир органды (тар қәнийгели шыпакерлер) емлейди,

- ҳақыйқый медицинада инсанды емлеў ушын кɵп қәрежет шәрт емес, ең тийкарғысы бул шыпакер ҳәм наўқас, шыпакердиң адамгершилиги, муҳаббаты, билими, наўқастың шын жүректен қәлеўи, жуўапкершилиги, ҳәрекети, мақсети, нийети,
- жалған медицинада адамды емлеў ушын кɵп қәрежет керек, тексериўлер (МРТ, УЗИ, ФГДС, рентгент), анализлер, пәлен миллионлық дәрилер, пәлен миллионлық операциялар, вакциналар. Бирақ медицинада усы нәрселер (емлеўханалар, жеке клинакалар, дәрилер, аппаратуралар, операциялар) кɵбейген сайын кеселликлер азайып атырған жоқ, керисинше кɵбейип атыр,

- ҳақыйқый медицина адамларға саламатлықты, муҳаббатты, бахытты үйретеди. Адам муҳаббат пенен бахытлы болып жасаса, саламат турмыс тәризи менен жасаса ол кеселленбейди, саламат болып жасайды,
- жалған медицина адамларды кеселликке программаластырады, ҳәр түрли кеселликлерди-диагнозларды (эпидемияларды, пандемияларды) ойлап табады, дәрилердиң түрлерин кɵбейтеди (олардың ишинде фальшивыйларыда кɵбейе береди), адамлар дәрилерди-химикатларды қанша кɵп қабылласа, химикатлар организмди зәҳәрлеп, ҳәлсиретип, иммунитетти түсирип, басқа кеселликлердиң пайда болыўына себепши болады,

- ҳақыйқый медицинада биринши орында адамгершилик, муҳаббат, ийман, инсап, ҳадаллық, бахыт, саламатлық, инсан қәдири, инсан ɵмири, пидайылық, илим, билим турады,
- жалған медицинада биринши орында пул-ашкɵзлик, парахорлық, таныс-билис, атақ, абырой, әмел, материаллық буйымлар, жай, машина, жеке бизнес (жеке клинакаларды бизнесменлер ашады, олар инсан саламатлығын түсинбейди, олар ушын бизнеси-пулы әҳмийетли), ɵтирик статистика, жалған мағлыўматлар, рекламалар, дәри бизнеси, аппаратура бизнеси сыяқлы нәпс пенен байланыслы нәрселер биринши орында турады.
@psixolog_nukus



Показано 20 последних публикаций.